Шығыс ҳәм батыс: еки жол, еки тәғдир

    Илим-мәрипат, ақыл-парасатта таң қаларлық дәрежеге жеткен адамларға ҳүрмет пенен қолланылатуғын бир уллы сөз бар.

    Бул сөз нешше мың жыллардан берли инсанияттың ишки дүньясы, сана-сезимин жарытып киятырған данышпан Шығысқа тийисли, "Зия Шығыстан" деген ҳақыйқаттың уллы дәлили.

    Бул - "устаз" сөзи дегени. Жыллар өтип, зейни жоқары шәкиртлер де устазлық дәрежесине жетеди, илим жолларында жарық жулдызларға айланады, бирақ өзлерин не бир машақат пенен хат-саўатқа үйреткен, ағартыўшылық жолына баслаған әкеден уллы устазларына болған ҳүрмет-иззет қәлбин ҳеш қашан тәрк етпейди.

    Неше жыллық өмирин, көзиниң нурын, билим ҳәм тәжирийбесин жас әўлад тәрбиясына бағышлаған пидайыларды жәмийеттиң руўхый үстинлерине теңлестириў мүмкин. Жасларды туўры жолға баслайтуғын, оларға әдеп-икрамлылық тәрбия беретуғын, ийман-исенимде беккем адамларға ата дәрежесинде ҳүрмет көрсетиўдиң мәниси усы. Тарийх гүўасы, бундай инсанларды меҳир қушағына алған халық, миллет ҳеш қашан зыян көрмеген, жолынан адаспаған. Себеби, устазлар жақты дүньяның қаншадан-қанша сынақларын басынан өткерген, қыйын жағдайларда қандай жол тутыўды, бирден-бир дурыс шешимлер табыўды жақсы биледи. Олардан сабақ алғанларға ҳәўес етсең арзыйды.

    Устазлық кәсип емес, бирақ барлық кәсиплерди жәмлегенде де ҳәммесинен үстин туратуғын уллы пазыйлет, сийрек ушырасатуғын талант. Әдетте, бир адам ҳаққында мағлыўмат алмақшы болсақ, оның жумысы, қайсы оқыў орнын питкергени, пикир-усыныслары менен қызығамыз. Әййемде қандай да бир жасты баҳалаўда оның қайсы устаздан сабақ алғанын билиў әҳмийетли болған. Әдеби яки оқыўынан кеўли толмаса, "Ҳә, сол үйреткен устазыңнан садақасы кетейин", дескен.

    Инсанның илими, әдеби ҳеш нәрсеге салыстырып болмайтуғын руўхый гәўҳар есапланады. Бундай мүлк ийелери әдеп-икрамлылық жақтан жетик, қарым-қатнас мәденияты ҳәўес етсе арзыйтуғын, илими көп қырлы, ҳәр қандай жағдайда да сергеклик пенен жумыс ислейтуғын зийрек адамлар болып табылады. Данышпан бабаларымыз устаз сыпатында өз шәкиртлерине: "Егер сен кәмилликте жүдә жоқары мәртебеге ерискен болсаң да, алдыңа келген адамды дыққат пенен тыңла, мақсетин түсинип, соған қарап ҳарекет ет", деп үйреткен.

    Инсанның ишки дүньясын, руўхый дүньясын аңлаў қурамалы процесс. Бирақ устаз алдына келген өспиримниң мүнәсибети, сөйлеў әдеби, бақлаўынан көп нәрсени, мәселен, шаңарақта қандай тәрбия алғанын, мәҳәлле-көше, жәмийетлик орынларда өзин тутыўын, устазды көрген яки көрмегенин билип алыў мүмкин.

    Гейде өмирде пүткиллей ушыраспаған, сәўбетлеспеген, жақсы-жаман ислериниң гүўасы болмаған адам менен қысқа сәўбетлесип, әпиўайы сәлем-әликтен кейин де узақ жыллық қәдирданлардай досласып кетесиз ҳәм керисинше - кимдур, ол сизге жаманлық қылмаған, кеўлиңизди қапа етпеген болса да, кеўлиңизде унамсыз тәсир қалдырады, оның менен сырлас ямаса жолдас болыў нийетинен қайтасыз. Адамның жүз-көзи ҳәм нәзеринде жүректиң сәўлеси көринеди, деген гәп бар.

    Жаслар арасында алып барылып атырған руўхый үгит-нәсиятлаў жумысында ойшыл бабаларымыздың исмлерин перзентлеримизге ибрат етип көрсетемиз, бизге шекем жетип келген илимий, ағартыўшылық шығармаларынан цитаталар келтиремиз. Себеби олар әдеп-икрамлылықта, илимге қуштарлықта, ел-халық ушын бийғәрез хызмет етиўде тек ғана өз заманласларына емес, өмирлеринен кейинги неше-неше әсирлерде де ибрат үлгиси болған, дәмегөйлик етпеген.

    Бундай пазыйлетли бир инсан өсип киятырған неше жүзлеген жасларды уллы мақсет жолына, илим-мәрипат бағына баслаған. Китапларда келтирилиўинше, улама Ҳамадонийдиң тәсиршең сөзин тыңлаған, илимине, жағымлы сөйлеўине ҳәўес болған, инсаныйлық пазыйлетлерине ҳәўес еткен елиў мың мәжусий ықтыярлы түрде ислам динин қабыл еткен екен.

    Шаңарақта перзентлерди жаслығынан илим-өнерге үйретиў, оларға ҳадал мийнет пенен күн кешириў, биреўдиң мүлкине қыянет етпеў, қызғаныў көшесине кирмеў, мийрим-шәпәәтли болыў зәрүр екенлигин үйретиў өтмиш ата-бабалардан бизге шекем жетип келген, мәнис-мазмунын ҳеш қашан жоғалтпайтуғын талап. Аталар ҳәзирет Баҳаўатдин Нақшбандтың алдына жас перзентлерин алып келсе, ол бала қандай да бир өнерди ийелеген яки ийелемегенлигин сорап, егер ийелемеген болса: "Перзентиңиз алдын өнер үйренсин, қолынан бир ис келетуғын болсын, кейин алып келиң", деп мәсләҳәт береди екен.

    Бул талаптың тийкарында жүдә үлкен мәни бар. Өнери бар бала ўақтын босқа өткермейди, жақсы-жаманның, пайда-зыянын парқына басқалардан көре ертерек барып ержетеди. Ўақты келип, өз перзентлерине де усы руўхта тәрбия береди.

    Демек, ҳадал-пәк жасаў, өзинен жақсы ат қалдырыў пазыйлетинен атадан балаға, баладан ақлыққа мийрас болып өтип бара береди. Усындай үзликсизликке ерисилген жерде социаллық әдиллик, руўхый жетиклик бой көрсетеди. Өмир рәҳәтли болады.

    Өнерли балалар зейинли, әлпайым, билмеген нәрселерин билиўге қызығыўшаң болып өседи. Тәрбиясызлық, наданлық, әдеп-икрамлылыққа қайшы ис-ҳәрекетлер ҳәмме жерде бийкаршылықтан, биреўдиң есабынан күн көриўден, пәк ҳәм нәпәкти ажырата алмаўдан, тәрбия исине немқурайдылықтан келип шығады. Бир истиң етегин тутпаған бала шаңарағына, ата-анасына, жәмийетке үлкен тәшўиш келтириўи мүмкин.

    Бир бийкар ямаса тәрбиясыз баланың қасына екинши бийкар, үшинши тәрбиясыз, төртинши қараўсыз бала қосылса, дүзетиў қыйын, машқала пайда болады. Баланы жаслығында дурыс жолға салыў аңсат, бирақ "көше тәрбиясы"н алып ержеткен соң, бул жолдан қайтарыў оғада қыйын.

    Буннан көп жыллар алдын редакцияға келген әкеден ким болып ислейтуғынын сорағанымда, ол ҳеш иркилместен: "Алты баланың әкеси лаўазымында ислеймен", деп жуўап бергенин ядымда. Сәўбетимиз даўамында бул жуўаптан қанаатланғанман.

    Өмирде ҳәр бир адам кәсип-кәри, турмыс тәризин, бул жақты дүньяда жасаўдан мақсет-мурадын өзи белгилейди. Кимдур ҳадал мийнет пенен ырысқы табыўды, перзентлерин ел-журт хызметине жарамлы инсан етип тәрбиялаўды, жәмәәтте, мәҳәлледе жақсы ат қалдырыўды ойлайды. Басқа биреў болса ҳеш нәрсени ойламайды, басын қатырмайды, өткинши ҳәўеске, күнделикли ҳәзликке, жақсы жеп-ишиўге бериледи. Бундай адам ата-аналық миннетин де умытады. Тек сол емес, өмирде өз жолын таба алмаған адамлар көпшилик жағдайларда ашыўшақ, турпайы, биреўдиң кеўлин бузбаса кеўли жай таппайтуғын, жәнжел көтерип, биреўдиң тынышын бузыўдан рәҳәтленетуғын адамлар болып табылады.

    Бир-бирине пүткиллей қарама-қарсы болған бул еки турмыс тәризи ҳаққында не айтыў мүмкин? Ҳәр ким өзи еккен, тәрбиялаған зүрәәтти орады. Шайыр жазғанындай, бул дүньяда ким нени излесе, соны табады. Данышпан халық ғәрез ҳәм қызғаныш пенен жасайтуғын, өмиринде саўаплы ис қылмаған, тек жеке мәпин ойлайтуғын адамларды жақтырмайды, бундайлардан узақласыўды еп көреди ҳәм керисинше, ийман-исенимли, ҳадал-пәк, мийнет сүйгиш, ел сүйгиш адамларды улығлап, ҳүрмет етеди, иззет-икрамын, абырайын орнына қояды.

    Бул еки жағдайға тереңирек нәзер тасласақ, жеке турмыс тәризин белгилеўдиң Шығыс ҳәм Батысқа тән еки тәрепине дус келемиз. Шығыста жәмәәт болып жасаў, шаңарақ, күнделикли турмыста ушырасып туратуғын машқалаларды биргеликте шешиў әҳмийетли болса, Батыста айрықшалық (индивидуаллық), өзи ушын шараят жаратыў, жеке мәпин ойлаў сезими үстин әҳмийетке ийе. Ҳеш ким басқаның турмысы, машқалаларына қызықпайды. Бул дәстүрди тек әпиўайы адамлар емес, Батыс алымлары да ақлайды, олардың пикиринше, жәмийет пүтинликке, улыўмалыққа умтылыўы керек емес. "Кимде кимниң кеўли болса, қоя бериң - ойнасын".

    Уллы устаз, ойшыл Фитраттың "Шығыс сиясаты" шығармасында Шығыс ҳәм Батыстың руўхый портрети жүдә анық сүўретленген: "Африкаға кирген мусылманлар Америка ҳәм Африканы басқан мәдений европалылардай жергиликли халықты жоқ етиў ушын ҳәрекет етпеди. Унларға (оларға) мәденият берди. Америкаға қонақ болып кирген Европа мәдениятлылары жергиликли халықты қырып таслай жазлады, буны билмеген адам жоқ. Африканы басып алған Европа жәҳәнгирлери ол жердеги қара халықты оба сыяқлы қырып турады. Ал мусылманлар Африканың Алжир, Тунис, Фас (Орайлық Африка) сыяқлы орынларын алғаннан кейин, ол жерлерди раўажландырды, халқын тынышландырды, олардан (жергиликли халықтан) уллы адамлар жетистирди. Шығыс өзиниң тарийхы, сиясаты, өнери, инсаплылығы, әдалаты, әдеп-икрамлылығы ҳәм хызмет ҳәм итибары менен жүдә жоқары көтерилген, соншелли раўажланған еди, оның түсиниги де бизиң басымызға сыймайды. Шығыс мәдений жыртқыш емес еди. Шығыс басқалардың ҳақларын алмайтуғын еди. Шығыс адамзаттың раўажланыўы ушын тырысатуғын еди. Шығыс мәденият ошағы, инсап бесиги, әдеп-икрамлылық мектеби, билим медресеси еди. Биз, шығыслылар, адамзатқа еткен хызметлеримиз ушын бүгинги қанлы Европаға қарсы жақсы ғана мақтана аламыз".

    Бул қатарлар Шығыс өз ўақтында уллы устазлық дәрежесине көтерилгенинен, дүнья жүзин жарытатуғын уллы мәканға айланғанынан дәрек береди.

    Тәрбия бир өмирлик, әўладтан әўладқа өтетуғын қурамалы процесс. Соның ушын, бәринен бурын, тәрбияшының өзи тәрбиялы болыўы керек. Ата-ананың (устазлардың да) ис-ҳәрекети, сөзлери ҳәм әмеллери бала санасына моншақтай дизилип барады. Ол үлкенлер арасындағы кеўилсиз ўақыяларға, шаңарақтағы жәнжеллерге гүўа бола отырып, кеўли қалып, денесинде өкиниш, руўхый жара пайда болады.

    Мәҳәлледе түрли миллет ўәкиллери, түрли кәсип ийелери, түрли динлерге исениўшилер бирге жасайды. Олар бир мәҳәлле сыпатында бир-бирине меҳир-мүриўбет көрсетип, түрли жағдайларда ийинлес болып атырғаны жәмийетимиздиң ең үлкен жетискенлиги. Мәҳәлле болып жасаў бизге ата-бабаларымыздан қалған уллы мийрас. Сол себепли, дүнья жәмийетшилигиниң өзбек мәҳәллесине итибары күшейди.

    Тилекке қарсы, шаңарақ ҳәм мәҳәллени басқаша талқылап атырғанлар да жоқ емес. Олар ерли-зайыплы, ата-ана ҳәм перзентлердиң өз-ара татыўлығында да кемшилик табады, перзентлердиң ата-анасы менен бирге жасаўы, олардан хабар алып турыўды инсан еркинлигиниң шеклениўи деп есаплайды. Батысқа келсе, кекселер балаларына "жүк" болмай, қариялар үйинде жасағаны мақул. Данышпан Шығыс бундай көзқарасларды әзелден бийкарлап келген ҳәм буннан кейин де солай болады.

    Бүгин бөлиниўден шаршаған дүньяны қайта бөлистириў, экономикалық тараўда басқа регионлардағы тәбийғый байлықларға суқланып қараў, идеология тараўында түрли халықлардың әсирлер даўамында қәлиплескен турмыс тәризин өз мәплери жолында "реформа" етиў, жаслардың санасы ҳәм қәлбин ийелеў, оларды алжастырыў сыяқлы саламат емес ҳәрекетлер күшейип, түр-түрленип бармақта.

    Бундай ҳәрекетлер бир қарағанда зыянсыз болып көринетуғын ҳәм ҳәттеки тартымлы болып көринетуғын формаларда алып барылады. Материаллық мәпдарлық ўәде етиледи. Турмыслық тәжирийбеси жетерли болмаған, турмыстың аўыр сынақларына дус келмеген, шаңарақта толық тәрбия алмаған, мәҳәлле мектебинен өтпеген жаслар бундай "тамаша"ға тез мәп болады.

    Бурынғы тоталитар дүзим дәўиринде инсаннын руўхый дүньясы итибардан шетте қалды, ийман-исеним ҳаққында пикир жүргизиўге руқсат берилмеди. Бул ҳаққында аўыз ашқанлар репрессияға ушырады. Әкеси ямаса анасының жерлеў мәресиминде жүзге пәтия тартқан уллар жазаға ылайық көрилди. Бүгинги жас әўладқа бул қорқынышлы шеклеўлерди қайта-қайта еслетиўден шаршамаўымыз зәрүр.

    Солай етпесе, жыллар өтип, ғәрезсизликке мисли өз-өзинен, ҳеш қандай тәшўишлерсиз, жоғалтыўларсыз, азап-ақыретлерсиз ерискенимиздей, бул уллы жемис таяр ҳалда аспаннан түскендей болып қалады, турмыс ғәрезсизликке шекем де гөззал, мазмунлы болған, деген биймәни көзқарас күшейди.

    Уллы философ Конфуцийдиң мәнаўий-философиялық тәлийматы ағартыўшы дүнья халқын барлық заманларда да қызықтырып келген. Оның "Өзиңе мақул көрмеген нәрселерди басқаларға да мақул көрме, жақсылыққа жақсылық, жаўызлыққа әдалат пенен жуўап бер, бәринен бурын, өзиңди аңла, жәмийетте ҳәм шаңарақта қәлиплескен дәстүрлерге муҳаббат пенен қара, оларды умытпа ҳәм қәдирле, ата-бабалардың естелигин ядында сақла" сыяқлы әдеп-икрамлылық ҳикметлери бар. Бул тәлиймат жыллар, әсирлерди артта қалдырып, шексиз қүдирети, турмыслылығы, соның менен бирге әпиўайы ҳәм түсиникли екенлиги менен жасап келмекте. Оның аты дүньяның төрт уллы данышпанлары қатарында тилге алынады. 1988-жылы Нобель сыйлығы коллегиясының Париждеги жыйналысында қабыл етилген мүрәжатта мынадай сөзлер бар: "Инсаният жаңа XXI әсирде жасап қалыўды қәлесе, буннан жигирма бес әсир бурын жасап өткен Конфуций тәлийматынан жақсы хабардар болыўы ҳәм оған әмел етиўи лазым".

    Конфуцийдиң мына ҳикметлери оғада терең мәниге ийе: "Қуслар өлим алдында ашыўлы қышқырады, адамлар болса әҳмийетли ҳәм ең зәрүр нәрселер ҳаққында сөйлеседи", "Адамлар ушын суў ҳәм от әҳмийетли, бирақ адамгершилик олардан да әҳмийетлирек. Мен суў ҳәм от себепли набыт болған адамларды көрдим, бирақ адамгершилиги ушын набыт болған бир де адамды көрмедим".

    Еки жол, еки тәғдир. Ҳәр кимдики өзине буйырсын.

    Ахмеджан МЕЛИБАЕВ,

    Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates