Әндижанның тарийхый ески қала бөлиминдеги адамлары көп мәҳәлледе жасағанымыз ушын ба, ҳәўлимиз тар еди. Бирақ, усы тар ғана ҳәўлимизде тандыр болатуғын еди. Ҳәўлиниң ортасынан жап ағып өтетуғын еди. Суўы тынық, шийрин жап... Көшемиздеги ҳәр бир ҳәўлини теберик етип өткен бул салманың еки бойына мархум анам басынан ақырына шекем райхан, жамбил, усма ҳәм тағы ҳәр қыйлы гүллер егип қоятуғын еди. Есимде қалғаны, апам гүл ҳәм райханларды жаптан бир-бир ярым қарыс бериге егип, күн ара бизлерге гүллерди суўғарыўды буйыратуғын еди. Неге жақыныраққа екпейсиз, өзи суў ише берер еди, деген сораўымызға:
- Гүл ҳәм райханның қуўраған жапырағы гүл алдына барған адамның геўишиндеги ылайға тийип жапқа түссе, жаман болады, - дейтуғын еди.
- Қалай жаман болады? - деп еринбей сорайтуғын едим.
- Балам, суў да нандай әзиз жемис. Салмадағы суў шыпалы ҳәўизден келеди. Оны патаслаў жақсы бола ма? Әлбетте, жаман болады-дә.
- Қандай емл ик қәсийети бар ҳәўиз?
- Бизлерден бир мәҳәлле арыда үлкен ҳәўиз бар. Сол әтираптағы үйлерден ағып шыққан суў ҳәўизге қуйылады, ҳәўизде қурбақа көп. Данышпанлардың айтыўынша, қурбақалардың көзинен төгилетуғын йод деген зат суўды шыпалы суўға айландырады екен. Соның ушын бул суўды ишкен халық зоб кеселлигине ушырамайды. Ҳәр еки-үш мәҳәлледе бир ҳәўиз болыўының себеби усыннан, балам. Суў ҳәўизде тынады және йодланады, соң бизге ағады. Сизлер гүлше батырып жеп атырсызлар ғой, оған шөп-шар, шығынды тасласақ, бизден кейинги шарбақтағылар өкпелейди, қызым. Олардың балалары да гүлше батырып жейди, сол суўдан ишеди, аўқатына жумсайды ақыры.
Анам айтқандай, тандырдан үзилген, қолды күйдиретуғын ыссы гүлшени досларым менен салмада ағызып жеўди жүдә жақсы көретуғын едим. Шаңарақта жети перзент болдық. Анам ҳәр үш күнде бир рет нан жабатуғын еди. Бизге арнап гүлше жасаўды ҳеш умытпайтуғын еди. Сиңлим, және еки достым менен кимниң гүлшеси тез ағады деп қышқырысып жуўырысар едик. Бүгин мениң анам жапса, ертеңине Турғунайдың анасы, арғы күни Зумрад достымның анасы нан жабатуғын еди. Ыссы гүлшени шыпалы суўға жибитип ҳәз етип жейтуғын едик.
Жыллар өтип үлкейдик. Алтынкөл районының Афтабачек аўылына келин болып түстим. Мәҳәллемизден үлкен жап өтетуғын еди. Ҳәр бир шаңарақтың дәрўазасының алдында көпир бар. Айтыўларына қарағанда, бул жердеги адамлар да балалығында гүлше ағызыў менен қуўанысқн. Бирақ... ҳәзир олай емес. Суўда гә шығынды, гә ғарбыз-қаўын қабығы, гә мал-ҳалдан қалған от-шөп, гә ашыған аўқат қалдығы ағып атырғанын көрип қаламан. Жаптағы суў ишиў түўе балалардың шомылыўына да жарамайды. Кейинги еки-үш жылдан берли ата-аналар перзентлери ушын ҳәр қыйлы өлшемдеги жасалма бассейнлер сатып алыўға мәжбүр болып атырғаны соннан.
Марҳум қәйиненем мен жаңа келин болған жылларым "Бул әўметли мәҳәлле, салмасы бар. Атызды қыйланбай суўғарамыз", дейтуғын еди. Дурыс, қыйтақ жерди суўғарамыз, бирақ маллардың тезегинен "тойынған" суў егисликти бир ҳәптеде жабайы шөпке бастырып жибереди. Қалаберди, аўыллардағы артезиан қудықларының моторы ара-тура бузылып қалса, үш-төрт күн суўсыз қаламыз. Усындайда таңда турып еки шелек суў алып, тындырып ишиўге де кеўил болмайды.
Ишимлик суўға мүтәж мәмлекетлер жоқ емес, ал биз барын сақлай алмасақ, анам айтқандай "жаман болады". Ойласам "жаман болады"ның мәниси терең екен. Ақыры ҳәммемиз де үлкенлердиң "Ҳаў, нанды заялама, жаман болады. Қусларға тас ылақтырып азар берме, жаман болады. Теректиң шақасын сындырма, жаман болады. Суўға шығынды таслама, жаман болады", деген нәсиятларды еситип өскенбиз.
Бүгин жемислерге шүкиршилик етпеў - тәбиятқа мийримсизлик екенин умытып баратырған сыяқлымыз. Усы суў бар екен - егинимиз раўажланады, бағымыз мийўе береди, шөлимиз қанады, жаздың ыссысында балаларымыз шомылып, ҳәз етеди. Демек, биз жасап атырған ана тәбияттың суўы, тереги, ҳаўасы бир-бирине үнлес. Әтирап-орталықтың тазалығы, бағлардың молшылығы, саяманлы тереклердиң саялы, гөззаллығы, ишимлик суўымыздың тазалығы өзимиз ушын ғой. Кеселликлердиң көбейиўи, балаларымыздың ҳәммеси де палўан бола алмай атырғаны себеби де сол "жаман болады"ның жетип келгенинде емес пе?!
2025-жылдың "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы", деп аталыўы әйне мақсетке муўапық болды. Тәбият өзимиздики, оны өзимиз қәстерлеп-сақламасақ, өзимиз жақсыламасақ, келешегимиз биз күткендей болмайды. Тереклердиң таза кислород шығарып, зәҳәрли карбонат ангидридти жутатуғынын 5-класс баламыз да муғаллиминен еситкен. Балаларымыз билим алып атырған мектеплерде де 2025-жылдың мазмун-мәниси үйретиле баслағаны болды. Буны 4-ҳәм 6-, 8-классларда оқып атырған үш ақлығымның меннен тәбиятты сақлаў ҳаққында қосық сорап, сораўлар бере баслағанынан билдим. Кемпир апа болып жәрдемге киристик, әлбетте.
Әндижанның Улуғнар районында Қодиржон Қўзиев деген адамды билемен. Өзи "Бобуршох" фермер хожалығының баслығы. "Ақлығыма нәсиятлар" деген принцип ойлап таўып, Улуғнардың ҳәмме мектебинде ушырасыўлар өткерипти. Оқыўшыларға ўатан, топырақ, бағлар, тереклер, жасыл далалар ҳәм оларга мүнәсибет ҳаққында айтып береди. Ҳәр жылы фермер хожалығы қаржысы есабынан үш-төрт мектепке 50 түптен, гейде оннан да көбирек нәл алып, нураный дослары менен оқыўшылардың қатнасыўында нәл отырғызады. Ҳәр сапары 50-100 нусқада шығарылған "Ақлығыма нәсиятлар" буклетин балаларға тарқатады да, онда өзи жазған ҳикметли сөзлерди қунт пенен түсиндиреди. Кейин нәл егиўде қатнасқан заманласлары менен мектеплерге барып тереклерден хабар алады. Егилген мийўели ағашлары әлле қашан өнимге кирген. Сол мектеплер жәмәәти ҳәр жылы зүрәәт пискенде сол бағманға мийўесинен әкелип қуўандырады.
Қадиржан ата быйылғы жылымыздың "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы", деп аталғаны мүнәсибети менен ҳәр жылғыдан көбирек нәл таярлап, шөлкемлер, мектеплер, балалар бақшаларына саўға етпекши. Имканият таўып және нураный жолдаслары менен нәл егиў илажларын өткермекши.
Елимизде "Бирлескен - озар" деген нақыл бар. Ҳәммемиз бир жағадан бас шығарып жумысқа кириссек, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен басланған ийгиликли жумысларды, әлбетте, әмелге асыра аламыз. Бир-биримизге ибрат болсақ, жасларымызға не ушын "ана тәбият", деп айтыўымызды мазмуны жағынан кеңирек түсиндирсек, бизге өмир нәпесин саўға ететуғын - кислород беретуғын тереклер ушын саналы бағмандай меҳирли болыўымызды үйретсек, өзимиз басшы болсақ, әлбетте, нәтийжеге ерисемиз.
Ақыры, "жасыл мәкан" деген сөз бизге бийтаныс емес. Ҳәр жылы терек екемиз, бул ҳаққында үлкен санақ санлары менен есабатлар таярлаймыз, бирақ нәл егиў мәўсими өтиўи менен өзимизден артпай "еки алатуғын оқыўшы" сыпатында мүнәсибетте боламыз. Еккенимиз ырас па? Ырас болса неге көгермей атыр? Неге қурып қалса, уялмаймыз, ақыры қаржы жумсадық, күн бағышладық, неге мапаз тамам болыўы менен меҳиримизди жыйнап атырмыз, деп ойламасақ, онда анам айтқанындай "жаман болады".
Жоқ, "жаман болыўына" жол қоймаймыз. Ақыры, топырағымызға шөп суғып қойсаңыз көгереди, жапырақ жаяды. Жылдың аталыўындағы басламаны жети жастан жетпис жасқа шекем қоллап-қуўатласақ, бәҳәрде егип, жаз ҳәм гүзде тәрбиялаўды тоқтатпасақ, бағ жаратып елди абат етсек, ырысқы-несийбемизди көбейтсек, ҳәр бир қала, аўылымыз жасаў ушын жоқары мәкан болады, жақсы болады!
Тозбасын десек дүнья, бағ жаратайық,
Өмиримиз тапсын нәтийже, бағ жаратайық.
Жақсылықты сүйген кеўиллермиз,
Жаснасын әлем, бирадар, бағ жаратайық.
Қәҳәрден пайда гүна, мийримнен саўап,
Мийримимиз аспанға тең, бағ жаратайық.
Ким жерди жасандырған болса, оған оннан,
Жақсылық мың есе қайтар, бағ жаратайық.
Гүллесе бағлар - шырайлы, палдай мийўеси,
Ырысқы-несийбе елге турақлы, бағ жаратайық.
Бул әлем патасланбағай ҳеш, ҳаўасын,
Тазалайтуғын ақшам, сәҳәр, бағ жаратайық.
Замира РЎЗИЕВА,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы
ағзасы, шайыр