баннер
25 Apr 2025
23:55

    Орайлық Азияның маягы Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығы артып бармақта

    Әййемде саўда кемелерин өз аймағына шақырыў ушын порт қалалар жаға бойларында маяклар қурған. Себеби бул қалалардың халқының абаданлығын, социаллық-экономикалық раўажланыўын коммерциялық кемелердиң қанша көп келиўи белгилеп берген.

    Бүгин де тап сондай: мәмлекетлердиң раўажланыў басқышларынан илгерилеўи, әлбетте, усы мәмлекеттиң басқа мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларының кең көлемли екенлиги және социаллық-экономикалық тараўларға сыртқы инвестицияларды тартқанына байланыслы.

    Ҳәзир көплеген мәмлекетлерде геосиясий кескинлик күшейип, өз-ара келиспеўшиликлер ҳәўиж алғаны инвестициялар базарына да унамсыз тәсир етпекте. Атап айтқанда, өткен жылы глобал инвестициялардың көлеми 14 процентке азайған. Соған қарамастан, мәмлекетимиз басшысы бул тараўға айрықша итибар берип атырғаны, түрли жаңаланыўлар ҳәм басламаларды алға қойып атырғаны себепли елимизге киргизилип атырған сырт ел инвестициясының көлеми барған сайын артып бармақта. Атап айтқанда, усы жылы 1888 инвестициялық жойбарды турмысқа енгизиў режелестирилмекте.

    Сырт ел инвестицияларын тартыў бағдарында елимизде болып өтип атырған, тарийхый әҳмийетке ийе, дүнья итибарын Өзбекстанға қаратып атырған ҳәр қыйлы халықаралық илажлардың да орны шексиз. Атап айтқанда, жақында өткерилген "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити, Халықаралық климат форумы, Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы мине усы бағдарда үлкен әҳмийетке ийе болды. Бул сиясий процесслер тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил Орайлық Азия регионы ушын келешектеги раўажланыў жолын жеделлестиретуғын әҳмийетли ўақыя болды. Әсиресе, "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитиниң "Келешекке инвестициялар" сүрени астында өткерилгенинде де терең мәни бар. Бул илаж жуўмақлары бойынша Европа Аўқамы тәрепинен Орайлық Азияға 12 миллиард доллар ажыратылыўы аймақтың раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли.

    Сондай-ақ, саммит шеңберинде Ташкентте Европа инвестиция банкиниң офисин ашыў ҳаққында қол қойылған келисим де еки регион арасындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда Өзбекстан тийкарғы аймаққа айланатуғынын билдиреди.

    Усы жылы июнь айының басында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте Ташкент халықаралық инвестициялық форумы өткерилиўи күтилмекте. Бул илажда Европаның жетекши компания ҳәм банклери менен улыўма баҳасы 30 миллиард евродан аслам болған жойбарлар портфелин усыныў режелестирилмекте. Бул болса Өзбекстанда бир қатар ири инвестициялық жойбарларға старт берилиўин билдиреди.

    Бул мағлыўматлардан да елимиз пайдалы бирге ислесиў ҳәм инвестиция киргизиў ушын ең тартымлы аймақ, регионның өзине тән маягы екенин билиў мүмкин.

    Өзбекстан инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда Европа мәмлекетлери менен бирге Қытай, Қубла Корея, БАӘ, Түркия сыяқлы мәмлекетлер менен де пайдалы бирге ислесип келмекте.

    Жақында Президентимиздиң басшылығында аймақлардың туризм потенциалын арттырыў, сырт ел инвестициялық жойбарларын жеделлестириў мәселелерин додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде келтирилген мағлыўматлардан да түрли мәмлекетлер менен бирге ислесиўде салмақлы нәтийжелерге ерисилип атырғанын көриў мүмкин.

    Атап айтқанда, мәжилисте усы жылдың биринши шерегинде мәмлекетимиз басшысының БАӘ, Малайзия, Кувейт ҳәм Францияға сапары ўақтында 39 миллиард долларлық 178 жойбар бойынша келисимлерге ерисилгени атап өтилди.

    Таллаў-сынаў руўхында өткен мәжилисте сыртқы инвестицияларды тартыўда ерисилип атырған салмақлы нәтийжелер атап өтилип, елимиздеги кең имканият ҳәм жоқары потенциалдан толық пайдаланылмай атырғаны сынға алынды.

    Атап айтқанда, халықаралық илаж ҳәм сырт елге сапарлар даўамында үлкен инвестициялар тартылып атырғаны айтылды. Бирақ айырым ўәлаят, қала, район басшыларының өз аймағының потенциалынан келип шығып, сыртқы инвестицияларды тартыўда жанкүйерлик көрсетпей атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, бул бағдарда Өзбекстанның сырт елдеги ўәкиллери жаңа жойбар ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирген ҳалда ол жердеги ири саўдагерлердиң елимизге қызығыўшылығын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Пухта жойбар ҳәм пайдалы бирге ислесиў келисимлери дүзип шығылса, елимиздеги ҳәр бир аймаққа сырт ел инвесторларын тартыў мүмкин. Ең тийкарғысы, мәмлекет инвесторларға жаратып атырған шараят, имканиятларды сырт елли исбилерменлерге мақул түрде усыныў зәрүр.

    Ҳәзирги ўақытта елимизде имарат ҳәм объектлер және жер-мүлк узақ мүддетке ижара тийкарында берилиўи, белгили бир үскенелерди алып кириў бойынша бажыхана жеңилликлериниң бар екенлиги, бир қатар салық жеңилликлери ҳәр бир сырт елли бизнесменди де өзине тартатуғыны анық. Тек ғана буның сырт ел инвесторларына жетип барыўын тәмийинлеў талап етиледи.

    Бурын инвестор бармаған, темир жол ямаса магистраль жол да өтпеген Алтынсай районында 100 миллион долларлық 3 ири жойбардың әмелге асырылып атырғаны инвестиция тартыў ушын аймақларда жетерли шараят бар екенине айқын мысал. Ямаса Қўшработта гранит қазып алыў ҳәм қайта ислеў бойынша 75 миллион долларлық 2 жаңа жойбардың басланғанын атап өтиў мүмкин.

    Аймақлардың бундай нәтийжелерге ерисиўине тийкарғы себеп ол жерде бизнес ислеў ушын қолайлы инфраструктура жаратылғаны болып есапланады. Атап айтқанда, жақында Самарқанд қаласынан Ургут районына да темир жол өткериў бойынша жумыслар басланған. Бул болса усы аймақтың да сырт ел инвестициясын тартыў ушын қолайлы мәнзилге айланыўына тийкар жаратады.

    Аймақлардағы қала ҳәм район басшылары сырт ел инвесторларына аймақтың инвестициялық потенциалын көрсетиў, жаңа инвестициялық жойбарларды усыныўдан алдын сол жердиң логистикасын жақсылаўы зәрүр. Саўда-сатық ямаса өндиристи жолға қойыў ушын энергия тәмийнаты, жумысшы күши, транспорт логистикасы оғада әҳмийетли.

    Сондай-ақ, сыртқы инвестиция тартыў мәселесинде Өзбекстанның сырт елдеги ўәкиллери еки мәмлекет арасында алтын көпир ўазыйпасын атқарыўы керек. Сапар етиў илажларында бул структуралардың үлгили жумысын бақлап атырмыз. Ҳәр қыйлы форум ҳәм ушырасыўларда салмақлы инвестиция тартылмақта. Мәжилисте Лондонда шөлкемлестирилген "Өзбекстан инвесторлары күни" илажында 2 миллиард 770 миллион доллар тартыў бойынша келисимге ерисилгени мәлим етилди.

    Елимиздиң инвестициялық тартымлылығы жылдан-жылға артып бармақта. Буның ушын, бәринен бурын, нызам дөретиўшилиги арқалы ҳәкимшилик реформалар, керекли экономикалық-социаллық орталық, түрли жеңилликлер менен қолайлықлар жаратып берилмекте. Атап айтқанда, жақында ислеп шығылатуғын меншиклестириўге байланыслы үлкен бағдарламаға бола, 49 кәрханадағы мәмлекетлик үлес халықаралық базарда сатылыўы, 15 ири мәмлекетлик кәрхана евробонд шығарыўы нәзерде тутылған. Бул - мәмлекетимизде кең көлемли инвестициялық жойбарларды турмысқа енгизиў ушын үлкен имканият. Тек ғана сырт ел инвесторларына аймағымыздың инвестициялық тартымлылығын дурыс таныстырыўымыз талап етиледи. Мениңше, бул жойбарлар ҳеш бир бизнесменниң итибарынан шетте қалмайды.

    Ҳәр қыйлы инвестициялық жойбарлардың турмысқа енгизилиўи тиккелей экономикамыздың өсиўине, халықтың абаданлығына, елимиздиң раўажланыўына тәсир етеди. Себеби жаңа жойбар - жаңа жумыс орны, заманагөй дөретиўшилик, талап жоқары болған өнимлердиң ислеп шығарылыўы, дегени.

    Муҳсинжон ХОЛМУҲАМЕДОВ,

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты

    Телеграм каналымыз
    Text to speech