Театрлардың жәмийеттиң мәдений турмысындағы әҳмийетин арттырыў илажлары белгиленди

    Президент Шавкат Мирзиёев 22-ноябрь күни мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў, атап айтқанда, театрлардың жәмийеттиң мәдений турмысындағы әҳмийетин арттырыў ҳәм олардың жумысын және де қоллап-қуўатлаўға байланыслы усыныслар презентациясы менен танысты.

    Бул ҳаққында өткен жылы 22-декабрьде болған Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеси мәжилисинде айтылған еди. Жуўапкерлер бул бағдарда ислеп шығылған илажлар ҳаққында мәлимлеме берди.

    Оған бола, 2025-2030-жылларда театрларда «Миллий қаҳарман» ҳәм «Инсан қәдири ушын» темаларында 32 дүрким спектакллер жаратыў усыныс етилмекте.

    Сахна шығармаларын жаратыўда дөретиўшилик бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў, драматургия ҳәм режиссёрлықты және де раўажланджырыў бойынша усынслар билдирилди. Атап айтқанда, театр драматурглары ушын Маҳмудхўжа Беҳбудий, жас режиссёрлар ушын Баҳодир Йулдошев атындағы сыйлықларды шөлкемлестириў, «Нигоҳ» дөретиўшилик жойбарын жолға қойыў, миллий академиялық музыка өнери бойынша композиторлар танлаўын өткериў усыныс етилди.

    Мәденият ҳәм көркем өнердиң билимлендириў менен тығыз бирге ислесиўин беккемлеў, илажлардың театрларда әмелий шынығыўларын кеңейтиў, театр тараўына байланыслы илимий-изертлеў жумысына буйыртпалар бериў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

    Театрдың актёр ҳәм режиссёрлары, театртаныўшы ҳәм көркем өнертаныўшылардың шеберлик мектеплери ҳәм театр сыншылары ҳәм драматурглары клубы шөлкемлестирилип, олардың жумысы қоллап-қуўатланады. Ҳәр жылы мәмлекетлик емес театрларға да мәмлекетлик буйыртпалар бериледи.

    Улыўма ҳәм жоқарыоқыў орынларында ҳәўескерлик театр жәмәәтлери дүзилип, олар арасында таңлаўлар өткериледи. Жаслардың театрларға турақлы келиўин нәзерде тутуыўшы «Театр -ибратханадур» бағдарламасы әмелге асырылады.

    Келеси жылдан Өзбекстан театр жәмәәтларының миллий рейтинги дүзиледи. Аймақлардағы театр имаратлары толық оңланып, заманагөй технологиялар тийкарында модернизацияланады. Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театрына «академиялық» статусы бериледи.

    Буннан тысқары, презентацияда тараў ўәкиллерин хошаметлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.2025-жылдан баслап, мәденият ҳәм көркем өнер, мәлимлеме китапхана музейлер тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң мийнет ҳақы муғдарлары арттылыўы белгиленди.

    Мәтериаллық мәпдарлық хызметкердиң жумыс нәтийжелилиги (KPI) көрсеткишлерине байланыслы. Онда халыққа мәдений хызмет көрсетиў, әсиресе, алыс аймақларға гастроллар шөлкемлестириў, жаңа дөретпелер жаратыў, уқыплы жас дөретиўшилерди излеп табыў сыяқлы критериялар инабатқа алынады.

    Сондай-ақ, 2025-жылдан баслап Өзбекстан Миллий симфониялық оркестри хызметкерлериниң мийнет ҳақлары арттырылып, мүнәсип мәтериаллық хошаметлендириледи. Оркестр жәмәәти тәрепинен мәмлекет буйыртпасы тийкарында ҳәр жылы жаңа музыкалық дөретпелер жаратылады, шебер дирижёр, оркестр атқарыўшыларының шеберлик мектеплери жумысы жолға қойылады. Оркестр жәмәәтиниң елимиз аймақлары ҳәм сырт ел гастроль сапарлары, ири кәрхана ҳәм шөлкемлер хызметкерлери ушын концерт илажлары шөлкемлестириледи.

    Усының менен бир қатарда, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер тәлимин жаңа басқышқа көтериў мәселери бойынша да өз алдына тапсырмалар берилди. Соның ишинде, талантлы жасларды ерте анықлаў, таңлап алыў ҳәм оқытыў бағдарында бир тутас система жаратыў, сондай-ақ, улыўма орта, мектептен тысқары, кәсиплик, жоқары билимлендириў шөлкемлери, мәденият ҳәм көркем өнер системасындағы билимлендириў мәкемелеринде оқыў режелери ҳәм бағдарламаларының өз-ара муўапықлығын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.


    No date selected
    November 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates