Бәршеңизди бүгинги дәўирдеги тийкарғы қәўип - глобал ықлым өзгерислерине бағышланған конференциямызда шын жүректен қутлықлайман.
Ҳүрметли кәсиплеслерим - Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң жетекшилери, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми атынан қатнасып атырған бизиң исенимли шериклеримиз, халықаралық финанс институтлары, глобал ҳәм миллий экологиялық шөлкемлердиң ўәкиллерине усы илажда қатнасып атырғаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Сизлердиң форумдағы қатнасыўыңыз турақлы раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелери бойынша нәтийжели шешимлер излеўде биргеликте ҳәрекет етиўге садықлық үлгиси болып есапланады.
Бул жерде, әсирлер даўамында жаңа идея ҳәм билимлер жаратылған, исеним ҳәм дөретиўши шериклик орайларынан бири болған әййемги Самарқандта биз ықлым тараўындағы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша биргеликте тәсиршең илажлар ислеп шыға аламыз, деп исенемен.
Өзбекстанға хош келдиңиз!
Самарқандқа хош келдиңиз!
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Өткен жылы планетамызда орташа ҳаўа температурасы биринши мәрте Цельсий шкаласы бойынша бир ярым градустан жоқары көтерилди. Соңғы он жыллық пүткил метеорологиялық бақлаўлар тарийхындағы ең ыссы дәўир болды. Буның ақыбетинде бүгин бәршемиз ықлым кризислериниң унамсыз тәсирлери - тоғай өртлери ҳәм шөллениў көлеминиң артып баратырғаны, музлықлардың қысқарып атырғаны, суў ресурсларының жетиспеўшилиги күшейип атырғаны, ҳаўа сапасының төменлеп атырғанын сезинип турмыз.
Атап айтаман, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаўда жуўапкершилик бәршемиздиң мойнымызда. Бул күн тәртибимиздеги ең әҳмийетли мәселе болып есапланады.
Орайлық Азия мәмлекетлери тәрепинен ықлым өзгерислерине бейимлесиў бойынша стратегия ислеп шығылғанын ҳәм бир аўыздан мақулланғанын атап өтиў керек. Өзбекстан региондағы барлық шериклер менен улыўма мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша тығыз ислесиў нийетинде.
Биз, сондай-ақ, Европа тәрепи менен Арал теңизи қурыўы ақыбетлерин жумсартыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, "таза" энергия дәреклерин кеңейтиў бағдарламалары шеңберинде табыслы бирге ислесип атырмыз. Бундай шериклик Орайлық Азияда турақлы "жасыл" раўажланыўға әҳмийетли үлес қосады.
Әлбетте, бүгинги күнде Европа Аўқамы ықлым өзгерислерине қарсы гүресиў мәселелерин алға қойыў ҳәм қорғаўда глобал жетекши болып есапланады. Биз келешекте де бул тараўдағы әмелий бирге ислесиўди және де тереңлестириўге таярмыз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Ықлым өзгериўи машқалалары азық-аўқат ҳәм энергия қәўипсизлиги менен тығыз байланыслы. Регион халқы 25 жылдан соң 100 миллион адамнан асыўы күтилип атырған бир ўақытта өнимдарлы жерлер тез пәт пенен қысқарып бармақта.
Бүгинги күнде региондағы улыўма жер майданының 20 проценттен асламы деградацияға ушыраған. Шерек әсирден кейин өнимдарлық үштен бир бөлекке азайып кетиўи мүмкин.
Усы мүнәсибет пенен, тоғай хожалығы ҳәм аграр тараўдың бейимлесиўшеңлигин арттырыў, сондай-ақ, "Уфқ - Европа" бағдарламасы шеңберинде азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ушын илимий потенциалымызды бирлестириў турмыслық әҳмийетли мәселе, деп есаплайман.
Өзбекстан деградацияға ушыраған жер майданларын қысқартыў ҳәм ықлым өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде кең көлемли көклемзарластырыў жумысларын алып бармақта. Буннан тысқары, Аралбойының 2 миллион гектардан аслам шөл аймақларында қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егилди.
Ҳәр жылы Наўрыз байрамы алдынан терек егиў бойынша "Орайлық Азияның жасыл белбеўи" регионаллық акциясын өткериўди усыныс етемен.
Оның шөлкемлестирилиўи бизиң ийгиликли дәстүримизге ҳәм тәбийий апатшылықларға қарсы гүресиўдеги бирлигимиздиң тымсалына айланатуғынына исенемен.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Өзбекстан экономикалық раўажланыўдың ресурсларды үнемлейтуғын ҳәм экологиялық таза моделине өтиўди баслады.
Бул бағдардағы ең әҳмийетли бағдарлардан бири - "жасыл" энергетика. Жақын бес жылда қайта тикленетуғын дәреклерден алынатуғын энергия үлесин 54 процентке жеткериўди мөлшерлеп атырмыз. Бул атмосфераға шығарылып атырған зыянлы газлер муғдарын 16 миллион тоннаға қысқартыў имканиятын береди.
Биз Өзбекстанның Париж келисими шеңберинде пуў газлери шығарылыўын 35 процентке азайтыў бойынша алған миннетлемесин мүддетинен алдын орынлаў ушын барлық ҳәрекетлеримизди иске қосатуғынымызды атап өтпекшимен.
Соның менен бирге, биз бул шекте тоқтап қалыўды қәлемеймиз.
Қаржыландырыў, технологиялар ҳәм компетенцияларды ҳәрекетлендириў мақсетинде Ташкент қаласында Европа Аўқамының "Суў - Энергия - Ықлым өзгериўи" деп аталған басламасының секретариатын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Буннан тысқары, улыўма стратегиялық ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде бул форумда регионның "жасыл" раўажланыў концепциясы таныстырылады. Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўи ҳәм әмелге асырылыўы Орайлық Азияның экологиялық бағдарланған раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратады.
Ҳүрметли делегациялар ағзалары!
Таллаўларға бола, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда суў ағысының азайыўы нәтийжесинде 2040-жылға барып Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары дәрежедеги суў тамтарыслығына дус келеди.
Биз әллеқашан инсанияттың ең үлкен апатшылықларынан бири - Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин басымыздан өткермектемиз.
Биз суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ирригация системаларын бетонластырып атырмыз. Суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў бойынша санаат базасын жараттық, суўғарылатуғын жерлердиң дерлик ярымында әне усындай технологияларды енгиздик. (Бул дерлик еки миллион гектар жер майданы дегени). Бундай илажлар нәтийжесинде өткен жылы 8 миллиард куб метр суўды үнемлеўге еристик.
Орайлық Азияда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм бул тараўда регионаллық бағдарламаны иске қосыўға шақырамыз.
Бул режелердиң барлығын экспертлер додалаўынан өткериў ушын Аралбойы регионында халықаралық форум өткериўди мақсет еткенбиз.
Сондай-ақ, музлықлардың жағдайы ҳәм региондағы таў экосистемаларында жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерди алдыннан баҳалаў ушын жасалма жолдас арқалы үзликсиз бақлаўларды жолға қойыў бойынша "Коперник" бағдарламасы шеңберинде Европа Аўқамы менен тығыз бирге ислесиўге үмит етемиз.
Ташкенттеги "Жасыл университет" базасында жаратылған Ықлым резиденциясы Орайлық Азияда жүз берип атырған ықлым процесслерин үйрениў ҳәм мониторинг етиў бойынша улыўма илимий-экспертлик платформа болып хызмет етиўи мүмкин.
Буннан тысқары, ертең Нөкис қаласында регионымыздың экологиялық машқалаларына көркем өнер тараўындағы жойбарлар арқалы итибарды тартыўға қаратылған Арал мәденият саммити өз жумысын баслайды.
Қәдирли дослар!
Сөзимниң жуўмағында "Биз Жерди ата-бабаларымыздан мийрас сыпатында емес, ал перзентлеримизден қарызға алғанбыз", деген белгили ҳикметли сөзди еслетип өтиўди қәлер едим. Бүгинги күнде бизиң ўазыйпамыз - келешек әўладлар турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяда жасаўы ушын барлық илажларды көриўден ибарат.
Буның ушын сөйлесиўлерди беккемлеў, улыўма ийгиликли мақсетлер жолында бирлескен барлық мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин үйлестириў зәрүр.
Итибарыңыз ушын рахмет.