Атап өтилиўинше, илажда 90 мәмлекеттен 2500 ге шамалас қатнасыўшы, соның ишинде, мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, БМШ, халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ашылыў ўақтында Тәжикстан президенти Эмомали Раҳмон музлықлардың тез ериўи шараятында глобал бирге ислесиўге шақырды ҳәм оларды үйрениў бойынша комплексли экспедиция шөлкемлестириўди усыныс етти. Э.Раҳмон өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Тәжикстанның басламасы менен 2025-жыл Халықаралық музлықларды сақлаў жылы, 21-март болса Пүткил жер жүзилик музлықлар күни деп жәрияланғанын атап өтти. Тәжикстан президенти музлықларды қорғаў бойынша глобал стратегия жаратыў, сондай-ақ, Музлықларды сақлаў халықаралық қорының қаржыларын көбейтиў зәрүр екенлигин атап өтти. 2025-2034-жылларды Криосфера илимлери бойынша ҳәрекетлер он жыллығы деп жәриялаў бойынша Франция менен биргеликтеги усыныс та алға қойылды.
Жоқары дәрежедеги жалпы мәжилистеги шығып сөйлеген сөзинде А.Абдуҳакимов Орайлық Азияда суў қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыў ушын музлықларды қәстерлеп сақлаў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Министр Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экологиялық реформалар, соның ишинде, "Жасыл мәкан" басламасы, Арал теңизиниң қурыған ултанын көклемзарластырыў, жасыл технологиялар ҳәм суўды үнемлеў системаларын енгизиў жойбарлары менен таныстырды. Қатнасыўшылар усы жылдың июнь айында Ташкент қаласында болып өтетуғын “Eco Expo Central Asia” көргизбесине де мирәт етилди.
Министрлер сөйлесиўи шеңберинде климат турақлылығы, музлықларды сақлаў ҳәм суў тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды. Өзбекстан экологиялық сиясатқа комплексли қатнасты усынды: "жасыл" экономика стратегиясы, Миллий бейимлесиў режеси, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Климат кеңеси ҳәм Миллий климат орайын шөлкемлестириў. RESILAND жойбары (142 миллион доллар), Коперник бағдарламасы шеңберинде Европа Аўқамы менен бирге ислесиў ҳәм муз көллерин мониторинг етиў бойынша ЮНЕСКО жойбарларында қатнасыўға айрықша итибар қаратылды.
Климатологияға бағышланған сессияда регион мәмлекетлери климат бойынша бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў зәрүрлигин додалады. Өзбекстан Орайлық Азияны "жасыл" раўажландырыў концепциясын жуўмақлаў ҳәм 2026-жылға мөлшерленген "жол картасы"н таярлаў бойынша эксперт топарын қәлиплестириўди усыныс етти. Сондай-ақ, Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетиниң ("Green University") экология, суўды үнемлеў ҳәм қайта тикленетуғын энергия тараўларында кадрлар таярлаў бойынша илимий платформа сыпатындағы роли де тастыйықланды.
Өзбекстанның басламасы менен "Орайлық Азия+YaIJ " форматында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилип, онда регионаллық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў жоллары ҳәм Жасыл климат қоры менен өз-ара бирге ислесиў мәселелери додаланды. Өзбекстан тәрепиниң ЕАЖ менен муўапықластырыў бойынша мәмлекетлераралық жумысшы топарды дүзиў усынысы бир даўыстан қоллап-қуўатланды. Бул жойбар концепциялары топламын қәлиплестириў ҳәм бейимлесиў басламаларын қаржыландырыўды арттырыў имканиятын береди.
Әнжуман "Суў, жер ҳәм климат өзгериўи (NEXUS)" регионаллық бағдарламасын додалаў менен жуўмақланды. Орайлық Азия мәмлекетлериниң ўәкиллерине GEFке 26 миллион долларлық жуўмақлаўшы жойбар ҳүжжети усынылғаны ҳаққында мағлыўмат берилди. Өзбекстан региондағы басқа да мәмлекетлер қатарында өзгериўшең климат шараятында суў ҳәм жер ресурсларын турақлы басқарыўға қаратылған бул кең көлемли басламаны әмелге асырыўда келешекте де қатнасыўға таяр екенин билдирди.








