Интернет арқалы жазыспаларда көп мәрте ўатанға қайтыў, бир жумысқа орналасып, усы жерде "пәлек жазыў" нийети бар екенин айтып, меннен бул бойынша мәсләҳәтлер сорап туратуғын еди.
Мен оған мәмлекетимизде жаслардың билим алыўы, кәсип таңлаў мәселелерине соңғы жыллары ҳәр қашанғыдан да итибар күшейгени, ҳәттеки моноорайлар шөлкемлестирилип, адамларға бийпул кәсип үйретилип атырғаны, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине оқыў ушын төлемде жеңилликлер қолланылып атырғанын айтар едим. Жийеним бул өзгерислерден қуўанса да, оның жүрегинде тезирек табысқа ерисиў тилеги үстинлик етип атырғаны сезилип туратуғын еди.
Мениңше, бүгинги турмыс тезлиги көпшилигимизди сабырсыз етип атыр. Ал, неге? Бул сораўға жуўап табыў мақсетинде интернет арқалы психологлардың пикири менен қызықсындық. Сабырсызлықтың тийкарғы факторларынан бири таңлаў ҳәм имканиятлардың көплиги, деген пикир итибарымызды тартты. Ҳақыйқатында да, биз бүгин таңлаўлар оғада кең болған дәўирде жасап атырмыз.
Жейтуғын аўқатымыздан баслап, айдаған автомобиллеримизге шекем таңлаўымыз мүмкин. Шуғылланатуғын кәсиплеримиз де, билим алмақшы болған жоқары оқыў орынларымыз да ҳәр қыйлы. Бул болса, өз-өзинен, көзқарасымызды тойындырып қоймақта. Бирақ илим-ағартыўшылық ҳәм кәсип таңлаўда бул сабырсызлық ҳәм тойыныўшылық кери тәсир етиўи мүмкин.
Уллы ойшыл бабалардың өмирбаянына қарасақ, олар шерек әсир даўамында устазлардың етегин беккем услағанын көремиз. Өзи болса устаз дәрежесине ерисиў ушын өмириниң ярымынан көбирегин бағышлаған. Соннан кейин де өзине устаз деган атты алып жүриўге де қысынған. Булардың барлығы, сөзсиз, илим-ағартыўшылықтың жүги қаншелли аўыр екенинен дәрек береди. Бүгин-ше, илим алыўға, өнер ийелеўге қатнасымыз қандай?
Көшеде жүрсеңиз, ҳәр қәдемде "Пәлен тилди 6 айда үйретемиз", "Пәлен кәсипти 3 айда толық өзлестиресиз" сыяқлы рекламаларға көзиңиз түседи. Қызығы сонда, бундай үгит-нәсиятлаў усыллары узақ ўақыттан берли бар. Неге? Себеби, оларға талап бар.
Бир-еки жыл бурын жақын достым Европаға оқыўға кетиў нийетинде екенин, оның ушын тил үйрениўи керек екенин айтып, толық өзлестириў ушын қанша ўақыт кететуғынын сораған еди. Тәбийий, мен бир ярым яки еки жыл жеткиликли болатуғынын айтқан едим. Бул ўақытқа шекем достым умтылыс жасамады, тез үйрениў жолларын изледи, бирақ ислей алмады. Бүгин ол ҳәр қыйлы жалланба жумысларда ислеп атыр. Өзимше ойлайман, егер достым сол ўақытта тил үйрениўди баслағанында ҳәзир социаллық жағдайы пүткиллей басқаша болар ма еди?! Негизинде, билим алыў, кәсип үйрениў мәселесинде көпшилигимиз усы достыма уқсаймыз.
Төзимсизлик көпшилик адамның тәбиятына сиңип кеткен. Бул әсиресе, жас әўлад дүнья қарасында үстинлик етеди: ҳәмме нәрсеге, әсиресе, мол байлыққа тезирек ерисиўди қәлейди. Бул болса оларды айырым қара нийетли кимселердиң жемтигине айландырып қоймақта. Букмекерлик компаниялары базарының буншелли шаққанлығы да негизинде соннан. Әйне усы иллетлердиң артынан қаншадан-қанша жас жигит-қызлардың әзиз өмири бийкарға зая болып атырғанын еситип, көрип жүрмиз.
Заманагөй дүньяда криптовалюта тараўи барған сайын ғалабаласып бармақта. Сырттан бул тараў да тәўекелшиликке тийкарланған сыяқлы көринсе де, көплеген қәнигелер экономикалық тармақтың келешегин әйне криптовалюталар менен байланыстырмақта. Бул болса олардың баҳасы барған сайын турақласып барыўын аңлатады. Бирақ бүгинги күнде криптовалюталар тез өсип атыр. Жаңа ҳәм исенимли жойбарларға қызығыўшылық күшли болғаны себепли олардың баҳасы бирден көтерилиўи, нәтийжеде тигилген инвестиция тез пурсатта бир неше есеге артыўы мүмкин екенлиги жасларды өзине тартпақта. Бирақ бул тараўда табысқа ерисиў ушын да жетерли билим керек. Әтирапымызда әне усы билимлерди ийелеўге де жигер таппай, инвестициясынан айырылып атырған жаслардың саны рәсмий жәрияланбаған болса да, жүдә көпшиликти қурайды.
Бир гәп бар - қыйыншылық пенен ерисилген нәрсениң қәдири жоқары болады. Бул - ҳақыйқат. Мысал ушын, орташа 10 жыл оқып, шыпакер болған адам менен 3-4 күнде үйренип, официантлық етип атырған адамның өз кәсибине мүнәсибети түп-тийкарынан парықланады. Егер официантқа ҳәзиргиден де дәраматлы жумыс усынсаңыз, ол кәсибин аңсат өзгертиўи итималы жоқары, бирақ шыпакер бул ҳаққында ойлап көриўге де қыйланады.
Шыдамсызлық жаслардың билим алыў ҳәм кәсип таңлаў процесслерине барған сайын сиңип баратырғаны жәмийет ушын қәўетерли сигнал есапланады. Хош, бул бойынша қандай жол тутыў керек? Көпшилик билимлендириў қәнигелери мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи балаларға кәсип таңлаў мәселесин үгит-нәсиятлаў емеслигин, тек ғана олардағы улыўма билимлерди раўажландырыў менен шуғылланыў лазымлығын мақсетке муўапық деп есаплайды. Олардың көзқарасына бола, жетерли билимге ийе балада пикирлеў раўажланып, кәсип таңлаў мәселесин өзи еркин шеше алады. Көпшилиги болса балаларды бақша жасынан-ақ қызығыўшылықларын анықлаў, оларды усы қызығыўшылық бойынша тәрбиялаў кереклигине исенеди. Сизиңше, қайсы усыл өзин ақлайды?
Мақаланы таярлаў процесинде қызықлы санларға дус келдик. Европада ҳәр жылы орташа 7-12 процент халық кәсибин өзгертеди екен. Мийнет қатнасықлары нәтийжели жолға қойылған, деп тән алынатуғын АҚШта болса бул көрсеткиш шама менен 10 процент. Анализшилердиң пикиринше, бул кәсип өзгериўлериниң бир бөлеги финанслық жағдай себепли жүз берсе, бир бөлеги бурынғы кәсибинде өзин қолайсыз сезиў нәтийжесинде болмақта. Регионымызда да статистикалық санларда атап өтилмесе де, кәсип ямаса тараў өзгерислери менен байланыслы жағдайлар ушырасып туратуғыны сыр емес.
Жәмийетимизде көпшилик ата-аналар перзентлери ушын кәсип таңлап бериўи әдетке айланған. Көпшилигимиз балалығымызда ата-аналарымыздан "Сен әскер боласаң", "Сен шипакер боласаң" сыяқлы гәплерди еситкен болсақ, әжеп емес. Нәтийжеде ой-пикиримизде "Мен бәри бир пәлен кәсиптиң ийеси екенмен", деген түсиник қәлиплесип қалған ҳәм буның ушын не ислеў кереклигин билмей жүргенлеримиз де бар. Үлкейип, ислеў керек болған жасқа жеткенде болса, маңлайды услаймыз. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, инсанда жумыс таба алмаў қәўетери 25-30 жасларда оғада күшли болады. Демек, жасларда сабырсызлық артып баратырғанына жоқарыда айтқанымыз - жәмийетимиздеги ата-аналардың да өзине жараса "үлеси" бар.
Бизлерден салыстырмалы жасы үлкенирек курдасымыз болды. Оны узақ жыллар оқыўға кире алмаған шығар деп ойлайтуғын едик. Негизинде болса бул жоқары оқыў орнында екинши мәрте бакалавр дәрежесин алыў ушын оқып атыр еди. Оның айтыўынша, колледжди питкергеннен кейин тәўекел етип, анық пәнлер бағдарында оқыўды таңлаған, бирақ бул тараўды өзлестире алмаған. Шет тиллери бағдары болса анық пәнлерге қарағанда әдеўир аңсат еди. Бундай жағдайлар көп ушырасады.
World Happiness Report, яғный Халықаралық бахыт индекси изертлеўлериниң тийкарларынан бири де инсан өзи қәлеген тараўда еркин ҳәм қыйыншылықсыз жумыс алып барыўы есапланады. Онда адамлардың өз жумысынан қанаатланыў дәрежеси, кәсиплик имканиятлары ҳәм жумыс орнындағы жағдайлар терең талланады.
Таллаўлардан келип шығыўынша, жасларда шыдамсызлықтың күшейип атырғаны көп жағынан жәмийеттеги орталыққа тиккелей байланыслы. Бир орында шыдамсызлық жаслардың билим алыў ҳәм кәсип таңлаў процесине барған сайын сиңип баратырғаны жәмийет ушын қәўетерли сигнал, дедик. Ал, бул неси менен қәўетерли?
Бул, бәринен бурын, илим-ағартыўшылықтың әсирлер даўамында ҳәрекетленип киятырған кәрўанына зыян жеткереди. Бир қарағанда зәрүр еместей болып көринген, бирақ тараўлардың көринбес таянышы есапланған билимлер ҳәм кәсиплердиң жоғалыў қәўпи пайда болады. Екиншиден, инсанияттың жасалма мәлимлеме дәреклерине ғәрезлилигин және де арттырады. Яғный адамлар кәсиплерди толық өзлестирмей, ўазыйпаларды мине усы дәреклер арқалы орынлаўға ғалабалық әдетленеди. Бул, өз-өзинен, бар билимлердиң баҳасы төменлеўине алып келеди. Усы тәреплери менен де бүгин сезилмей атырғандай болып көринип атырған төзимсизлик иллети барлығымызды сергекликке шақырыўы керек.
Жонибек АЛИЖОНОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы