Ҳәр қандай жәмийеттиң турақлы раўажланыўы, пуқаралардың ертеңги күнге исеними ҳәм мәмлекетке ҳүрмет-итибары, бәринен бурын, ашық-айдын экономикалық қатнасықлар системасына таянады. Бул системада ҳәр бир шахс ҳәм исбилермен дәраматларын нызамлы түрде жәриялаўы, салық миннетлемелерин ўақтында ҳәм толық орынлаўы керек болады. Мәмлекет болса топланған қаржылар есабынан жәмийеттиң абаданлығы ушын әҳмийетли инфраструктураларды жаратады, билимлендириў, медицина, социаллық хызметлер ҳәм басқа да тараўларды қаржыландырады.
Бирақ бул теңсалмақлылық бузылса, яғный экономиканың белгили бир бөлеги мәмлекет қадағалаўынан тысқарыда болса, жасырын экономика жүзеге келеди. Жасырын экономика жәмийеттеги исеним кризисиниң айқын көриниси болып есапланады. Ол нызам үстинлигине ҳәм мәмлекеттиң әдалатлы басқарыўына исеним төменлеўи нәтийжесинде қәлиплесетуғын нызамсыз экономикалық хызмет түри болып есапланады. Егер жәмийетте адамлар нызамларға әмел етиў орнына оларды айланып өтиўди мақул көрсе, бул жағдай тек ғана экономикалық емес, ал әдеп-икрамлылық ҳәм мәдений кризистиң де белгиси сыпатында көринеди.
Жасырын экономика мәмлекеттиң экономикалық ҳәм социаллық турақлылығына үлкен қәўип туўдырады. Ол тек ғана мәмлекетлик бюджетке түсимлерди азайтып қоймастан, ал әдил бәсеки орталығын бузады, исбилерменликти саяға тартады, коррупция ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықларды күшейтеди.
Бүгинги күнде дүньяда дерлик бирде-бир мәмлекет жасырын экономика машқаласынан жырақ болған жоқ. Ҳәттеки раўажланған мәмлекетлер бул иллетке қарсы қатаң илажлар көрмекте. Соның ишинде, елимизде соңғы жылларда жасырын экономикаға қарсы гүресиў, оның тамырларын анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта. Усы жылдың 12-август күни мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде жасырын экономикаға қарсы гүресиў системасын жетилистириўге байланыслы усыныслардың презентациясы менен танысты. Презентация даўамында усы машқаланы сапластырыў бойынша орынланып атырған жумыслар, режелер ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.
Кейинги жыллары елимизде бизнес орталығын жақсылаў, артықша ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў, исбилерменлердиң жумысына мәмлекеттиң араласыўын қысқартыў бағдарында әҳмийетли қәдемлер тасланды. Бурын бизнес тараўындағы жоқары дәрежедеги қадағалаў ҳәм басымлар себепли көплеген исбилерменлер жумысын ашық-айдын жүргизиўден қорқатуғын еди. Бул болса жасырын экономиканың кеңейиўине, рәсмий емес пул айланысының өсиўине алып келетуғын еди.
Бирақ соңғы жылларда салық системасындағы реформалар бул бағдардағы жағдайды өзгертип жиберди. Мәселен, салық түрлериниң саны 13 тен 9 ға азайтылды, 100 ден аслам түрдеги лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди. Сондай-ақ, салық жүги азайтылып, исбилерменлер ушын қолайлы ҳәм ашық-айдын шараятлар жаратылды. Нәтийжеде 2019-жылы 45-50 процентти қураған бақланбайтуғын экономиканың үлеси 35 процентке шекем қысқарды.
Әлбетте, бул көрсеткишти жетерли деп болмайды. Бул тараўдағы реформаларды және де тереңлестириў, жәмийетте салық төлеў мәдениятын қәлиплестириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң мәмлекетке исенимин беккемлеў арқалы жасырын экономикаға қарсы гүресиўди күшейтиў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Жасырын экономика - экономикалық турақлылыққа қәўип
Рәсмий экономика мәмлекет қадағалаўында болып, онда экономикалық хизмет рәсмий дизимге алынады, салықлар төленеди ҳәм тийисли статистика органларына мағлыўматлар усынылады. Бундай экономика мәмлекеттиң салық базасын тәмийинлейди, социаллық сиясат жүргизилиўи ушын тийкар жаратады ҳәм экономикалық өсиўдиң турақлы дерегине айланады.
Рәсмий емес экономика болса, керисинше, мәмлекет қадағалаўы ҳәм рәсмий статистикадан шетте қалған экономикалық хизметлерди өз ишине алады. Ол көп жағдайларда салық төлеўден қашыў, нызамлы талапларды айланып өтиў ямаса артықша ҳәкимшилик қадағалаўдан қутылыў мақсетинде жасырын болады. Бул болса мәмлекет экономикасы ушын үлкен қәўип-қәтер туўдырады.
Рәсмий емес экономика түрли көринисте пайда болыўы мүмкин. Мысалы, қадағалаўсыз экономикада искерлик әдетте киши көлемдеги хызмет көрсетиў, саўда ҳәм ўақтынша мийнет пенен байланыслы болады. Үйме-үй жүрип өним сататуғын ямаса дизимде турмаған өнерментлердиң жумысы усылардың қатарына киреди. Бул искерлик түри халыққа белгили дәрежеде пайда келтириўи мүмкин болса да, ол да салық базасын кемейтеди ҳәм ҳуқықый тәртипке салынбаған болады.
Жасырын экономикада болса исбилерменлер ҳәм экономикалық субъектлер жумыстың белгили бир бөлегин қастан жасырады. Салықларды төлемеў, хызметкерлерди рәсмий дизимге алмаў, пайданы азайтып көрсетиў сыяқлы жағдайлар бюджет түсимлерин азайтады. Бул болса әдалатлы бәсеки орталығына зыян жеткереди, экономикалық теңсизликти келтирип шығарады.
Криминал экономика ең қәўипли көринис болып, ол нызамсыз жумыслар - адам саўдасы, нәшебентлик затлар айланысы, қумархана, қара базардағы саўдалар ҳәм басқа да жынайый дәрамат дәреклерин өз ишине алады. Бул тек ғана экономикалық емес, ал социаллық қәўип-қәтерлерди де күшейтеди.
Дүнья тәжирийбесинде раўажланған мәмлекетлерде жасырын экономиканың үлеси салыстырмалы төмен - шама менен 10-12 процент әтирапында. Бул, бәринен бурын, олардағы салық системасының нәтийжелилиги, пуқаралардағы жоқары салық мәденияты, ашық-айдын басқарыў ҳәм коррупцияға қарсы қатаң сиясат нәтийжеси болып есапланады.
Керисинше, төмен раўажланып атырған айырым мәмлекетлерде жасырын экономиканың үлеси 60-70 процентке шекем жетиўи мүмкин. Бул болса мәмлекет экономикасының үлкен бөлеги мәмлекет қадағалаўынан шетте екенин аңлатады. Бундай жағдайда коррупция, ҳәкимшилик тосқынлықлар, салық системасының нәтийжесизлиги ҳәм ҳуқықый механизмлердиң әззилиги тийкарғы факторлар сыпатында атап өтиледи.
Жасырын экономика қәлиплесиўине тәсир етиўши тийкарғы факторлардан бири салық жүги болып есапланады. Салық ставкасы жоқары болған мәмлекетлерде егер система әдил болмаса, исбилерменлер нызамлы жол менен ислеўден көре рәсмий емес жолды таңлаўға бейимлеседи. Соның менен бирге, тек ғана салықлар муғдарының жоқарылығы емес, ал салық сиясатының әдил, турақлы ҳәм түсиникли болыўы да үлкен әҳмийетке ийе.
Әдил ҳәм ашық-айдын салық системасында ҳәтте салық жүги салыстырмалы жоқары болған жағдайда да пуқаралар оған исенип, өз миннетлемелерин орынлайды. Болмаса системадағы бослықлар ҳәм қадағалаўсызлық салықтан қашыў жағдайларын күшейтеди, бул жасырын экономиканың кеңейиўине алып келеди.
Салық мәденияты - экономикалық турақлылық тийкары
Раўажланған мәмлекетлерде халықтың тапқан дәраматының үлкен бөлеги салық түринде мәмлекет бюджетине түседи. Соған қарамастан, бул мәмлекетлерде жасырын экономика үлеси жүдә төмен дәрежеде сақланып қалмақта. Бул соннан дерек береди, салық жүгиниң аўыр ямаса жеңиллиги жасырын экономиканың кеңейиўине тиккелей тәсир етпейди. Салықтан қашыў имканиятлары шекленген ҳәм мәмлекет пенен жәмийет арасында исеним беккем болған жерде салық төлеў мәденияты жоқары болады. Изертлеўлер көрсетиўинше, жасырын экономиканың шама менен 30 проценти салық системасындағы кемшиликлер себепли келип шықса, қалған үлкен бөлеги әйне салық мәдениятының жетиспеўшилиги менен байланыслы.
Салық мәденияты дегенде тек ғана салық төлеўшиниң жуўапкершилиги емес, ал мәмлекет пенен жәмийет арасындағы исенимли байланыслар, ашық-айдын система ҳәм әдалатлы қатнасықлар нәзерде тутылады. Бул мәденияттың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы бир неше тийкарғы бағдарларға байланыслы болып, оларды төменде анализ етемиз.
Салық нызамшылық мәденияты
Салық мәдениятының биринши әҳмийетли тәрепи салық системасындағы нызамшылық мәденияты болып есапланады. Яғный салық сиясатын ислеп шығыўда жәмийеттиң дәрамат дәрежеси, кәмбағаллық шегаралары, ең аз салыққа тартылатуғын дәрамат муғдары ҳәм саламат бәсеки орталығын сақлаў сыяқлы факторлар есапқа алыныўы шәрт. Салық нызамшылығындағы әдиллик ҳәм турақлылық исбилерменлик жумысы ушын исенимли орталық жаратады, инвесторларды тартады ҳәм жасырын экономиканың алдын алыўға хызмет етеди.
Салық нызамшылығындағы тез-тез өзгерислер, түсиниксиз ҳәм қарама-қарсы нормалар исбилерменлер ҳәм инвесторларда анықсызлық сезимин оятады. Бул болса олардың мәмлекет экономикасына инвестиция киргизиў қарарларына унамсыз тәсир көрсетеди. Мәселен, егер сиз сырт елде бизнес баслаўды режелестирсеңиз, әлбетте, сол мәмлекеттиң салық системасын үйренесиз. Егер ол турақлы, ҳәр жылы кескин өзгермейтуғын болса, сиз бул мәмлекетте ис баслаўға таяр боласыз. Бирақ керисинше жағдайда бул қарарыңыздан бас тартыўыңыз мүмкин. Сол себепли, салық нызамшылығы тек ғана ҳуқықый жақтан дурыс емес, ал әмелиятта турақлы, әдил ҳәм исенимли болыўы зәрүр.
Салық жыйнаў мәденияты
Салық мәдениятының екинши тәрепи салық өндириў мәденияты болып есапланады. Бул тек ғана техникалық процесс емес, ал пуқара ҳәм мәмлекет арасындағы исенимниң көриниси. Тилекке қарсы, көпшилик пуқаралар ҳәм исбилерменлер төлеп атырған салықлардың қай жерге жумсалатуғынын билмейди ҳәм итибарсызлық ямаса ҳәттеки салықтан қашыўға урыныў сыяқлыларға алып келеди.
Ҳәр бир салық төлеўши төлеп атырған қаржы жәмийеттиң қайсы тараўларына бағдарланып атырғанын билиўи керек. Мәмлекетлик бюджет ашық-айдын болса, салық түсимлери билимлендириў, медицина, жол қурылысы, социаллық қорғаў сыяқлы хызметлерге жумсалып атырғаны ҳаққында анық мағлыўмат берип барылса, пуқараларда мәмлекетке исеним артса, салық төлеў тилеги де күшейеди.
Салық төлеў мәденияты
Салық мәдениятының үшинши, ең әҳмийетли бағдары салық төлеў мәденияты есапланады. Көпшиликте "мен салық төлесем, не өзгереди?" деген сораў туўылады. Бирақ ҳақыйқат сонда, ҳәр қандай өзгерис, бәринен бурын, инсанның өзинен басланады. Егер ҳәр бир пуқара салықты ўақтында ҳәм толық төлесе, жасырын экономика азаяды, мәмлекетлик бюджетке түсим артады. Нәтийжеде билимлендириў, медицина, социаллық хызметлер, инфраструктура раўажланады ҳәм бул ҳәмме ушын пайдалы.
Салық төлеў тек ғана миннетлеме емес, ал мәденият мәселеси де екенин умытпаў керек. Мәденият болса тәрбиядан басланады. Балалығынан салық төлеўдиң әҳмийетин түсинип өскен әўлад келешекте оны жасырмайды, керисинше, өз миннети деп билип орынлайды. Сонлықтан, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде салық төлеў мәселесин кеңнен сәўлелендириў, жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткериў, салықларды тек ғана сан емес, ал мәмлекеттиң раўажланыўына қосылатуғын үлес сыпатында түсиниў зәрүр.
Жасырын экономика ҳәм социаллық әдиллик машқаласы
Жасырын экономика тек ғана экономикалық машқала емес, ал социаллық әдилликтиң бузылыўына алып келетуғын қәўип болып есапланады. Бул жағдай жәмийеттеги исеним орталығына, бәсеки теңлигине ҳәм мәмлекеттиң пуқаралар алдындағы жуўапкершилигине зыян жеткереди. Егер пуқаралар ҳәм исбилерменлер өз дәраматын жасырыўға, салық төлеўден қашыўға ҳәрекет етсе, онда биринши гезекте жәмийеттеги теңсизлик ҳәм әдалатсызлық күшейеди.
Мысал ушын, бир неше жыл алдын банк карталарынан нақ пул шешиў ушын үлкен процентлерде рәсмий емес комиссия болатуғын еди. Бул жағдай көпшиликти нақ пул айланысын абзал көриўге мәжбүр еткен, нәтийжеде, әсиресе, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында жасырын экономика дәрежеси кескин артқан еди. Кейинги жылларда электрон төлемлер системасы жедел раўажланды ҳәм бул машқала белгили дәрежеде сапластырылды. Бирақ машқаланың тийкарғы тамырлары еле де әҳмийетлилигин жоғалтпаған.
Социаллық әдиллик бузылыўына және бир айқын мысал исбилерменлер арасында салық жүгиниң тең бөлистирилмеўи болып есапланады. Мәселен, ҳәр қандай товар яки хызметтиң баҳасы белгили салық ҳәм жыйымларды өз ишине алады. Айтайық, бир дана мобил телефонның баҳасы 1 миллион сум болса, соннан шама менен 400 мың сумы ҳәр қыйлы салықлар ҳәм жыйымларға туўра келеди. Енди көз алдыңызға келтириң: егер бир исбилермен усы салықларды төлемей, телефонын 600 мың сумға сатса, ол бәсекиде үстинликке ийе болады. Бирақ барлық нызамларға әмел етип, салық төлеп атырған исбилермен қарыйдарды жоғалтады, зыян көреди. Нәтийжеде әдалатсыз система қәлиплеседи - нызамға әмел еткен жазалайды, нызамды бузған болса сыйлықланады.
Социаллық әдиллик көзқарасынан және бир әҳмийетли тәрепи жәмийетте ҳәр бир пуқараның тең ҳуқық ҳәм имканиятларға ийе болыўы зәрүрлиги болып есапланады. Салық төлейтуғын ҳәм төлемейтуғын шахслар мәмлекет тәрепинен жаратылып атырған социаллық хызметлерден бирдей пайдаланады. Мектеп, емлеўхана, жоллар, қәўипсизлик, коммуналлық инфраструктура - булардың барлығы тийкарынан салықлар есабынан қаржыландырылады. Егер кимдур салық төлемей, тек ғана бул хызметлерден пайдаланып атырған болса, демек, басқа бир пуқараның мийнети ҳәм миннети арқалы жасап атыр. Бул болса жәмийетте "биреў төлеп, басқа биреў пайдаланады", деген әдалатсыз системаны қоллап-қуўатлайды.
Турақлы раўажланыўдың жасырын қәўпи
Мәмлекет институтлары жәмийетте социаллық әдилликти тәмийинлеўде шешиўши орын тутады. Нызам үстинлиги, суд-ҳуқық системасының әдил ислеўи, барлық пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын теңдей имканиятлар жаратылыўы турақлы экономикалық орталықтың тийкары болып есапланады. Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў инсан факторын азайтады, системалы ашық-айдынлықты тәмийинлейди ҳәм коррупцияның алдын алыўға хызмет етеди. Себеби коррупция ҳәм бюрократия жасырын экономиканың тийкарғы азықландырыўшы дәреги есапланады.
Жасырын экономикаға қарсы гүресиўде мийнет базарын тәртипке салыў, ақша өткермелери системасын нәтийжели шөлкемлестириў, электрон есап-санақты енгизиў, пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы ҳәм әдил салық орталығын қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе. Бул процессте санлы технологиялардан кеңнен пайдаланыў, барлық процесслерди автоматластырыў, салық есабатларын электронластырыў ашық-айдынлық ҳәм қадағалаўды күшейтиўге хызмет етеди.
Жасырын экономикаға қарсы нәтийжели гүресиў ушын бирден-бир, анық ҳәм турақлы мәмлекет стратегиясы талап етиледи. Бул стратегия салық нызамшылығын әпиўайыластырыў ҳәм ҳәмме ушын түсиникли етиўди нәзерде тутады. Салықтан қашыў ҳәм жасырын дәраматларды анықлаў бойынша нәтийжели механизмлер енгизилиўи, нызамбузыўшылықларға қатаң жазалар белгилениўи ҳәм олардың сөзсиз орынланыўы тәмийинлениўи зәрүр. Соның менен бирге, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында исеним орталығын қәлиплестириў, салық төлеўшилерге мәсләҳәтлер бериў, олардың машқалаларын жедел шешиў ушын жергиликли ҳәкимликлердиң жумысын жетилистириў зәрүр.
Салық мәдениятын арттырыў мақсетинде билимлендириў мәкемелери, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық жойбарлар арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў жумыслары талап етиледи. Нызамлы исбилерменликти хошаметлеў, ҳәкимшилик тосқынлықларды қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм киши және орта бизнести қоллап-қуўатлаў арқалы салық базасын кеңейтиў мүмкин. Сондай-ақ, халықаралық тәжирийбени үйрениў ҳәм санлы идентификация және автоматластырылған қадағалаў системаларын енгизиў сыяқлы заманагөй көзқараслар бул процессте үлкен нәтийже береди.
Ең әҳмийетлиси, ҳәр биримиз жасырын экономика тек ғана экономикалық өсиўди төменлетип қоймастан, ал жәмийетте әдиллик, теңлик ҳәм исеним орталығын жоқ ететуғынын түсиниўимиз керек.
Жасырын экономиканы қысқартыў арқалы мәмлекетлик бюджет дәраматлары артады, социаллық хызметлердиң сапасы ҳәм қамтып алыўы жақсыланады, коррупция ҳәм нызамбузыўшылықлар азаяды және әдил бәсеки орталығы қәлиплеседи. Нәтийжеде салық системасына исеним артқан сайын жаңа инвестициялар тартылады, экономикалық өсиў пәтлери тезлеседи ҳәм жәмийеттиң улыўма абаданлығы тәмийинленеди.
Демек, жасырын экономикаға қарсы гүрес тек ғана бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы емес, ал мәмлекеттиң ертеңги күни ушын тийкарғы стратегиялық бағдар болып есапланады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы