Баянатта атап өтилгениндей, ҳәзир дүнья халқының еки миллиардтан асламы таза ишимлик суўынан пайдаланыў имканиятына ийе емес. Бул машқала тек ғана Өзбекстанға ямаса регионымызға тийисли емес, ал пүткил дүньяда бақланып атырған жағдай, деп айтыў мүмкин. Суў жетиспеўшилигинен кейин дүньяда шөллениў күшейип бармақта, климат өзгерислери жүз бермекте. Жақынға шекем бақланбаған жағдай - жасыл қалаларға шаң-боран жаўыўы әдеттеги жағдайға айланбақта.
Сонлықтан, суўдың ҳәр бир тамшысын үнемлеп, ақылға уғрас пайдаланыў, ирригация системасына инновациялық шешимлерди енгизиўди жеделлестириў бүгинги күнниң кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларынан бирине айланды.
Халықаралық минберден Президентимиз елимизде суўды үнемлеў бойынша жәҳән форумын өткериў режелестирилип атырғанын мәлим етти. Онда суў кризисин турақлы раўажланыў ушын үлкен қәўип сыпатында белгилеў мөлшерленбекте. Бул бағдарда глобал дәрежеде инновациялық технологияларды енгизиў ушын өз алдына "жол картасы" үстинде жумыс алып барылып атырғаны атап өтилди.
Суў жетиспеўшилиги Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстан экономикасында да үлкен машқалаларды келтирип шығармақта. Оннан қәлегенинше пайдаланыў ҳәм ысырапгершиликлерге итибарсызлық себепли өткен әсирдиң ақырында, яғный бир әўладтың көз алдында кемелер жүзип жүрген, жағаларында өмир қайнап турған пүткил Арал теңизи қурып қалды.
Мәмлекетимиздеги суў ресурсларының 20 проценти өзимизде, үлкен бөлеги қоңсы мәмлекетлерде қәлиплеседи. Климат өзгериўи ақыбетинде суў дәреклери жыл сайын азайып бармақта. Трансшегаралық дәрьяларды басқарыў бойынша жағдай да қатаң. Булардың тәсиринде 2030-жылға барып елимиздеги суў тамтарыслығы 15 миллиард куб метрге жетиўи болжанбақта.
Бирақ жағдай жылдан-жылға қыйынласып атырған усы жағдайда да суўдан қәлегенинше пайдаланылып атырғаны ҳақыйқат. Елимиздеги жәми суў ресурсының 90 проценти аўыл хожалығына жумсалмақта. Мәселен, бир гектар пахта майданын суўғарыў ушын жылына 10-11 мың куб метр суў жумсалған ҳалда климаты ҳәм жери бизики менен уқсас мәмлекетлерде буннан 2-3 есеге аз суў жумсалмақта. Ол да болса суўды дурыс басқарыў, ысырап етпеў есабынан.
Кейинги еки-үш жылда суўды үнемлеп, ысырапгершиликке жол қоймай пайдаланыў бағдарында исенимли қәдемлер тасланды. Соның ишинде, суў хожалығында "каналларды бетонлаў бойынша ғалабалық жыл" жәрияланды. Есап-санақларға қарағанда, бетонланбаған ирригация тармақларында жылына орташа 14 миллиард куб метр ямаса 36 процент суў ҳеш қандай экономикалық нәтийжесиз ысырап болмақта. Ең көп суў шығынлары Қарақалпақстан Республикасы, Наманган, Наўайы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларына туўра келеди. Каналлардың ақырында жайласқан 175 мың гектар егислик жеринде суў тәмийнаты оғада аўыр. Улыўма, суў шығынлары ақыбетинде экономикамызда жылына 5 миллиард доллар дәрамат жоғалтылмақта.
Суў хожалығына ҳәр жылы орташа 1 миллиард доллар қаратылмақта. Бул тараў бюджеттен қаржы алыў бойынша билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығынан кейин төртинши орында турады. Бирақ системада есап-санақ дурыс жолға қойылмағаны, суў ресурсларын басқарыўда ески көзқараслар елеге шекем сақланып қалғаны себепли нәтийже жүдә төмен.
Ашық дәреклерден алынған мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде мәмлекетимизде 50 мың километр суўғарыў тармағы, 1,6 мың насос станциясы ҳәм 10 мыңнан аслам суў объекти бар. Кейинги жыллары суў хожалығы системасын реформалаў, ирригация инфраструктурасын жаңалаў ҳәм суў ресурсларынан үнемли пайдаланыў бағдарында избе-из илажлар көрилмекте. Бирақ, ирригация имаратларын басқарыў системасында, соның ишинде, хызмет көрсетиўде есап-санақлардың ашық-айдынлығы ҳәм финанслық еркинлик пенен байланыслы бир қатар машқалалар бар.
Жақында Президентимиз басшылығында болып өткен презентацияда мине усы машқалалы мәселелерди шешиў, сондай-ақ, тараўда санластырыў процесслерин тереңлестириў ҳәм хызмет көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған илажлар ҳәр тәреплеме додаланды.
Бул мәжилисте енди жаңаша қатнас тийкарында суў есабын жүргизиў толық электрон түрге өткерилетуғыны билдирилди. "Суў есабы" мәлимлеме платформасы арқалы пайдаланылған суў муғдары анық есапланады ҳәм тутыныўшыларға электрон тәризде мәлим етиледи. Бул система есап-санақларда инсан факторын азайтады, артықша қағазпазлықты сапластырады ҳәм ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырады. Мағлыўматлардың анықлығын тәмийинлеў мақсетинде "Санлы аўыл хожалығы" платформасы менен интеграцияланады. Усы арқалы суўғарылатуғын жерлер, егин түрлери ҳәм суў лимитлери ҳаққындағы мағлыўматлар автоматикалық түрде қәлиплестириледи ҳәм реал ўақыт режиминде жаңаланып барылады.
- Сондай-ақ, тараўдағы барлық мағлыўматларды бир системада жыйнаў ушын Суў хожалығы министрлигиниң Суў хожалығын санластырыў ҳәм мониторинг орайы шөлкемлестирилмекте, - дейди суў хожалығы министриниң биринши орынбасары Зокир Эшполатов. - Орай суў балансы, насос станциялары ҳәм суў сарпы бойынша мағлыўматларды анализлейди, қарар қабыл етиў процесслерин автоматластырыў имканиятын жаратады. Және бир жаңалық - "Мәмлекетлик суў кадастры" мәлимлеме системасы жаратылады. Ол арқалы суў ресурсларына байланыслы мағлыўматлар тийисли министрликлер ҳәм уйымлардан жыйналып, бирден-бир базада қәлиплестириледи. Бул, өз гезегинде, мағлыўмат алмасыў процесин әпиўайыластырып, есабатларды қағазда жүргизиў әмелиятын қысқартады.
Суў хожалығы насос станцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқарыў әмелияты кеңейтилмекте. Келеси жылдан баслап Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд ҳәм Сырдәрья ўәлаятларындағы насос станцияларының 50 проценти, 2027-жылға барып болса Наманган ўәлаятындағы барлық насос станциялары жеке меншик шерикликке бериледи.
Бул бағдарда Наманган ўәлаятының Чортоқ районында "бир насос - бир система" принципи тийкарында "Чортоқ тәжирийбеси" әмелге асырылады. Онда жеке меншик шерик тутыныўшыларды суў лимити шеңберинде суў менен тәмийинлейди, насосларға байланған майданлардан есапланған суў салығының 40 проценти жеке меншик шерикке төлеп бериледи. Усы қаржы есабынан суў есабы автоматластырылады ҳәм насос станциялары басқышпа-басқыш модернизацияланады.
Тәжирийбениң мазмун-мәниси ҳәм абзаллықларын дийқан ҳәм фермерлерге жеткериў мақсетинде "Суўшылар мектеби" жойбары шеңберинде 2025-2026-жылларда ҳәр бир районда биреўден "оқыў дала шертеги" шөлкемлестирилип, жәми 141 районда 3,5 мың гектар майдан қамтып алынады.
- Келеси үш жылда да аўыл хожалығы техникасының 15 проценти ҳәм лазерли тегислегиштиң 30 процентин субсидиялаў әмелияты даўам еттириледи, - дейди Суў хожалығы объектлерин эксплуатациялаў агентлиги Суў жеткерип бериў хызметлери жумысын муўапықластырыў басқармасының баслығы Абдирашид Қулматов. - 2026-жылға шекем барлық егислик жерлер лазерли тегисленеди. 2026-жылдан кейин лазерли тегисленбеген жерлерге салыстырғанда жер ҳәм суў салықлары кескин арттырылады. Бүгинги күнде кластер ҳәм фермерлерге жеткерип берилип атырған ҳәр 1 куб метр суўға орташа 212 сум қәрежет жумсалып атыр. Бирақ Бухара, Қашқадәрья ҳәм Наманганда бул 2-3 есе қымбат. Соның менен бирге, суў қәрежетиниң 63 проценти насос станцияларының үлесине туўра келеди. Атап айтқанда, суўғарыў ушын жылына 7 миллиард киловатт саат электр энергиясы жумсалады. Себеби суў насосларының 80 проценти гөнерген, энергия жумсалыўы жоқары. Бул қәрежетлерди азайтыў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде насослар модернизацияланбақта ҳәм оларды басқарыўды жеке меншик шерикликке бериў әмелияты жолға қойылмақта.
Тийкарынан айтқанда, суў бийпул ҳәм таўсылмайтуғын жемис емес. Оннан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў базарларымыздың молшылығы, турмысымыз абаданлығы ҳәм экономикамыздың турақлы гүллеп-жаснаўының тийкарғы шәрти болып есапланады. Қалаберди, суўдан үнемлеп-тежеп пайдаланыў тек ғана ирригатор ямаса фермерлердиң жуўапкершилиги емес, ҳәр биримиздиң миннетимизге айланыўы керек. Сонда ғана гөзленген мақсетке ерисиледи.
Юнус БУРОНОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы