"Аўыл хожалығы егинлери туқымларының сапасын баҳалаў системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы (ПП-109-санлы, 07.07.2025 ж) қабыл етилди.
Президенттиң 2023-жыл 24-ноябрьдеги "Республикада жасыллық дәрежесин және де арттырыў, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын избе-из әмелге асырыў арқалы экологиялық турақлылықты тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы 199-санлы Пәрманында тоғай хожалықларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў белгиленген.
"Аўыл хожалығында жерден пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм өним жетистириў көлемин көбейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-131-санлы, 28.03.2025-ж.) қабыл етилди.
2024-жылы республикада жалпы аўыл хожалығы өниминиң көлеми 444,6 триллион сумға жетти ҳәм 5 жыл ишинде 18,5 процентке өсти. Соңғы 5 жылда жалпы өнимниң орташа жыллық өсиў пәти 103,5 процентти қурады.
Нызамшылықта аўыл хожалығы егинлерине қәўип-қәтерлер себепли зыян жеткерилген жағдайларда зыянның орнын қаплаўдың ҳуқықый тийкары жаратылмақта.
"Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-465-санлы, 30.12.2024-ж.) қабыл етилди.
Халқымыз аўыл хожалығы хызметкерлерин, соның ишинде дийқан, шарўа ҳәм бағманларды қолы ашық, сақый инсанлар сыпатында айрықша қәдирлейди. Ана-жер менен тиллесип, оған меҳир берип өскенликтенбе, олар өзлериниң ашық кеўли ҳәм сақыйлығы менен басқа кәсип ийелеринен ажыралып турады. Елимиз базарларындағы сапалы аўылхожалығы өнимлери усы дийқанларымыздың ислеген мийнетиниң жемиси болып табылады. Оларға қанша ҳүрмет-иззет көрсетип, миннетдаршылық билдирсең де аздай туйылады.
Өзбекстан Республикасында декабрь айының екинши екшембиси “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни – зүрәәт байрамы” сыпатында кеңнен белгиленип, бул күни елимиздиң дийқан ҳәм фермерлерине ҳәм қыйтақ жер ийелерине ҳүрмет көрсетилип, байрам илажлары шөлкемлестириледи.
«Аўыл хожалығы, ветеренария ҳәм шарўашылық тараўлары кадрларының маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қәдирли ӯатанласлар! Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер, аграр тараӯыныӊ жанкүйерлери!