Мәлимлеме технологиялары дурыс пайдаланылса - мүмкиншилик, надурыс пайдаланылса...

    Елимизде глобал тармақлардан пайдаланыў пәти жыл сайын артып бармақта. Пуқаралар өзлерине тийисли болған пуқаралық ҳуқықларын, соның ишинде, оларды қорғаў ҳуқықын да өз қәлеўи бойынша басқарады.

    Пуқаралық ҳуқықларын әмелге асырыў басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәмде нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбаўы шәрт. Пуқара өз ҳуқықларын әмелге асырыўда руўхый принциплер ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларын ҳүрмет етиўи керек. Басқа шахсқа зыян жеткериўге, яғный ҳуқықын бузыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Бирақ бүгин интернет имканиятынан надурыс пайдаланып атырғанлар да аз емес.

    Numbeo сайтында жәрияланған 2025-жылдың ярым жыллығы бойынша халықаралық жынаятшылық дәрежеси индексинде Өзбекстан қәўипсизлик бойынша 25-орынды ийеледи. Рейтинг Crime Index - жынаятлар индекси ҳәм Safety Index - қәўипсизлик индекслери тийкарында дүзиледи. 2025-жылдың биринши ярым жыллығында Өзбекстан бул индекс бойынша Орайлық Азия мәмлекетлери арасында ең қәўипсиз мәмлекет болды.

    Кейинги бес жылда елимизде кибержынаятлар саны 2023-жылдағыға салыстырғанда 68 есеге, өткен жылдың өзинде 9,1 есеге көбейди. Усы дәўирде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден киберҳуқықбузарлықлар бойынша келип түскен мүрәжатлар саны 34 есеге артты. Бул жынаятлар себепли пуқаралардан 1 триллион 909 миллиард сумнан аслам қаржы урланған. 2019-жылы мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда 18 түрдеги 863 жынаят исленген болса, 2024-жылы 62 түрдеги 58,8 мың жынаят дизимге алынған. Улыўма жынаятлар қурамында кибержынаятлардың салмағы сезилерли дәрежеде артқаны олардың алдын алыў зәрүрлигин және де актуалластырып атыр. 2023-жылы улыўма жынаятлар қурамында кибержынаятлардың үлеси 6,2 процентти қураған болса, өткен жылы 44,4 процентке жетти. Дерлик ҳәр екинши жынаят мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда исленген.

    Санлы технологиялардан тек ғана инсан мәпи ушын емес, ал ҳуқықбузарлық ҳәм коррупциялық мақсетлерде де пайдаланыў мүмкин. Мәлимлеме технологияларының кеңейиўи оннан нызамсыз ҳәм ғәрезли мақсетлерде пайдаланыў қәўпин арттырады. Санлы мәканда коррупцияның жаңа түрлери пайда болады. Миллий нызамшылығымызда мәлимлеме технологияларынан пайдаланып исленген ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылған. Бирақ оның алдын алыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды системалы көрип шығыў тийкарғы ўазыйпалардан болып қалмақта. Бул бағдарда пуқаралардың кибермәдениятын арттырыў жүдә әҳмийетли болып табылады.

    Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими "г" бәнтинде жынаят мәлимлеме технологияларынан пайдаланып исленген болса, базалық есаплаў муғдарының үш жүз есесинен төрт жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса белгили бир ҳуқықтан айырылған ҳалда бес жылдан сегиз жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланатуғыны келтирилген. Сондай-ақ, урлық, яғный өзгениң мүлкин жасырын түрде талан-тараж етиў Жынаят кодексиниң 169-статьясы 3-бөлими "б" бәнти менен жуўапкершиликке тартыўға тийкар болады. Буннан тысқары, кодексте интернет пенен байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершилик белгиленген. Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте де мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен байланыслы ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершилик нәзерде тутылған. 2022-жыл 15-апрельдеги "Киберқәўипсизлик ҳаққында"ғы нызамда кибермәканда шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплериниң сыртқы ҳәм ишки қәўиплерден қорғалған жағдайы келтирилген. Киберқорғаў - киберқәўипсизлик ҳәдийселериниң алдын алыўға, киберҳүжимлерди анықлаўға ҳәм олардан қорғаўға, ақыбетлерин сапластырыўға, телекоммуникация тармақлары, мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларының турақлылығын, исенимлилигин тиклеўге қаратылған ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, финанслық-экономикалық, инженерлик-техникалық илажлар, мағлыўматларды криптографиялық ҳәм техникалық жақтан қорғаў илажлары комплекси болып табылады.

    Нызамның 16-статьясында киберқәўипсизлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери өз көринисин тапқан. Яғный олар өз киберқәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ўәкилликли мәмлекетлик уйымнан киберқәўип-қәтерлер, программалық тәмийнаттағы, үскенелер ҳәм технологиялардағы әззиликлер ҳаққындағы мағлыўматларды алыўға ҳақылы.

    Буннан тысқары, киберқәўипсизлик субъектлери мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларындағы мағлыўматлардың нызамға қайшы түрде тарқатылыўы, урланыўы, жоғалыўы, пүтинлигиниң бузылыўы, блокланыўы ҳәм қәлбекилестирилиўиниң, мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларына рухсатсыз кириўдиң басқа көринислериниң алдын алыўы, бундай жағдайлар анықланған жағдайда болса өз ўақтында тийисли илажлар көриўи зәрүр. Егер мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларына кириў тәртиби бузылған болса, оларға рухсатсыз кириў нәтийжесинде усы системалар ҳәм ресурслар өзгертилген ямаса жоқ етилген жағдайда унамсыз ақыбетлерди азайтыў мақсетинде тезлик пенен тиклеў илажларын көриўи талап етиледи. Қалаберди, жүз берген киберқәўипсизлик ҳәдийселери ҳәм кибержынаятлар ҳаққында ўәкилликли мәмлекетлик уйымды хабардар етиўи, усы ҳәдийселерди толық ашыў ушын тийисли санлы излердиң жойтылыўына жол қоймаў илажларын көриўи, сондай-ақ, киберқәўипсизлик ҳәдийселерин таллаў ҳәм кибержынаятларды тексериў ушын зәрүр болған мағлыўматлардың турақлы сақланыўын тәмийинлеўи зәрүр. Киберқәўипсизлик объектлериниң қорғалыўы ҳәм қәўипсиз ислеўиниң мониторингин өткериў тараўындағы мағлыўматларды ўәкилликли мәмлекетлик уйым менен өз-ара алмасыўды әмелге асырыўы керек. Мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларының киберқорғаўын тәмийинлеўде ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленген киберқәўипсизлик талапларына әмел етиўи талап етиледи.

    Президентимиздиң 2025-жыл 30-апрельдеги "Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннан былай да күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы қарарында усы жылдың ақырына шекем заман талаплары ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин комплексли үйренген ҳалда тараўдың тийкарғы бағдарлары ҳәм ислеў механизмлери, кибержынаятлардың алдын алыўда және оларды ашыўда мәмлекетлик уйымлар, банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлериниң анық жуўапкершилигин белгилейтуғын "Мәлимлеме технологияларынан пайдаланып жүз берилип атырған жынаятларға қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызам жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылған. Соның менен бирге, онда кибержынаят ислеўде өз атындағы банк картасынан, банк есап бетинен, SIM картасынан ҳәм де электрон қалтасынан (электрон есап бетлер) пайдаланыўға жол қойған шахслар (дроп) ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершиликлерди белгилеў илажы нәзерде тутылған.

    Мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени ушын жуўапкершиликти белгилеўши әмелдеги нормаларды ақыбет болмаса да, жуўапкершилик жүзеге келиўи көзқарасынан жетилистириў белгиленген. Банклер, төлем системасы операторлары ҳәм төлем шөлкемлери, сондай-ақ, басқа да шөлкемлер мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик талапларына әмел етпегени нәтийжесинде жүз берген кибержынаят ақыбетинде келип шыққан материаллық зыянды олардың есабынан өндириў тәртибин енгизиў нәзерде тутылған.

    Жынаят нызамшылығы менен мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятлар және пул қаржылары ҳәм басқа да мүлкти тартыўға байланыслы нызамсыз жумыс ушын белгиленген жаза илажларын күшейтиў, жынаят ислеўде мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў жуўапкершиликти ҳәм жазаны аўырластырыўшы жағдай сыпатында белгиленеди. Сондай-ақ, ҳуқық қорғаў уйымларының банк сырына байланыслы сораў ҳәм қарарларының орынланыўын тәмийинлеўдиң анық мүддетлерин белгилеў ҳәм оларды орынлаўды нәзерде тутатуғын тәртипти енгизиў нәзерде тутылған.

    Кибержынаятлардың алдын алыў бағдарындағы үгит-нәсият илажларының нәтийжелилигине ерисиў мақсетинде республика көлеминде ҳәр жылдың ноябрь айын "Кибермәдениятты раўажландырыў айлығы" деп жәриялаў белгилеп қойылған. Ең әҳмийетлиси, кибержынаятлардың жаңа түрлери ҳәм оларды ислеў усылларын есапқа алыў, түрлери, ислеў усыллары ҳаққында ескертиў ушын интернет ҳәм социаллық тармақлардағы мақсетли (таргет) реклама хызметинен бийпул пайдаланыў унамлы нәтийже береди. Киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўда пуқаралардың ҳуқықый мәлимлемеден хабардар болыўы оғада үлкен әҳмийетке ийе. Ҳуқықый үгит-нәсиятлаўдың бир қатар усылларынан пайдаланыў мүмкин. Булар қатарына конференциялар, ушырасыўлар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм сөйлесиўлер өткериў, ғалаба хабар қураллары арқалы, соның ишинде, телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер шөлкемлестириў, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларына мақалалар, ҳуқықый-мәлимлеме материалларын жайластырыў киреди. Сондай-ақ, шолыўлар, брошюралар, плакатлар, буклетлер ҳәм флайерлер тарқатыў, социаллық рекламалар (видеокөринислер, инфографикалар ҳәм басқалар) ҳәм үгит-нәсиятлаўдың нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да түрлери арқалы әмелге асырыўға жол қойылады.

    Системалы ҳәм әмелий таллаў нәтийжелери соннан дәрек береди, санлы трансформация шараятында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға байланыслы бир қатар машқалаларды шешиў зәрүр. Соның ишинде, санлы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша илажларды турақлы мониторинг етиў ҳәм баҳалаўдың сапа көрсеткишлерин ислеп шығыў керек. Халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырып барыўдың анық профилактикалық, статистикалық, социаллық, психологиялық ҳәм регион және аймақлар кесиминдеги көрсеткишлери тийкарында изертлеўлер өткериў зәрүрлиги бар. Әсиресе, мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын ҳуқықбузарлықлар профилактикасына байланыслы илимий-әмелий тийкарланған изертлеўлер режелерин ислеп шығыў ҳәм оның тийкарғы бағдарларын анықлаў перспективалы болып есапланады.

    Санлы трансформация жедел раўажланыўын есапқа алып ҳуқықбузарлықлар характери ҳәм түрлерин классификациялаў, бул бағдарда халық, әсиресе, жаслардың билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириўде интернет арқалы жүз берип атырған нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў материалларын жаратыў зәрүр.

    Сондай-ақ, санлы технологиялар менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салатуғын нызамшылықты системаластырыў ҳәм унификацияланған мазмунда ислеп шығыўда шахс, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң мәпин есапқа алыў зәрүр.

    Жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылатуғын ҳуқықбузарлықларды анықлаў ҳәм алдын алыў бойынша тек ғана ҳуқықый емес, ал санлы технология тараўы бойынша жетик билимге ийе ҳуқықтаныўшы қәнигелер корпусын таярлаў системасын жолға қойыў зәрүрлиги жүзеге келмекте. Юридикалық билимлендириў мәкемелеринде санлы ҳуқық, жасалма интеллекттиң ҳуқықый тийкарлары, мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын ҳуқықбузарлықлар профилактикасына байланыслы арнаўлы ҳәм тараўлық пәнлерди оқытыўды енгизиў дәўир талабына айланбақта. Бул бойынша оқыў әдебиятларын, арнаўлы санлы электрон программаластырылған тәмийнатларды ислеп шығыў, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да тараўлардың қәнигелериниң қатнасыўында турақлы режели үгит-нәсиятлаў жумысларының тәсиршеңлигин арттырыў зәрүр. Бундай илажлар санлы трансформация шараятында халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырып, мәлимлеме технологиялары жәрдеминде исленетуғын ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўға хызмет етеди. Бул социаллық мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў оғада әҳмийетли шәрт болып есапланады.

    Шухрат РУЗИНАЗАРОВ,

    Ташкент мәмлекетлик юридика университети

    профессоры, юридикалық илимлер докторы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates