Билим ҳәм руўхыйлық беккем болса, экономика да жақсы раўажланады

    Президент Шавкат Мирзиёев 23-ноябрь күни Ташкент қаласының әтирапында «жасыл белбеў» жаратыў жойбары шеңберинде терек егиў илажында қатнасты ҳәм Янгиҳаёт районына барып, санаат кәрханаларының жумысы ҳәм мәҳәлледеги дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

    Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде жаратылып атырған жаңа бағқа нәл екти.

    Бүгинги әсирге келип тәбияттың тазалығы ең әҳмийетли мәселеге айланды. Ҳаўа ҳәм суўдың патасланыўы, топырақ эрозиясы, шөллениў, глобал ысыў тәбийғый турақлылыққа ҳәм адамлардың денсаўлығына зыян келтирмекте. Елимизде бул алдыннан аңланып, қоршаған орталықты қорғаў илажлары көрилмекте.

    Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен буннан үш жыл алдын басланған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары ҳақыйқый халық ҳәрекетине айланды. Ҳәр жылы бәҳәр ҳәм гүзде терек нәллерин егиў дәстүри жанланды.

    Президентимиздиң өзи бунда ҳәмийше өрнек. Алдынғы жыллары Жаңа Ташкент, Сергели, Чиланзарда нәллер еккен еди. Быйыл пайтахтымыздың Бектемир районында Ташкент айланба жолының бойында жасыл аймаққа тийкар салынды.

    Оның ушын 100 гектар жер ажыратылған болып, еки жылда жәми 100 мың түп терек ҳәм пута нәллери егиледи. Оларды тәрбиялаў ушын 3 жасалма суў бассейни ҳәм 12 қудық қазылды.

    Бизге белгили, «Жасыл мәкан» жойбарында қалалар жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў, атап айтқанда, олардың әтирапында «жасыл белбеў» жаратыў мақсети белгиленген. Айланба жолының бойындағы бул аймақ Ташкент «жасыл белбеў»иниң бир бөлеги болады. Және бир итибарлы тәрепи, бул жерде тәбийғый тоғай түри жаратылады.

    Мәмлекетимиз басшысы жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм сырт елли дипломатлар менен сәўбетлести, бул ийгиликли басламаға үлес қосып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

    – Бул дәстүр өзи бизде бар. Халқымыз тәбиятты «ана» дейди, жерди, суўды қәдирлейди. Оның негизиндеги ҳақыйқат ҳәзирги экологиялық машқалалар тәсиринде анық көринбекте. Соның ушын «Жасыл мәкан» жойбарын басладық. Енди бул басламалар кең жайылыўы, әсиресе, жасларымызға терең сиңиўи зәрүр. Ҳәр бир хожалық, ҳәр бир кәрхана тәбиятты қорғаўға үлес қосыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

    Илажды видеобайланыс арқалы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар жәмийетшилиги де бақлады. Бул жерлерге де нәллер егилди. Бул гүзги мәўсимде «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде 80 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў режелестирилген.

    Бәҳәрде 138 миллион нәл егилген еди. Министрлик ҳәм ҳәкимликлер 257 бағ жаратқан. Ири санаат кәрханалары ҳәм шығынды полигонларының әтирапына да тереклер егилип, «жасыл белбеў»леер шөлкемлестирилмекте.

    Автомобиль ҳәм темир жоллары, дәрья ҳәм каналларға тутас жерлер терек егиў ушын дерлик 10 мың халық ҳәм исбилерменге ижара шәртнамасы тийкарында ажыратып берилди. «Мениң бағым» жойбары шеңберинде жеңимпаз деп табылған 215 жойбар бойынша басқышпа-басқыш егиў жумыслары басланды.

    Улыўма, кейинги 3 жылда мәмлекетимиз бойынша жәми 646 миллион түп нәл ҳәм путалар егилген. Аралбойында жасыл қаплама 2 миллион гектардан асқан.

    Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздың Янгиҳаёт районында қурылып атырған «Жаңа әўлад» арнаўлы санаат зонасында болды.

    Мәмлекетимизде санаат ҳәм исбилерменлик раўажланғанына қарай қосымша шараятларға мүтәжлик пайда болмақта. Мәмлекетимиз басшысының быйыл 20-марттағы қарары менен шөлкемлестирилген бул санаат зонасы және көплеген кәрханаларға орын болады.

    Аймақ экономикасында үлкен орынға ийе болыўы күтилип атырған комплекс майданы 764 гектар. Ҳәзирги ўақытта инфраструктура тармақлары қурылмақта. Бул жерде азық-аўқат, қурылыс материаллары, электротехника, машина қурылысы ҳәм химия санааты сыяқлы бағдарларда 1 миллиард 375 миллион долларлық 47жойбар жайластырылады. Оларда 12 мыңға шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.

    Президентимиздиң атап өткениндей, кәрханалар халықаралық брендлер менен бирге ислесиў жолға қойылады. Атап айтқанда, “DP World”, “JAC Motors”, “Krantas”, “Аcес Japan”, “East can solutions”, “EAS” ва “Evyap” сыяқлы абырайлы компаниялар менен биргеликте қосымша қунлы, экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарылады.

    Мәмлекетимиз басшысына усындай жойбарлардан айырымлары таныстырылды.

    Атап айтқанда, Қытайдың “CAMC Engineering” компаниясы менен санаат зонасын басқарыў, инвесторларды тартыў ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў нәзерде тутылған. “JAC Motors” компаниясы коммерциялық автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўды жолға қояды. 135 миллион долларлық бул жойбар нәтийжесинде 2 мың жумыс орны жаратылады. Японияның “Аcес Japan” компаниясы менен биргеликте 9 миллион долларлық офис ушын отырғыш ҳәм мебельлер ислеп шығарыў жолға қойылып, және 100 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

    Бирлескен Араб Әмирлигиниң “DP World” компаниясы менен болса транспорт-логистика орайын шөлкемлестириў бойынша жумысларды баслаған.

    Аймақта лаборатория, изертлеўлер орайы, коференция заллары ҳәм саўда зонасы шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, дуал билимлендириў жолға қойылып, санаат кәрханалары ушын керекши қәнигелер бул жердиң өзинде таярланады.

    – Соңғы жыллары жалпы ишки өнимимиз еки есеге өсип, быйыл 110 миллиард долларға жетпекте. Енди оны 200 миллиард долларға жеткериўди мақсет еттик. Инвесторлардың жойбарлары ушын барлық шараятты жаратып бермесек, бул көрсеткишке жете алмаймыз. Ташкент қаласы бул бойынша да үлги болыўы керек,-деди Президент.

    Жуўапкерлерге жойбарларда локализациялаў ҳәм санластырыў, энергия үнемлеўге әҳмийет қаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

    Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласындағы «Янгиҳаёт» индустриал технопаркинде де болды.

    Янгиҳаёт районында 184 мыңнан аслам халық жасайды. Соңғы жыллары көплеген жаңа турақ жайлар қурылып, шаңарақлар көшип келди. Олар ушын усы жақын әтирапта жумыс орынларын шөлкемлестириўге ҳәрекет етпекте.

    Президентимиздиң 2021-жыл 4-февральдағы қарары тийкарында қурылған «Янгиҳаёт» технопарки усы мақсетке қаратылған. Шавкат Мирзиёев 2022-жылда қурылыс майданы ҳәм болажақ жойбарлар менен танысқан еди. Технопарк ушын 110 гектар майдан ажыратылған.

    Бәринен бурын, бас реже ислеп шығылып, инженерлик-коммуникация тармақлары қурылды. Атап айтқанда, 10,8 километрлик суў ҳәм ақаба, жаўын суўларын қашырыў системасы қурылды, 2,9 километрлик ишки жоллар қурылып, 51 километр электр энергиясының линиясы ҳәм 5,9 километр газ тармағы тартылды.

    Ҳәзир бул жерде 101 миллион долларлық 8 кәрхана иске қосылған, 520 жумыс орны жаратылған.

    Мәмлекетимиз басшысы олардың айырымларын көзден өткерди.

    Мәселен, «Алмерро Груп» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде “Krember” бренди астында кондитер өнимлери ислеп шығарылады. Оның ушын 3 гектар жер ажыратылған, 22 миллион доллар қаратылған. Италия, Испания ҳәм Түркия мәмлекетлеринен алып келинген алдыңғы технология орнатылған. Кәрханада жылына 320 миллиард сумлық 80 түрдеги кондитер өнимлериниң ислеп шығарылыўы нәзерде тутылған. Өнимлердиң 15-20 проценти Қытай ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етиледи.

    Баҳасы 21 миллион долларлық “Vera Modern Elektrical” кәрханасы 600 түрдеги кабель ҳәм сым өнимлерин ислеп шығарыў, 4 миллион долларлық экспорт қуўатлылығына ийе. Әҳмийетлиси, өнимлердиң 35-40 проценти импорт орнын басады ҳәм локализациялаў дәрежеси 70 процентке жеткериледи.

    Мәмлекетимиз басшысы кәрханалар өнимлерин көзден өткерди.

    – Кейинги жыллары исбилерменлерге жаратылған шараятлар бүгин өз нәтийжесин бермекте. Өзимиздиң исбилерменлер мине, усындай көп түрде ҳәм жоқары сапалы өнимлер ислеп шығармақта. Бул имканиятларды ҳәр жылы кеңейтип барамыз. Себеби исбилермен экономиканың тийкары, мәмлекеттиң таянышы,-деди Президент.

    Шавкат Мирзиёев өндирис жумысы ушын таяр имаратлар қурыў жойбары менен де танысты. Технопарк ишинде “Mimar Group” компаниясы тәрепинен еки қабатлы комплекс қурылып, киши кәрханалар ҳәм өнерментлерге мүддетли төлем тийкарында сатылмақта. Олардың ҳәр биринде айрықша өндирис ҳәм көргизбе майданлары болады.

    Ҳәзирги күнде усындай имаратларда улыўма баҳасы 3 миллион долларлық 4 жойбар – есик-терезелер, тоқымашылық өнимлери, қурылыс ушын профиллер ҳәм қуяш панеллери кәрханалары жумыс баслаған.

    Президентимизге технопарктеги режелер бойынша мағлыўмат берилди. Соның ишинде, қурылыс материаллары, электротехника, логистика ҳәм хызмет көрсетиў, текстиль ҳәм тоқымашылық санааты, азық-аўқат санааты сыяқлы бағдарларда 386 миллион долларлық 46 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Буннан тысқары, технопарктеги кәрханалар ушын қәнигелер таярлаўда дуал билимлендириў жолға қойылады.

    Улыўма, технопаркте 2025-жылы 235 миллион долларлық 37, 2026-жылы болса 50 миллион долларлық 1 жойбар иске қосылады. Нәтийжеде 10 мың жаңа жумыс орны ҳәм 35 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады.

    Өткен он айда Янгиҳаёт районында 3 мыңнан аслам халық турақлы жумысқа жайластырылған, 6 мың өзин-өзи бәнт еткен шахс дизимнен өткерилген.

    Соң мәмлекетимиз басшысы Янгиҳаёт районындағы Хушнуд мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы, аймақтағы өзгерислер менен танысты.

    Мәҳәлле жаңа – 2021-жыл шөлкемлестирилген. Бул жердеги 48 көп қабатлы турақ жай ҳәм 625 ҳәўлиде 11 мыңнан аслам халық жасайды. Балалар бақшасы, спорт мектеби, шаңарақлық поликлиника, жеке меншик клиника, өндирис кәрханалары, дүкан ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары бар. Быйыл 49 микрожойбар арқалы 116 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

    Алдын бул орынлар қараўсыз еди. 2018-жылдан баслап заманагөй үйлер, балалар майданшасы ҳәм спорт майданшалары қурылды. Әтирап абаданластырылды.

    Мәҳәллениң үш қабатлы имараты да быйыл қурылды. Оның биринши қабатында мәҳәлле баслығы ҳәм хызметкерлердиң ханалары, китапхана, жадидлер мүйеши жайласқан. Жоқары қабатларда анық пәнлер ҳәм шет тиллери бойынша оқыў орайы, фитнес залы жумыс алып бармақта. Жертөле бөлиминде жасларды кәсипке бағдарлаўшы моноорай шөлкемлестирилген.

    Мәмлекетимиз басшысы бул шараятларды көзден өткерди. Мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар менен сәўбетлести. Олар соңғы жыллары Янгиҳаёт районының жедел өзгергени, жаңа транспорт жоллары ҳәм кәрханалар қурылып, турмыс жанланғанын айтты.

    – Бүгин келўимизден мақсет қабыл етип атырған қарарларымыздың нәтийжесин, адамлар турмысын көриў. Усы райондағыдай, ҳәр бир аймақты раўажландырыў, адамларға қолайлықларды ҳәм жумыс орынларын көбейтиўге ҳәрекет етип атырмыз. Соның менен бирге, тәлим-тәрбияға, мәдениятқа үлкен итибар қаратып атырмыз. Билим ҳәм руўхыйлық беккем болса, экономика да жақсы раўажланады,-деди Шавкат Мирзиёев.

    Президент мәҳәлледеги 150 орынлы, заманагөй шараятлар жаратылған жеке меншик бақшаның жумысы менен де танысты. Ол усы жылы пайдаланыўға тапсырылған 16 қабатлы турақ жайдың биринши-екинши қабатында жайласқан. Мәкеме ханаларын үскенелеўде заманагөйлик ҳәм миллийлик үйлесиўине айрықша итибар қаратылған.

    Мәҳәлледе жас балалы ҳаял-қызлар көп. Олар ушын бул жерше жақын орынларда тигиўшилик, кондитерлик сыяқлы бағдарларда жумыс орынлары жаратылмақта. Бул бақша олар ушын оғада қолайлы болды. Кеўили қәтиржам жумыс пенен бәнт болады, шаңарағына қосымша дәрамат келтиреди.

    Мәмлекетимизде әҳмийетли бағдарламалардың мине, усы мәҳәллелерде әмелге асырылып атырғаны, системаға үлкен ўәкиллик ҳәм имканиятлардың берилип атырғаны атап өтилди. Бул жумыслар олардағы абатлық, халықтың абаданлығында өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.

    No date selected
    November 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates