Президентимиздиң басшылығында быйыл 15-май күни мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде балалар контентин раўажландырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди. Соның ишинде, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанында Балалар контентин раўажландырыў орайының шөлкемлестирилетуғыны атап өтилди. Орай балалардың тәрбиясы ҳәм денсаўлығына унамсыз тәсир ететуғын мәлимлеме мәканындағы контентти таллап барады.

Бүгин мәмлекетимизде балалар контентин раўажландырыў зәрүрлиги көбирек нелерде көзге тасланбақта? Бул бослықты толтырыў ушын қандай илажлар көрилиўи керек? Хабаршымыз усы сораўлар менен тараў қәнигелери ҳәм экспертлерге мүрәжат етти.

Миллий контент дегенде тек ғана тақыя түсинилмейди

Жаҳонгир АҲМЕДОВ, Балалар контентин раўажландырыў орайының директоры:

- Миллий контент деген гәплер жүдә көп ҳәм жақсы айтылды. Өзи миллий контент не, оның мазмуны, идеясы қандай болыўы керек, деген сораўлар елеге шекем тартыслы. Әсиресе, балалар ушын таярланатуғын миллий контент жетилистириўге мүтәж.

Қаншелли раўажланыўына қарамастан, кеңпейил болыўына қарамастан, ҳәр бир миллеттиң өзлигин сақлап қалыўға умтылыўына көп гүўа болғанбыз. Өзбекстан - дүньяға ашық мәмлекет. Ўатанласларымыз қәлеген мәмлекетине барып келмекте, елимизге келип атырған туристлер жылдан-жылға көбеймекте. Демек, мәдениятлар, қәдириятлардың араласыўы жүз бермекте. Усы көзқарастан, мәлимлеме мәканындағы балалардың тәрбиясы ҳәм денсаўлығына унамсыз тәсир ететуғын контентти таллап барыў пайдадан жырақ болмайды.

Миллеттиң руўхы, мәнаўий дүньясы әўладтан-әўладқа, бәринен бурын, мәлимлеме мәканы арқалы өтеди. Балалар мультфильмлер ҳәм басқа экран шығармалары арқалы өзиниң миллетке тийислилик сезимин, қәдириятларын, жақсылық ҳәм жаманлық ҳаққындағы түсинигин қәлиплестиреди.

Соның ушын ҳәр бир контент, ҳәр бир экран шығармасы арқалы бала санасында "мениң миллетим, мениң шаңарағым, мениң ўатаным ҳәм мениң қәдириятым бар" деген түсиниклерди қәлиплестириў зәрүр.

Миллий контент дегенде тек ғана басындағы тақыя түсинилмейди. Атлас кийим яки шапан кийгизиў, белбеў буўыў менен контент миллий болып қалмайды. Негизинде "миллий" сөзи контенттиң идеясына қарата қолланылыўы керек. Образлар тақыя яки шапан кийиўи, көриниси миллий болыўы мүмкин, бирақ контенттиң идеясы, қаҳарманлар алға қойып атырған мақсет миллийлигимизге сәйкес келмесе, оннан жаманы жоқ. Исленип атырған айырым мультфильмлерде мине усы тәреп итибарға алынбай атыр. Себеби миллий контент дегенде дөретиўшилеримиздиң көз алдында, биринши гезекте, миллий липас сәўлеленеди. Қаҳарманларымыздың дүньяқарасы, идеялығы миллий болыўы керек. Балаларымыз олардан миллий идеяны алыўы керек. Мине усы мәселелер додалаўдың баслы темасы болып атырғаны - тийкарғы ўақыя.

Балалар контенти - келешек әўладтың дүньяқарасы, тәрбиясы ҳәм қәдириятларын қәлиплестириўши ең тәсиршең қурал. Биз үлкенлер - ата-апаларымыз айтқан ертеклер арқалы жақсылық пенен жаманлықты айырыўды, қайсы жол дурыс, қайсы жол надурыс екенин аңлап өскенбиз. Бүгин болса балаларымызға бул сабақты телефонлар, гаджетлер ҳәм анимациялық қаҳарманлар берип атыр.

Тилекке қарсы, балаларымыз бүгин тийкарынан сырт ел өнимлери - олардың көзқараслары, қаҳарманлары ҳәм тәрбия усыллары менен өспекте. Миллий контент болса еле жетерли емес. Соның ушын бул бағдарда қатаң ҳәм исенимли илажлар көриў ўақты әлле қашан келген. Ҳәр биримиз үйге кирер екенбиз, қәлесек-қәлемесек, балалардың ойыншығы болған гаджетлер, смартфонларға дус келемиз. Жақсылық пенен жаманлық, жаўызлық пенен жақсылық арасындағы гүрес ҳәм олардың не екенлиги ҳаққындағы түсиник менде атамнан, апамнан еситкен ертеклер арқалы қәлиплескен. Бирақ бүгинги балаларда бул түсиниклерди сырт ел контентлери қәлиплестирип атыр. Олар болса бир неше жүз сериядан ибарат. Ата-аналар басындағы 5-6 серияны көреди, қалғанына итибар бермейди. Бирақ тийкарғысы кейин даўам етеди.

Биз тамаша еткен мультфильмлерде унамсыз қаҳарманлардың көриниси бар еди. Олар қорқынышлы, жаўыз түрде болатуғын еди. Бул келбетлер ҳәзир унамлы қаҳарманға айландырылған. Балалар бүгин жабайы қаҳарманларды жақсы көрип атыр ҳәм олар тийкарында исленген ойыншықларды ойнап атыр. Соны сезбей атырмыз. Бүгин бизиң балалығымызда жаўыз деп есапланған қаҳарманлар сырт ел контентлеринде унамлы қаҳарманларға айландырылады. Яғный олар тислейди, жейди, өлтиреди, бөктиреди, мантықтырады. Балаларымызда жаўызлық - бул норма, деген көнликпени қәлиплестирип қоймақта.

Дүнья жүзи бойынша ҳәр секундта 12 бала интернетке жалғанады. Бир минутта 3,5 миллион видеоролик YouTube тармағына жүкленеди. Олардың 30 проценти ҳәр қыйлы зорлық, жаўызлық ҳәм әдепсизликти үгит-нәсиятлайтуғын контент болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда 5-16 жастағы балалардың 71 проценти ҳәр күни смартфондан пайдаланады. Олар көретуғын контенттиң 80 проценти сырт ел ҳәм миллий қәдириятларымыздан жырақ. Әпиўайы етип айтқанда, балаларды биз дүньяға келтирип, ақ жуўып, ақ тарап бағып атырмыз, тәрбиясын болса басқалар берип атыр.

Бүгин қүдиретли мәмлекетлердиң балалар контентин "жумсақ күш" сыпатында пайдаланыўы, яғный өзиниң өзине тән мәденияты, қәдириятлары ҳәм идеялары арқалы басқа халықларға тәсир өткериўге урыныўы әллеқашан кең тарқалған стратегиялық қатнасқа айланып үлгерген.

Балалар ушын мөлшерленген ҳәр қандай контент ҳақыйқый инсаныйлық пазыйлетлер - мийрим-шәпәәт, ҳадаллық, мәртлик, ўатансүйиўшилик, садықлық ҳәм жақсылық сыяқлы қәдириятларға тийкарланған болыўы шәрт.

Қәнигелер көбирек мультфильмлердиң идеясын қадағалаў, оларға бағдар бериўге умтылады. Егер тараўға кирип киятырған кадрлардың миллий идеяны қалай түсиниўи менен шуғылланылса, соған итибар қаратылса, контент өз-өзинен жаратылады.

Миллий контент жаратыўға ҳәрекет етип атырған, бүгиннен баслап үлкен дөретиўшиликке тартыў мүмкин болған жасларымыз бар екенлиги адамды қуўандырады. Олар жаратып атырған дөретиўшилик жумыслардың идеясы ҳәзирше беккем, жетик болмаўы мүмкин. Бирақ үлкен қәнигелерде үмит оятып атырған жасларымыз жетисип киятыр.

Кадрлар мәселесин шешпей турып, бирде-бир тараўды раўажландырып болмайды. Бизге ҳәзир өмирин, пүткил потенциалын, талантын балалар ушын контент жаратыўға жумсайтуғын жаслар "армиясы" керек. Кейин контентлерди көбейтиў, параллель түрде глобал базарға шығыў ҳаққында да ойлаўымыз зәрүр.

Алдында ислениўи керек болған жумыс көп. Потенциаллы жаслар менен ислесиўди жолға қойыўымыз зәрүр. Олар ойлағанымыздан да бизге әдеўир жақын. Ойланып атыр. Ҳәттеки сызылмалары, ислеп атырған жумыслары да бүгин профессионал дәрежеде. Оларды үлкен дөретиўшиликке бағдарлап жиберсе болады. Ең әҳмийетлиси, интернет тармақларын балалар ушын жаратылып атырған миллий контентлер менен толықтырыўымыз керек.

Бул балалар менен бирге үлкенлерге де бирдей әҳмийетке ие мәселе

Мансур БЕКМУРОДОВ, социология илимлериниң докторы, профессор:

- Президентимиздиң қарары менен Балалар контентин раўажландырыў орайының шөлкемлестирилгени перзентлеримизди жат идеялардан қорғаў, үрп-әдет ҳәм дәстүрлер руўхында тәрбиялаў, ертеңги күнимиз ийелери қәлбинде ўатанға муҳаббат сезимлерин қәлиплестириў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды.

Себеби бул балалар менен бирге үлкенлерге де бирдей тийисли мәселе. Ўатан ғәрезсизлиги оның көркемлик жақтан қалай талқыланыўы менен байланыслы. Үрип-әдетлер, дәстүрлер, үрп-әдетлер менен бирге жазба текстлер миллеттиң характерин қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Көркем образлар арқалы талқылаў, аңлап алынатуғын жағдайлар миллий контент деп аталады.

Миллий контент үлкен күшке ийе. Ол мазмуны ҳәм идеяларының қүдирети менен миллеттиң характерин мисли көрилмеген дәрежеде өзгертиўи, руўхый байыўы ямаса жарлыласыўына себеп болады. Өткен әсирдиң 50-жыллары ақыры - 60-жыллары басында сүўретке алынған "Мәҳәлледе дуў-дуў гәп" фильминде өзбек халқының қаншелли кеңпейиллиги, турмысының мазмунлылығы, жәмәәт руўхының күшлилиги, ең әҳмийетлиси, миллий характеримиздиң өзгерислерге таярлығы, қарама-қарсылық гүреси фонында халқымыздың өз үрп-әдетлери, дәстүрлери ҳәм миллий өзлигине садық қала алыўынан ибарат ментал өзгешеликлер жүдә гөззал көрсетилген. Қанша раўажлансақ та, миллий өзлигимиз ҳәм бай мәнаўиятымыз, жәмәәтлик аўызбиршилигимиз ҳәм өзлигимизге садықлығымыз сақланып қалады, деген идея фильмде көтерилип турады.

Өзбек халқының характери әсирлер даўамында барлық миллетлер ушын өзине тартып туратуғын магнит ролин атқарған. Миллий өзлик, миллий характерди үгит-нәсиятлаў, өзликке уқсаслықтан мақтаныў ҳәм өз миллетине өзлигинен мақтаныш сезимин билдиретуғын контент жаратыў, миллетимиздиң көркем тарийхын жаратыў бағдарындағы жумыслар жедел өтпей атыр.

Өзбек халқының тынышлықты сүйиўши руўхы, миллеттиң ҳақыйқый келбетин кеңнен үгит-нәсиятлайтуғын көркем шығармалар көп емес. Миллий өзликти көрсетип беретуғын, миллий бирлесиў идеясы беккем болған қандай шығармалар жаратылды, деген сораўға жуўап бериўде зыялылардың өзи де албырайды. Абдулла Қадирийдиң "Өткен күнлер" романын ҳәр оқығанымда пүткиллей жаңа мәнис-мазмун табаман. Өзбек әдебиятында көп қырлы мазмунға ийе шығармалар көп. Ҳәзирги ўақытта жақсы қосықлар жазылып атыр. Бирақ өзбек халқының өзлигин, миллий көринисин тәсиршең қуралларда көрсетип беретуғынлары аз.

Зиялыларға жетик шығармалар ушын жақсы ҳақы төлениўи лазым. Сонда ғана мазмуны тоқ, адамлардың ой-пикирин өзгертетуғын жетик шығармалар жаратылады. Ҳәзир тез пәт пенен раўажланып атырмыз. Бирақ, адамларда шүкиршилик жетиспей атыр. Не ушын? Шүкиршиликти үгит-нәсиятлайтуғын миллий контент, роман, повесть, шығармалар жетиспейди. Зор роман яки повесть жазылды ма, оның үгит-нәсияты болыўы шәрт. ҒХҚда қәнигелер, экспертлердиң усы шығарма ҳаққындағы таллаўларын сәўлелендириў керек.

Миллий контент жаратып атырған адамларды хошаметлеў системасын жолға қойыў, зәрүр шығармалар жаратыў бойынша буйыртпа бериў тәртибин енгизиў, алдыннан белгили бир тема бойынша ислеп атырған жазыўшылар, илимпазларға субсидия ажыратыў әмелиятын дөретиўшиликке киргизиў мақсетке муўапық.

Ҳәзир миллий өзликти сақлаў ҳәм раўажландырыў ушын адамларда стандартлы пикирлеўди қәлиплестириў керек. Мине, усы принцип бузылып атыр. Адамлар миллет, дәстүр, үрп-әдет, билимлендириў тараўының жағдайы ҳәм келешеги ҳаққында ҳәр қыйлы жуўмақлар шығармақта, ҳәр қыйлы пикирлемекте. Әлбетте, еркин жәмийетте адамлар ҳәр түрли ойлаўы әдеттеги жағдай. Бирақ миллет тәрбиясы, келешек әўлад тәғдири мәселесинде белгили дәрежеде миллий бирдейлик, улыўма көзқараслар зәрүр. Мәселен, бала бақшаға не ушын барады? Бақшаларда өзбек тилиниң гөззаллығы, оны қалай сүйиў ҳәм қәдирлеў керек екенлиги жетерли түсинилмеген ҳәм мәмлекетлик тилимизди көркем образлар арқалы сиңдириў системасы төмен. Миллий тилимизди балалар тек атына өткерилген бир-еки сабақ арқалы емес, ал миллий үрп-әдет, дәстүр, әдеп-икрамлылық, тәртип-қағыйдалар, уллы ойшыллардың қысқа-қысқа қосықлары арқалы үйрениўи ҳәм пикирине сиңдириўи бүгинги күнниң әҳмийетли талабы болып қалмақта.

Биз ғәрезсиз мәмлекет сыпатында өзимизге уқсаслығымызды үгит-нәсиятлаўымыз, буның ушын болса бақшаларда, мектеплерде бирдей миллий өзлигимиз бенен суўғарылған идеялық тәрбияны жолға қойыўымыз керек. Буның аты стандарт пикирлеўди қәлиплестириў, делинеди. Бурын ҳәмме бирдей романды оқыйды да, сол жерде додалаў болатуғын еди. Ҳәзир ўақыт табылғанда улыўма мәселелерде гүрриң менен шекленемиз. Соның ушын да стандарт ой-пикир, дәреже ҳәм талғамды пүткил миллет дәрежесинде қәлиплестириў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Идеология бәрқулла басқарылған. Бул - ақыл, пикир ҳәм реже менен басқарылатуғын процесс. Биз тамыры жерге терең кирген халықпыз. Бизиң мәнаўиятымыз жүдә мазмунлы ҳәм гөззал. Усы гөззал мәнаўиятты адамларымыз көриўи ҳәм терең сезиниўин тәмийинлеўимиз керек.


"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Рисолат МАДИЕВА жазып алды.