Жанажан диярымызда атыз жумыслары, ҳәзирги мәӯсим жуӯмағына жетип атырған бул қутлы әййямда сизлерди ҳәм көп миллетли пүткил халқымызды Аӯыл хожалығы хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.
Пидәкерлик мийнети менен топырақтан жемис өндирип, халқымыз дастурханын толықтырып киятырған сиздей мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлер, шебер бағман ҳәм шарӯаларға, искер агроном ҳәм механизаторлар, кластерлердиӊ тәжирийбели басшылары ҳәм хызметкерлери, тараӯдыӊ ҳүрметли ветеранларына өзимниӊ тереӊ ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Әзиз дослар!
Соӊғы жыллары глобал климат өзгерислери, тәбийғый апатшылықлар, жер ҳәм суӯ ресурсларыныӊ жетспеӯшиги аӯыл хожалығы тараӯында да әҳмийетли машқалаларды келтирип шығармақта.
Әне, усындай қыйын шараятқа қарамастан, быйылғы жылы сизлердиӊ машақатлы мийнетиӊиз бенен елимизде 9 миллион тонна дән, 3 миллион тонадан аслам пахта, 16 миллион тоннадан аслам овощ ҳәм палыз, 5 миллион тонна мийӯе ҳәм жүзим, 4 миллион тонна картошка , 15 миллион тоннадан көп гөш ҳәм сүт, 30 мыӊ тонна пилле жетистирилгени – шын қаҳарманлықтыӊ белгиси, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады.
Буныӊ ушын сизлердиӊ атыӊызға ҳәр қанша мақтаӯлар айтсақ, арзыйды.
Әлбетте, бундай үлкен жетискенликлерге ерисиӯде кейинги жылларда аӯыл хожалығыныӊ раӯажланыӯына берилип атырған жоқары итибар, тармақта түп-тийкарынан структуралық өзгерислер әмелге асырылып, өндирис қатнасықлары заман талаплары тийкарында жолға қойылып атырғаны шешиӯши әҳмийетке ийе болғанын ҳәммемиз жақсы түсинемиз.
Әсиресе, тараӯға алдынғы агротехнологиялар, илим ҳәм инновация жетискенликлериниң кеӊнен енгизилип атырғаны унамлы нәтийже бермекте. Быйылғы жылы 100 мыӊ гектар майданда кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлы өнимли пахта сортлары егилип, олардан өним жетистирилгени бул пикирди тастыйықлайды.
Ғәлле жетистириӯде ресурс үнемлейтуғын заманагөй агротехнологияларды қолланыӯ нәтийжесинде орташа өнимдарлық биринши мәрте 85 центнерге жеткерилди. Алты мыӊнан аслам тәжирийбели фермелеримиз бул бағдарда 90-100 центнерлик шекке жеткенин айрықша атап өтиӯ зәрүр.
Ресурсларды үнемлейтуғын интенсив технологиялар тийкарында 50 мыӊ гектар майданда овощ жетистирилип, өнимдарлық дәстүрий усылға салыстырғанда 200-250 центнерге артқаны, сап дәрамат гектарынан 6-8 мыӊ долларды қурағаны да әҳийетли жетискенликлеримиздиӊ қатарына киреди.
Жыл даӯамында аӯыл хожалығы субъектлерине 18 триллион сум жеӊилликли кредит ҳәм 176 миллиард сум субсидия ажыратылғаны, улыӯма баҳасы 3,6 триллион сумлық 11 мыӊ 600 дана жоқары өнимли заманагөй техника ҳәм агрегатлар жеткерип берилгени де мәӯсимди нәтийжели жуӯмақлаӯда әҳмийетли фактор болды.
Мәмлекетимизде аӯыл хожалығын климат өзгерислерине бейимлестириў, олардыӊ унамсыз тәсирин жумсартыӯ мақсетинде биринши мәрте Миллий бағдарлама қабыл етилди. Оныӊ орынланыӯын тәмийинлеӯ ҳәм өним жетистириӯшилерди қоллап-қуӯатлаӯ ушын сырт елли шөлкемлерден 160 миллион доллардан аслам қаржылар тартылмақта.
Быйыл аӯыллық жерлерде азық-аӯқат санаатын раӯажландырыӯ, өнимлерди сақлаӯ ҳәм сатыӯ инфраструктурасын раӯажландырыӯ бойынша 343 жаӊа жойбар иске қосылғаны дыққатқа ылайық болып есапланады.
Сондай-ақ, дийқан хожалықларын шөлкемлестириӯ ушын 75 мыӊ гектар жер майданлары 180 мыӊнан аслам социаллық жақтан мүтәж халық ҳәм жасларға бөлип берилгени ҳәм 200 мыӊнан аслам жумыс орны жаратылғаны аӯылда бәнтликти тәмийинлеӯ, реал дәраматларды арттырыӯ, кәмбағаллықты қысқартыӯда әҳмийетли роль атқармақта.
Қыйтақ жерлерде дәраматты арттырыӯ мақсетинде 5145 мәҳәлле «Бир мәҳәлле – бир өним» принципы тийкарында қәнигелестирилди.
Шарӯа нәсилин жақсылаӯ ҳәм өним көлемин көбейтиӯ ушын халыққа 40 мыӊ бас қарамал, 82 мыӊ қой ҳәм ешки жеткерип берилди, шеттен 260 мыӊ бас нәсилли маллар алып келинди.
Қәдирли дослар!
2025-жылды мәмлекетимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл экономика» жылы» деп жәриялағанымыз, әлбетте, бийкарға емес.
Пүткил тәғдири ҳәм келешеги жер-суӯ ресурслары менен тығыз байланыслы аӯыл хожалығы ушын бул қарардыӊ әҳмийети қаншелли үлкен екенин сиз, әзизлер, әсиресе, жақсы түсинесиз.
Әлбетте, усы жыл бойынша қабыл етилетуғын мәмлекетлик бағдарлама тараӯды турақлы раӯажландырыӯ, азық-аӯқат қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ, аӯыл хожалығында «жасыл» технологияларды қолланыӯ, экологиялық таза өнимлер жетистириӯ бойынша жаӊа имканиятлар ашады.
Аграр тараӯды илим тийкарында раӯажландырыӯды системалы жолға қойыӯ, оныӊ барлық тармақларындағы инновациялық жумысты интеграциялаӯ мақсетинде келеси жылы Өзбекстан Республикасы Аӯыл хожалығы илимлери академиясын шөлкемлестиремиз.
Өткен жыллардағы унамлы тәжирийбе даӯам еттирилип, және 100 мыӊ гектар жер дийқан хожалықларын шөлкемлестириӯ ушын халыққа бөлип бериледи. Пахта жетистириўде 40 процент майданда Қытайда өзин ақлаған алдынғы тәжирийбе енгизиледи.
Халықаралық шериклеримиз бенен биргеликте көплеген перспективалы жойбарлар әмелге асырылады.
«Санлы аӯыл хожалығы» бирден-бир интеграциялық платформасы жетистирилип, өним жетистириӯшилерге «бир айна» принципи тийкарында комплексли хызмет көрсетиӯ тәртиби жолға қойылады.
Аӯыл ҳәм мәҳәллелерди абат етиӯ, социаллық инфраструктурасын раӯажландырыӯ, аӯыл халқы ушын жаӊа жумыс орынларын жаратыӯ бағдарындағы жумысларымыз да избе-из даӯам еттириледи.
Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, тараӯ хызметкерлери!
Көрип турғаныныздай, алдымызда үлкен ӯазыйпалар турыпты Оларды әмелге асырыӯда сизлер белсене қатнасып, өз күш-ғайратыӊыз, билим ҳәм тәжирийбеӊиз бенен аӯыл хожалығыныӊ раӯажланыӯын жаӊа басқышқа алып шығыӯға мүнәсип үлес қосасыз, деп исенемен.
Сиз, әзизилерди бүгинги пайызлы байрам менен және бир рет шын жүректен қутлықлап, бәршеӊизге беккем денсаӯлық, шаӊарақларыӊызға тынышлық, бахыт-ығбал, ҳүрметли жумысыӊызда үлкен табыслар тилеймен.
Ҳадал мийнетиӊиз ушын және бир мәрте үлкен рахмет, Бәрқулла саламат болыӊ, өмириӊизден берекет табыӊ, қәдирданларым!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти