Әйне усы күни Президентимиз елимиз илимпазлары, Илимлер академиясының академиклери алдында шығып сөйлеп, мәмлекет ҳәм миллеттиң буннан былай да раўажланыўын илим жетискенликлерисиз көз алдымызға келтирип болмайтуғынын атап өтти.
Көз алдымда бул ушырасыў мәмлекет басшысының узақ жыллар даўамында әмелге асырыў арзыў болып келген, бирақ ҳеш қашан тынышлық бермеген мәселениң шешимин табыў, елимизде Үшинши Ренессансты қурыў ушын беккем тийкар жаратыўға биринши қәдем болды.
Бир ўақытлары ҳәр қыйлы себеплер менен жабылған Илимлер академиясының бир қатар институтлары, илимий орайлары қысқа мүддетте тиклене баслады. Тиришилик ғамында жанажан илимий орайларын таслап кеткен илимпаз менен қәнигелер қуўаныш пенен институтларына, илимий орайларына қайтып келди. Олардың материаллық жағдайы жақсыланып, илимий статусы көтерилди.
Заман талабына жуўап беретуғын жаңадан-жаңа институтлар, илимий орайлар ашылып, илимпазларымыздың сырт елли шериклер менен илимий-техникалық байланыслары ҳәм бирге ислесиўи жолға қойылды. Ҳәр қыйлы себеплерге бола елимизден кетип, басқа мәмлекетлердеги илимий орайлар, лабораторияларда мийнет етип атырған илимпазларымыз Ўатанға қайтып келди. Олардың мийнетине мүнәсип ҳақы төлеў системасы жаратылды.
Кейин ала - 2019-жыл 10-сентябрьде Ташкент қаласында биринши мәрте Президент мектеби ашылды. Оның ашылыўында биринши мәрте Үшинши Ренессансты қурыў ушын тырнағы қойылғаны атап өтилди. Сол мәжилисте мәмлекетимиз басшысы ҳүрметли мийманлар китабына "Жаңа Өзбекстанды жоқары раўажланыў басқышына көтериўдей ийгиликли нийетимизге жаңаша ҳәм еркин пикирлейтуғын, өз Ўатанын жанынан да артық сүйетуғын, оның жарқын келешеги ушын садықлық пенен хызмет ететуғын пидайы жасларды тәрбиялаў арқалы ерисемиз," деген сөзлерди жазған.
Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына бағышланған шығып сөйлеген сөзинде Президентимиз Өзбекстанда жаңа бир ояныў - Үшинши Ренессансқа тырнақ қаланып атырғанын жәриялады.
Әлбетте, елимизде Үшинши Ренессанс тийкарларын қурыўды мақсет етип қойыўдың өзине тән жуўапкершилиги, қәдири бар. Мине, усы жуўапкершиликти аңлап, мәмлекетимиз басшысы былай деген еди: "Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў идеясының ҳәр тәреплеме терең турмыслық тийкарларға ийе екенлигин түсиниў қыйын емес. Себеби, дүньяда заманагөй технологиялар жедел раўажланып атырған, барлық тараўларда бәсеки ҳәм қарама-қарсылықлар кескин түс алып атырған бир дәўирде биз ушын илим ҳәм раўажланыўдан басқа жол жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес.
Экономистлердиң есап-санақларына қарағанда, бүгинги күнде дүнья көлеминде топланған жәми байлықлардың 16 проценти өндирис қураллары, 20 проценти тәбийий ресурслар үлесине туўра келетуғын болса, 64 проценти, яғный үштен еки бөлеги тиккелей инсанның ақылы ҳәм потенциалы, билим ҳәм тәжирийбесиниң өними болып есапланады".
Тарийхшы, археолог, антрополог илимпазлардың изертлеўлерине қарағанда, ҳәзирги ўақытқа шекем Жер жүзинде 20 ға жақын адам түри жасап келген. Олар арасында ең көп тарқалғанлары уқыплы, тик жүретуғын, неандертал ҳәм саналы адамлардан ибарат болған. Бул ата-бабаларымыз буннан дерлик 40 мың жыл бурын жаратқан ҳәм микролит деп аталған оғада киши ҳәм ықшам тас қуралларынан бүгинги илимниң нанотехнология, биотехнология, космослық технология, наноэлектроника, биомедицина сыяқлы қурамалы ҳәм әҳмийетли тараўларын раўажландырыўдан гөзлеген бирден-бир мақсет - инсан турмысын жақсылаў, турмыс абаданлығын тәмийинлеў, бул дүньяда өзин ҳақыйқый мәнистеги инсан сыпатында сезиўден ибарат. Ҳәр қалай тарийхқа саяхат соннан дәрек береди.
Мине усы әзелий ҳақыйқат ҳәр бир инсанды, ақырында пүткил халықты, инсаниятты ҳәрекетке келтиреди, дөретиўге, жаратыўға шақырады. Бул аңсат процесс емес. Ҳәмме инсан ҳәм миллет те бул процессте өзиниң бойын көрсете алмайды. Себеби инсаният тәрепинен ҳәр тәреплеме тән алынған ойлап табыўлар менен ашылыўларды жаратыў ҳәммениң де қолынан келе бермейди.
Бирақ, бул мәселеде өзбек халқы көкиреклерин керип, Биринши ҳәм Екинши Ренессансты жаратқан, өз ойлап табыўшылығы менен жәҳән цивилизациясына шексиз үлес қосқан ойшыллары менен мақтаныўға арзыйды. Елимиз цивилизациясы әййемги Қытай, Ҳиндстан, Бобил, Египет, Иран, Греция цивилизациясына теңлес. Буны дүнья илимпазлары әлле қашан бир аўыздан дәлиллеген. Мәмлекетимиз аймағындағы мәденият, илимниң жүдә әййемги екенлигине грек алымларынан Арриан, Курсий, Плутарх, Геродот, Страбон, сондай-ақ, Абу Райхан Беруний, Наршахий ҳәм басқа да алымлар гүўалық береди.
Еки уллы Ренессансқа тийкар салған халқымыз IХ-XII әсирлерде дүнья цивилизациясын бийбаҳа шығармалары, ашылыўлары ҳәм ойлап табыўлары менен безейди. Инсаният раўажланыўында елимиз ойшыллары қалдырған үлкен илимий-мәдений мийрас айрықша ҳүрмет пенен тилге алынады, мүнәсип баҳаланады. Математика, физика, астрономия, медицина, химия, геология, климаттаныў, дәри-дәрмақтаныў сыяқлы анық ҳәм тәбийий пәнлер, тарийх, елтаныў, әдебият, философия сыяқлы жәмийетлик пәнлер, сондай-ақ, исламтаныў илими жүдә раўажланды. Изертлеўшилердиң жуўмағына бола, усы дәўирде илимниң 35 бағдары пәнге айланған. Бундай феномен ҳәдийсе жәҳән тарийхында ҳеш қашан бақланбаған.
XIV -XVI әсирлерди өз ишине қамтыған Екинши Ренессанс темурийлер дәўири сыпатында тарийхқа кирген. Әмир Темур ҳәм темурий әяладларының илим, мәдениятқа итибары ҳәм хошамети себепли елимиз аймағы сол дәўирде түрли илим тараўларының раўажланған орайына айланды. Мәмлекетимиз басшысының ҳақылы тән алыўы бойынша, сол дәўирде "Батыста - Рим," "Шығыста - Самарқанд" деген нақыл бийкарға айтылмаған.
Биринши Ренессанс дәўиринде алгебра пәни ҳәм алгоритм түсинигине тийкар салган Мухаммед Хорезмий, астурлоб ҳәм нилометр ойлап табыўшысы Ахмет Ферғаний, энциклопедист алым Әбиў Райхан Беруний, медицина пәниниң тийкарғы бағдарларын белгилеп берген Әбиў Әлий ибн Сина сыяқлы ойшылларымыз өз ойлап табыўлары менен инсаният раўажланыўының илимий-руўхый тийкарын жаратқаны ушын да дүнья халқы оларды қәдирлейди.
Екинши Ренессанс дәўири де анық пәнлер раўажланыўында әҳмийетли орын ийелеген. Бир ғана Улуғбек академиясында онлаған атақлы астрономлар, математиклер жумыс алып барған. Қазызада Румий, Али Қушши, Ғиясиддин Жамшид Коший, Муиниддин Коший, Жалалиддин Астробадий, Низомиддин Биржандий, Мирим Чалабий, Муҳаммед Ҳусайний сыяқлы алымлар усы мектеп ўәкиллери болған.
Усы жерде сораў туўылады: орта әсирлерде де тәбийий, социаллық-гуманитарлық, философиялық пәнлерди және диний ҳәм диний-ағартыўшылық илимлерди, мәденият ҳәм көркем өнерди бир ўақыттың өзинде қәлиплестирип, раўажландырған ойшылларымыздың жумысының өзине тән тәреплери нелерден ибарат еди?
Бириншиден, дәслепки Ояныў дәўири ойшыллары өз ойлап табыўларын, бәринен бурын, инсан, оның бахыт-ығбалы, адамлар, жәмийеттиң келешеги, раўажланыўы жолында әмелге асырды. Себеби, инсанды улығлаў, ақылый-интеллектуаллық, тәбийғый, көркем-руўхый пазыйлетлерин жүзеге шығарыў, жетик инсанды тәрбиялаў, жоқары ўатансүйиўшилик пазыйлетлерин қәлиплестириў дәслепки Ренессанс дәўири ойшылларының илимий-мәдений мийрасының тийкарғы мазмун-мәнисин қурайтуғын еди.
Екиншиден, уллы ойшылларымыздың дөретиўшилик жумысының әҳмийетли тәреплеринен бири энциклопедиялық, универсаллық болып табылады. Илим, мәденият ҳәм көркем өнердиң олар шуғылланып атырған тараўларын санап бериўден, олар шуғылланбаған багдарларды санап бериў аңсатырақ. Елимизден жетисип шыққан алымлардың дерлик барлығы бир ўақыттың өзинде ҳәм илимий-дөретиўшилик жумысында, ҳәм әмелиятта қатнасты. Сөзди жумыс ҳәм ҳәрекет пенен бирге алып барды, бәрқулла халық пенен үнлес болды.
Үшиншиден, Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўири ойшылларының илимий ашылыўлары миллий және улыўма инсаныйлық әҳмийетке ийе еди. Олардың шығармаларында илимий жақтан тийкарланған тәлийматлар тек сол дәўир ушын ғана емес, соның менен бирге кейинги әўладлар, ҳәзирги заман ҳәм инсанияттың келешеги ушын да жүдә әҳмийетли.
Төртиншиден, сол дәўир илимпазларының ең уллы пазыйлетлеринен және бири барлық тараўда жетиклиги, жетекшилиги, тил билиўде теңсиз екенлигинде. Төрт-бес ямаса оннан да көп тилде сөйлеспеген бирде-бир ойшыл болмаған. Олар илим, китап излеп дүньяның барлық ағартыўшылық орайын өзине орналастырды. Соның ушын да IХ-XII әсирлерге келип илимий-мәдений раўажланыў Бағдадтан Маўараўннахр ҳәм Хорасанға көшип кетти.
Бесиншиден, алымларымыздың социаллық жағдайы, илимий ҳәм әмелий жумысы менен дүньялық ҳәм диний принциплерине тийкарланып жасаў жәмийетти және де беккемлеўде, адамларды тәрбиялаўда, социаллық бирге ислесиў мәселелеринде әҳмийетли байланыс ўазыйпасын атқарыўы мүмкин екенлигин дәлиллеп берди.
Мине усы жағдайлар, ойшыл бабаларымыздың Биринши ҳәм Екинши Ренессансты қурыўы себепли ерисилген нәтийжелер жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў ушын бизге илимий-мәдений және руўхый-ағартыўшылыққа тийкар берди. Басқаша етип айтқанда, илим, мәденият ҳәм көркем өнердиң раўажланыўы елимизде әзелден мийрасхорлық принципине ийе. "Аққан дәрья аға береди," халқымыздың қанында ағып атырған уллы ойшылларымыздың қайнаған қаны бүгин және дауам етпекте. Бүгинги реал жағдай болса бундай ояныў ушын тарийхта аз ушырасатуғын имканиятлар жаратып бермекте.
Жақын ҳәм узақ тарийхымызда миллий ояныў, илимди раўажландырыў, халқымыздың талантын жүзеге шығарыў ушын көп урыныўлар болған. Бирақ, ҳәр қыйлы себеплерге бола, барлық ҳәрекет нәтийжесиз тамамланды. Мәселен, жақын тарийхта жадидшилик ҳәрекети ҳәм миллет зыялыларының өткен әсирдиң 80-жылларының екинши ярымындағы жәмийетлик-сиясий, идеологиялық жақтан ояныўы, миллий мәдениятымызды раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекети ҳәммемизге белгили себеплер менен әмелге аспады.
Себеби, сол дәўирлердеги сиясий-идеялық, идеологиялық жағдай миллий раўажланыўды ҳеш қашан қабыл ете алмас еди. Президентимиз былай деп атап өтеди: "Ойлайман, тарийхта еки уллы Ренессанстың тийкары болған регионымызда үшинши Ренессансты әйне жадид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди. Тилекке қарсы, өткир система олардың ийгиликли идеялары ҳәм әмелий ҳәрекетлерин толық жүзеге шығарыўға имканият бермеди".
Бүгин болса жаңа Өзбекстан шараятында Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў ушын барлық имканият жаратылды. Соның ушын да Үшинши Ренессансты қурыў стратегиялық ўазыйпамызға айланды.
Келиң, усы имканиятлардың айырымларын санап өтемиз.
Бириншиден, ҳәр қандай раўажланыў, миллий раўажланыў жәмийетте орналасқан социаллық-руўхый орталыққа байланыслы. Бүгин мәмлекетимиз басшысы алып барып атырған әдил, ашық ҳәм ашық-айдын сиясат себепли жәмийетте саламат социаллық-руўхый орталық орнатылды. Оның мазмуны болса ҳәр бир пуқараның өз алдына еркин мақсет қойыўы, бул мақсеттиң мәмлекет ҳәм жәмийеттиң социаллық мақсетлери менен сәйкеслиги, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинленгени, инсан қәдири улығланыўында көринбекте.
Екиншиден, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы, бәринен бурын, олардың экономикалық жағдайы менен белгиленеди. Мәмлекетимиздеги экономикалық реформалардың өзине тән өзгешелиги Өзбекстанның экономикалық раўажланыў жолы узақ мүддетке мөлшерленген, халық додалаўынан өткен, әҳмийетлиси, сырт ел ҳәм жергиликли экспертлер тәрепинен ҳәр тәреплеме талқыланған раўажланыў стратегиялары ҳәм илимий жақтан ислеп шығылған концепцияларға тийкарланғаны менен түсиндириледи. Экономикалық реформаларымыз тийкарында макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, санлы экономикаға қарай исенимли қәдем таслаў, санаат ҳәм аграр тараўдың нәтийжелилигин арттырыў, "жасыл" энергетика сиясатына исенимли сүйениў мәселелери тур. Буларсыз Үшинши Ренессансты көз алдымызға келтире алмаймыз.
Үшиншиден, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы, ҳәр қандай цивилизация жоқары раўажланған билимлендириў, илим, мәденият, мәнаўият ҳәм ағартыўшылыққа сүйенген жағдайда ғана күтилген нәтийжеге ерисиўи мүмкин. Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, бүгин Өзбекстан шын мәнисинде жаңа Ренессанс орайына айланбақта. Өйткени, ҳәр қандай реформа ҳәм өзгерислерди табыслы әмелге асырыў, мәмлекеттиң сиясий, ҳуқықый, экономикалық, социаллық ҳәм басқа да тараўлардағы бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў ушын терең билим ҳәм пикирлеўге ийе инсанларға талап жүдә жоқары.
Бүгин бир тәрептен жәмийеттиң өзи, екинши тәрептен елимиздеги барлық пуқаралар Өзбекстанды және де раўажландырыў, буның ушын болса инсан капиталын раўажландырыў, ҳәр бир жигит-қыздың илимий-дөретиўшилик потенциалын ашыў, кең имканиятлар жаратып бериў, ақырғы нәтийжеде жаңа миллий ояныўды қоллап-қуўатлаў ушын реал шараят жаратылды.
Төртиншиден, ҳәр қандай миллий раўажланыў мәмлекеттиң регионаллық ҳәм халықаралық көлемдеги орны, дүньяның барған сайын глобалласип барыўы дәўиринде ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерге қарсы тура алыў имканиятларына байланыслы. Мәмлекетимиз басшысы ислеп шыққан ҳәм халқымыз кеңнен қоллап-қуўатлаған прагматикалық, ашық ҳәм салмақлы сыртқы сиясат, оның, бәринен бурын, Өзбекстан мәпине тийкарланғаны бүгин өз нәтийжесин көрсетпекте.
Дүньядағы дерлик барлық регион ҳәм мәмлекет Өзбекстан менен еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўден мәпдар. Яғный, бүгин елимизде Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў ушын халықаралық жағдай кең имканият жаратып бермекте.
Бесиншиден, ҳәзирги Өзбекстан жәмийетинде емин-еркин жасаў, мийнет етиў, дөретиўшилик пенен шуғылланыў ушын барлық шараят бар. Бул жаңа редакциядағы Конституциямызда да өз көринисин тапқан. Соның ишинде, оның 1-статьясында Өзбекстан суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет екенлиги қатаң белгилеп қойылған.
Мәмлекет басшысының атап өтиўинше, мәмлекетимиздиң суверенитети бул - ғәрезсизлигимиздиң, өз жеримизге, өз тәғдиримизге ийелик ҳуқықын ҳеш кимге бермегенимиз, демократиялық мәмлекетлик бул - халық ҳәкимияты, халықтың ерк-ықрары екенлиги, ҳуқықый мәмлекетлик бул - нызам ҳәм әдилликтиң үстинлигинен ибарат екенлиги, социаллығы бул - инсанға итибар ҳәм ғамхорлығы, дүньялылығы бул - миллети, тили, исенимине қарамастан, барлық пуқара тең, олар ушын бирдей шараят жаратылатуғынын аңлатады.
Булардың барлығы мәмлекетте турақлы социаллық-руўхый орталықты қәлиплестиреди, барлық пуқаралар ушын мийнет етиў, жасаў, дөретиўшилик пенен шуғылланыў ушын тең имканият жаратады, жәмийеттиң радикалласыўына жол қоймайды.
Үшинши Ренессанс тийкары, бәринен бурын, төмендеги структуралық тийкарлардан ибарат болыўы керек.
Экономикалық тийкар. Мәмлекеттиң экономикалық жағдайы жақсыланып бармақта, турақлы өсиў тәмийинленбекте. Экономикалық реформаларды әмелге асырыўдан гөзленген мақсет - инсан мәплерин қорғаў, бул процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм Өзбекстанды жәҳән экономикалық интеграциясының белсенди қатнасыўшысына айландырыў. Бул тараўда ерисилген жетискенликлер ҳәм өзгерислер Үшинши Ренессансты қурыў реал ҳәдийсе екенлигинен дәрек береди.
Билимлендириў тийкары. Үшинши Ренессансты билимлендириў тараўысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Кейинги 7-8 жылда бул бағдарда кең көлемли жумыслар орынланды. Раўажланыўдың тырнақ тасы да, барлық тараўдағы жәҳән жарысларында жеңип шығыўдың кепили де, миллетти бирден-бир мақсет жолында бирлестиретуғын да, мәмлекеттиң күш-қүдиретин арттыратуғын да билимлендириў болып табылады. Бул бағдарда мектепке шекемги, мектеп ҳәм жоқары билимлендириўдеги реформалар, ерисилип атырған табыслар, перзентлеримиздиң умтылыслары бизди Үшинши Ренессансты қурыў реал процесс екенине исендирмекте.
Илимий-изертлеў тийкары. Ҳеш бир тараўды илимий жақтан изертлеместен, тараў раўажланыўының нәтийжелилик дәрежесин алдын ала талқыламастан қандайда бир жетискенликке ерисиў мүмкин емес. Соның ушын да мәмлекетимиз басшысы қайсы тараў болыўына қарамастан, оның илимий тийкарларын жаратыў, илимниң барлық бағдарын реформалаўға әҳмийет берип келмекте. Бүгин бул жумыслар белгили дәрежеде өз нәтийжесин бермекте. Фундаментал ҳәм гуманитар илимлер тараўында перспективалы ҳәм жоқары технологиялық бағдарлардағы излениўлер, сөзсиз, Үшинши Ренессанстың беккем тийкарын жаратады.
Жәмийеттиң социаллық-руўхый орталығының турақлылығы. Биз ушын елимиздеги тынышлық ҳәм қәтержамлық, адамлар, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасындағы татыўлық, өз-ара бирге ислесиўден әҳмийетли байлық жоқ. Социаллық раўажланыўдың ҳәзирги басқышында жәмийетимиздиң барған сайын турақлы раўажланыўы, тынышлық ҳәм қәтержамлықтың муқаддес қәдириятқа айланғаны жаңа ояныў басқышының алдыннан әмелге асырылыўына кепиллик береди.
Адамларымыздың руўхый жағдайы, тәрбиялылық дәрежеси. Әлбетте, кейинги жыллардағы кең көлемли реформалар ўатанласларымыздың руўхый жағдайына да тәсир етпей қалмады. Пуқараларда социаллық қорқыў жоқ болып, ертеңги күнге исеним күшеймекте.
Бирақ, дүньяның глобалласыўы, түрли ишки ҳәм сыртқы руўхый қәўип-қәтерлердиң артып барыўы жасларымыздың тәрбиясына унамсыз тәсир көрсетпекте. Бул болса руўхый-ағартыўшылық тараўдағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўды талап етпекте.
Демек, Үшинши Ренессанс мәмлекет ҳәм миллет алдындағы әҳмийети, көлеми жағынан жүдә үлкен процесс. Бул процестиң ең әҳмийетли үстинлери болса экономикалық, билимлендириў, илимий-изертлеў, тәрбиялық элементлерден ҳәм де социаллық-руўхый орталықтан ибарат екенлигин итибарға алыў мақсетке муўапық.
Мине, усы процести ҳәрекетке келтиретуғын, санап өтилген барлық элементлердиң үнлес ислеў механизмин қәлиплестиретуғын бирден-бир күш, оқ тамыр - бул тәрбия, мәнаўият ҳәм ағартыўшылық болып табылады. Тек ғана руўхыйлық, ағартыўшылық, тәрбия нәтийжесинде ғана жәмийетте түрли наразылықлар, наразылықларға себеп болып атырған коррупция, жаўызлық, елдиң келешегине итибарсызлық, ийгиликли қәдириятларымызға итибарсызлық, таныс-билисшилик сыяқлы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўимиз мүмкин.
Усы жерде мәмлекетимизде Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў, бул идеяны халықтың санасына тезирек ҳәм сапалырақ сиңдириў мәнисинде айырым усынысларды билдиремиз.
Бириншиден, Президентимиздиң басламасы менен «Жазыўшылар аллеясы»ның қурылыўы оғада жақсы ис болды. Бүгин бул орын тек ғана пайтахтлылар емес, ал елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларынан келип атырған мийманлар, ҳәттеки сырт елли досларымыздың да сүйикли орынына айланып үлгерди.
Негизинде бул орын биз ушын алдынғы ренессанслардан дәрек беретуғын, жаңа - Үшинши Ренессанс руўхый тийкарларының қәлиплесиўине хызмет ететуғын әдебий-көркем, руўхый-идеологиялық орай ўазыйпасын атқармақта.
Ҳәр қандай Ренессансты, миллий ояныўды илим жетискенликлерисиз көз алдымызға келтирип болмайды. Усы мәнисте «Жазыўшылар аллеясы»на уқсас «Ойшыллар аллеясы»н шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул аллеяда Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде жасап, дөретиўшилик еткен ойшыллар - Муҳаммед ибн Муса Хорезмий, Аҳмад Ферғаний, Абу Райхан Беруний, Мырза Улығбек, Али Қушчи, Ҳамид Хўжандий, Маҳмуд Чағминий сыяқлы ойшыллардың естелиги орнатылса, мақсетке муўапық болар еди. Оған келиўшилер, елимизден жетилисип шыққан ойшыллар, олардың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматларға ийе болар еди.
Екиншиден, ҳәр қандай Ренессанс адамзат искерлигиниң барлық тараўына тийисли болады. Усы мәниде елимиз мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жетик ўәкиллер жетилисип шыққан аймақ болып есапланады. Муҳиддинқори Ёқубов, Тамарахоним, Ҳалима Носирова, Саодат Қобулова, Комил Ёрматов, Наби Раҳимов, Ҳамза Умаров, Наби Ғаниев, Комилжон Отаниёзов сыяқлы уллы көркем өнер шеберлериниң естеликлеринен ибарат "Мәденият ўәкиллери аллеясы"ның шөлкемлестирилиўи де Үшинши Ренессанс дөретиўшилерине руўхый-мәдений таяныш ўазыйпасын атқарады.
«Жазыўшылар аллеясы», “Ойшыллар аллеясы”, "Мәденият ғайраткерлери аллеясы" шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде жасларда Ренессанс процеси ҳаққында толық пикир пайда болады. Бул орынлар бир-бирине жақын аймақларда қурылса, келгенлердиң ренессанс ҳаққындағы билими артады, Үшинши Ренессансты жаратыўдағы қатнасы ҳәм жуўапкершилиги кеңейеди.
Үшиншиден, Үшинши Ренессансты қурыў пуқаралар, әсиресе, жаслардың саўатлылығы мәселесине де тиккелей байланыслы. Дурыс, кейинги жыллары мектеп ҳәм жоқары билимлендириўди реформалаў бойынша оғада үлкен жумыслар исленди. Муғаллимниң жәмийеттеги социаллық абырайы артты, билимлендириў мәкемелериниң материаллық базасы жақсыланды, тараў қәнигелериниң мийнетин мүнәсип баҳалаў системасы жетилисип бармақта. Үзликсиз билимлендириў системасының мазмуны сапа жағынан жаңаланбақта, сабақлық ҳәм оқыў-методикалық комплекслер заман талаплары тийкарында жетилистирилмекте.
Бирақ, бүгинги жаслардың саўатлылығы мәселеси көпшиликти тәшўишке салмақта. Усы мақсетте мектеп питкериўшилери ҳәм жоқары билимлендириўге оқыўға киретуғынларға имтихан түринде шығарма жаздырыў мақсетке муўапық, деп билемиз. Шығарма оқыўшы ҳәм студенттиң саўатлылығын, көркем әдебиятларды оқыўға хошаметин, еркин логикалық пикирлеў көнликпесин қәлиплестириўди, дурыс жуўмақлар шығарыўдан ибарат әмелият жүзеге келиўин тәмийинлейди.
Шығарма жазыў оқыўшы ҳәм студенттиң тест сынақларына ҳеш қандай кесент бермейди. Жоқары билимлендириў мәкемесине кириў нийетиндеги абитуриенттен талап етилетуғын улыўма баллдың белгили бир бөлегин, айтайық, 15-20 процентин шығарманы баҳалаўға жумсаў менен усы мәселени шешиў мүмкин. Буның нәтийжесинде оқыўшы ҳәм студенттиң китап оқыў мәденияты қәлиплеседи, ақырында көркем шығарма оқыўға мүтәжлик пайда болады.
Төртиншиден, биз елеге шекем перзентлеримиздиң шын мәнисиндеги руўхый-әдеп-икрамлылық көринисин, унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин жақсы билмеймиз. Үшинши Ренессансты болса тек ғана руўхый жетик, жоқары ўатансүйиўши, әдеп-икрамлы жаслар менен қурыўымыз мүмкин. Усы мәнисте, "Үшинши Ренессанс дөретиўшиниң руўхый-әдеп-икрамлылық келбети"н анықлайтуғын методиканы ҳәм бар кемшиликлерди сапластыратуғын миллий бағдарламаны ислеп шығыў зәрүр, деп ойлаймыз.
Әлбетте, бул пикирлер субъектив мазмунға ийе. Бул бойынша ҳәр кимниң өз пикири болыўы тәбийий. Мен Үшинши Ренессансты солай көз алдыма келтиремен.
Абдухалил МАВРУЛОВ,
тарийх илимлериниң докторы, профессор.