баннер
2 Mar 2025
12:38

    Миллий өзлик, илим ҳәм мәдениятымыз айнасы

    31 Yanvar 2025 46

    Пайтахттың ески қала бөлими, атап айтқанда, Ҳәзирети Имам (халық арасында Хастимом) мәҳәллеси әтирапында жасайтуғын халық соңғы жыллары аймақта әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм дөретиўшилик жумысларын қанаатланыўшылық пенен қабыл етпекте. Тар ҳәм тығылыс көшелер кеңейтилип, ески ҳәм уныраған жайлардың орнына заманагөй комплекслер бой тиклеп атырғанынан, тарийхый аймақ бурынғысынан да тартымлырақ болып, көп санлы зыяратшыларды өзине тартып атырғанынан қуўанбай бола ма?

    - Әтираптағы 60 жыллар алдынғы көринис еле көз алдымда, - дейди белгили художник, ҳүрметли пенсионер Абдували Муминов. - Балалығымда мешит алдындағы майданда ҳәр екшемби базар болғанын жақсы еслеймен. Саўдагерлер, сатып алыўшылар ылай көшелерден өтип келетуғын, ат арбалары тығылып кететуғын еди. Әтираптағылардың қайсы бири мешитке ибадатқа келген, ким базарда саўда менен бәнт екенлиги анық емес еди. Ҳәзир қараң, дөретиўшилик жумыслары тек ғана бул жерде туўылып өскен мен сыяқлы түпкиликли халық ўәкиллериниң емес, ал узақ-жақыннан келген мийманлардың да көзин қуўандырмақта.

    Тарийхый Хастимом Ташкенттиң ең тийкарғы дыққатқа ылайық орынларынан бири болып келген. Комплекс имам, илимпаз, Қуран ҳәм ҳәдис билимданы, шайыр ҳәм өнермент Имам - Абу Бакр ибн Исмайыл ал-Қаффол аш-Шоший қәбири әтирапында бой тиклеген. Аймақтағы ҳәр бир архитектуралық естеликтиң өз тарийхы бар, олар ҳәр қыйлы дәўирлерге барып тақалады. Қаффол Шоший мавзолейи, Бароқхан ҳәм Муйи Мубарек медреселери XVI әсирде, Намазгоҳ мешити XVIII әсирде ҳәм Тиллашайх жоме мешити XX әсирде қурылған. 2007-жылы қурып питкерилген Ҳәзирет Имам жоме мешити ҳәм Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң жаңа ҳәкимшилик имараты комплексти толтырыўға хызмет етти.

    Президентимиздиң 2017-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық қурылып атырған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы болса бул әййемги илим-мәрипат ҳәм ағартыўшылық дәргайындағы уллы қатарды және де байытатуғын болды. 2018-жылғы Рамазан ҳайыты күни мәмлекетимиз басшысы оның тырнағына тырнақ тасын қойды. Бүгин тарийхымызда бурын болмаған үлкен ҳәм бийбаҳа жойбар есапланатуғын комплекстиң саўлатлы имараты бой тиклеп, қурылыс жумыслары жуўмақлаўшы басқышқа кирген.

    Президентимиз 29-январь күни Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайында алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысқан еди. Күни кеше ғалаба хабар қураллары ушын орайға медиа-тур шөлкемлестирилди. Журналистлер бул жердеги экспозиция ҳәм сийрек ушырасатуғын мегажойбарлар, имараттың кириўинде орайдың тарийхы ҳәм қурылысына байланыслы шөлкемлестирилген көргизбе менен таныстырылды.

    Орай үш қабаттан ибарат ҳәм әййемги естеликлеримиз түринде қурылмақта. Миллий гүмбез ҳәм маңлайшалар, нағыслардың үйлесими оған айрықша көркемлик ҳәм саўлат бағышлаған. Комплекстиң төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрлик маңлайшалар, орайда 65 метрлик гүмбез қурылған. Бул гүмбездиң астында Қураны кәрим залы болады ҳәм Қураны кәримниң ең әййемги нусқасы - Усман Мусҳафи жайласады. Оның әтирапында қараханийлер, ғазнаўийлер, саманийлер, селжукийлер, Өзбекхан, темурийлер дәўиринде жазылған муқаддес китабымыз нусқалары ҳәм олардың түркий аўдармалары орын алады. Сондай-ақ, дийўалда дүньядағы ең сийрек ушырасатуғын қолжазба Қуранлардың сүўретлери қойылады.

    "Халқымыздың бай ҳәм бийтәкирар мийрасына байланыслы көплеген китаплар, ҳәр қыйлы үлкелерге таралып кеткен қолжазбалар, бийбаҳа мағлыўматлар, көркем өнер дөретпелери, тилекке қарсы, бизге белгили емес еди. Мине усы орай себепли тарийхты үйрениўде үлкен қәдемлер қойдық, жаңа дәреклер пайда болды. Енди булардың тәсири, нәтийжеси қандай болады? Оларды тек ғана естелик сыпатында сақламай, жедел илимий пайдаланыўға киргизиў, халқымызға, жасларымызға түсиникли тилде жеткериў, дүнья жәмийетшилигине кеңнен үгит-нәсиятлаў керек. Бул дәргай тек ғана өтмиш ҳаққында сөйлейтуғын емес, ал тарийх, бүгин ҳәм келешекти байланыстыратуғын, раўажланыўымыздың тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын ақыл-ой орайы болыўы зәрүр", деди Президентимиз бул зал экспонатлары менен танысыў ўақтында.

    Бул дәўирлердиң тарийхы ҳәр қыйлы буйымлар, қолжазба дереклер, сүўретлер ҳәм мультимедиа қураллары арқалы көрсетилген. Әсиресе, "Дүнья фондларында сақланып атырған, Өзбекстанға байланыслы 114 Қураны кәрим қолжазбаларының факсимилелериниң көргизбеси" бөлиминде әҳмийетли дәреклер жәмленген. Сондай-ақ, Имам Бухарий, Имам Термизий, Ҳаким Термизий, Абу Мансур Матуридий, Абу Муин Насафий, Қаффол Шоший, Абдулхолиқ Ғиждувоний, Нажмиддин Кубро, Бурханиддин Марғиноний, Баҳауддин Нақшбанд, Хожа Аҳрор Валий сыяқлы уллы бабаларымыздың ислам ағартыўшылығына қосқан үлеси атап өтилген. Хорезмий, Ферғаний, Фарабий, Беруний, Ибн Сино, Маҳмуд Замахшарий, Мырза Улығбек, Әлий Кусшы сыяқлы илимпазлар және жадид бабаларымыздың көп қырлы жумысы ҳаққында мағлыўмат берилген.

    - Комплексте "Исламға шекемги цивилизациялар", "Биринши Ренессанс дәўири", "Екинши Ренессанс дәўири", "Өзбекстан XX әсирде", "Жаңа Өзбекстан - жаңа Ренессанс" сыяқлы бөлимлер шөлкемлестириледи, - дейди Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы директорының илимий-изертлеў жумыслары бойынша орынбасары Иргаш Даминов. - Мәмлекетимиз басшысы бир неше жыллар алдын тарийхтағы Ренессанс дәўирин үйрениўде Имам Абу Мансур Мотуридий ҳәм Абу Муин Насафий сыяқлы ата-бабаларымыздың бай илимий мийрасының әҳмийетине айрықша итибар қаратқан еди. Самарқандтағы ески Чокардиза қойымшылығында қурылған Имам Абу Мансур Мотуридий мақбарасы ҳәм музейи бүгин муқаддес зыярат орынлары қатарынан мүнәсип орын ийеледи. Сондай-ақ, Абу Муин Насафий илимий мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қашқадәрья ўәлаяты Қаршы районындағы зыярат орнында үлкен дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылды. Мың жыллықтан аслам тарийхты өзинде жәмлеген бундай көплеген ата-бабаларымыздың мийрасына көрсетилип атырған ҳүрмет орай залларында өз көринисин табады.

    Ислам цивилизациясы орайы Мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына бола, орай мың жыллар алдын ата-бабаларымыз тийкар салған цивилизациялар ҳәм олардың логикалық даўамы болған жаңа Өзбекстанның илимий, мәдений-ағартыўшылық потенциалын дүньяға көрсетеди.

    Орайда бай музей ҳәм китапхана, әнжуманлар залы, ата-бабаларымыздың илимниң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ҳәм архитектура дәстүрлерине бағышланған көргизбе заллары, мәлимлеме-ресурс орайы, академия, архив ҳәм қолжазбалар фонды орын алады. Китапхана ҳәм фондларды мәмлекетимизде ҳәм сырт еллерде сақланып атырған әййемги қолжазба ҳәм тас баспа китаплар, тарийхый ҳүжжетлер, археологиялық табылмалар, естеликлер, заманагөй илимий-изертлеў жумыслары, видео ҳәм фото ҳүжжетлер менен байытыў, 300 орынлық конференция залын қурыў жумыслары да бүгин өзиниң жуўмақлаўшы басқышына кирген.

    Соның менен бирге, жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин кеңнен тартқан ҳалда илимий-изертлеў жумысларын жолға қойыў, мусылман Ренессансы дәўиринде илим, мәденият ҳәм көркем өнер, архитектураның раўажланыўы ҳаққында кең көлемли мағлыўматлар бериў, динлераралық ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнасты нәтийжели жолға қойыў мақсетинде ЮНЕСКО, АЙСЕСКО, ИРСИКА сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен тығыз бирге ислесиў орнатыў, диний билимлендириў мәкемелерине илимий-изертлеў ҳәм оқыў-методикалық мәселелерде және оқытыўшы ҳәм диний хызметкерлердиң маманлығын арттырыўда әмелий жәрдем көрсетиў де орайдың тийкарғы ўазыйпалары қатарынан орын алған.

    - Мәмлекетимиз басшысының уллы мәдений-ағартыўшылық мийрасқа болған үлкен итибары бул ретки сапар етиў даўамында және бир мәрте өз дәлилин тапты, - дейди Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының илимий хаткери Рустам Жабборов. - Орай жәмәәти, бирге ислесиўши шөлкемлер, илимий мәкемелер ўәкиллери ушын бул сапар, онда көтерилген мәселелер, баҳалы жол-жоба ҳәм усыныслар үлкен күш ҳәм илҳам бағышлады, деп айтыў мүмкин. Мине, усы ийгиликли мақсет жолында күш ҳәм имканиятларды бирлестириў, алдымызға қойылған жуўапкершиликли ўазыйпаларды орынлаў ушын аўызбиршиликли ҳәрекет етиў зәрүр.

    Анық ҳәм кең көлемли илимий дәлиллер, орайда жайласқан дәреклер елимиздиң жәҳән цивилизациясының орайларынан бири, узақ тарийхта да дүнья цивилизациясына бийбаҳа үлес қосқан уллы ойшылларды жетистирип берген муқаддес жер екенин және бир мәрте көрсетпекте.

    - Уллы ойшыл ҳәм алымларымыздың жәҳән илимин, ислам дини ҳәм мәдениятын раўажландырыўдағы роли дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кең ҳәм көп тән алынған, - дейди техника илимлери докторы, профессор Қудрат Каримов. - Олардың арасынан уллы илимпазлар, архитектор, өнермент, әмелий ҳәм сүўретлеў өнери шеберлери жетисип шықты, олар жаратқан шығармалар, саўлатлы имаратлар, нәзик көркем өнер буйымлары, миниатюра ҳәм каллиграфия үлгилери жәҳән мәдений мийрасында айрықша орын ийелеген. Мен де Хастимом мәҳәллесиниң белсендиси сыпатында орай экспонатлары менен танысып барып атырман. Бул жерде келешекте тарийхый фактлерге сүйенип, Өзбекстан аймағында раўажланған ислам цивилизациясы көринисин дәўирлер кесиминде қалыс ҳәм системалы көрсетиў имканияты бар екенинен қуўандым. Бул, әлбетте, ўатанласларымызда миллий мақтаныштың қәлиплесиўине хызмет етеди.

    Келтирилген экспозициялар менен танысыў ўақтында және бир нәрсеге гүўа болдық. Орайда тарийхымызда терең из қалдырған Бибиханым, Ханзадабегим, Гавҳаршодбегим, Гулбадан, Нодирабегим, Увайсий, Анбар отин сыяқлы белгили ҳаял-қызлардың илим-ағартыўшылық қәўендери сыпатындағы жумысы да өз көринисин тапқан. Бул экспозиция ҳүрметли ҳаял-қызларымыздың қәлбинде уллы аналарымыз бенен мақтаныш сезимлерин және де арттырды.

    Президентимиз орайда әмелге асырылған жумыслар ҳәм ол жердеги бийбаҳа экспозиция және қолжазбалар менен танысып, тарийхты үйрениўде үлкен қәдемлер тасланғанын, жаңа дәреклер пайда болып атырғанын атап өтти.

    Ҳақыйқатында да, бул дәргай тек ғана өтмиш ҳаққында гүрриң ететуғын емес, ал тарийх, бүгин ҳәм келешекти байланыстыратуғын, раўажланыўымыздың тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын ақыл-ой орайы болып бой көтерилмекте.

    Нодир МАҲМУДОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы


    Телеграм каналымыз
    Text to speech