Суў менен берилген өмирм

    Мәмлекетимизде халықты орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 82,1 процентке жетти

    Суў раўажланыў ҳәм абаданлықтың әҳмийетли тийкары. Бирақ бүгинги дәўирге келип тиришилигимиздиң әҳмийетли дәреги болған мине усындай баҳалы байлықтың тәбийғый резерви азайып бармақта. Оның үстине, инсан искерлиги себепли үлкен-үлкен суў бассейнлери патасланбақта.

    Буның нәтийжесинде дүнья халқының еки миллиардтан асламы таза ишимлик суўынан пайдаланыўдан маҳрум болмақта. Ишиўге жарамсыз суўды пайдаланыў нәтийжесинде келип шығып атырған кеселликлер себепли мың-мыңлаған инсанлар өмирден мезгилсиз көз жумбақта. Бундай машқалаларды айырым аймақ ямаса бир мәмлекет көлеминде шешиў мүмкин емес. Себеби биз бүгин глобалластырылған дүньяда жасап атырмыз. Сонлықтан, аймақ таңламас ҳәм шегара билмес экологиялық машқалалардың шешимин табыўда пүткил инсанияттың өз-ара бирге ислесиўи ҳәм аўызбиршилиги оғада әҳмийетли.

    Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде инсанияттың келешектеги раўажланыўына байланыслы көплеген мәселелер қатарында планетамызда жүз берип атырған суў ресурсларының жетиспеўшилиги машқаласына дүнья жәмийетшилигиниң итибарын және бир мәрте қаратқаны мақсетке муўапық болды. Инсанияттың келешектеги раўажланыўы турақлы раўажланыўға бағдарланған мине усындай әҳмийетли ўазыйпалардың нәтийжели шешилиўине байланыслы.

    Қалаберди, турмыслық суў жетиспеўшилиги машқаласы регионымызға да жат емес. Таллаўларға бола, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяда суў ағысының азайыўы нәтийжесинде 2040-жылға барып Орайлық Азия мәмлекетлери жоқары дәрежедеги суў тамтарыслығына дус келеди. Биз әллеқашан инсанияттың ең үлкен апатшылықларынан бири - Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин басымыздан өткермектемиз. Сонлықтан, соңғы жыллары мәмлекетимизде суўды үнемлеў ҳәм суўдың патасланыўының алдын алыўға айрықша итибар қаратылмақта.

    Атап айтқанда, суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ирригация системалары бетонластырылмақта. Суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў бойынша санаат базасы жаратылды, суўғарылатуғын жерлердиң дерлик ярмында мине усындай технологиялар енгизилди. Бундай илажлар нәтийжесинде өткен жылы 8 миллиард куб метр суў үнемленди.

    Мәмлекетимиз басшысы БМШтың абырайлы конференциясында мәмлекетимиз ҳәм регионымызда турақлы раўажланыўға бағдарланған әне усындай ийгиликли жумысларды избе-из даўам еттириў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде Орайлық Азияда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм бул тараўда регионаллық бағдарламаны иске қосыў басламасын алға қойды.

    Бул бийкарға емес. Аналитиклердиң пикиринше, 2040-жылларға барып регион халқы 86 миллионға көбейиўи күтилмекте ҳәм буның изинен суў тамтарыслығы жүзеге келиўи мүмкин. Бундай жағдайлардың алдын алыўда суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли ўазыйпамыз болып есапланады.

    Усы жыл 6-8-октябрь күнлери пайтахтымызда болып өткен "Орайлық Азия ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери" темасындағы халықаралық конференция бул бағдарда өз-ара пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў, регионда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, тараўға заманагөй басқарыў әмелиятын кеңнен енгизиў ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде әҳмийетли бирге ислесиў майданы болып хызмет етти.

    Илажда суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлериниң нәтийжелилигин арттырыў, активлерди басқарыў, санлы шешимлерди енгизиў, институционаллық трансформация ҳәм маман кадрлар таярлаў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, қаржыландырыўдың инновациялық механизмлери, жеке меншик секторды тартыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша өз алдына сессиялар шөлкемлестирилди.

    Конференция даўамында қатнасыўшылар Ташкент ўәлаятындағы Қадирия ҳәм Шыршық ақаба суў тазалаў имаратлары ҳәм Янгийўл қаласындағы “Mesal water technologies” қоспа кәрханасына барып, бар жойбарлар ҳәм заманагөй технологиялар менен танысты. Сондай-ақ, “Aquatherm-Tashkent 2025” халықаралық көргизбеси шеңберинде суў тараўындағы ең соңғы қолланбалар көрсетилди.

    Жоқары итибар ҳәм үлкен қаржы нәтийжеси

    Буннан 7-8 жыл бурын елимизде ишимлик суўы тәмийнаты тек ғана 60 процент әтирапында еди. Халықтың қалған бөлеги альтернатив дереклерден пайдаланатуғын еди. Аўылларда болса ишимлик суў алыў үлкен қыйыншылықларға себеп болатуғын еди. Соның менен бирге, мәмлекет бойынша бар суў тармақларының дерлик 60 проценти гөнерген, имаратлардың ярымынан көби өз қуўатлылығын жойытқан еди.

    Усындай жағдайда халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселесине миллий раўажланыўдың ең әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында қарап, кең көлемли илажлар көрилди. Себеби, ишимлик суўы жетерли болыўы халықтың күнделикли турмысы, денсаўлығы ҳәм турмыс дәрежеси менен тығыз байланыслы.

    Усы тийкарда соңғы 8 жыл ишинде тараўға 27,5 триллион сум қаратылды. Усы қаржы есабынан 3 627 объект, 40,6 мың километр тармақ қурылып, халық хызметине тапсырылды. Нәтийже өзин көп күттирмеди. Жүз мыңлаған халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суў тармағына жалғанып, бар болған хызметлердиң қамтып алыныўы сезилерли дәрежеде кеңейди.

    Бүгинги күнде тараўға заманагөй қатнасларды енгизиў, инвестиция тартыў ҳәм халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарындағы жумыслар избе-из даўам етпекте. "Өзсуўтәмийнат" АЖ тәрепинен 28 халықаралық жойбар әмелге асырылмақта. Бул процессте Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Францияның AFD агентлиги, KOICA, сондай-ақ, Швейцария ҳүкимети сыяқлылар менен бирге ислесиў жолға қойылған.

    Жәҳән банкиниң қатнасыўында 1 миллиард 200 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы тартылып, суў тәмийнаты ҳәм ақаба системасын модернизациялаў, аўыллық аймақларды орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў, басқарыў системаларын санластырыў бойынша 10 нан аслам жойбар орынланбақта. Аймақлардағы жумыслар да үлкен нәтийже бермекте.

    Мәселен, Сурхандәрья ўәлаятында Тўпаланг суў сақлағышы тийкарында қурылған 147 километр тармақ арқалы Сариосиё, Денов, Шўрчи ҳәм Қумқорған районларының 141 мың халқы орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленди. Жиззақ ўәлаятында Зарафшан дәрьясынан алынып атырған суў тийкарында жаңа тармақлар тартылып, Дослық, Пахтакор, Мырзашөл районлары және Жиззақ қаласының 286 мың халқы таза ишимлик суўынан турақлы пайдаланыў имканиятына ийе болды. Бул жойбардың нәтийжесинде ўәлаяттағы суў тәмийнаты қамтып алыўы 52 проценттен 85 процентке шекем артты.

    Қашқадәрья ўәлаятының Дийқанабад районында "Ақсуў-Дийқанабад" жойбары шеңберинде биринши мәрте 76 мың халық орайласқан ишимлик суўына жалғанды ҳәм нәтийжеде тәмийнат дәрежеси 1,8 проценттен 51,7 процентке шекем көтерилди. Ташкент ўәлаятында Қодирия суў объектиниң реконструкциясы арқалы 8 мың адам биринши мәрте ишимлик суўына жалғанды, қосымша 265 мың халықтың тәмийнаты сезилерли дәрежеде жақсыланды. Бухара ўәлаятында Алат ҳәм Қаракөл районларында әмелге асырылған жойбарлар нәтийжесинде 275 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўына жалғанып, ўәлаят бойынша тәмийнат дәрежеси 47 проценттен 68 процентке шекем көтерилди.

    - Таза суў жетиспеўшилиги жақын-жақынға шекем бизлерди де жүдә қыйнап, узақтан суў тасып алып келетуғын едик, - дейди Бухара ўәлаяты Қаракөл районы Мустақиллик мәҳәллесинде жасаўшы Арзыгүл Абдиқадирова. - Сол ўақытлары бир күн келип аўылға таза суў тармағы тартылады десе ҳасла исенбейтуғын едик. Бирақ бүгин бул ҳақыйқатқа айланды. Шетки аўылымызда да тап үлкен қалалардағыдай үйимиздеги краннан мудамы таза суў ағып турады. Бул қаншелли үлкен жемис екенин биз, нураныйлар жақсы түсинемиз. Себеби таза суў инсанға өмир бағышлайды. Мине, усындай бийбаҳа жемистен бийғәрез пайдаланып атырғанымыз теңсиз бахыт. Соның ушын, перзентлеримиз ҳәм ақлықларымызға алтынға тең бул жемистиң қәдирине жетиўди бәрқулла түсиндирип турамыз.

    Ҳәзирги ўақытта халықтың турмыс сапасы ҳәм саламатлығында оғада әҳмийетли болған бул бағдарда жумыслар избе-из даўам еттирилмекте. Ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў бойынша жойбарлардың көлеми кеңеймекте. Бундай жойбарлар менен бирге, тараўға инновациялық көзқараслар да енгизилмекте. Соның ишинде, GIS карталар системасы жәрдеминде 25 мың километрден аслам тармақ санлы қадағалаўға алынды. SCADA автоматластырылған системасы арқалы 100 ден аслам насос станциясында процесслер реал ўақытта бақланып, нәтийжелилик арттырылмақта. UzWater биллинг платформасы 3,5 миллион абоненттиң есап-санақларын онлайн басқарыў имканиятын бермекте. Сондай-ақ, арнаўлы лабораториялық таллаў системасы арқалы ишимлик суўының сапа көрсеткишлери турақлы мониторинг етилип барылмақта.

    - Елимизде суў тәмийнаты ҳәм ақаба хызметлери тараўындағы кең көлемли реформалар, заманагөй көзқараслар халқымыздың турмыс сапасын жақсылаў, турмыс абаданлығын арттырыўда нәтийже бермекте, - дейди "Өзсуўтәмийнат" акционерлик жәмийети баслығының ўазыйпасын атқарыўшы Аҳмад Сувонқулов. - Бул бағдарда халықаралық финанс институтлары менен кең көлемли бирге ислесиў ҳәм аймақлардағы ири жойбарлар себепли бүгин миллионлаған адамлардың турмыс сапасы сезилерли дәрежеде жақсыланбақта.

    Тараўды раўажландырыўға бағдарланған қаржының 16 триллион сумы, яғный дерлик 60 проценти соңғы үш жылға туўра келеди. Соның есабынан 3 600 ден аслам имарат ҳәм 40 мың километрден зыят суў тармағы қурылды. Нәтийжеде 789 мәҳәлледе жасаўшы 7,7 миллион пуқара биринши мәрте сапалы ишимлик суўы менен тәмийинленди. Және 11,5 миллион халықтың суў тәмийнаты жақсыланды, 1,1 миллион пуқара болса ақаба суў системасына жалғанып, турмыс шараятлары сезилерли дәрежеде жақсыланды.

    Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам етпекте. Атап айтқанда, 2025-жылдың өзинде халықаралық финанс институтлары менен биргеликте улыўма баҳасы 2 миллиард 180 миллион долларлық 21 жойбар әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде 4,1 миллион халықтың ишимлик суўы, 2,1 миллион халықтың ақаба суў хызметлери жақсыланады.

    Тараўдағы кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде бүгинги күнде халықтың орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 82,1 процентке, ақаба хызметлери болса 20,5 процентке жетти. Бул бағдарда еле алдында үлкен ўазыйпалар тур. 2030-жылға шекем кеминде 40 триллион сум инвестиция тартып, ишимлик суўы менен қамтып алыўды 90 процентке, ақаба суў хызметлери дәрежесин болса 32,6 процентке жеткериў мөлшерленген. Бул жоқары мақсетлерге ерисиў ушын барлық имканиятлар жумсалып, халқымыздың абадан турмысы жолында избе-из илажлар даўам еттириледи.

    Суў ешейин емес

    Суў инсанның таза ҳаўадан кейинги екинши әҳмийетли зәрүрлиги. Инсан аўқатсыз бир неше күн жасай алады, бирақ суўсыз узақ жасай алмайды. Соның ушын, ҳәр күни нормада таза суў ишиў саламатлық ҳәм узақ өмир гиреўи болып есапланады. Буны бир қатар фактлер де дәлиллейди. Мысалы, адам денесиндеги суў муғдары тек еки процент қысқарса, ақылый имканиятларымыз 20 процент төменлейди. Шыпакерлердиң айтыўынша, суў қан басымын түсириўде жәрдем береди.

    Депрессиядан қутылыў, нервти тынышландырыў ушын да таза суў әҳмийетли қурал болып есапланады. Күнине бес стаканнан артық таза суў ишиў жүрек соғыў қәўипин азайтады. Көплеген илимий излениўлер суў кейпиятқа тәсир етиўи, ашыў ҳәм толқынланыўды азайтыўы мүмкин екенлигин дәлиллеген. Суў денедеги азықлық затлардың дурыс сорылыўы ушын жүдә зәрүр. Солай екен, таза ишимлик суўын нормада пайдаланыў денсаўлық ушын жүдә пайдалы. Тилекке қарсы, мине усындай бийбаҳа байлықтың тәбияттағы резерви шекленген. Жер жүзиниң салмақлы бөлеги суў менен қапланғанына қарамастан, оның ишиўге жарамлы муғдары жүдә аз.

    Соның ушын, суўдың ҳәр бир тамшысын үнемлеў тийкарғы ўазыйпамыз. Буны терең аңлаған халқымыз әзел-әзелден суўды муқаддес санап, оны қәстерлеп сақлаған. "Суўдай мол болың", "Суўдай әзиз болың" сыяқлы жақсы нийетлер усы уллы қәдирият нәтийжесинде пайда болған. Тилекке қарсы, инсаният мине усындай бийбаҳа байлықтың қәдирин ҳәр қашан да аңлап жете бермейди. Илимпазлар ҳәм экспертлер дүнья көлеминде суўды бийкарға ысырап етиў ҳәм суў дәреклерин патасландырыў көрсеткишлери жоқарылығынша қалып атырғаны ҳаққында қайта-қайта жар салып атырғаны пикиримиздиң дәлили болып есапланады. Ағып турған водопровод кранын бекитиў, үлкен қубырлардағы насазлықты сапластырыўда жанкүйерлик көрсетиў, күнделикли жумысымызда ишимлик суўдың ысырап болыўының алдын алыў арқалы бул саўаплы иске ҳәр биримиз өз үлесимизди қосыўымыз мүмкин.

    Мәмлекетимизде суў тәмийнаты системасындағы модернизация жумыслары процесинде халық арасында үнемлеў мәдениятын арттырыўға да итибар қаратылып атырғаны мине усындай машқалаларға шешим табыўда үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, суўдан үнемли пайдаланыўдың нәтийжеси көп. Буның ушын шаңарақларға ҳәм барлық кәрхана-шөлкемлерге суўдың жумсалыўын есаплайтуғын заманагөй үскенелер орнатылып атырғаны өз нәтийжесин бермекте.

    - Кейинги жыллары ўәлаятымызда халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта, - дейди "Жиззақ суў тәмийнаты" АЖ директорының орынбасары Дилшод Зиёев. - Соның нәтийжесинде қысқа дәўирде ўәлаятымыз халқының суў тәмийнаты жақсыланды. Әсиресе, шетки аймақлар, алыс регионларда жасайтуғын аўыл халқына таза суў жеткерип бериўге ерисилгени үлкен жетискенлигимиз болды. Енди болса суўдың бир тамшысы да ысырап болмаўын тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпамызға айланбақта. Себеби үлкен қаржы ҳәм тынымсыз мийнет есабынан шаңарақларға жетип барып атырған таза суўдың ҳәр бир тамшысы алтынға тең бийбаҳа жемис.

    Сонлықтан, суўды үнемлеў ҳәм зая болыўының алдын алыў мақсетинде келеси жылы халықтың үйлерине 5000 заманагөй суў өлшегиш орнатыў нәзерде тутылған. Қалаберди, суў жеткерип бериў имаратлары да үзликсиз модернизацияланбақта. Бул тармақларда суў ысырап болыўының алдын алыўға тийкар жаратады.

    Суў тәмийнатын жақсылаў бағдарында Әндижан ўәлаятында да әҳмийетли илажлар көрилмекте. "Әндижан суў тәмийнаты" АЖ директоры Дилшодбек Қўлдошовтың айтыўынша, әмелге асырылған жойбарлар есабынан бүгинги күнге келип ўәлаят халқының 91 проценти бул бағдарда заманагөй қолайлықларға ийе болды. Усы жылы да және 44 мәҳәлледе суў тәмийнатын жақсылаў бойынша жумыс алып барылмақта. Өз гезегинде, шаңарақларға жеткерип берилген суўдан ақылға уғрас пайдаланыўға ерисиў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Усы мақсетте хожалықларға суўдың жумсалыўын өлшейтуғын есаплағышлар орнатылмақта. Усы жылы 125 мың дана усындай қурылманы орнатыў арқалы суў тутыныўшыларының салмақлы бөлегин қамтып алыў нәзерде тутылмақта. Юридикалық тутыныўшылар болса электрон есаплағышлардан пайдаланбақта.

    Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде мәмлекетимизде суўды үнемлеў бойынша жәҳән форумын өткериў басламасын алға қойғаны бул ўазыйпаларды жүзеге шығарыўда әйне мақсетке муўапық болды. Бул әнжуман жуўмақлары бойынша суў кризисин турақлы раўажланыў ушын үлкен қәўип сыпатында белгилеў мөлшерленбекте. Бул бағдарда глобал дәрежеде инновациялық технологияларды енгизиў ушын өз алдына "жол картасы"н қабыл етиў нәзерде тутылмақта. Бундай ийгиликли басламалардың жүзеге шығыўы тек ғана мәмлекетимиз ҳәм регионымыз емес, ал пүткил дүньяда турақлы раўажланыўға ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, жақсылыққа суўғарылған бул идея ҳәм басламалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланбақта.

    Ҳәзирги ўақытта елимизде тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар избе-из даўам етпекте. Атап айтқанда, усы жылы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 1 мың километр каналды бетон қапламаға өткерип, суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыўын 1,6 миллион гектарға жеткериў есабынан жылына қосымша 2,5 миллиард метр куб суўды үнемлеўге ерисиў жолында жумыс алып барылмақта. Насос станцияларын модернизациялаў, ирригация ҳәм мелиорация системаларын реконструкциялаў илажлары көрилмекте. Сарыпланып атырған суўдың есабы ҳәм есабаты толық жүргизилиўин тәмийинлеў мақсетинде магистраль каналлар ҳәм әҳмийетли суў объектлеринде суўдың бирден-бир онлайн есабын жүргизиў системасы енгизилмекте.

    Сондай-ақ, 1,8 мың километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармағы, 77 ишимлик ҳәм ақаба суў объектиниң қурылысы және реконструкцияланыўы, ишимлик суў системасындағы тозыўы жеткен 746 насос үскенелериниң энергияны үнемлейтуғынларына алмастырылыўы, аймақларда 65,2 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллериниң орнатылыўы, суў объектлери ҳәм магистраль суў тармақларына 955 заманагөй суў есаплағышлардың орнатылыўы, барлық ишимлик суў тәмийнаты кәрханаларында сапа мониторингин жүргизиў ҳәм мағлыўматларды басқарыў орайларының жаратылыўы бойынша әмелий жумыслар даўам етпекте.

    Дәрьялар, көллер ҳәм каналларға ҳәр қыйлы патасландырыўшы затлардың тасланыўы үстинен қадағалаўдың күшейтилиўин тәмийинлеў де итибарда. Әлбетте, бул ҳәрекетлердиң барлығы тәбийғый байлықларды келешек әўладларға зыянсыз жеткериў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Баҳор ХИДИРОВА,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates