Әсиресе, оның финанслық турақлылығы, инновациялық потенциалы ҳәм инвестицияларды тартыў дәрежеси ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Жеке мәмлекетимиз басшысының өзи илимий ҳәм мәдений жумысты инвестициялық орталық пенен үйлестириў зәрүрлигин көп мәрте атап өткени бийкарға емес. Ҳақыйқатында да, Уллы Британия, АҚШ, Япония сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси жоқары билимлендириў мәкемелери инвестициясыз раўажлана алмайтуғынын көрсетеди. Университетлердиң изертлеў орайлары, инновациялық жойбарлары, илимий-баспа жумысы - булардың барлығы инвесторлардың итибарында болады. Олар тек пайда емес, ал социаллық әҳмийетке ийе нәтийжени - инсан капиталын гөзлейди.

Демек, инвестиция тек ғана имарат ҳәм объект қурылысы емес, ал илимге, пикирге, жаңалыққа, ертеңги бәркамал әўладқа қаратылған инвестиция болып табылады. Жоқары билимлендириў болса бул инвестицияны ҳәр тәреплеме ақлаўға уқыплы.

Халықаралық тәжирийбе көрсеткениндей, жоқары билимлендириў мәкемелериниң финанслық турақлылығын арттырыў ушын мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор бирге ислесиўи, халықаралық грантлар, коммерцияластырыў, инвестициялық потенциалды арттырыў ҳәм глобал бирге ислесиў сыяқлы бағдарлар әҳмиетли. Мәселен, Германия ҳәм Японияда университетлер өз илимий ҳәм технологиялық изертлеўлерин коммерцияластырыў арқалы инновациялық өнимлер жаратады. Яғный университетлер технология трансфери офислерин ашып, жаңа технологияларды компанияларға сатады ямаса лицензия береди. Скандинавия мәмлекетлери (Швеция, Дания, Норвегия) өз жоқары билимлендириў системаларын халықаралық көлемде таныстырып, жоқары дәрежедеги илимий изертлеўлер ҳәм билимлендириўдиң сапасын тәмийинлейди. Бул мәмлекетлердеги университетлер өз изертлеўлери ҳәм бағдарламалары ушын халықаралық қаржылар ҳәм грантлар алады.

Мәмлекетимиз шараятында да жоқарыдағы тәжирийбелердиң үйлесиўи айрықша әҳмийетке ийе. Онда дәслепки басқышта тартымлы билимлендириў бағдарлары ҳәм түрлерин усыныс етиў арқалы билимлендириў экспортын жеделлестириў мақсет етилген. Нәтийжеде болса жергиликли жоқары билимлендириў мәкемелерине сырт елли студентлерди тартыў имканиятлары барған сайын кеңейип бармақта. Кейинги жыллары Өзбекстанда инглис тилиндеги бағдарламалардың саны артып, сырт елли профессор-оқытыўшыларды тартыў, еки дипломлы бағдарламаларды жолға қойыў, халықаралық аккредитациядан өтиў сыяқлы басламалар сырт еллерден студентлер ағымын тартыўда әҳмийетли факторларға айланбақта. Бул болса жоқары билимлендириў мәкемелери ушын тек ғана финанслық емес, ал мәдений ҳәм академиялық диверсификация имканиятларын жаратады.

Сондай-ақ, усы тараўда сиясий ерк-ықрар ҳәм системалы қатнастың бар екенлиги де оғада әҳмийетли. Соңғы жылларда жоқары билимлендириўди халықаралық стандартларға бейимлестириў, университетлерге академиялық еркинлик бериў ҳәм инновациялық экосистеманы раўажландырыў бойынша қабыл етилип атырған қарарлар буған айқын мысал. Буның нәтийжесинде болса, көрип турғанымыздай, Өзбекстанда сырт елли студентлердиң ағымы жыл сайын артып бармақта. Әлбетте, сырт елли студентлерди тартыў тек ғана экономикалық пайда емес, көп жағынан социаллық ҳәм сиясий жетискенлик болып есапланады. Ҳүкимет тәрепинен бул тараўда қатаң сиясий ерк-ықрар көрсетилип атырғаны да бийкарға емес. Визаның әпиўайыластырылыўы, сырт елли студентлерге қолайлы шараятлардың жаратылыўы, халықаралық көргизбелерде Өзбекстан билимлендириў потенциалының жедел үгит-нәсиятланыўы нәтийжесинде мәмлекетимиз бүгин халықаралық билимлендириў мәканының әҳмийетли қатнасыўшысына айланбақта.

Және бир әҳмийетли тәрепи - билимлендириў баҳасының салыстырмалы арзанлығы. Европа ямаса АҚШтағы университетлер менен салыстырғанда, Өзбекстанда жоқары билимлендириўди әдеўир қолайлы шараятларда алыў мүмкин. Әсиресе, Орайлық ҳәм Қубла Азия, Африка мәмлекетлеринен келип атырған студентлер ушын бул үлкен имканият сыпатында баҳаланбақта. Соның менен бирге, елимиздеги мәдений, диний ҳәм социаллық орталықтың олардың менталитетине жақынлығы, турмыс тәризимиздеги миймандослық оларды елимизге тартып атырған және бир фактор болып есапланады. Сырт елли жаслардың әйне биздеги билимлендириў мәкемелерин таңлаўы мәмлекеттиң имиджине унамлы тәсир көрсетеди. Бирақ бул еле процесстиң басланыўы, себеби, бүгинги күнде жоқары билимлендириў мәкемелериниң алдында және бир әҳмийетли ўазыйпа тур - бул халықаралық грантлар, фондлар ҳәм донор шөлкемлер менен нәтийжели ислесиў болып есапланады.

Заманагөй дүнья - кең имканиятлар майданы. Бул майданда ким белсенди, ким излениўшең, ким ашық ҳәм интакер болса, әне сол жеңимпаз. Әсиресе, билимлендириў тараўында. Себеби бүгин билим - ең қымбат капитал, университетлер болса бул капиталды ислеп шығарыўшы тийкарғы дәрекке айланбақта. Бирақ бул процессте бир тәреп әҳмийетли: өз күшиңди дүньяға көрсетиў, имканиятларды көзден өткериў ҳәм сол арқалы халықаралық грантларды қолға киргизиў. Халықаралық грантлар тек ғана қаржы емес, ал исеним, итибар ҳәм глобал бирге ислесиў есиги. Олар арқалы университетлер жаңа илимий лабораториялар қурады, заманагөй үскенелер сатып алады, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерди сырт елде тәжирийбе арттырыўға жибереди, стартап жойбарларды иске қосады. Бир сөз бенен айтқанда, грантлар арзыўларды реаллыққа айландырыўшы қурал болып есапланады.

Бүгин дүньяның көплеген абырайлы донор шөлкемлери - Европа Аўқамы, Erasmus+, DAAD, USAID, JICA, KOICA, Chevening, Fulbright, UNESCO, Visegrad сыяқлы қорлар ҳәр жылы миллионлаған доллар қаржы ажыратады. Олар социаллық теңлик, инклюзив билимлендириў, инновациялық изертлеўлер, экологиялық турақлылық, санлы трансформация ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларға инвестиция киргизиўге таяр. Әйне усы жерде Өзбекстанның үстин тәреплери көринеди. Бирақ бул имканияттан пайдалана алыў ушын ҳәр бир университет өз стратегиясына ийе болыўы керек. Грант жазыўды билетуғын, донорлар менен сөйлесиў мәдениятына ийе, мақсетин анық белгилей алатуғын, нәтийжеге ислейтуғын жәмәәт болыўы керек. Грант сораў тек ғана арза тапсырыў емес, бул өзиниң исенимли бирге ислесиўши, ашық-айдын институт, инновацияларды әмелге асыра алатуғын мәкеме екенин дәлиллеў дегени. Бундай қатнасық әллеқашан нәтийже бермекте.

Қалаберди, грант тартыў бир мәрте емес, турақлы излениўди талап ететуғын, өзин жетилистирип баратуғын процесс. Соның ушын Өзбекстанда грант менеджменти бойынша қәнигелер таярлаў, университетлерде өз алдына грант бөлимлерин шөлкемлестириў, халықаралық бирге ислесиў стратегияларын ислеп шығыў ҳәм ең әҳмийетлиси, бул жумысқа исеним менен қатнас жасаў оғада әҳмийетли. Себеби грантлар, жоқарыда атап өткенимиздей, тек ғана материаллық мәп емес, ал дүнья менен байланыстыратуғын көпир, билимлер шегарасын кеңейтетуғын имканият. Өзбекстандағы ҳәр бир университет, ҳәр бир илимий орай ҳәм интакер илимпаз дүньяға бақлаўшы болып емес, ал белсенди бирге ислесиўши сыпатында кирип барыўға таяр. Сондай-ақ, сырт ел университетлери менен бирге ислесиў, жаңа илимий изертлеўлер ҳәм оқыў бағдарламаларын жаратыў өзбек университетлерин глобал көлемде таныстырады. Бундай бирге ислесиўлер арқалы Өзбекстан жоқары билимлендириўи дүнья билимлендириў базарында өз орнын және де беккемлеўи мүмкин.

Өзбекстанның жоқары билимлендириў системасына инвестицияларды тартыў тек ғана университетлердиң емес, ал пүткил жәмийеттиң жетискенлиги болып табылады. Ҳәр қандай жетискенлик болса киши басламадан басланады, ҳәр бир баслама болса исенимнен. Бүгин Өзбекстан мине усы исеним ҳәм жаңаланыў руўхы менен анық алға илгерилемекте. Сонлықтан, бул елде тек билим емес, ал келешек ушын беккем тийкар жаратылмақта.

Нозлия НОРМУРОДОВА,

филология илимлериниң докторы,

профессор