Өзбекстан ҳәм БАӘ жетекшилери экономикалық шерикликтиң жаңа дәўирин баслаўға келисип алды

    Мәмлекетимиз басшысы Муҳаммед бин Зоид атындағы университет пенен биргеликте жоқары маман кадрлар таярлаў ҳәм жасалма интеллект тараўында илимий изертлеўлер алып барыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыўды усыныс етти.

    5-январь күни Абу-Даби қаласындағы "Қаср аш-Шати" резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаён тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялар ағзаларының қатнасыўында сөйлесиў өткерди.

    Ушырасыў алдынан Өзбекстан Президенти БАӘ Президентине сапар менен келиўге мирәт етиўи ҳәм шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирди және "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

    Мәмлекет басшылары Өзбекстан-БАӘ дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын, соның ишинде, сиясат, саўда-экономика, инвестиция, инновация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин додалады.

    Өзбекстан ҳәм Әмирликлер халықларын уқсас тарийхый тамырлар, уқсас дәстүр ҳәм қәдириятлар, муқаддес ислам дини тығыз байланыстырып турғаны атап өтилди.

    Өзбекстан жетекшисиниң БАӘге сапары еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа бет ашып атырғаны - олар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилип атырғаны атап өтилди.

    Кейинги жылларда товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми, қоспа кәрханалардың саны бир неше есеге артты. Тиккелей авиақатнаўлар саны көбейди, визасыз тәртип енгизилди.

    Сапар шеңберинде БАӘниң жетекши компаниялары менен жаңа, тийкарынан жоқары технологиялық тармақларда жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

    Сиясий байланысларды буннан былай да беккемлеў мақсетинде еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасындағы сөйлесиўди буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Жетекшилер экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа моделин, соның ишинде, жасалма интеллект, санластырыў, "жасыл" энергетика, қала қурылысы ҳәм инфраструктура, туризм, жеке меншик бизнес сыяқлы 6 тийкарғы бағдарды белгилеп алды. Ҳәр бир тийкарғы тараў бойынша өз алдына жумысшы топарлар шөлкемлестириўге келисип алынды.

    Тәреплер 2025-2027-жылларды "Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң жаңа дәўири" деп жәриялаў усынысын қоллап-қуўатлады.

    Усы мәниде, 2030-жылға шекем өз-ара саўда көлемин 10 есеге көбейтиў ҳәм инвестициялық портфелди 50 миллиард долларға жеткериўге қаратылған илажларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

    Өзбекстан еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм БАӘ компанияларының елимиздеги инвестициялық жумысын кеңейтиўден мәпдар екени атап өтилди.

    Мәдений-гуманитарлық алмасыў көлемин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Мәмлекетимиз басшысы Муҳаммед бин Зоид атындағы университет пенен биргеликте жоқары маман кадрлар таярлаў ҳәм жасалма интеллект тараўында илимий изертлеўлер алып барыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыўды усыныс етти.

    Сөйлесиўлер даўамында болажақ жоқары дәрежедеги илажларға, соның ишинде, усы жылы Самарқанд қаласында өткерилетуғын "Орайлық Азия - араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси" сөйлесиўиниң екинши саммитине таярлық мәселелери додаланды.

    Жетекшилер халықаралық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысты.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates