Усы жыл 2-8-сентябрь күнлери мәмлекетимиз бойлап дәстүрий "Музейлер ҳәптелиги" акциясы болып өтти. Жети күн даўамында барлық мәмлекетлик музейлерге келиўшилер ушын бийпул кириў имканияты жаратылды. Бул баслама мәмлекетимиздиң мәдений мийрасын ҳәр бир пуқара ҳәм мийманға таныстырыўға, сондай-ақ, жасларда тарийх, миллий өзлик ҳәм мәдений дәстүрлерге ҳүрмет сезимин қәлиплестириўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.

Усы жерде бир сораў туўылады: бундай басламалардың тийкарында қандай мақсет жәмленген? Ҳәрекетлердиң мазмуны мәдений мийрасқа итибар менен классификацияланса, онда мәдений мийрастың өзи жоқ болса, қандай ҳәдийсе жүз береди? Бир нәрсениң қәдирине жетиў ушын, бәринен бурын, оның мәнисин түсиниў зәрүр ғой, дурыс па?

Енди көз алдымызға келтирейик: бир миллет өзиниң мәдений мийрасын жоғалтса, оның ең үлкен апатшылық өзлигинен айырылыўы болады. Миллет тарийхый ядсыз қалады, руўхый жарлылыққа дус келеди, ишки аўызбиршилик төменлейди ҳәм келешек әўладлар өзин негизинен қайсы қәдириятларға тийисли екенлигин еслей алмайды. Тамыры өлген терек самал қай тәрепке ессе, сол тәрепке ийилип кеткени сыяқлы мәдений мийрасыз миллет те басқа мәдениятлар тәсиринде қалады. Мәдений мийрассыз миллеттиң бағдарсыз қалыўы тарийхта бир неше мәрте бақланған, себеби мийрас жойтылған жерде миллеттиң руўхый сүйеги сынады.

Мәселен, әййемги Шумер цивилизациясы адамзатқа жазыў, архитектура, ирригация ҳәм мәмлекетшилик ҳаққында дәслепки түсиниклерди берген болса да, олардың тили, үрп-әдетлери қумға түскен суўдай жоқлыққа сиңип кетти, халық сыпатында өзи де жоғалды. Америка материгиндеги майя, ацтек ҳәм инк цивилизацияларының тәғдири де сондай болды. Испан конкистадорлары олардың көп әсирлик мәдений байлықларын, шексиз ибадатханаларын жоқ етти. Нәтийжеде бул үлкен халықлар мәдений қүдиретинен айырылып, тек тарийх бетлеринде қалды. Совет дәўиринде болса көплеген халықлар "бир тил, бир мәденият" сиясаты тәсиринде өз қәдириятларынан үзилди. Сибирдеги жүзлеген жергиликли халықлар тиллерин умытты, дәстүрлери пүткиллей жоқ болып кетти.

Жер жүзинде 6 мыңнан аслам тил бар болса, бар тиллердиң ярымын 10 мыңнан кем, шерегинде болса мыңға да жетпейтуғын адамлар топары сөйлеседи. Австралия аборигенлери ҳәм Америка индеецлери тиллериниң көпшилигинде сөйлеўшилер салыстырмалы түрде бираз аз. Амазонка бассейниндеги ҳәр бир тилде орташа 150 адам сөйлейди. ЮНЕСКО мағлыўматларына бола, мине усы 6 мыңнан аслам тилдиң кеминде ярымы жоғалыў алдында тур. Демек, бул тил ийелериниң мәдений мийрасы да қәўип астында дегени. Чукоткадағы жергиликли елатлар, Африкадағы көплеген қәўимлер өзлериниң тиллерин ҳәм дәстүрлерин сақлап қалмаса, жақын әсирлерде олар ҳаққында тек китапларда оқыўы мүмкин болады.

Сол себепли мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў ертеңги күнди сақлаў дегени. Мәдений мийрас өтмиш пенен бүгинди, бүгин менен келешекти байланыстырады. Әпиўайыластырып түсиндиремен: егер жазба дереклер, архитектуралық естеликлер, көркем шығармалар ҳәм ҳәр қыйлы материаллық емес руўхый мийрасларымыз бизге шекем жетип келмегенде, биз тек ата-бабаларымыздың қаншелли ақыллы, уллы ҳәм прогрессив болғанын толық түсинип жетпеген болар едик, бәлким өзлеримиз де ҳәзиргидей раўажланбаған болар едик.

Абу Райхан Берунийди алайық. Оның энциклопедиялық билимге ийе алым болғанын әйне китаплары арқалы билип атырмыз. Сондай-ақ, Ибн Синаның медицина илиминдеги уллы ойлап табыўлары, Маҳмуд Қашқарийдиң тил билиминдеги илимий мийрасы, Әмир Темур мәмлекетиндеги сиясий ҳәм әскерий реформалар ҳаққында да әйне мәдений мийрас - жазба шығармалар, тарийхый естеликлер ҳәм қолжазбалар арқалы билип атырмыз. Самарқандтағы Регистан комплекси, Бухарадағы Минораи Калон, Хийўаның Ийшанқаласы ямаса Термиздеги буддизм дәўири естеликлери - булардың ҳәр бири бизге белгили бир дәўирдиң турмысы, исеними ҳәм мәдений дәрежесинен хабар беретуғын тири ҳүжжетлер болып есапланады. Усы мәнисте мәдений мийрас тарийхты тек ҳақыйқатты айтыўға мәжбүрлейтуғын бирден-бир гүўа. Ол ким екенимизди, қайсы жолдан киятырғанымызды ҳәм қандай қәдириятларға сүйенип атырғанымызды көрсетеди.

Музейлер болса мәдений мийрасты сақлаўда жүдә әҳмийетли, бирақ оларды жалғыз ямаса қалған барлық нәрсениң орнын басады, деп айтыў да дурыс болмайды. Музейлердиң басқа мәкемелерден ажыралып туратуғын тийкарғы тәреплери бар: олар материаллық объектлерди беккем ҳәм қадағалаўлы орталықта сақлай алады, ығаллық, жәнликлерден, нурланыў ҳәм зыянланыўдан қорғайды. Әййемги қолжазбалардың реңлериниң тиклениўин тәмийинлейди, металл ямаса тас экспонатлардың коррозиясының алдын алады.

Хош, музей тек соның ушын әҳмийетли ме? Мәмлекетимиз тәрепинен материаллық қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир себеби усы ма? Жоқ, әлбетте. Бириншиден, музейлер изертлеў орайы ўазыйпасын атқарады - олар провонансты үйренеди, яғный А предмет қай жерден келгенин анықлайды, тарийхый контекстти тиклейди, жаңа илимий мағлыўматлар жаратады ҳәм сол арқалы улыўма тарийхый көз-қарасты толықтырады. Екиншиден, музейлер мектеп ҳәм университет сабақларын байытады, экскурсиялар, илимий семинарларға тийкар болады, бул фактор жас әўладтың тарийхый ҳәм руўхый санасын қәлиплестириўде шешиўши рол ойнайды.

Ҳәр қандай қәрежеттиң өзин ақлаўы менен байланыслы мәселеге келсек: қәрежетлердиң экономикалық, социаллық ҳәм мәдений пайдасы көп қырлы. Музейлер көркем өнер индустриясын қоллап-қуўатлайды. Улыўма, олар "идеологиялық магнит" ўазыйпасын атқарады - миллет дәрежесиндеги жәмәәтлерди өзине тартып турады. Туризм экономикасы көзқарасынан, музейлер туристлер ағымын арттырады. Мәселен, Лувр жылына 9-10 миллион туристти өзине тартады, бул болса Париж экономикасына миллиардлап евро дәрамат келтиреди.

Буннан тысқары, музейлер туризм түрлерин диверсификация етеди. Мәселен, диний туризм зыярат етиў объектлерине, археологиялық туризм қазылма естеликлерине қызығыўшылық оятады. Музейлер болса усы түрлерди бир орында үйлестирип, туристке қолайлық жаратады. Соның ушын көбинесе турагентликлер жөнелисти дүзгенде музейлерди орайға қояды. Және бир тәрепи, музейлер туризмди мәўсимликтен шығарады. Мәселен, таў-лыжасы ямаса пляж туризми белгили бир мәўсимге байланыслы. Музей болса жыл даўамында саяхатшы қабыл етеди. Бул қала экономикасы ушын да, жергиликли халықтың жумыс орынлары ушын да турақлылық жаратады. Сондай-ақ, музейлер халықаралық байланысларды орнатыў ушын әжайып қурал, бир мәмлекеттиң өзине тән "жумсақ күши". Көргизбелерди алмасыў, илимий бирге ислесиў ҳәм мәдений дипломатия арқалы мәмлекеттиң абырайы артады. Музейлерге киргизилген қәрежет - узақ мүддетли инвестиция екенин айтыў керек; ол дәрҳал экономикалық пайда көрсетпеўи мүмкин, бирақ ўақты келип мәдений туризм бренди ҳәм билимлер инфраструктурасы сыпатында үлкен пайда береди.

Президентимиз тәрепинен Өзбекстан Миллий музейине тырнақ тасы қойылғанынан мәлим болмақта, музейдиң жәмийетлик-сиясий әҳмийети де оғада үлкен. Ол мәмлекеттиң мәдений сиясатында әҳмийетли орын ийелейди. Ол арқалы дүнья жәмийетшилигине халықтың бай мийрасы, қәдириятлары ҳәм раўажланыў жолы көрсетиледи. Бүгин Миллий музейдиң қурылысы ушын басланған қәдемлер Өзбекстанның ғәрезсизлигин, өз тарийхын қәдирлейтуғынын ҳәм оны дүнья сахнасында көрсетиўге умтылатуғынын билдиреди.

Бул үлкен көлемдеги музей ертең жәмийеттиң өзин-өзи аңлаўында, сиясий турақлылықта ҳәм миллий идеяны қәлиплестириўде әҳмийетли мәкеме, орай болып хызмет етеди. Түрли қатламларды бир қәдирият әтирапында жәмлестириўге жәрдем береди. Мәселен, Өзбекстан тарийхы мәмлекетлик музейине кирген адам мың жыллық тарийхый процесслерди көрип, өзин усы елдиң бир бөлеги сыпатында сезинеди. Бул социаллық аўызбиршиликти күшейтеди.

Музей, жоқарыда атап өткенимиздей, мәмлекеттиң сиясий көзқарасларын, тарийхқа қатнасын ҳәм миллий сиясаттағы тийкарғы бағдарларды сәўлелендиреди. Мысал ушын, ғәрезсизликтен соң ашылған Репрессия қурбанлары естелиги музейи тиккелей тарийхый әдиллик символы сыпатында бой тикледи. Бул музей инсаниятқа тек өтмиштеги қәтелерди еслетип ғана қоймастан, ал келешекте бундай зулымлық қайталанбаўы зәрүр екенлигин сиясий хабар сыпатында да жеткерип турады.

Халықаралық тәжирийбеге нәзер тасласақ, музейлердиң жәмийетлик-сиясий әҳмийети және де айқынласады. Германиядағы Берлин дийўалының бөлеклери сақланып атырған музейлер тек ғана тарийхый естелик емес, ал сиясий естелик орны есапланады. Ол жерге келген ҳәр бир адам тоталитар дүзимниң ақыбетлери, Шығыс ҳәм Батыс арасындағы сиясий қарама-қарсылықлар қандай болғанын өз көзи менен көреди. АҚШтағы "9/11 Мемориал музейи" болса тек ғана қорқынышлы апатшылықты еслетпестен, ал терроризмге қарсы гүресиў сиясатының символикалық тийкарын беккемлейди.

Усы жылдың 21-август күни Президенттиң "Халықаралық заманагөй көркем өнер биенналесин жоқары дәрежеде өткериў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Енди 2025-жылдан ҳәр 2 жылда бир мәрте сентябрь-ноябрь айларында Бухара қаласында халықаралық заманагөй көркем өнер бийенналеси өткерип барылады. Биринши биеналя усы жылы 5-сентябрь - 20-ноябрь күнлери өткерилмекте. Биеннале өткерилетуғын 14 мәдений мийрас объекти көргизбе ҳәм илажлар, билимлендириў ҳәм изертлеў, дөретиўшилик ҳәм өндирис процесслери үйлескен креатив кластерге айландырылмақта. Дүньяға белгили дөретиўшилер, қәниге ҳәм аспазлардың қатнасыўында кең жәмийетшилик ушын 10 ҳәптелик илимий-ағартыўшылық, мәдений-кеўилашар, туристлик ҳәм гастрономиялық бағдарламалар шөлкемлестирилмекте.

30 дан аслам халықаралық эксперт, куратор ҳәм көркем өнертаныўшының қатнасыўында халықаралық академиялық симпозиум өткериледи. Булардың ҳәммеси мәдений мийрас түсинигиниң қәдирин аңлаўға және бир мәрте жәрдем береди. Биеннале тек ғана көркем илаж емес, ал мәдений дипломатияның келешеги ҳәм Өзбекстанның креатив санаат тармақларын раўажландырыўды додалаў майданына айланып атырғанына исеним береди.

Тарийхқа айланыў сезими инсанды таң қалдырыўы тәбийий, себеби инсан өзин тек ғана заманагөй турмыс процесинде емес, ал келешектиң естелигинде де көре баслайды. Бул оған еки түрли күшти береди: жуўапкершилик ҳәм илҳам. Жуўапкершилик бүгин жасап атырған ҳәр бир қәдемимиз келешекте ким екенимизди көрсететуғынын аңлаўдан туўылады. Илҳам болса исленген ийгиликли ис, қурылған имарат, жазылған шығарма мәңгиликтиң бир бөлегине айланады, деген исенимнен келип шығады.

Ҳәзирги ўақытта жаратылған ҳәм жаратылып атырған естеликлер ямаса заманагөй орайлардың кейин ала мәдений мийрас статусына ийе болыўы олардың енди тек ғана "музей экспонаты" сыпатында қалыўын аңлатпайды. Мәселен, Миллий Олимпиада қалашасы ямаса Миллий футбол орайы ҳәзир спорт инфраструктурасы сыпатында хызмет етиўге таяр жағдайда. Бир неше он, жүз жыллардан кейин оларда жазылған рекордлар, жеңислер, чемпионлар, өткерилген абырайлы жарыслар тарийхқа айланады ҳәм бул имаратлар да символикалық мәнисте мийрасқа айланады. Бирақ бул олардың ҳәзирги функциясы - спортты раўажландырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў орайы сыпатындағы әҳмийетин жоққа шығармайды. Керисинше, келешекте олардың мийрас сыпатында қәдирлениўи ҳәзирги күн ўазыйпаларын және де жуўапкершиликли етеди. Усы мәнисте мийрасқа айланыў ескиргенлик емес, керисинше, барлық ҳәрекетлеримиз мәңгилик из қалдырып атырғанын сезиў, өз жумысымызға үлкен мазмун бағышлаў деген сөз.

Азизбек ЮСУПОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы