Жаңа Өзбекстандағы ең үлкен реформалардан бири, әлбетте, халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған жумыслар болды. Дәслеп "Темир дәптер", "Жаслар дәптери" ҳәм "Ҳаял-қызлар дәптери" енгизилип, халықтың белгили бир қатламына зәрүр жәрдем берилди. Бүгинги күнге келип бундай қоллап-қуўатлаў жаңа басқышқа алып шығылды. Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жумысы жолға қойылды. Усы агентликтиң итибарға ылайық жумысларынан бири психологиялық жәрдемниң енгизилиўи болып табылады.

Инсан руўхый тетик болса, ҳәр қандай тосқынлықты исеним менен жеңип өтеди. Усы мәнисте психологиялық жәрдемди социаллық қорғаўдың таяныш үстини, десек асыра айтқан болмаймыз. Хош, жәмийетимизде психологиялық жәрдемге қаншелли зәрүрлик бар еди? Оны дурыс ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша қандай жумыслар алып барылмақта? Усы сыяқлы сораўларға жуўап табыў ушын Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жуўапкер хызметкери, психолог Бобур Абдуллаевқа мүрәжат еттик.

- Социаллық қорғаў системасында психологиялық жәрдем бәрқулла әҳмийетли болған. Келиң, дәслеп, халықаралық тәжирийбелерге тоқталып өтейик. Мәселен, Германия, Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлерде 1970-жыллардан баслап социаллық қорғаў системасында психологлар хызмети жолға қойылған. Яғный, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламының санасы, минез-қулқы, унамсыз сезимлерин унамлы тәрепке өзгертиў бойынша оғада үлкен жумыслар исленген. Бул процесс өзин ақлаған. Адаспасам, 2024-жылы Германияда 23 миллион адамға социаллық хызмет көрсетилген. Итибарлысы, олардың дерлик ҳәммесине параллель түрде психологиялық жәрдем берилген. Бул тек ғана бизиң елимизде емес, ҳәттеки сол раўажланған мәмлекетлерде де социаллық қорғаўға мүтәж инсанлар психологиялық жәрдемге мүтәжлик сезетуғынын көрсетеди. Қандай зәрүрлик бар еди, деген сораўыңызға мине усы фактордың өзи жуўап болады.

Енди психологиялық жәрдем қандай пайда береди, деген сораўдың жуўабына тоқтап өтсек. Хызметтиң бул түри инсанға ишки имканиятларын ашып береди. Социаллық қорғаўға мүтәж адамлардың руўхый дүньясында басым болады. Олар өзиниң потенциалын, ишки ресурсларын билмейди ямаса дурыс басқара алмайды. Себеби қыйыншылық себепли өзин анализлеп көрмеген болады. Психологиялық жәрдемниң тийкарғы ўазыйпасы инсанға өз имканиятларын таныстырыў болып табылады.

Бүгин Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасында жумыс алып барып атырған 300 ден аслам психолог өз алдына халықтың күшли тәрепин көрсетиў, турмысқа, ертеңги күнге қызығыўшылығын оятыў, қарар қабыл етиўдеги көнликпесин қәлиплестириў, шаңарақлық қатнасықларды дурыс жолға қойып, перзент тәрбиясындағы кемшиликлерди сапластырыўды мақсет етип қойған. Егер шаңарақларда мине усы машқалалар болмаса, дерлик барлық социаллық мәселе шешим табады. Буннан тысқары, агентлик психологлары имканияты шекленген шахслардың потенциалы ҳәм күшли тәрепин анықлап, социалластырыўы, кәсип ийелеўи, дәрамат табыўы, ертеңги күнге исенимин беккемлеў жолында хызмет етип атыр.

"Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў ушын халықаралық тәжирийбени үйрендик. Сол тәжирийбени миллий орталықтан келип шыққан ҳалда турмысқа енгизип атырмыз. Бәринен бурын, кәмбағаллардың минез-қулқы менен шуғылланыў, күшли тәрепин анықлап, өз ресурсы менен жәмийетке бейимлесиўин тәмийинлеў бағдарында ислеп атырмыз. Социаллық қорғаў миллий агентлиги бағдарламаның орынланыўы бойынша "Бахытлы шаңарақ" тренинг бағдарламасын жолға қойды. Оның дәслепки басқышларында-ақ жақсы көрсеткишлерге еристик.

Мәселен, дәслепки ҳәрекетти өткен жылдың ақырында Ташкент ўәлаятының Төменги Шыршық районында баслаған едик. Бул процессте тийкарғы итибарды инсанлардың сезимлерин басқарыў, шаңарақлық қатнасықларды жақсылаў, жәмийеттеги қарым-қатнасты дурыс жолға қойыўға қараттық. Сонда инсан тезирек социалласады. Егер инсанда унамсыз сезимлер күшли болса, социаллық изоляцияға түсип қалса, өмирдеги мақсетлерин де умытады. Бул психологияда стигмация, деп аталади. Социаллық қорғаўға мүтәж халық арасында бундай жағдай тәбийий түрде көп ушырасады. Соның ушын, олардың индивидуал өзгешеликлеринен келип шығып ҳәрекет етип атырмыз.

Анық нәтийжелерди билиў ушын турмыслық мысалларға тоқтап өтейик. Мәселен, өзимди таң қалдырған жағдай Ташкент ўәлаятында жүз берди. Бир пуқара (атын сыр сақласақ) усы ўақытқа шекем үй алыў бойынша мәмлекетлик уйымларға жүдә көп мүрәжат еткен. Басқаша айтқанда, ийек артыўшылық кейпиятына түсип қалған.

Пуқара бир бөлмели жайда жасайды. Социаллық жағдайы да соған жараса. Оның психологиясында үлкен үйге ийе болсам, машқалаларым жеңиллеседи, деген көзқарас орналасып қалған. Сол себепли, ҳәкимлик бийпул үй менен тәмийинлесин, дейди. Оның менен сәўбетлесип, шаңарағы менен жақыннан таныстық. Шаңарақта турмыстан ажырасып келип отырған қызы, улы ҳәм ақлықлары бар. Яғный, шаңарағында мийнетке жарамлы инсанлар жетерли. Өзиниң имканияты шекленген, майыплығы себепли пенсияда. Бирақ, өзи де мийнетке, тигиўшилик етип ақша табыўға уқыплы. Бул пуқара ҳәм оның шаңарағы менен ислесиў процесинде олардың турмыслық қәдириятларын, экономикалық көнликпе ҳәм билимлерин қәлиплестириўге итибар қараттық. Күшли тәреплерин көрсетип бериўге ҳәрекет еттик.

Және бир тәрепи, шаңарақта даў-жәнжел бар екен. Мысалы, ана-бала мүнәсибети орташа емес. Бул тиккелей психологиялық машқала. Яғный, сөйлесиў көнликпеси жоқлығы себепли шаңарақта пытыраңқылық пайда болған. Майыплығы бар ана, турмыстан ажырасқан қыз ҳәм үйге ийелик ететуғын улдың киши баспанада жайласыўы... жағдайды көз алдыңызға келтире аласыз ба?!

Қулласы, олар менен бир ай шуғылландық. Нәтийжеде пуқара перзент тәрбиясындағы қәтеликлерин аңлады. Олардың барлығы өз-ара сөйлесиўдеги кемшиликлерин түсинди. Пүткил шаңарақ мақсетке ерисиўде олардың ҳәр бири қандай ўазыйпаға ийе екенин, ким не ислеўи кереклигин аңлап жетти. Нәтийжеде шаңарақ дәраматын арттырып, субсидия тийкарында үй алыўы мүмкин екенлигин түсинди. Солай етип, бир шаңарақта аўызбиршилик пайда болды. Бул ең әҳмийетли фактор. Бул шаңарақ ағзаларының ҳәр бири аз болса да дәрамат табады. Улыўма мақсети - жай алыў. Бирақ сол аўызбиршиликтиң жоқлығы себепли ҳаял тынымсыз мәмлекетлик уйымлардан үй сорап келген. Психологиялық жәрдемнен соң ул да, турмыстан ажырасқан қызы да, ҳәттеки майыплығы болған ана да ислеп, пул жыйнап үй алатуғын болды. Жумыс нәтийжесин билиў ушын бул пуқараның пикири менен қызықсындық. "Сондай жағдайға түсип қалған екенмен, өзимниң күшли тәреплеримди билмеген екенмен, перзентим менен де мүнәсибетти дурыс жолға қоя алмаған екенмен. Ал, мен оған меҳир берип, меҳир алыўым керек екен. Шаңарағымызда тынышлық ҳүким сүре баслады. Бул тиккелей денсаўлығыма, ақлықларымның тәрбиясына унамлы тәсир етпекте. Алдыма мақсет қойдым: перзентлеримди оқытып, мектепте жақсы оқыўына ҳәрекет етемен. Сабақларын бақлап бараман. Олар шаңарағымызға үлкен табыслар алып келеди, деп үмит етемен", деди. Бул - бир шаңарақ пенен бир ай шуғылланғанымыз арқалы ерисилген нәтийже. Әпиўайы гәплер емес, анық илимий тийкарда алып барылып, шаңарақтың ҳәр бир ағзасы менен өз алдына шуғылланғаннан кейин ерисилген нәтийже. Енди көз алдыңызға келтириң: жәмийетте бундай шаңарақлар қанша? Мине усының өзи-ақ бүгин социаллық қорғаў системасында психологиялық жәрдем қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди.

Усы жерде анық санларға итибар қаратсақ. Мәселен, өткен жылы психологларымыз социаллық қорғаўға мүтәж 36 мың 343 адамға хызмет көрсеткен. Булардың арасында ержетпегенлер де бар. Және бир тәрепи: хызметтен пайдаланғанлар арасында ҳаял-қызлар көпшиликти қурайды. Яғный, 29 мың 946 ҳаял ҳәм 6397 еркек психологиялық жәрдем алған.

Бул санлар усы жылы алдымызға оғада үлкен ўазыйпалар қояды. Сораў туўылады: не ушын еркеклер ҳаял-қызларға қарағанда аз мүрәжат еткен? Буған еркеклердиң жәрдемге мүтәж емеслиги себеп пе яки басқа факторлар бар ма? Ямаса ҳаял-қызларды қыйнап атырған, оларға тән болған машқалалар нелерден ибарат? Усы сыяқлы сораўларға шама менен жуўапларымыз бар, әлбетте. Бирақ, реал тәжирийбе және жаңа қырларды ашыўы, биз билмеген тәреплер болыўы мүмкин. Сол себепли, бул хызметлерди мәмлекеттиң барлық аймақларында әмелге асырып, пуқаралардың руўхый жағдайы, психологиялық жәрдемге мүтәжлигин ҳәр тәреплеме таллап бармақтамыз.

- Психологиялық жәрдемге мүтәж адамлар қалай анықланады?

- Бәринен бурын, пуқаралар бизге социаллық тармақлардағы бетлеримиз ямаса тиккелей өзи жасап атырған аймақтағы социаллық хызмет хызметкери арқалы мүрәжат етиўи мүмкин. Бунда шахстың мүрәжаты сыр сақланыўы кепилленген.

- Бирақ ҳәмме де мүрәжат ете бермейди. Бизде дәртин ишине жутыў, өтип кетеди деп жүриў әдети бар...

- Әне сол себепли ҳәр бир мәҳәлледеги социаллық хызметкер ҳәм психолог тығыз байланысқан. Бир системада тутас ислеў жолға қойылған. Яғный, социаллық хызметкер мәҳәллелерде жүргенде халықты терең үйренеди, бақлайды. Адамлар арасында психологиялық жәрдемге мүтәжлерди анықлайды. Социаллық хызметкерлер бирлемши психологиялық көнликпеге ийе болғаны ушын буны сөйлесиў процесинде анықлаўы мүмкин. Кейин олар профессионал психологларды тиккелей сол шаңараққа бағдарлайды. Яғный пуқара психолог қабыллаўына емес, қәниге жәрдемге мүтәж адамның алдына барады.

Психологиялық жәрдем белгили бир мүддетти талап етеди. Сол себепли, қәниге тек ғана барып, жағдайды көрип қайтып келмейди. Жағдайына қарап, сол шаңарақ, шахс пенен бир-еки ай шуғылланады. Кейин нәтийжеге толық исеним пайда етиў ушын шахсты алты айға шекем бақлайды. Орны келгенде халқымызға тән бир тәрепти айтып өтиў керек: биз психологиялық жәрдемди бираз надурыс түсинемиз. Соның ушын оны шетлеп өтиўге ҳәрекет етемиз. Соның ушын, социаллық хызметкерлер усы контингентти анықлап бериўи оғада әҳмийетли. Аўа, жумысымызда социаллық хызметкер анықлаўшы, бағдарлаўшы, мониторинг етиўши ўазыйпасын атқарады.

Және бир гәп: социаллық машқалаға дус келген шаңараққа тек ғана медициналық, психологиялық емес, ал ҳуқықый жәрдем де бир ўақыттың өзинде көрсетиледи. Мәселен, шахста өзине исеним оятыў, шаңарақлық қатнасықларды жақсылаўда психологлар жәрдем берсе, келиспеўшиликтиң ҳуқықый ақыбетлери ямаса ҳәкимликтен күтилип атырған жәрдем қаншелли тийкарлы екенин ҳуқықтаныўшылар түсиндиреди. Яғный, бир шаңарақтың социаллығын тәмийинлеў ушын бир пүтин система ислейди. Мақсет усы шаңарақты қыйын жағдайдан алып шығыўға қаратылған. Жаңа Өзбекстанның келбети қай жерде көринеди, десеңиз, соларды айтып бергим келеди. Бул шын мәнисинде инсан қәдирин, оны улығлаўға қаратылған ҳәрекетлер болып есапланады.

- Бул жерде тийкарғы ўазыйпа бәри бир социаллық хызметкердиң мойнында қалмақта. Социаллық хызметкер контингенти көбейип кетиўинен қәўетерленбей ме? Мәселен, тек ғана машқалалы шаңарақлар ҳаққында хабарлай берсем, мәҳәллемизде көрсеткиш жаман болса, жумысым унамсыз көринеди, деп жағдайды жасырыў бақланбай ма?

- Жоқ, алдымызға санлар артынан қуўыў емес, нәтийжеге ерисиў ўазыйпасы қойылған. Сол себепли, социаллық хызметкер қанша көп машқаланы анықласа, сонша жақсы ислеп атыр, деп билемиз. Соның ушын хызмет түрлери көбейтилип, орынларда хызметкерлерге болған талапты қаплаў бойынша да агентлигимиз тынымсыз излениў алып бармақта.

- Демек, қанша көп болса, сонша жақсы.

- Солай. Усы ўақытқа шекем напақа алып келген, бирақ майыплығы болмаған көплеген шахсларды анықладық. Ҳәзирги ўақытта социаллық жәрдем алмаған, бирақ жәрдемге мүтәжлер де табылды. Булардың барлығы социаллық хызметкерлердиң мәҳәллеме-мәҳәлле жүргени себепли анықланды. Мәселелер шешилди. Мақсетимиз - усындай инсанларды таўып, тезирек жәмийетке қосыў, социалласыўын тәмийинлеў, спортқа, жумысқа тартыў.

Социаллық хызметкер тек ғана жумыс орынлаўшы емес, ал адамлардың руўхый дүньясын, турмысын, демек, жәмийетти өзгертиўге үлкен үлес қосатуғын шахс. Бул ҳәр бир хызметкерге жүдә үлкен жуўапкершилик жүклейди. Бул жуўапкершилик статистикалық санлардан қашыўға емес, жумыс ислеўге, қандай аўыр қатламда болмасын, шахстың социалласыўын тәмийинлеўге қаратылған.

- Ҳәзир жумыс ислеп атырған психолог кадрлардың маманлығы қай дәрежеде? Қәлейик-қәлемейик бәрибир сырт ел тәжирийбесин үйренемиз. Оны өзимизге бейимлестириў қалай болып атыр?

- Дурыс сораў бердиңиз. Биз халықаралық тәжирийбени үйренемиз. Себеби басқалар бул процесстен өткен. Ҳәзирги ўақытта бул тәжирийбени өзлестириўимиз, миллий орталыққа бейимлестириўимиз зәрүр. Бул бағдарда үйрениўлер алып барып атырмыз. Илимий жумыслар исленип атыр. Мен ойлайман, қысқа мүддетте жүдә үлкен илимий тийкар жаратып аламыз. Себеби агентлик системасында ислеў тилегиндеги психологлардың саны күннен-күнге артып бармақта. Бир мәрте Ташкент қаласының Бектемир районында бир орынға 75 ке шекем талабан арза тапсырды. Бул - күшли бәсеки, соған жараса маман кадрларды таңлап алыў имканияты, дегени.

Талабанлар менен сәўбетлесиў ўақтында, бәринен бурын, бул системаға қызығыўшылық жоқары екени белгили болды. Олардағы қызығыўшылық тек ғана жумыс табыў, жақсырақ айлық емес, ал раўажланыў, өз кәсибиниң шебери болыў тилеги менен байланыслы екенлиги адамды қуўандырады. Себеби психолог көбирек адамлар менен ислесиўи, ҳәр қыйлы процеслерди көриўи, халықтың ҳәр қыйлы қатламын үйрениўи керек. Бизиң система әйне усы имканиятты бергени ушын психологлар Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасында ислеўди қәлейди. Олар бул жерде адамларға жақсылық жолында хызмет етип, кәсиплик шеберлигин арттырады. Усыған сүйенип айтыўы мүмкин, жақын келешекте халыққа психологиялық жәрдем бериў бойынша оғада үлкен мектепке ийе боламыз.

Социаллық хызметлер миллий агентлиги системасындағы психолог хызметкерлер турақлы тәжирийбе арттырыў курсларында оқып, билим ҳәм көнликпесин беккемлеп барады. Мәселен, өткен жылдың ақырында халықаралық экспертлерди шақырып, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламы менен қалай ислеў, оларға қалай мәсләҳәт бериў, социаллық хызметкер, усы системадағы психолог қандай кәсиплик ҳәм жеке компетенцияларға ийе болыўы керек екенлиги бойынша тренинглер өткерилди.

Буннан тысқары, психологлардың билим ҳәм көнликпеси турақлы мониторинг етилип, ҳәр шеректе психологлар көрсетип атырған хызметлер баҳаланып барылады. Усы арқалы аймақлар бойынша қайсы категориядағы жумыслар көбирек бақланып атырған болса, қәнигелерди сол тенденция бойынша көбирек ислеўге бағдарлаймыз. Буның ушын арнаўлы маманлық арттырыў институтымызда модуллер ислеп шығылған. Барлық психолог онлайн кабинети арқалы кирип, оннан пайдалана алады. Қысқасы, ушырасыўлар, кейс-менеджментлер арқалы қәнигелеримиздиң маманлығын турақлы арттырып бармақтамыз. Сол арқалы өзлеримиздиң әззи тәреплеримизди анықлап, сапластырыў илажлары көрилип барылмақта. Нәтийжеде психологларымызда профессионал өсиў бақланбақта.

- Жәмийетимизде тийкарынан қайсы категорияда психологиялық жәрдемге мүтәжлик көбирек?

- Статистикамызға бола, тийкарғы жумысымыз имканияты шекленген инсанлар менен байланыслы. Олар менен тек ғана индивидуал емес, ал шаңарағы менен де ислесемиз. Яғный, майыплығы болған шахс пенен дурыс мүнәсибет орнатыў, қалай қоллап-қуўатлаў кереклиги ҳаққында шаңарақ ағзаларына түсиник беремиз. Себеби тәжирийбемизде майып перзентине "бул - майып, тек азанда аўқат жесе, кеште уйықласа болды", деп қарайтуғынларды да ушыраттық. Майыплығы болған шахсқа қараў да белгили бир көнликпе, билимди талап етеди. Соның ушын зәрүр жағдайда шаңарақлардағы психологиялық орталықты жақсылаўға ҳәрекет етемиз, мүнәсибетлерди үйретемиз. Сондай-ақ, басқа да бағдарларымыз бар. Қәўендерликтиң социалласыўы, аўыр кеселликке ушырағанларға кеселликти жеңиўде жәрдемлесиў, шаңарақлық келиспеўшиликлер, басым өткериў ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў солардың қатарына киреди. Улыўма, барлық категориядағы инсанларға ишки имканиятын ашып берип, социалластырыўына жәрдемлесиў, жәмийеттиң белсенди ағзасына айландырыў ең әҳмийетли ўазыйпамыз.

Бул бағдарда да жетискенликлеримиз бар. Мәселен, Төменги Шыршық районында жасаўшы ҳаял 2 перзентинен ўаз кешиў алдында турған еди. Оның менен ислесиўимиз нәтийжесинде балалар шаңарақта сақлап қалынды. Бундай мысалларды және көплеп келтириў мүмкин.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги ўатанласларымызға бийпул психологиялық жәрдем берип, шаңарақларды, жәмийетимизди "Бир болсақ - бирден-бир халықпыз, бирлессек - Ўатанбыз!" деген идея әтирапында бирлестириў жолында хызмет етиўге бел байлаған.

 

Сәўбетлескен Боборавшан ҒОЗИДДИНОВ

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы