Заман жеделлик пенен раўажланбақта. Ҳәр күни бир жаңалық еситиўге үйренип қалдық. Турмысымыз технологиялар, жасалма ақыллар менен байланысып бармақта. Усылар ҳаққында ойлар екенбиз, гейде сескенип кетесең: ертеңги турмысымыз инсан өз қолы менен жаратқан роботларға ғәрезли болып қалмаспа екен, адамларда жүрек толқыны, ата-бабалардан мийрас болған сезимлер жоғалып кетпеспе екен? Сондай болыўы мүмкин бе өзи? Қалай болса да мен: "Жоқ, ондай болыўы мүмкин емес, болыўы керек емес", деген жуўап пенен өз-өзиме тәселле бериўге ҳәрекет етемен.
Ҳәзир бул гәплерди айтып атырғанымның себеби көп. Бүгин ана тәбият адам әўладларының меҳрине, итибарына жүдә-жүдә мүтәж. Тәбият пенен тиллесип, деген көз қарас бар. Бирақ биз узақ жыллар тиришилик байлықлары менен есапласпадық, олардан тек нәпси жолында пайдаландық, теңсалмақлылықты тәмийинлемедик.
Ақыбет көз алдымызда. Жоқ-жоқ, тек көз алдымызда емес, өзимиз, перзентлеримиз, ақлықларымыз денесиндеги дәртлерде, демек денемиздеги аўырыўларда көзге тасланбақта.
Гәп дәлиллеў менен. Экологиядағы унамсыз өзгерислер себепли кеселликлер жасарып бармақта. Тек ғана сүйек жемирилиўи ямаса онкологиялық кеселликлерди алайық. Қәнигелердиң айтыўынша, бундай кеселликлер алдынлары 50-60 жастан кейин бақланған. Ҳәзир 18 жасар жигитте сүйек жемирилиўи басланғанын көп еситип қаламыз...
Таўлардағы булақлар қурып баратыр. Дәрьялардың суўы тартылған. Мәңги музлықлар көз алдымызда ерип атырғанына не дейсиз?!
Айтсақ гәп көп. Бүгин болса инсанияттың алдында бир сораў турыпты: қоршаған орталықтың патасланыўын, тәбиятты қалайынша сақлап қаламыз?
Ҳәзир пүткил дүнья жүзи усы ашшы сораў алдында аң-таң. Дурыс, жедел ҳәм қатаң ҳәрекетлер болып атыр. Бирақ қайта тиклениў, теңсалмақлықты бурынғы өзегине түсириў биз күткендей емес. Соның ушын, ҳәммемиз, ҳүкимет дәрежесинде, халық қадағалаўы дәрежесинде бул машқалаға өмир-өлим мәселеси сыпатында қараўды бир заман да тоқтатпаўымыз зәрүр.
Жаңа Өзбекстан сиясатында климат өзгерислери, экологиялық кризис ҳәм тәбиятты қорғаў мәселесине оғада үлкен итибар қаратылып атырғанының себеби сонда.
Келиң, ендиги гәпти жыл аты менен даўам етейик. Президентимиздиң басламасы менен 2025-жыл мәмлекетимизде "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылы", деп жәрияланды. "Өзбекстан - 2030" стратегиясында жылымыздың аты ҳәм мақсетлери менен байланыслы оғада әҳмийетли илажлардың календары белгиленген.
Ҳәзир олардан айырымларын санайық.
Атап айтқанда, быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада:
- биринши - мәҳәллелердиң экологиялық көринисин жақсылаў, көшелерде жасыллық дәрежесин арттырыў, экологиялық жақтан қолайлы ҳәм абадан жасаў орталығын қәлиплестириў;
- екинши - халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў;
- үшинши - тәбийғый ресурсларды үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў;
- төртинши - өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын сақлаў, көбейтиў ҳәм кейинги әўладқа жеткериў ҳәм биологиялық көп түрлиликти сақлаў;
- бесинши - "жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, экономиканы климаттың өзгериўине бейимлестириўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў сыяқлы мәселелер орын алған.
Аўа, әлбетте, бундай илажлар өз нәтийжесин бериўи тәбийғый. Бирақ, жоқарыда атап өткенимиздей, климат өзгерислерине қарсы гүресиўде бәрқулла жаңадан-жаңа жолларды излеп барыўымыз зәрүр.
Президентимиз күни кеше қол қойған "Экология ҳәм туризм тараўларында халықтың талапларына жедел жуўап бере алатуғын басқарыў системасын жаратыў илажлары ҳаққында"ғы пәрман, "Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарар тәбиятты сақлаў жолында бәршемизге жаңа мақсет ҳәм режелер, жаңаша пикирлеўди үйретиўи менен де әҳмийетли болып есапланады.
Енди системада қандай ең әҳмийетли өзгерислер болады?
Бириншиден, Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети шөлкемлестириледи. Комитет тиккелей Президентке есап береди, ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан ғәрезсиз жумыс алып барады, олардың лаўазымлы шахсларына комитет жумысына араласыў қадаған етиледи.
Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң өз алдына шөлкемлестирилиўи ҳәм шөлкем еркин жумыс алып барыўы мақсетке муўапық. Себеби, онысыз да үлкен қәўипке айланып атырған климат өзгерислери, қоршаған орталыққа, жасыл дүньяға болып атырған басқыншылықлардың алдын алыў сораў астында қалып атырған, бул бағдарда ҳәр қыйлы көз бояўшылық, көрип көрмеске алыў, тәбиятқа қарсы жынайый ҳәрекетлерди легалластырыў сыяқлы жағдайлар тез-тез ушырасып атырған бир шараятта усы комитеттиң еркин жумыс алып барыўы мақсетке муўапық болып есапланады. Бул арқалы нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыўда тәсиршең илажлар көриў механизмин тәмийинлеў мақсет етилген.
Ендиги мәселе жаңадан шөлкемлестирилген комитет өз алдына қойылған мақсет ҳәм ўазыйпаларды сөзсиз ҳәм ҳүжданлы тәмийинлеўде ғана қалады.
Екиншиден, Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң Мәмлекетлик экологиялық қадағалаў инспекциясы - Экополиция шөлкемлестириледи.
Бул әмелият көплеген раўажланған мәмлекетлерде қолланылып, жақсы нәтийже берип келмекте. Мәселен, АҚШ, Германия, Россия ҳәм Европа мәмлекетлеринде "жасыл қәўипсизлик күшлери" сыпатында жумыс алып баратуғын бул система өзлериниң белсенди ҳәрекетлери менен қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлеўде қол келмекте.
Енди Өзбекстанда да жумыс баслап атырған экополиция ҳәрекети ҳәр биримизди сергеклик ҳәм қырағылыққа шақырыўы менен тәсир көрсетсе, бул тек ғана бизлер ҳәм келешек әўладларымыз ушын пайдадан басқа нәрсе емес.
Үшиншиден, Экология комитетиниң аймақлық ҳәм районлық (қалалық) бөлимлери жергиликли ҳәкимликлер структурасына кирмейди ҳәм өз жумысын еркин әмелге асырып, комитет алдында есап береди.
Бул өзгерис те экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, ҳәзирги ўақытқа шекем экологиялық ҳуқықбузарлықлар, айтайық, терек кесиў менен байланыслы жағдайлардың бир ушы көбинесе аймақлық ҳәкимликлерге барып тақалатуғын еди. Тәбийғый, оған шара көриўге жуўапкер шөлкем ҳәкимлик системасында болғаны ушын "жабық қазан жабық болып қала берер еди".
Үмит етемиз, енди ондай болмайды. Себеби, пәрман ҳәм қарар менен белгиленген ўазыйпалар, усы тийкарда жолға қойылатуғын жаңа системалар бар машқалалардың алдын алыў, экологиялық қадағалаў ҳәм жәмийетшиликтиң белсендилигин арттырыўды қоллап-қуўатлаўды нәзерде тутады.
Президентимиздиң атап өткениндей, "Бизлердиң ўазыйпамыз - келешек әўладлар турақлы, қәўипсиз ҳәм абадан дүньяда жасаўы ушын барлық илажларды көриў болып есапланады".
Төртиншиден, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли ҳәкимликлерге терек ҳәм путаларды кесиў ҳәм көшириўди нәзерде тутатуғын ҳәр қандай түрдеги ҳүжжетти қабыл етиў қатаң қадаған етилди.
Бул оғада әҳмийетли ҳәм ўатанласларымыздың ҳақылы наразылықларына әдил жуўап болған қарар екенин атап өтиўди қәлер едик. Демек, енди тереклерди кесиў ушын перде артындағы ҳәрекетлерге шек қойылады.
Усы жерде және бир пикир. Жақында социаллық тармақларда пайтахтымызда тәбиятқа деген жек көриўшилик ҳәрекетине көзимиз түсти. Көп қабатлы объектлердиң биринде тереклерди қастан жоқ етиў ушын оларға бояў сеўип атырған сүўретлери тарқалды.
Расын айтқанда, оларға не деп айтыўға да ҳайран қаласаң. Бундай ҳәрекет ҳәм мақсетти ҳеш қандай сылтаў менен ақлап болмайды ақыры. Айтпақшы болғанымыз, тереклерди кесиўге мәмлекетлик басқарыў уйымларының рухсатын бийкарлаў жақсы, әлбетте. Бирақ оларды билқастан жоқ етиўге болған урыныўлардан сақланыўымыз керек болады.
Бесиншиден, 2026-жыл 1-апрельден мәҳәлле халқының кеминде 10 проценти разы болған жағдайда, мәҳәлле аймағындағы тереклик жер майданын алып қойыў ҳәм басқа да мақсетлер ушын ажыратыўға қадаған етиледи. Бул қадаған етиў кадастр базасында да сәўлеленеди.
Биз жоқарыда халық қадағалаўы ҳаққында сөз еткен едик. Бунда үлкен улыўма миллий тилеклеслик ҳәрекети бар.
Гәп сонда, соңғы жыллары мәмлекетимизде социаллық бирлесиў қубылысы бақланбақта. Бул, айтайық, командалық спорт - футболда ерисип атырған нәтийжелеримизде, халықтың өз аймағын абат етиўге болған умтылыслары - "Ашық бюджет" платформасы ҳәрекетлеринде, қабыл етилип атырған ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерге байланыслы билдирилип атырған пикирлер, командалық додалаўлар ҳәм басқаларда көзге тасланбақта.
Енди қоршаған орталықты сақлаў жолында да бирлесиў ушын ҳуқықый тийкар жаратылмақта. Бир теректи кесиў халық пенен додаланады, олардың разылығы алынады, разылық берилмесе, демек бул терек және гүллеп-өсе береди.
Пикирлесиўимизди заман тезлиги арасында өтпей баратырған пикирлеў сезимлери менен баслаған едик. Тәбият инсан сезимлери ҳәм мийримли сана менен тири. Адамзат руўхы да тәбият руўхы менен үнлес. Екеўи де бир-биринен бөлек жасай алмайды. Тиришилик ҳәм турмыслық, дүньялық тәғдирлердиң даўамлылығы усы философияның мәниси менен тәмийинленеди. Солай екен, биз бүгин тереклерди кесиў, қоршаған орталыққа зыян жеткерип, ўақтынша пайда алыў жолларын емес, тәбият пенен бирге раўажланыў мақсетлерин гөзлеп жасаўымыз керек болады.
Президентимиз күни кеше қол қойған пәрман ҳәм қарардың мазмун-мәниси де бәршемизге мине усы ҳақыйқатты аңлатады.
Салим ДОНИЁРОВ,
Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист