Заманагөй экономика ушын билимниң өзи жеткиликли емес, оны әмелият пенен үйлестире алатуғын кадрлар керек. Сонлықтан, билимлендириўден өндириске шекемги жолды бирден-бир санлы механизмге байланыстырыў идеясына мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында қаралмақта. Бул процесс техникалық жаңаланыў менен шекленбейди, ол басқарыў мәдениятын, мийнетке мүнәсибетти, инсан қәдирин жаңаша талқылаўда сәўлелендиреди.

Өз жолын излеп атырған питкериўши, жумыс табыўға ҳәрекет етип атырған жигит-қыз, маман кадрға мүтәжлик сезип атырған кәрхана - олардың жолы бир системада тутасқанда, бул қолайлықтан да кеңирек мәниске ийе болады. Өзбекстан соңғы жыллары әне усы үйлесимлиликти табыўға умтылмақта. Билимлендириў системасын жаңалаў, санлы басқарыўды енгизиў, жаслардың мийнет базарындағы орнын анықлаў бойынша избе-из қәдемлер қойылмақта. Атап айтқанда, жоқары билимлендириў системасы бүгинги күнде тек ғана билим бериўши емес, ал кадрлар ағымын қәлиплестириўши әҳмийетли механизмге айланған.

Питкериўши сабақты жуўмақлаўы менен мийнет базарына киреди, сол ўақытта мәмлекет ушын да, билимлендириў мәкемеси ушын да оның тәғдири итибардан шетте қалмаўы керек. Усы зәрүрлик Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 30-сентябрьдеги "Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң әмелият өтеўи ҳәм оларды жумысқа жайластырыў системасын санластырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарының қабыл етилиўине себеп болды. Қарар билимлендириў ҳәм мийнет системасын бирден-бир санлы механизмде бирлестириўди нәзерде тутады.

Бул ҳүжжет арқалы мәмлекет еки жыллық стратегиялық мақсетти жүзеге шығармақта: бир тәрептен, оқыў процесин реал өндирис пенен байланыстырыў, екинши тәрептен болса питкериўшилерди жумысқа жайластырыўда электрон қадағалаў системасын енгизиў. Усы тәризде билимлендириў мәкемелери, жумыс бериўшилер ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында мәлимлеме ағымы бирден-бир бағдарға түседи.

Ҳүжжет Президентимиздиң 2025-жыл 14-февральдағы "Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары менен үзликсиз байланыслы. Президент ҳүжжетинде жаслардың кәсиплик таярлығын күшейтиў, оларға заманагөй мийнет көнликпелерин үйретиў, билимлендириўден соң бәнтликти кепиллейтуғын механизм жаратыў ўазыйпасы қойылған еди. Қарар мине усы ўазыйпалардың әмелий көриниси болып, ол процессти тәртипке салыўшы анық қуралын белгилеп берди.

Жаңа тәртиптиң тийкарғы идеясы - питкериўшини система орайына қойыў. Онда белгиленгениндей, санлы хызметлер инсан турмысының барлық тараўына сиңдирилиўи керек. Билимлендириў ҳәм бәнтлик процесстиң ең белсенди бағдарларынан болып, питкериўшиниң өмир жолында санлы система менен биринши ушырасыўы әйне усы басқышта жүз береди. Билимлендириў шөлкеми әмелият өтетуғын кәрхана менен электрон түрде шәртнама дүзеди, кәрхана болса, өз гезегинде, система арқалы зәрүр кадрларға болған талабын билдиреди. Усы процесстиң өзи оқыў, әмелият ҳәм жумысқа жайласыў басқышларын бирден-бир шынжырға айландырады.

Бул қатнас мәмлекетлик сиясатта соңғы жылларда қәлиплесип атырған "санлы трансформация" идеясына үнлес. Билимлендириў, бәнтлик ҳәм экономика арасында реал мағлыўмат алмасыўы болмағанша, кадрлар сиясатында анықлық жүзеге келмейди. Сол себепли, "Бирден-бир миллий мийнет системасы" (IDAK) арқалы бул процессти басқарыў мәмлекеттиң жаңа әўлад басқарыў моделине өтиў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.

Питкериўшини жумыс пенен тәмийинлеў үзликсиз басқарылатуғын система түрине келтирилмекте. Мийнет базары санлы түрде бақланады, кәрханалардың кадрларға талабы автомат түрде талланады, билимлендириў мәкемелериниң нәтийжелилиги болса реал санлар тийкарында баҳаланады.

"Бирден бир миллий мийнет системасы"

Қарарға бола, енди билимлендириў шөлкеми ҳәр жылы 1-октябрьге шекем "Бирден-бир миллий мийнет системасы" базасына кирген кәрханаларға электрон сораў жибереди. Шәртнама әмелият басланыўынан кеминде үш ҳәпте алдын электрон тәризде рәсмийлестирилиўи керек. Сондай-ақ, питкериўшилер ҳаққындағы барлық мағлыўматлар билимлендириў шөлкеми тәрепинен жуўмақлаўшы аттестация нәтийжелерине тийкарланып системаға киргизиледи. Мәмлекет көлеминде реал ўақыт режиминде кадрлар ҳәрекети бақланады. Мәмлекет мийнет базарындағы өзгерислерди бақлап, зәрүр илажлар көриў имканиятына ийе болады. Ҳәр бир питкериўши ҳаққында қәлиплестирилген электрон мағлыўматлар базасы кейин ала оның кәсиплик жумысын баҳалаўда да әҳмийетли роль атқарады.

Жаңа системада кәрханалар белсене қатнасады. Олар ҳәр айдың 25-сәнесине шекем өзлери ушын зәрүр кадрлар, вакант лаўазымлар ҳәм өндирис имканиятларына байланыслы мағлыўматларды платформаға жайластырады. Бул арқалы кәрхана менен билимлендириў мәкемеси арасында тиккелей байланыс жолға қойылады, талап ҳәм усыныс тиккелей санлы майданда ушырасады.

Питкериўши жумысқа қабыл етилгеннен соң, оның мийнет шәртнамасы системада дизимнен өтеди. Соның менен ол "жумыс орны тәмийинленген" сыпатында белгиленеди. Бул механизм жаслардың бәнтлигин қадағалаўдың ең исенимли қуралына айланады. Егер питкериўши еле жумыс таппаған болса, оның мағлыўматы платформадан Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги мәлимлеме базасына өтеди. Нәтийжеде мәмлекетлик уйымлар арасында мәлимлеме алмасыўы жеделлеседи, бос кадрлар резерви анық көринеди, жаңа жумыс орынлары режелестириледи.

Системаның және бир абзаллығы - уйымлараралық интеграция. IDAK платформасы Салық комитети, Саўда-санаат палатасы, "Электрон ҳүкимет" системасы ҳәм басқа да мағлыўматлар базалары менен байланысады. Бундай интеграция 2026-жыл 1-январьға шекем жуўмақланыўы керек. 2026/2027-оқыў жылынан баслап болса барлық процесслер толық санлы форматта жүргизиледи. Бул, өз гезегинде, билимлендириў ҳәм бәнтлик сиясатын санлы таллаўға тийкарланып басқарыў имканиятын жаратады.

Мийнет базарындағы жаңа тәртип

Қарардың социаллық ҳәм экономикалық әҳмийетин баҳалаў ушын оны тек ғана техникалық система сыпатында көриў жетерли емес. Ол инсан турмысы, жәмийет мәденияты ҳәм мәмлекетлик басқарыўға тиккелей тәсир ететуғын реформа болып есапланады. Бул ҳүжжет мийнет базарында жаңа тәртип орнатады. Енди питкериўши өз жолын анық механизм арқалы белгилейди. Билимлендириў мәкемеси ушын бул нәтийжелиликти өлшеў өлшеми, кәрханалар ушын болса керекли кадрды табыўдың тез ҳәм ашық-айдын усылы болып есапланады.

Социаллық жақтан система жасларда исеним оятады. Оқыўды тамамлаған питкериўши жумыс табыў ушын өз алдына изленбейди, себеби оның мағлыўматы әллеқашан платформада бар. Ҳәр бир студент өзиниң электрон изи арқалы көринеди, кәрхана усы мағлыўматтан пайдаланған ҳалда оны табады, мәмлекет болса бәнтлик жағдайын бақлайды. Усы тәризде жаслар әмелият процесинде өзин сынап көриў ҳәм тәжирийбе топлаў имканиятына ийе болады.

Билимлендириў мәкемелери ушын система жаңа жуўапкершилик дәрежесин жүзеге келтирди. Енди питкериўшиниң жумысқа жайласыўы оқыў бағдарламасының реал нәтийжесине айланады. Қайсы бағдардағы қәниге тезирек жумыс таўып атыр, кимниң әмелияты нәтийжели өтти - булардың барлығы системада көринеди. Сол себепли оқыў бағдарламалары мийнет базарының талапларына бейимлесип барады.

Кәрханалар көз қарасынан бул қарар кадрлар таңлаўда анық ҳәм тәртипли механизм жаратты. Өндирис кәрханалары, шөлкемлер ҳәм жеке меншик сектор өз талапларын платформада жәриялайды. Студент бағдарына сәйкес әмелият орнын таңлайды, кәрхана болса өзине керекли жас қәнигени усы системадан табады. Усы процесс нәтийжесинде мийнет базары турақласады, таңлаў әдил болады, инсан факторлары азаяды.

Экономикалық жақтан система өндирис пенен билимлендириў арасындағы байланысты беккемледи. Питкериўшилер өндирис шараятында әмелият өтип атырғаны себепли олар таяр кадр сыпатында жумысқа киреди. Бул кәрханалар ушын сапалы жумысшы күши, мәмлекет ушын болса мийнет өнимдарлығының артыўын аңлатады. Бәнтлик дәрежеси, кадрлар ағымы ҳәм тараўлар кесиминдеги таллаўлар енди реал ўақыт режиминде қәлиплеседи. Сол арқалы экономикалық режелестириў анық мағлыўматларға сүйенген ҳалда алып барылады.

Системаның социаллық пайдасы сонда, ол питкериўшиниң жәмийеттеги орнын табыў процесин жеңиллестиреди. Ҳәр бир жас өзиниң мийнети ҳәм кәсиплик жолын система арқалы көреди. Усы тәризде билимлендириў сиясаты менен бәнтлик сиясаты бир мақсетке хызмет етеди. Нәтийжеде жәмийетте исеним орталығын беккемлейтуғын жаңа механизм қәлиплеседи.

Халықаралық тәжирийбе қандай?

Системаны халықаралық тәжирийбе менен салыстырыў анық көрсеткишлер менен және де айқынласады. Германияда кәсиплик билимлендириўдиң дуал модели бар. Федерал статистика уйымының мағлыўматына бола, 2022-жылы усы системада 468,9 мың жаңа шәкиртлик шәртнамасы дүзилген. 2024-жылы тариф тийкарындағы орташа айлық шәкиртлик төлеми 1133 евроға жеткени (жылына 6,3 процент өсиў) де кәрханалар ушын кадрлар таярлаўға хошамет күшейип атырғанын көрсетеди.

Европа Аўқамында орта кәсиплик билимлендириўди жақында тамамлағанлардың бәнтлиги жоқары дәрежеде. Евростаттың 2023-жылғы көрсеткишлерине бола бул топарда бәнтлик 81 процент әтирапында белгиленген, 2024-жылда көрсеткиш 80 процент болып тур, тенденция соңғы жылларда турақлы. Бунда мәмлекетлер кесиминдеги айырмашылықлар сақланады, бирақ улыўма нәтийже көрсетеди, кәсиплик бағдардағы оқыўдан кейин мийнет базарына кириў тез әмелге асады.

Қубла Кореяның Work-Study Dual System бағдарламасы кәрхана базасында жумыс орнында оқытыў ҳәм оқыў орнында теориялық таярлықты бирлестиреди, HRD Korea рәсмий мағлыўматлары системаның тийкарғы принциплерин баянлайды. Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (OECD) ҳүжжетлеринде бул бағдарлама жаслардың бәнтлигин арттырыў ҳәм қәнигелик сәйкеслигин жақсылаў ушын миллий көлемде қолланылып атырған қурал сыпатында тәрийпленеди. 2018-жылдың өзинде 252 мыңнан аслам хызметкер қоллап-қуўатлаў илажларынан пайдаланғаны көрсетилген.

OECD ҳәм Европа кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў орайы (CEDEFOP) басылымларында улыўма көринис төмендегише сүўретленеди: кәсиплик билимлендириў (VET) мийнет базарындағы маманлық жетиспеўшилигин жумсартады, жумыс орнында үйрениў компоненти күшли болған бағдарламалар болса кәрхана талабына сай көнликпелерди тез қәлиплестиреди. OECDтың VET бойынша шолыўларында 25-34 жас категориясында ҳәр үш адамнан бири ең жоқары маманлық сыпатында кәсиплик бағдарды көрсеткен. CEDEFOP болса 2022-жылы ЕА бойынша орта басқыш питкериўшилериниң дерлик ярымы кәсиплик бағдардан шыққанын, бул ағымның бәнтлик көрсеткишлерине унамлы тәсирин атап өтеди.

Бул статистикалық дәлиллер Өзбекстанда жолға қойылып атырған IDAK әтирапындағы модель ушын үш әҳмийетли жуўмақ береди: бириншиден, кәрхана қатнасыўы күшли болған шәкиртлик ҳәм әмелият жолы жумысқа өтиў ўақтын қысқартады ҳәм жаслардың бәнтлигин жоқары услайды; екиншиден, электрон платформа арқалы реал ўақыт режиминде мағлыўматлар жыйнаў билимлендириў бағдарламаларын базар талабы менен тез үйлестириўге жәрдем береди; үшиншиден, ашық-айдын төлем ҳәм шәртнама әмелияты кәрханалар ушын кадрлар таярлаўға турақлы хошамет жаратады.

Система қашан күшке киреди?

Қарарда белгиленген системаны толық енгизиў басқышпа-басқыш әмелге асырылады. Бул процесс тек ғана техникалық жаңалық емес, ал басқарыў мәдениятының өзгериўин де нәзерде тутады. Ҳәр бир басқыш өзине тән ўазыйпа ҳәм мүддет пенен белгиленип, улыўма мақсетке - әмелияттан жумысқа шекемги жолды бирден-бир санлы тәртипте басқарыўға хызмет етеди.

Дәслепки басқыш 2025-жылдың ақырына шекем даўам етеди. Усы дәўирде платформаның техникалық тийкарлары жаратылады, программалық аппарат комплекси қәлиплестириледи, IDAK системасы ушын бирден-бир мағлыўматлар форматы ислеп шығылады. Бул басқышта Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрликлери өз-ара биргеликте ислейди. Олардың ўазыйпасы бар мәлимлеме системаларын муўапықластырыў, платформаны сынақ режиминде иске қосыў, дәслепки нәтийжелерди таллаўдан ибарат. Усы басқышта айырым жоқары оқыў орынлары ҳәм ири кәрханалар тийкарында тәжирийбе жойбарлары жолға қойылады. Бул тәжирийбелер арқалы техникалық насазлықлар, әмелий машқалалар анықланады ҳәм системаны жетилистириў бойынша усыныслар таярланады.

Екинши басқыш 2026-жылдың 1-январына шекем мөлшерленген. Усы мүддетке келип, IDAK платформасы "Электрон ҳүкимет", Мәмлекетлик салық комитети, Саўда-санаат палатасы ҳәм басқа да уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграцияланады. Ҳәр бир кәрхана өз талапларын усы платформада белгилейди, билимлендириў мәкемелери болса питкериўшилер ҳаққындағы мағлыўматты реал ўақыт режиминде киргизеди. Усының менен мағлыўмат алмасыў толық электрон түрге өтеди.

Үшинши басқыш 2026/2027-оқыў жылынан баслап системаның толық иске қосылыўын нәзерде тутады. Усы дәўирде барлық жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик шөлкемлер, кәрханалар, жеке меншик сектор қатнасыўшылары платформадан мәжбүрий тәртипте пайдаланады. Питкериўшиниң әмелиятқа шығыўы, жумысқа кириўи, мийнет шәртнамасын дүзиўи ҳәм дизимнен өтиўи - ҳәммеси санлы жол менен басқарылады. Бул басқышқа келип системаның техникалық инфраструктурасы турақлы ислеўи, мағлыўматлар базасының қәўипсизлиги ҳәм таллаў қуўатлылығы жетерли болыўы тәмийинленеди.

Нәтийжелер көзқарасынан, система иске түскеннен соң биринши жылдың өзинде-ақ питкериўшилердиң бәнтлик көрсеткишлерин таллаў имканияты пайда болады. Ҳәр бир оқыў орнының жумысы санлы нәтийжелерге тийкарланады. Қайсы тараўда жумысқа орналасыў жоқары, қайсы бағдарда талап аз - бул ашық санлар арқалы анықланады. Усы мағлыўматлар тийкарында билимлендириў сиясатын қайта көрип шығыў, жаңа қәнигеликлер ашыў ямаса барларын қайта бағдарлаў аңсатласады.

Аслиддин АБДУРАЗЗОҚОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы