Социаллық қорғаў принципи мәнзилли жумыслар себепли социаллық хызмет ҳәм жәрдем бойынша мүрәжатлар 35 процентке азайды

    Президентимиздиң басшылығында усы жыл 13-декабрь күни социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша болып өткен видеоселектор мәжилиси, әлбетте, тарийхый мәжилис болды.

    Себеби, социаллық қорғаўдың ҳәр бир бағдарына шешим табылған. Енди олар менен ислесиўде пүткиллей жаңа система жаратылады.

    Бәринен бурын, жаңа редакциядағы Конституция мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасын және де нәтийжели ҳәм адамгершиликли етиў ушын жаңа басқышты баслап берди.

    Кейинги жылларда социаллық қорғаўға мүтәж халық, соның ишинде, кем тәмийинленген шаңарақларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, социаллық хызметлерди мәҳәлле дәрежесинде көрсетиў, аўыр жағдайдағы пуқараларға социаллық жәрдем бағдарламалары арқалы жәрдемлесиў, материаллық абаданлығын арттырыў, кексе әўлад ўәкиллериниң мәпин қорғаў, сондай-ақ, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат илажларын шөлкемлестириўге айрықша итибар берилмекте.

    Атап айтқанда, социаллық қорғаў тараўында салмақлы нәтийжелерге ерискен мәмлекетлердиң тәжирийбеси терең үйренилип, Өзбекстанда бул тараўды раўажландырыў ушын маман сырт елли экспертлер тартылды. Таллаўлар нәтийжесинде халықты социаллық қорғаў системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша қарар қабыл етилди ҳәм бир қатар илажлар көрип барылмақта.

    Өткен дәўирде барлық аймақларда "Инсан" социаллық хызметлер орайлары ашылып, 102 социаллық хызмет мәҳәллелерде жолға қойылды. Социаллық хызметкерлер үйме-үй жүрип, усы жылы реестрде болмаған және 95 мың мүтәж адамға жәрдем көрсетти. 51 мың адамға майыплық белгиленди, олардан 26 мыңы протез менен тәмийинленди. Жатып қалған 4 мың жалғыз кекселер анықланып, оларды үйде тәрбиялаў жолға қойылды. Майыплығы болған 5 мың бала арнаўлы бақша ҳәм мектепке жайластырылды. Бундай мәнзилли жумыслар себепли Халық қабыллаўханалары ҳәм ҳәкимликлерге социаллық хызмет ҳәм жәрдем бойынша мүрәжатлар 35 процентке азайды.

    Сондай-ақ, майыплығы болған балаларды билимлендириўге қамтып алыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Усы мақсетте ҳәр бир районда бир бақшада инклюзив билимлендириў топары ашылады. Ҳәрекети шекленген балалардың мектепке келип-кетиў қәрежетиниң 75 процентин қаплаў системасы енгизиледи. 1-сентябрьге шекем 954 мектепте инклюзив класс шөлкемлестирилип, және 1800 майыплығы болған баланың оқыўына шараят жаратылады.

    Мәмлекетимизде халықтың турмыс шараятын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарламаларының нәтийжелилигине ерисиў, топланған миллий тәжирийбени қолланыў илажларын жоқары басқышқа алып шығыў мақсетинде ҳәр бир пуқараны өзи ҳәм перзентлери келешеги ушын жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға ийтермелейтуғын ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў ушын имканият жаратыўға қаратылған "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы әмелиятқа енгизилди.

    Мәжилисте кәмбағаллық реестрин жүргизиў ҳәм усы реестрдеги шаңарақларды мине усы бағдарлама тийкарында жәрияланған жети имканияттың барлығы менен қамтып алыў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди. Келеси жылы 1 миллион 200 мың адамды кәмбағаллықтан шығарыў ушын билимлендириў, дөгерек, кәсип-өнер, медицина мәселелерин шешиў ҳәм жасаў шараятын жақсылаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Екиншиден, социаллық хызметлер көрсетиў арқалы майыплығы болған шахсларды жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзасына айландырыў ўазыйпасы берилди. Ҳәзирги ўақытта майыплығы болған 115 мыңнан аслам шахстың бәнтлиги тәмийинленген. Президентимиз бул санды 200 мыңнан асырыў керек екенлигин айтты.

    Оның ушын бир қатар имканият ҳәм жеңилликлер де берилмекте. Соның ишинде, жаратылған имканиятлар есабынан усы жылы исбилерменлер майыплығы болған 40 мың пуқараны жумысқа алған. Буны қамтып алыўды және де кеңейтиў ушын 1-январьдан майыплығы болған жумысшылар ушын социаллық салық 1 процент етип белгиленди. Кәрханаларға герең аўдармашы, психолог ҳәм көзи әззилерге жәрдемлесиў хызметиниң қәрежети ушын 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады. Бундай адамларды жумысқа жайластырған жеке меншик бәнтлик компанияларына 500 миллион сумға шекем грант бериледи.

    Жақынға шекем мүтәж халық түрли социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди алыў ушын жергиликли ҳәкимликлер ямаса мәҳәлле уйымларына барыўы, ҳүжжетлерди жыйнаўы ҳәм бир неше жерге мүрәжат етиўи керек еди. Бүгин барлық социаллық хызмет агентлигимиздиң қарамағындағы орайлар ҳәм социаллық хызметкерлер арқалы бир жерде көрсетилмекте. Халыққа социаллық хызмет ҳәм жәрдем бир жерде көрсетилиўи арқалы артықша сергизданлық ҳәм қағазпазлыққа шек қойылды.

    Биринши мәрте 208 район (қала) да социаллық хызметкерлердиң жумысы жолға қойылып, социаллық хызметлер мәҳәллеге түсирилди. Социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў және социаллық жумысты (кейс менеджменти) шөлкемлестириў мақсетинде "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АК қурамында "Инсан" АК ҳәм E-case электрон модуллери ислеп шығылды.

    Мәмлекетимизде жәрдемге мүтәж халықты 12 категория тийкарында белгилеў стандартлары енгизилди. Усы жылы 3,6 миллион шахс социаллық хызметлер орайлары тәрепинен қамтып алынып, оларға 1,9 миллион социаллық хызмет көрсетилди.

    Президентимиздиң атап өткениндей, тараўда және бир әҳмийетли әмелиятқа қол қойылмақта. Бул да, өз гезегинде, ҳәр қыйлы қағазпазлық, артықша әўерегершиликлердиң алдын алады. Ҳәзирги ўақытта пуқаралар социаллық хызмет ҳәм жәрдем алыў ушын 10 нан аслам ҳүжжетти алып жүриўге мәжбүр. Енди олардың орнын басатуғын бирден-бир "социаллық карта" енгизиледи. Оның менен жәмийетлик транспортта бийпул жүриў, электр, газ ҳәм оқыў қәрежетине компенсация алыў мүмкин. Напақа ҳәм жәрдем пулы да усы картаға түседи. Бул система 1-июльге шекем Ташкент қаласы ҳәм Янгийўл районында сынақтан өткериледи, кейин ала ҳәмме жерде қолланылады.

    Соның менен бирге, 72 түрдеги социаллық хызмет, 76 түрдеги жәрдем ҳәм 200 ге шамалас жеңиллик бирден-бир электрон системада улыўмаластырылады. Қағаз түриндеги ҳүжжетлер бийкар етилип, ўақыт ҳәм қаржы үнемленеди. Тараў толық санластырылыўы арқалы ҳәр бир шаңарақтың талап ҳәм имканиятларын сәўлелендиретуғын "социаллық санлы паспорты" енгизиледи.

    Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм күшли социаллық қорғаўды тәмийинлеў турақлы раўажланыў ҳәм абаданлыққа умтылып атырған ҳәр қандай заманагөй мәмлекет алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан. Әсиресе, социаллық-экономикалық машқалалар глобалласип баратырған бир ўақытта бул мәселелерге итибар айрықша әҳмийетке ийе. Нәтийжели социаллық қорғаўдың әҳмийетли тәрепи оның инклюзивлиги ҳәм қолайлылығы болып табылады. Бул мәмлекетимизде халықтың барлық қатламына қаратылғаны менен әҳмийетли.

    Аўыр турмыслық жағдайларда пуқараларды қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыўға жәрдемлесиў жәмийетте социаллық әдилликти орнатыў менен бирге, мәмлекетке, ертеңги күнге исенимди беккемлейди.

    Мәмлекетимиз басшысы айрықша итибар қаратып атырған бул факторлар, әлбетте, социаллық қорғаў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Усы мәниде, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм күшли социаллық қорғаўдың жетик системасын жаратыў жаңа Өзбекстанның социаллық сиясатының тийкарғы элементине айланған. Анық мақсетли комплексли илажлар болса елимизде ҳәр бир инсанның абадан турмыс кешириўи ҳәм кең имканиятлардан пайдаланыўын тәмийинлейтуғын шын мәнисиндеги әдил жәмийетти қурыўға жәрдемлеседи.

    Мансурбек АЛЛАЯРОВ,

    Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры.