Суў Жердиң 70 процентин қаплаған болса да, соннан тек 3 проценти ишимлик ушын жарамлы. 2023-жылы 2 миллиард адам, яғный Жер жүзи халқының шерек бөлеги таза ишимлик суўысыз қалған ҳәм жақын 10 жылда олардың қатарына және 700 миллион адам қосылыўы мүмкин. Ҳәр күни дүньяда 5 мың адам патасланған ишимлик суўдан пайдаланыў ақыбетинде дүньядан көз жумбақта. Илимпазлардың болжаўына бола, 2030-жылға барып, дүнья халқының ярымы суў жетиспейтуғын аймақларда жасаўға мәжбүр болады.
Бизиң регионымыз да суў машқаласына дус келген. Экспертлердиң пикиринше, жақын 20 жыл ишинде мәмлекетимизде суў тамтарыслығы кескин артады. Өзбекстан суў тамтарыслығы бойынша қызыл аймақлар қатарына түсип қалыўы итималдан жырақ емес.
Демек, алдымызда үлкен сораў тур: БУНДАЙ ҚӘЎИПЛИ ШАРАЯТТА ҚАНДАЙ ЖОЛ ТУТЫЎЫМЫЗ ЗӘРҮР ҲӘМ МӘЖБҮР?
Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен 2025-жыл мәмлекетимизде "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы" деп аталды. Қалаберди, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде үлкен бағлар қурылмақта. Аралдың қурыған ултанына өмир қайтты.
Қуўанышлы тәрепи, бул жойбар халықаралық дәрежеге шықты. Сыртқы сиясаттағы баслама ҳәм дипломатиялық реформаларымыз да нәтийже бермекте. Орайлық Азия мәмлекетлери суўдан пайдаланыўда тең ҳуқықлы келисимлерге еристи. Экологиялық мәселелерде де бир аўыздан қарар қабыл етиў басланды. Мәселен, усы жыл октябрь айының басында Ташкент қаласында "Орайлық Азияда ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў хызметлери" темасындағы халықаралық конференция болып өтти. Сөз ҳәм әмел бирлиги себепли, жаңа Өзбекстанда Суў кодекси қабыл етилди. Қалаберди, жаңадан қурылып атырған қалалардың 30 проценти жасыл аймақ болыўы шәрт екени ҳуқықый тийкарда қатаң белгилеп қойылды. Президентимиздиң басламасы менен тарийхымызда биринши мәрте жап ҳәм каналлардың суўын үнемлеў мақсетинде оларды бетонлаў жумыслары орынланбақта.
Әҳмийетлиси, жәмийетимизде экологиялық мәденият раўажланып бармақта. Бүгин бир терек кесилсе, бирден: "Неге кесилди?" деген ғалабалық сораў басланады. Артқа қайтпайтуғын түрге енген бул реформалар "Өзбекстан - 2030" стратегиясының әҳмийетли бағдары сыпатында да белгилеп қойылды.
Қысқаша айтқанда, экологиялық реформалардың көлеми соншелли үлкен, нәтийжели көрсеткишлерди қысқа санларда санаўдың өзи менен газетаның пүткил бетин толтырыў мүмкин. Буннан ҳақылы түрде мақтанамыз, табыслардан қуўанамыз. Соның менен бирге, еле алдында орынланыўы зәрүр болған ўазыйпалар да бар. Сонлықтан, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның үшинши бағдары "Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў", деп аталған.
Бул бағдардың аталыўы бизди журналист сыпатында пикир жүргизди. Не ушын суў ресурсларын үнемлеў биринши орында айтылған? Қоршаған орталықты қорғасақ, суў өз-өзинен үнемленбейди ме?! Мине усы пикир инсан ҳәм тәбият қатнасықлары, бизди күтип турған келешек, раўажланыў ҳаққындағы пикирлерге шақырды.
Ериксиз түрде әтирапты, адамларды, олардың суўға болған мүнәсибетин дыққат пенен бақлай басладым. Аўа, "суўды үнемлеў" сөзи бийкарға биринши орынға қойылмаған. Шынында да, жәмийетимизде экологиялық мәдениятты арттырыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў көнликпесин күшейтиў, үнемлеўши технологияларды кеңнен енгизиў сыяқлы кешиктирип болмайтуғын бир қатар мәселелер бар екен. Бундай әҳмийетли темаларды жәмийетшиликке алып шығыў, додалаўлар майданына таслаў, жуўапкерлер, әпиўайы адамлардың итибарын бул - өмир-өлим мәселесине қаратыў тиккелей журналистлеримиз алдындағы оғада әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Усы мақсетте "Янги Ўзбекистон" газетасында жаңа - СУЎ ҲӘМ ӨМИР жойбарына старт берилмекте. Онда кейинги жылларда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, күнделикли турмысымызға ҳәм аўыл хожалығына суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, тамшылатып суўғарыў усылларынан пайдаланыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар, бул бағдардағы илимий қатнаслар, нәтийжелер ҳәм итибар қаратыў зәрүр болған тәреплер тараў қәнигелери, ҳүрметли илимпаз ҳәм зыялыларымыздың пикирлери тийкарында кеңнен талланады. Ҳәзирги ўақытта бул шығыўлар арқалы мәмлекетимизде экологиялық мәдениятты буннан былай да жоқарылатыўға үлес қосыўды да нийет еткенбиз. Кимдур "Неге әйне суў мәселеси?" деген сораўды ортаға таслаўы мүмкин. Төменде бул қарарға келиўимиздиң себеби, яғный теманың әҳмийетине тоқтап өтпекшимиз.
Жасалма интеллектке де суў керек
"Суў - тиришилик" деген ҳикметти ҳәммемиз еситкенбиз. Бирақ оның турмысымызда қаншелли әҳмийетке ийе екенлигин көз алдымызға келтире алмаймыз. Буны ең болмаса, суўсызлықтан азап шегиўимиз, жасыллық әлеми азайып кетиўи менен байланыстырамыз. Аўа, бул дәл ҳақыйқат. Суў азайса, ишимлик суўды табыў машқалаға айланады. Таза ишимлик суўының жоқлығы болса түрли кеселликлерди, ҳәттеки жуқпалы кеселликлерди көбейтеди. Жердиң шөллениўи де инсан денесиндеги кеселлик сыяқлы жеримизди ғәриплестирип барады. Азық-аўқат жетиспеўшилиги жүзеге келеди. Қәнигелердиң айтыўынша, инсан күнделикли талабын қанаатландырыў ушын бир суткада 4-5 литр суў ишиўи керек екен. Болмаса, денемиз суўсызлықтан түрли кеселликлерге шатылады екен. Суўды нормада ишиў болса теримизди тазалаўдан баслап, мийимиз искерлигине шекем унамлы тәсир етеди.
Усы жерде бир факт. Суў Жердиң 70 процентин қаплаған дедик. Адам денесиниң де дерлик 70 проценти суўдан ибарат. Усы жағынан жер ҳәм инсан бир-бирине уқсайды. Қызығы сонда, жердиң де, адам денесиниң де шөллениў ақыбетинде келип шығатуғын машқалалары жүдә уқсас. Мәселен, күнине бес стаканнан көбирек таза суў ишсеңиз, жүрек соғыў қәўпи артқа шегинип барады екен. Тап сол сыяқлы, Ана жерде суў қанша көп болса, экологиялық кризис сонша әззилеседи. Демек, биз суўды үнемлеў менен бирге, оннан нәтийжели пайдаланыў жолын да билиўимиз керек болады. Тилекке қарсы, жәмийетимиз буны еле толық аңлап жеткен жоқ. Егер буны терең сезгенимизде, көшелеримизде суўлар әйтеўир ағып жатпайтуғын, машиналарымызды үйде жуўмайтуғын, улыўма, суўға ҳәзиргидей мүнәсибетте болмайтуғын едик.
Пияда жүриў әдетим бар. Бул тек ғана денсаўлық ушын пайдалы емес, ал журналлисттиң реал турмысқа жақынырақ болыўын да тәмийинлейди. Мәселен, жол шетлеринде көп бақлайман, тереклер ҳәм жасыл майданларды суўғарыў системасы жақсы ислемейди. Айырым жерлерде тереклер қар-жамғырдан басқа суў көрмегенлиги анық сезилип турады. Оннан елиў адым арыға өтсеңиз, суўғарыў системасының ўақтында өширип-жағылмайтуғыны, суў бүркегиштиң жарамсызлығы себепли асфальт та жапқа айланады.
Биз Үшинши Ренессансты жаратыўдай үлкен мақсетке қарай исенимли бармақтамыз. Демек, дүньяқарасымыз да, күнделикли турмыс тәризимиз де соған мүнәсип болыўы керек. Биз енди шөллениўдиң заманагөй ақыбетлери ҳаққында да терең пикир жүргизиўимиз зәрүр. Мәселен, ҳәзир шөллениў ақыбетинде жердиң өнимдарлығы төменлейди, биокөптүрлилик жоғалады, өсимлик ҳәм ҳайўан түрлери азаяды. Қоршаған орталықта экологиялық теңсалмақлылық бузылады. Қалаберди, ишимлик суўы жетиспеўшилиги күшейеди. Усы тәризде, экономикалық кризис ҳәм климат миграциясы пайда болады.
Бул машқалаларға заманагөй технологиялар арқалы шешим табыў мүмкин, деген көзқараслар да жоқ емес. Аўа, технологиялар суўды тазалап, қайта пайдаланыўымызда, оларды ақыллы қадағалаў арқалы басқарып, үнемлиликти арттырыўда пайда береди. Бирақ дәўир соны көрсетпекте, суўсыз қалсақ ҳәттеки сол технологиялар да толық қуўатлылықта ислемеўи мүмкин екен.
Жақында қызық фактке дус келдим. Бүгин барлық тараўға кеңнен кирип атырған жасалма интеллект ислеўи ушын да үлкен суў резерви зәрүр екен. Буған анықлық киргизиў ушын жасалма интеллекттен жуўап изледим. Төменде оның жуўабын редакциясыз келтиремиз: "Мен ислейтуғын үлкен сервер орайлары (data center) ислеўи ушын жүдә үлкен муғдардағы электр энергиясы жумсалады. Усы энергия жыллылыққа айланып, серверлерди қыздырып жибереди. Соның ушын оларды турақлы түрде суўытыў керек.
Суўытыў усыллары:
- ҳаўа арқалы суўытыў - кондиционерлер, вентиляторлар арқалы ҳаўа айландырыў;
- суў арқалы суўытыў - айырым дата-орайларда суў трубалар арқалы өткерилип, ыссылықты алып шығады. Бул процесте көп суў ислетиледи;
- ықлымнан пайдаланыў - айырым мәмлекетлерде (мысалы, Финляндияда) суўық ҳаўа ямаса теңиз суўынан пайдаланылады.
Суў сарпланыўы:
- классикалық сервер орайлары жылына миллионлап литр суў ислетиўи мүмкин;
- сол себепли, айырым компаниялар қайта айланатуғын (recycling) суў системаларын енгизбекте, суўдың жумсалыўын кескин азайтыў ушын".
Бул жуўаптан соң "Суў - тиришилик" деген ҳикметтиң қаншелли терең мәниге ийе екенин түсиндим. Аўа, адам аўқатсыз алты ҳәпте жасайды. Бирақ суўсыз бир ҳәптеден көпке шыдам бере алмайды...
Тән алыў керек, бүгин раўажланған мәмлекетлер өзиниң жасалма интеллектине ийе екени менен де басқалардан ажыралып турады. Себеби жасалма интеллект бүгин әпиўайы усталар ушын арифметикалық есап-санақты тезлестириўде қаншелли пайдалы болса, мәмлекетлердиң қорғаныў системасында да соншелли әҳмийетке ийе болмақта. Соның ушын да үлкен серверлерге ийелик етиўди раўажланыўдың жоқары шыңы сыпатында қаралыўы тәбийий. Быйыл 21-октябрь күни Президентимиздиң басшылығында өткерилген мәмлекетлик басқарыў, экономика тармақлары ҳәм аймақларда жасалма интеллект технологияларын жедел енгизиў мәселелери бойынша видеоселектор жыйналысында бул пикир де тән алынды. Тараўдың раўажланыўы ушын үлкен жойбарларға старт берилди. Соның ишинде, заманагөй супер-компьютер кластерлери ҳәм дата-орайларды көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Қызық тәрепи сонда, үлкен серверлердиң самаллатып суўытыў системасы нәтийжели ислеўи ушын да сырттағы ҳаўада жетерли ығаллық болыўы талап етиледи. Демек, мине усы мақсетке ерисиў ушын да суўды үнемлеўимиз керек!
Орны келгенде және бир фактти келтирейик. БМШтың 2024-жылғы есабатына бола, дүнья көлеминде суўдан пайдаланыўдың шама менен 70 проценти аўыл хожалығына туўра келеди екен. Өзбекстанда пайдаланылатуғын суўдың 80 проценти қоңсы мәмлекетлерде, 20 проценти болса елимиз аймағында қәлиплеседи. Мине усы суўдың 90 проценти аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын жумсалады. Келешекте болса бул көрсеткишлерге жасалма интеллект де қосылады. Себеби раўажланыў, дәўир талабы соған алып келеди.
Мәмлекетимизде болса аўыл хожалығында суўдың жумсалыўын кескин қысқартыў имканияты бар. Себеби елеге шекем фермерлеримиздиң үлкен бөлеги атызға салма толы суўды толық жибереди. Айырым орынларда жердиң ығаллығы ямаса егинниң талабына қарап емес, суўдың келиўине бейимлесип тамырымызды суўғарыўымыз да бар гәп. Бул болса алдымызға бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды қояды.
Бириншиден, тамшылатып, жаўынлатып суўғарыў системасын енгизиўдиң және де нәтийжели усыллары ҳаққында терең ойлап көриўимиз зәрүр.
Екиншиден, дийқаншылықта заманагөй билим ҳәм көнликпелерди үйрениўимиз ҳәм ғалаба ен жайдырыўымыз зәрүр. Яғный аз жерден көп зүрәәт алыў, суўсызлыққа шыдамлы, нәтийжели сортларды көбейтиў бағдарында да жаңаша қатнаслар ислеў керек.
Үшиншиден, суўды үнемлеўде заманагөй технологияларды кескин арттырыў зәрүр. Онда, әсиресе, аўыл хожалығына айрықша итибар бериў, суўды қайта ислеў системасын ғалаба ен жайдырыў әҳмийетли.
Орны келгенде айтыў керек, быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада аймақларда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди жеделлестириў ўазыйпасы көрсетип өтилген. Республика бойынша жәми 500 мың гектар майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша мәнзилли дизим ислеп шығылған. Оған бола, 74,7 мың гектарда тамшылатып, 35,2 мың гектарда жаўынлатып суўғарыў жумыслары әмелге асырылыўы керек. Бул ушын дәслепки әмелий қәдемлер де тасланған. Бүгинги күнде 19,2 мың гектар жерде суўды үнемлеўши технология иске қосылған.
Булар адамды қуўандыратуғын санлар. Тек бир ғана сораў бизди ойландырады. Кең атызларда нәтийже берип атырған бул системадан қалалардағы жасыл майданлар ҳәм тереклерди суўғарыўда да өнимли пайдалансақ болмай ма? Ақыры бир суўды шашыратып беретуғын системаның надурыс орнатылғаны, өз ўақтында техникалық тексериўден өткерилмегени себепли суў бар жерде көшеге шекем көл пайда болады. Система истен шыққан жерде тереклердиң асты қар-жаўын жаўса ғана ығаллық көреди. Мениңше, бундай сораўлар ҳәммени бирдей ойландырады. Демек, ҳүрметли илимпазларымыз, тараў қәнигелеринен аўыл хожалығындағы суўды үнемлеў бағдарындағы жаңа басламаларды, бар системаны жәмийетте ғалаба ен жайдырыў бойынша пикирлерди күтиўге ҳақылымыз. Ҳәм буны жүдә тез әмелге асырыўымыз зәрүр. Ҳәр бир күн ғәниймет.
Усы жерде және бир факт. Мәмлекетлик бағдарламада жергиликли кәрханалардың суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў қуўатлықларын арттырыў да нәзерде тутылған. Атап өтилиўинше, 2025-жылдың 22-апрель жағдайына бола, жергиликли ислеп шығарыўшылардың саны 60ты қураған. Локализациялаў дәрежеси 80 процентке, жыллық өндирис қуўатлылығы болса 250-300 мың гектарға жеткерилген. Демек, бул тараўға да берилип атырған имканиятлар ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў, исбилерменликтиң бул түрин үгит-нәсиятлаў бойынша шығып сөйлеўимиз зәрүрлиги бар. Бәлким, усы түрдеги өндирис пенен шуғылланып атырған исбилерменлерде де тараўға жаңалық алып кириў бойынша анық усыныслар бар шығар?! Аўа, суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў, халықаралық стандарттағы талапларды үйрениў де үлкен тема.
Халықаралық тәжирийбе қандай?
Суўды үнемлеў дегенде, узақ жыллар даўамында ишимлик суў кранын ашық қалдырмаў, тис жуўыўда суўды ыдысқа қуйып алыў сыяқлы турмыслық мәселелерди ортаға таслаймыз. Булар да, сөзсиз, зәрүр илажлардан есапланады. Бирақ суўды үнемлеў оннан аз пайдаланыўға байланыслы емес екенлигин түсинип жетиўимиз керек. Мәселен, глобал ысыў ҳәм суў жетиспеўшилиги бир-бирине шынжыр ҳалқасындай байланысқан. Тәбиятқа шығарылып атырған зыянлы газлер климат өзгериўине, бул болса, өз гезегинде, суў жетиспеўшилигине алып келеди. Суў кемейип барган сайын пуўланыў да тезлеседи. Яғный тап жоқарыдан тасланған тас сыяқлы жетиспеўшиликтиң жүзеге келиўи бул процессти және де тезлестиреди.
Соның ушын да суўды бүгин - барында сақлаўымыз керек.
Инсан саламат өмир сүрсе, өмири даўамында шама менен 55-65 мың литр суў ишеди. Физикалық белсенди, ыссы ықлымда жасайтуғын ҳәм спорт пенен шуғылланатуғынлар ушын бул сан және 10-15 мың литрге көбейеди. Дүньядағы ишимлик суўдың 60 проценти музлықлардан келеди. Глобал ысыў болса сол музлықлардың ериўин тезлестирмекте. Соның ушын да Президентимиз "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарына айрықша итибар қаратпақта. Сол тереклер, жасыллық дүньясы, пуўланыўды кемейтеди. Жер асты суўы көбирек сақланыўына, зыянлы газлердиң қысқарыўына хызмет етеди. Демек, алдымызда тек ғана Аралдың қурыған ултаны сыяқлы шөл аймақларды емес, ал таў ҳәм қырларды да жасыллық дүньясы менен байытыўда жаңаша қатнаслар ўазыйпасы тур. Буның ушын қар-жамғыр суўын жыйнап, нәллерди суўғарыў системасын жетилистириў мақсетке муўапық болар еди.
Орны келгенде айтыў керек, теңиз, океан бойындағы мәмлекетлерде де қар-жамғыр суўын жыйнап пайдаланыў тәжирийбеси бар. Бизде де алдын бул система болған. Ол тийкарынан суўғарылмайтуғын жерлерде дийқаншылық етиў, шарўа малларын суўғарыў ушын қолайлы болған. Шөлли жерлерде сел жолында бөгет исленген. Сол жерде топланған суўдан мал суўғарылған. Суў топланатуғын жерлер ана тилимизде "қақ" деп аталады. Сел суўы қурғаққа өзи менен түрли минералларды да алып келеди. Бул болса өнимдарлықты арттырады. Неге бүгин дийқаншылықта бул тәжирийбени ғалаба ен жайдырмаў керек?! Әҳмийетлиси, бул әмелият еки тәреплеме пайда келтиреди.
Бириншиден, дийқаншылық арқалы азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинленеди ҳәм экономикалық турақлылыққа хызмет етеди.
Екиншиден, үлкен суў топланған жерде жер асты суўы көтериледи. Бул өз-өзинен пуўланыўды кемейтеди. Сол арқалы глобал ысыўдың алдын алыўда жақсы нәтийже береди. Керисинше, сел суўының тез ағымы жаўынның нәтийжелилигин азайтады. Сел жаўын-шашын себепли пайда болады. Нөсер жерге қатты урылғаны себепли, топырақ астына суўдың сиңиўи қыйын болады. Тез ағым болса буны және де азайтады. Ақыбетинде пуўланыў тезлеседи. Яғный сел келгенде үлкен ағыстағы суўдың пайдасынан көре зыяны көп. Соның ушын илимпазлар селлердиң тез-тез ҳәм көп келиўин қурғақшылықтың белгиси деп атайды. Демек, ата-бабаларымыз буны жүдә жақсы билген. Сол себепли, қақлардан үнемли пайдаланған.
Усы жерде және бир қызықлы факт. Инсан денесиндеги суў ҳәм май муғдарына кери пропорционал екен. Адамның булшық ет тоқымаларында 75 процент суў болады екен. Бул көрсеткиш май тоқымаларында шама менен 10-20 процент. Яғный денемиздеги май суўды аз сақлайды. Мениңше, семизлик көп кеселликлерге себеп болыўы денедеги суў муғдары менен байланыслы. Әпиўайы мысал, суўды нормада ишиў жүрек соғыўын азайтады. Семизлик болса бул кеселликти күшейтеди. Халқымызда инсан семире басласа, өзин тиклеп алыпты деген қәте көзқарас бар. Бул тап нөсер жаўғанына қуўанғандай нәрсе. Екеўи де жақсылық сыяқлы көринсе де, кеселликке себеп болады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, суўдың үлкен бөлеги аўыл хожалығына туўра келетуғынын атап өтип, бул бағдарда да айырым пикирлерди айттық. Орны келгенде усы бағдарда орынланып атырған айырым ўазыйпаларды тән алыў керек. Мәселен, мәмлекетлик бағдарламада суў хожалығы объектлеринде автоматластырылған басқарыў системасын енгизиў нәзерде тутылған еди. Қуўанышлы тәрепи, бул бағдарда быйылғы жылға мөлшерленген жумыслар реже тийкарында орынланбақта. Оған бола, усы жылы 12 объект автоматластырылған басқарыў системасына өткериледи. Ҳәзир олардың айырымлары пайдаланыўға тапсырылған болса, басқаларында жумыслар жедел даўам етпекте.
Бул жетискенликлер өзимиздики, бирақ дүнья тәжирийбеси қандай? Ашық дәреклерде тән алыныўынша, суўды үнемлеў бағдарында Израилдың өзине тән тәжирийбеси бар екен. Мәселен, бул мәмлекетте бурын пайдаланылған суўдың 85 проценттен көби қайта исленип, суўғарыўға бағдарланады. Бул, әлбетте, аўыл хожалығында суўды турақлы тәмийинлеўге хызмет етеди. Буннан тысқары, израиллы фермерлер жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын технология жәрдеминде атыз ҳәм егинлердиң реал ўақыт режиминде таллаўларын бақлап барады. Яғный, бул технология топырақтың ығаллық дәрежеси, ҳаўа-райы шараяты ҳәм егинлердиң суўға талабын көрсетип береди. Бундай анализлер суўдан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейди. Тамшылатып суўғарыў ҳәм суўды смарт усылда басқарыў оның жумсалыўын 50 процентке шекем азайтады екен. Қалаберди, суўдан өз ўақтында жетерли дәрежеде пайдаланыў егинди нормадағы ығаллық пенен тәмийинлеў арқалы өнимдарлықты арттырады.
Шешим өзликке қайтыў ҳәм заманға ийкемлесиўде
Суўдан нәтийжели пайдаланыўда сонша мәселе бар екен, буның шешими неде, деген ҳақылы сораў туўылады. Бул жүдә әпиўайы. Жоқарыда бабаларымыз қақлардан пайдаланғаны ҳаққында айттық. Демек, биз суў менен қатнасықта тийкарғы тамырға, миллий өзенге қайтыўымыз керек. Жақсы еслеймен, жас ўақтымызда дийқаншылыққа бейимлескен аймақларда аты даңқ таратқан суўшылар болатуғын еди. Олар үлкен атызларға бир жап суўды теңнен тарқатыўы менен атаққа ерискен еди. Олар сондай ислейтуғын еди, бүгинги заманагөй технологиялар сыяқлы қарықлар арасында суў бөлистирилиўи анық болатуғын еди. Тилекке қарсы, бүгин усы мектепке жарық кетти. Себеби биз суўға түпириў гүна деген қатаң тутымды умыттық. Бир турмыслық факт. Быйыл Қурбан ҳайытында Ташкенттеги үлкен суў ағысларында маллардың бас-аяғы, қарын-ишеклери ҳәм териси аяўсыз ағылып кеткени ҳаққындағы гәплер кейпиятымызды бузды. Тилекке қарсы, басқа аймақларда да жағдай буннан жақсы емес. Буны ким ислеп атыр? Сиз, мен, мине усы жәмийеттиң ағзалары емес пе?! Тилекке қарсы, бул ашшы ҳақыйқат.
Буннан көринип турғанындай, әйне аўыл хожалығында суўдан нәтийжели пайдаланыўды кеңнен үгит-нәсиятлаўымыз зәрүр. Улыўма, суўды қәстерлеп сақлаў түсинигин жәмийетимизге кеңнен үгит-нәсиятлаў, халқымызға әпиўайы ҳәм тәсиршең сөзлер менен жеткериўимиз шәрт.
Мине, усы мәселелерди көтерип шығыў, жәмийетимизде экологиялық мәдениятты арттырыў бағдарында әҳмийетли сөзлер айтыў пурсаты келди. Себеби жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын түрге енген реформаларға үнлес тәризде жәмийетимиз де өзгериўи шәрт.
Бул, әлбетте, журналистлер алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири. "Янги Ўзбекистон" газетасы усы жойбар арқалы бул ўазыйпаны толық орынлаўға кирискенин айтпақшымыз. Бул да ҳүрметли Президентимиз биз - журналистлер, зыялылар алдына қойған "Миллий контент" жаратыў ўазыйпасының бир бөлеги деп ойлайман. Себеби мәмлекетимиздиң мәпине, халқымыздың абаданлығына хызмет ететуғын мәлимлеме "Миллий контент" есапланады.
Салим ДОНИЁРОВ,
Өзбекстан Республикасында
хызмет көрсеткен журналист





