Өзбекстан Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм Қазақстан Экология ҳәм тәбийғый ресурслар министрлиги сайғақларды сақлаў ҳәм олардың санын тиклеўге қаратылған мәмлекетлераралық бирге ислесиўди избе-из раўажландырмақта.
Сайғақ - сийрек ушырасатуғын ҳәм жойтылып баратырған жанзат сыпатында есапланады. Алдын оның жасаў ареалы Өзбекстан, Қазақстан, Түркменстан ҳәм Россияның қубла аймақларын қамтып алған болса, бүгинги күнде ол Өзбекстанның Қызыл китабына киргизилген. Сондай-ақ, сайғақлар CITES Конвенциясының II қосымшасы ҳәм Көшпели түрлер ҳаққындағы Конвенцияның (CMS) I қосымшасына да киргизилген болып, бул оларды халықаралық көлемде қорғаў зәрүрлигин атап өтеди.
Өз-ара бирге ислесиў шеңберинде еки мәмлекет арасында сайғақларды сақлаў ҳәм тиклеў бойынша түсинисиў меморандумына қол қойылыўы режелестирилген. Бул ҳүжжет сайғақлардың санын арттырыў ҳәм олардың орталығында комплексли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкар болып хызмет етеди.
Меморандум шеңберинде төмендеги қоспа илажлардың әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта:
Сайғақлардың дәстүрий көшиў бағдарларында еркин ҳәрекетлениўин ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде шегара бойлап арнаўлы қорғалатуғын аймақлар және миграция коридорларын шөлкемлестириў;
Сайғақлардың азықланыўы ҳәм көбейиўи ушын әҳмийетли болған тәбийғый жайлаўлар, суў бассейнлери ҳәм экосистемаларды тиклеў;
Тәбиятқа қайта көшириў (реинтродукция) бағдарламасын ислеп шығыў;
Илимий изертлеўлер, мониторинг ҳәм тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириў, соның ишинде, биргеликтеги экспедициялар, рейдлер, қәнигелерди таярлаў ҳәм популяция бойынша мағлыўматлар менен алмасыў.
Соның менен бирге, бирге ислесиў шеңберинде трансшегаралық экосистемаларда сайғақлардың саны, саламатлығы ҳәм көшиў процесслерин бақлаў, жасаў орталығын тиклеў, ареалдың тарқалыўының алдын алыў, сондай-ақ, генетикалық ҳәм техникалық мағлыўматлар менен алмасыў, жасалма жолдас арқалы бақлаў, ветеринария қадағалаўын енгизиў, браконерликке қарсы гүресиў ҳәм халық арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў да нәзерде тутылған.
Есап-санақ усылларын муўапықластырыў, бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў ҳәм тәбиятты қорғаў бағдарламаларына халықаралық шериклерди тартыў да әҳмийетли ўазыйпалардан есапланады.
Сайғақларды қорғаў тараўындағы бул еки мәмлекеттиң бирге ислесиўи тек ғана биокөптүрлиликти сақлаў емес, ал турақлы трансшегаралық экологиялық бирге ислесиўди беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланатуғынын атап өтиў керек. Бул арқалы регионның тәбийғый мийрасын келешек әўладларға жеткериў бағдарындағы халықаралық миннетлемелерге садықлық көрсетилмекте.