Екинши жәҳән урысы басланыўының дәслепки жылларында-ақ, халықлар ҳәм мәмлекетлер ушын, бәринен бурын, тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлейтуғын, ҳәр қыйлы урыс ҳәм келиспеўшиликлердиң алдын алыўға ҳәрекет ететуғын, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин кепиллейтуғын халықаралық шөлкем дүзиў зәрүрлиги жүзеге келди. БМШны шөлкемлестириў процеси узақ ўақыт даўам етти ҳәм Екинши жәҳән урысының ең қызғын дәўирлерине туўра келди. Урыс ақырларында БМШ уставы ислеп шығылды ҳәм 1945-жыл 24-октябрьден күшке кирди. Бул күн жәҳән тарийхына "БМШ күни" сыпатында жазылды.

БМШ қәўипсизлик, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, халықаралық қатнасықлар ҳәм басқа да тараўлардағы машқалаларды шешиў, жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалардың алдын алыў превентив дипломатия тийкарында алдын алыў бойынша тийкарғы глобал орайға айланды. Оған ағза болыў, бәринен бурын, ғәрезсизлик ҳәм суверенитеттиң белгиси, басқа тәрептен болса мәмлекеттиң дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алыныўын да аңлатады.

Шөлкем өз жумысы даўамында дүньяда тынышлықты орнатыў, қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында салмақлы жумысларды орынлады. Атап айтқанда, Екинши жәҳән урысынан кейин жүзеге келген "суўық урыс" дәўиринде дүньяның тыныш емес регионларында тынышлық орнатыў операциялары, қураллы соқлығысыўлар жүз берген аймақларда экономиканы тиклеў, колониаллықты сапластырыў, ядро қуралының тарқалыўының алдын алыў, ғалаба қуралсызланыў, расалық кемситиўдиң барлық түрине шек қойыў, кеселликлер ҳәм кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, инсан ҳуқықларын қорғаў, экологиялық қәўип-қәтерлерди сапластырыў сыяқлы глобал машқалаларды шешиўде БМШ избе-из жумыс алып барды.

Тынышлық ҳәм раўажланыў басламалары

БМШ дүзилген дәўирде жүдә көп мәмлекетлер түрли мәмлекетлердиң сиясий колониясы болып, айырым халықлардың ғәрезлилиги ҳәтте бир неше әсирлер даўамында даўам етип атырған еди. Бул дәўирде БМШ пүткил дүньяда колониаллықты сапластырыў ҳәм халықларды азатлыққа шығарыў, ҳәрбир мәмлекет өз тәғдирин ҳәм сиясий жолын өзи белгилеўи ушын тыныш ҳәм ҳуқықый гүрес алып барды. Мәмлекетлер ҳәм халықларға азатлық бериўдиң халық аралық ҳуқықый механизмлерин ислеп шықты ҳәм халық аралық жәмийетшилик пенен келисилген ҳалда әмелиятқа енгизди. Атап айтқанда, 1945-жылда дүнья халқының 1/3 бөлими колонияда еди. БМШ басламасы менен 100 ге жақын мәмлекет ғәрезсиз болды. БМШ 70 тен аслам тынышлық сақлаўшы миссияны әмелге асырды. Дипломатиялық қураллар менен көплеген қураллы соқлығысыўлардың алдын алды. БМШ шөлкемлери (ЮНИСЕФ, ЮНЕСКО, ЖДСШ ҳәм басқалар) арқалы билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, азық-аўқат, экология, тәбийғый апатшылықларға қарсы гүресиў тараўларында кең көлемли жәрдем берип келди.

БМШ ядро урысынан пүткиллей ўаз кешиў талапларын алға сүрди. Бул бағдардағы қатаң позициясы "суўық урыс" шараятында қуралланыў жарысын ҳәм ядролық қуралланыў, "дүнья сиясий майданында ҳүкимдар" мәмлекетлердиң өз-ара ядро қуралы менен қәўип салыў қәўпин салыстырмалы азайтыў, халықаралық қатнасықларда кескинликти жумсартыўға алып келди. БМШ жәҳән сиясатында тынышлық ҳәм қәўипсизлик концепциясын исенимли алға сүрди. Усындай шараятта жаңа тынышлық философиясы қыйыншылық пенен болса да өзине жол ашып барды. Бул процесслерде шөлкем халықаралық майдан ҳәм дәлдалшы ролин атқарды. Нәтийжеде тез арада "салқын урыс" тамамланғаны жәрияланды. Жоқарыда келтирилген мысаллар ҳәм дәлиллер бул дәўирде, яғный 1945-1991-жыллар БМШ жумысының "алтын дәўири" болғанлығын көрсетеди.

БМШ реформаларының зәрүрлиги

БМШның 80 жыллық жумысында жүдә көп унамлы нәтийжелерге ерисилди. Бирақ дүнья өзгерип атырған сайын шөлкем де өзин реформалаўы, жедел ҳәм нәтийжели қарар қабыл етиў потенциалын арттырыўы зәрүр. Ол заманагөй халықаралық қатнасықлар шараятында да пүткил дүньяда халықаралық машқалаларға түрли көзқарас ҳәм шешимлер көрсететуғын бирден-бир универсал глобал шөлкем статусын сақлап қалды. Соған қарамастан, адамзат тарийхында жүз берип атырған кескин сиясий процесслер ҳәм ўақыялар шөлкемди реформалаў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте. БМШны реформалаў бир қатар сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм мәдений факторлар менен байланыслы. Дүньяда халықаралық машқалалар қыйынласты, дүнья жәмийетшилигине жаңа қәўиплер пайда болды. Терроризм, климат өзгериўи, трансмиллий жынаятлар ҳәм басқа глобал машқалалар пайда болды. Оларды шешиў ушын жаңа ҳәм нәтийжели механизмлерге зәрүрлик туўылды. Халықаралық сиясатта ири мәмлекетлердиң тәсири және де артып барды.

Халықаралық геосиясий машқалаларды шешиўде БМШ жумысындағы ески механизм ҳәм қағыйдалар нәтийжесиз болып қалды. XX әсир ақырында дүнья геосиясаты ҳәм картасындағы өзгерислер, халықаралық сиясий майданға жаңа факторлардың кирип келиўи, халықаралық сиясий машқалаларға ҳәр қыйлы қатнас жасаў да шөлкемниң жумыс нәтийжелилигине тәсир көрсете баслады.

БМШ тек ғана ҳәр қыйлы урыс ҳәм келиспеўшиликлерге мүнәсибет билдиретуғын ҳәм тоқтатыўға шақыратуғын халықаралық структураға айланып бармақта. Оның өз-ара урысып атырған тәреплер ямаса ҳәр қыйлы этникалық келиспеўшиликлер жүз берген аймақларда тәреплерди тынышлыққа шақырыў, ҳәр еки тәреп ушын да пайдалы келисимлерди әмелге асырыў, ең тийкарғысы, тынышлыққа мәжбүрлеў механизмлери оғада нәтийжесиз болып қалды. Шөлкемниң миссиясы тек ғана урыс ҳәм келиспеўшиликлер жүз берген аймақларда гуманитарлық жәрдем бағдарындағы жумыс пенен шекленбекте. Сондай-ақ, барған сайын глобалласып атырған, дүньяның түрли регионларында үлкен-киши келиспеўшиликлер, этникалық қарама-қарсылықлар жүз берип атырған, жәҳән системасында сиясий, экономикалық ҳәм экологиялық кризислер, климат өзгерислери ҳәўиж алып атырған шараятта шөлкемди түп-тийкарынан реформалаў қыйын, үлкен экономикалық инвестиция, ең әҳмийетлиси, глобаллық консенсусты талап етеди. Шөлкемди басқышпа-басқыш реформалаў, заман талапларына сай шараятта ислеўине имканият жаратыў зәрүр.

Өзбекстан ҳәм БМШ бирге ислесиўи

Өзбекстан 1992-жыл 2-март күни ғәрезсиз мәмлекет сыпатында БМШға ағза болды. Ол мәмлекетимиз ушын әҳмийетли глобал шерик сыпатында үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекстан БМШ менен тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, экономикалық раўажланыў, климат өзгерислерине қарсы гүресиў ҳәм турақлы қоршаған орталықты сақлаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм теңлик, мәденият ҳәм социаллық тараўларда бирге ислеспекте. Бул бирге ислесиў себепли бир қатар әҳмийетли ҳәм унамлы нәтийжелерге ерисилди. Өзбекстанның басламасы менен БМШ шеңберинде Орайлық Азия регионы ядро қуралынан жырақ аймақ сыпатында тән алынды.

Жаңа Өзбекстан шараятында БМШ менен бирге ислесиўде жаңа тенденциялар, өз-ара қатнасықларда жаңа басқыш басланды. 2017, 2024-жылларда БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш рәсмий сапар менен Өзбекстанда болды. Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 72, 75, 76, 78 ҳәм 80-сессияларында, сондай-ақ, 2021-жылы БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясында шығып сөйледи.

БМШ менен биргеликте 2017-жылы Самарқанд қаласында "Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўма келешек, турақлы раўажланыў ҳәм раўажланыў жолындағы бирге ислесиў", 2018-жылы Аўғанстан мәселесине бағышланған "Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик" темасында жоқары дәрежедеги халықаралық конференциялар болып өтти.

2020-жылы "Жаслар 2020: глобал көлемдеги тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары" Самарқанд форумы, 2021-жылы "Орайлық Азия жәҳән цивилизациялары кесилиспесинде" халықаралық Хийўа форумы, 2022-жылы "БМШ Глобал антитеррор стратегиясын әмелге асырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер режеси шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлериниң регионаллық бирге ислесиўи" халықаралық әнжуманлары шөлкемлестирилди.

2018-жылы Өзбекстанның басламасы менен Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы Траст фонды шөлкемлестирилди. Өзбекстан тарийхта биринши мәрте 2021-2023-жылларда БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң толық ҳуқықлы ағзасы болды. 2022-жылы БМШ Экономикалық ҳәм социаллық кеңесиниң Раўажланыў мақсетлеринде илим ҳәм технологиялар мәселелери бойынша комиссиясы, 2024-жылы 2025-2027-жыллар ушын БМШның Экономикалық ҳәм социаллық кеңеси (ЭКОСОС), 2024-жылы 2024-2027-жыллар ушын Халықаралық мийнет шөлкеминиң Админстративлик кеңесине ағза етип сайланды.

Жаңа басламалар ҳәм халықаралық тән алыў

Өзбекстан Президентиниң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясында бир қатар резолюциялар қабыл етилди. Олар тек ғана Орайлық Азияның экономикалық ҳәм сиясий раўажланыўы емес, ал пүткил дүньядағы глобал машқалаларды шешиўге де әҳмийетли тәсир көрсетеди. Соның ишинде, "Орайлық Азия регионында тынышлық, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў" резолюциясы регионаллық өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў және Орайлық Азияда турақлы раўажланыўда айрықша әҳмийетке ийе. "Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик" резолюциясы болса дин ҳәм мәдениятлараралық кеңпейилликти, инсан ҳуқықлары ҳәм басқа да тийкарғы принциплерди раўажландырыўға қаратылған. Сондай-ақ, "Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў" резолюциясында регионда, атап айтқанда, Арал теңизи аймағында экологиялық инновациялар ҳәм технологияларды енгизиў мақсет етилген.

Өзбекстанның басламалары регионаллық ҳәм глобал тынышлық, миллетлераралық ҳәм динлераралық кеңпейиллик, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, регионлар ҳәм мәмлекетлер арасында бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыў, транспорт коммуникацияларын жоқарылатыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Мәмлекетимиз ҳәм БМШ арасындағы қатнасықлар өз-ара исенимге тийкарланған. Өзбекстанның реформаларға садықлығы ҳәм халықаралық миннетлемелерге әмел етиўи структураның елимизге исенимин арттырды. Мәмлекетимиз БМШ пенен бирге Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бойынша жедел ислемекте. Өзбекстанның Орайлық Азияда тынышлық, турақлылық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлери структура тәрепинен қоллап-қуўатланып келинбекте.

Айбек АБДИМУМИНОВ,

тарийх илимлери бойынша философия докторы,

доцент