Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң балалар бас кардиологы Бунёд Акбарханов кеселликтен қорғалыў ҳаққында мағлыўмат берди.
- Аяқта өткерилген созылмалы тонзиллит - кеселликти келтирип шығаратуғын ең тийкарғы фактор, -дейди қәниге. – Яғный, тез-тез тамағы аўыратуғын балалар ангинасы өз ўақтында емленбесе, 10-14 күн өтип, оларда ревматизм раўажланыўы мүмкин.
Кеселликтиң өткир формасында ангинадан дүзелген наўқасты белгили бир ўақыт өткеннен кейин, және жоқары температура қыйнайды. Шығанақ, билек-қабат үсти, дизеси, балтыр-аяқ буўынлары ҳәм денесиниң басқа бөлимлери қызып, иседи.
10-12 күн өткеннен кейин, полиартритке тән барлық симптомлар жоғалады. Бирақ, бул жағдай ўақтынша болып, кеселлик ўақтында жүректиң булшиқ ет қабаты, клапанлары, сыртқы пердеси жарақатланади. Бул болса жүрек кемислигине алып келиўи мүмкин.
Ревматизм басқа ағза ҳәм тоқымалар, мәселен, нерв системасында да аўыр асқыныўларды келтирип шығарыў қәўипи жоқары. Бунда баланың аяқ-қоллары ушып турады, жүдә қозғалыўшаңлық, тез шаршаў бақланады.
Кеселликтиң өткир басқышында наўқас, әдетте, емлеўханада емленеди. Стационардан шыққанынан кейин де узақ ўақыт шыпакер бақлаўында болады.
Ҳәлсизлик, тез шаршаў, иштейдиң пәсейиўи, кеште дене температурасының көтерилиўи, гейде бас аўырыўы, жүрек урыўы, дем алыў, буўынлар аймағындағы тери астында майда, қатты ҳәм аўырыўшысыз "ревматик түйиншелер" ҳәм де қызыл, сақыйна тәризли таспалар ревматизмге тән белгилер есапланады.
Бул кеселликтен нерв системасы жарақатланғанда, баланың кейпияты ҳәм минез-қулқы өзгереди, тынышсыз, итибарсыз ҳәм ашыўшақ болып қалады. Оның еслеў қәбилети төменлейди.
Наўқас ықтыярсыз, тәртипсиз ҳәрекетлер етеди. Көзлери ойнап, бет булшық етлери тартылады. Нәтийжеде ол өзи кийинип ҳәм аўқатлана алмайды. Сондай-ақ, сүрнигип жүре баслайды.
Қайталаныўшы ревматизм дәўиринде организмде иммунологиялық ҳәм биохимиялық бузылыўлар бақланады, жүректе исиниў процеси күшейеди.
Ревматизмге тек ғана қәниге тәрепинен тийисли тексериўлерден соң анық диагноз қойылыўы мүмкин. Егер, өз ўақтында шыпакерге мүрәжат етилсе, наўқасты табыслы емлеўге болады.