Үлкемизде бәҳәр самалы есе баслады. Ҳәтте аязлы суўық бәҳәрге орын босатып бериўге асықпай атырған болса да, барлық жанзат, ҳәр бир гия, ҳәр бир шөп жасарыў, жаңаланыўға умтылмақта. Бундай демлерде ата-бабаларымыз әзелден тәбият қушағына асығып, әтирапты абаданластырыў, ана жерге гөззаллық ҳәм сулыўлық бағышлаўға умтылған.

Бул процессте халқымыздың бийбаҳа пикирлеў тәризи, арзыў-нийетлери, келешекке умтылысын көрсететуғын көплеген жақсы қәдириятлар қәлиплескен. Бул бийбаҳа мийрас бүгин де мәңги жасамақта ҳәм адамзат жәмийетиниң раўажланыўында өзлигин көрсетпекте. Жаңаланыў ҳәм жасарыў байрамы - Наўрызы әййямы ҳәм абаданластырыў жумыслары менен байланыслы жақсы дәстүрлер буған мысал бола алады.

Әсиресе, Президентимиздиң усы жыл 21-февральдағы "2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарында бул бағдардағы жумысларды раўажландырыўға қаратылған кең көлемли ўазыйпалардың белгилеп берилгени әйне мақсетке муўапық болды. Соның ишинде, Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышланған барлық илаж миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз және бүгинги реформаларымыздың мәнис-мазмунына сай түрде жоқары дәрежеде шөлкемлестириледи. Улыўмахалықлық байрамы елимизде "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында сейиллер түринде жоқары дәрежеде кеңнен белгиленеди.

Қарарға бола, быйылғы Наўрыз байрамы муқаддес Рамазан айында белгилениўи инабатқа алынып, кексе әўлад ўәкиллери, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын ҳәр тәреплеме ҳүрметлеў илажлары көриледи. "Меҳрибанлық", "Сақаўат" ҳәм "Мүриўбет" үйлеринде жасап атырған шахслар, социаллық қорғаў дәптерлерине киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алынады, олар ушын байрам дастурқаны жайылады ҳәм ҳәр қыйлы қайырқомлық илажлары өткериледи.

Қарардың және бир әҳмийетли тәрепи сонда, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарында белгиленген илажларды әмелге асырыў, байрам алдынан барлық аймақта, көше, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акциялары, улыўмахалықлық шембиликлерди өткериў ўазыйпасы белгиленген.

Бүгин глобал экологиялық машқалалар барған сайын тереңлесип, тәбиятқа, соңғылығында адамзатқа унамсыз тәсири, зыяны артып бармақта. Итибарлы тәрепи, елимизде усы машқалалардың шешимине қаратылған бир қатар жаңа ҳәм ийгиликли басламалар турмысымызға терең кирип бармақта. Солардың бири "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары.

2025-жылға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарламада бул ийгиликли жумысларды избе-из даўам еттириў менен бир қатарда, тәбиятты сақлаў, экологиялық теңсалмақлылықты турақластырыў ҳәм жасыл раўажланыўға бағдарланған көплеген әҳмийетли баслама ҳәм идеялар, илажлар белгиленген.

Соның ишинде, 2025-жыл бәҳәр-гүз мәўсиминде "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде мәҳәллелерде терек, үйлерге ҳәм ишки көшелерге гүл ҳәм қәлемшелер егиў бойынша илажлар ислеп шығылды. Оған тийкарланып улыўмамиллий бағдарлама шеңберинде бәҳәрде 125 миллион ҳәм гүзде 75 миллион түп саяманлы, мийўели терек ҳәм пута нәллерин және қәлемшелерин егиў режелестирилген.

Тәбиятты жасыллыққа бөлеўде тоғайлардың орны шексиз. Сонлықтан, быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада тоғай менен қапланған майданларды 4,1 миллион гектарға жеткериў ҳәм қорғалатуғын тәбийий аймақларды 14,5 процентке шекем кеңейтиў нәзерде тутылған. Буның ушын тоғай хожалықларында 123 миллион түп нәл жетистириледи. Нәл жетистириўди раўажландырыў мақсетинде 18 мәмлекетлик тоғай хожалығын нәл жетистириўге қәнигелестириў мақсет етилген. Онда "илим - жойбар - әмелият" шынжырында генетикалық селекция жумыслары күшейтилип, туқымгершилик лабораториялары, интенсив тәжирийбе участкалары ҳәм "аналық" плантациялары шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, туқымларды генетикалық таллаў, өсиўшеңлигин тәмийинлеў, шет елден өнимдар туқым ҳәм нәллерди алып келиў және оларды интродукциялаў ҳәм районластырыў бағдарламасын ислеп шығыў, интенсив әмелият тәжирийбе участкалары ҳәм туқымгершилик аналық плантацияларын шөлкемлестириў сыяқлы әҳмийетли илажлар әмелге асырылады. Шөл, таўлы ҳәм таў алды аймақларында шөллениў ҳәм қум көшиўи, топырақтың суў ҳәм самал эрозиясының алдын алыў және экологиялық орталықты жақсылаў мақсетинде қорғаў тоғайларын (изоляция) жаратыў да режелестирилген.

Тоғайларды сақлаў ҳәм кеңейтиўге бундай үлкен итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Өйткени, тоғайлар тәбият теңсалмақлығын сақлаў ушын зәрүр болған әҳмийетли ресурс болып есапланады. Бул жасыл байлық тек ғана атмосферадағы углерод газын өзине тартып қоймастан, ал биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў ҳәм суў ресурсларын басқарыўда да әҳмийетли роль атқарады. Сонлықтан, елимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған жойбарларды турмысқа енгизиўде жасыл аймақларды кеңейтиў ҳәм қорғаў тоғайлықларын жаратыўға итибар күшейтилмекте.

Тоғай хожалығы агентлигиниң мағлыўматына бола, 2024-жылы тоғай хожалықлары тәрепинен 255 мың гектар майданда тоғай жаратыў ҳәм қайта тиклеў илажлары әмелге асырылды. Соның ишинде, Арал теңизиниң суўы қурыған ултанында ҳәм Аралбойы аймақларында 215 мың гектар майданда "жасыл қаплама" жаратылды. Сондай-ақ, дәрилик ҳәм азықлық өсимликлер плантациясы 5628 гектарға жеткерилип, 9667 тонна шийки зат таярланды.

- Мақсетимиз тек ғана тоғайларды тиклеў емес, ал олардан пайдаланыў ҳәм ықлым өзгерислерине қарсы гүресиўде инновациялық ҳәм турақлы жолларды табыў болып табылады, - дейди Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институтының үлкен илимий хызметкери, аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы Нурилло Махсумов. - Илимпазларымыз ҳәм жас изертлеўшилер илимий-әмелий жойбарларды турмысқа енгизиўде әне усы мәселелерди итибарға алмақта. Атап айтқанда, тоғайларды кеңейтиўде ҳәр бир аймақтың топырақ-ықлым шараятына сәйкес, қурғақшылық, суўсызлық ҳәм шорға шыдамлы терек ҳәм пута түрлери таңлап алынады.

Жасыллыққа тезирек үлес қосыўда жапырақлы тереклердиң орны үлкен. Көклемзарластырыў жумысларын орынлаўда усы тәреплерге айрықша итибар қаратылмақта. Қалаберди, егилген нәл ҳәм қәлемшелер толық өниўи, раўажланыўы ушын егиўден алдын ҳәм кейин агротехникалық илажларды дурыс шөлкемлестириў, нәллерди дурыс тәрбиялаў, өз ўақтында суўғарыў зәрүр. Дәстүрий тамшылатып суўғарыў системасына өтиў де суўды үнемлеўдиң әҳмийетли факторы есапланады. Қәнигелер орынларға шығып, бажбанлар менен бирге ислесиў жумысларында мине усындай илимий усынысларды кеңнен үгит-нәсиятламақта. Соның менен бирге, илимий изертлеў бағдарларын таңлаўда да бүгинги күнниң талабынан келип шығып ең тийкарғы мәселелер инабатқа алынбақта.

Елимизде суўғарылмайтуғын қурғак жер әдеўир майданды ийелейди. Оннан нәтийжели пайдаланыў бағдарындағы изертлеўлер нәтийжесинде пистениң суўғарылмайтуғын жерде өсиўге бейимлескен 13 сорты жаратылды. Изертлеўлер процесинде бул сортлардың регионымыздың ықлым шараятына сәйкеслиги анықланды. Атап айтқанда, жергиликли писте сортлары суўсызлыққа шыдамлы. Сонлықтан, оларды суўғарылмайтуғын аймақларда егиў мүмкин. Қалаберди, дәстүрий сортлар 14-15 жылда өнимге кирсе, жаңа сортлар 7-8 жылда өним бере баслайды.

Ҳәзир Тоғай хожалығы илимий-изертлеў институты базасындағы писте жетистириў тәжирийбе станциясында ҳәр бир түр бойынша үлкен плантациялар шөлкемлестирилген. Илимий изертлеўлер даўам еттирилип, жаңа сортлар районластырылмақта. Бул жаңа сортлардың кеңнен егилиўи тек ғана экологиялық турақлылықты ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў емес, ал экспортты жолға қойыўда да жақсы нәтийже береди.

Илимпазлар әмелге асырып атырған және бир илимий жойбар қурғақшылық ҳәм шорға шыдамлы галофит өсимлик сортларын көбейтиўге қаратылған. Бул бағдарда Арал бойында, сондай-ақ, шөл ҳәм жайлаўларда кең көлемде жумыс исленбекте. Таў тоғайларын кеңейтиў де илимий излениўлердиң тийкарғы бағдарларынан бири. Себеби таўда өскен ҳәр бир терек тамыры әтирапында суў топлайды. Таў экосистемалары қаншелли турақлы, терек көп болса, таза ҳаўа, турмыслық суў ҳәм салқынлық дәреги болып хызмет етеди. Бул илимий жойбарлар жасыл мәканлардың кеңейиўине тийкар жаратады.

Таў баўырындағы "жасыл қалқан"

Ташкент ўәлаятындағы Бурчмулла тоғай хожалығы елимиздиң сулыў ҳәм пайызлы аймақларынан. Бул хожалықтың мийнет жәмәәти де усы күнлерде бәҳәрги егис ҳәм көклемзарластырыў, абаданластырыў жумысларына қызғын таярлық көрмекте. 354 мың гектар майданды ийелеген бул хожалықта ҳәзир 800 ден аслам қәниге ҳәм жумысшылар жаңа тоғайлар жаратыў, бар майданларды қорғаў, нәл жетистириў бағдарында ислемекте.

Өткен жылы усы жәмәәт ағзаларының ҳәрекети менен 282 гектар жаңа тоғай ҳәм қорғаў тоғайлары жаратылды. Бул майданларда бадам, ғоза, алма, ағашлық тереклер ҳәм басқа да түрдеги нәллер егилди. Егиўден алдын ҳәм кейин агротехника талапларына қатаң әмел етилгени, суўғарыў жумысларының дурыс жолға қойылғаны нәтийжесинде егилген нәллердиң тоқсан проценттен көбиреги өнди. Бул жасыл байлығымыз ғәзийнесине үлкен үлес болып қосылады. Неге дегенде, тереклер таза ҳаўа дереги болып қалмастан, шаңды жутады, шаўқымды пәсейтеди.

Қалаберди, тереклер де барлық тири жанзат сыяқлы өзине тән қуўат дәрегине ийе. Себеби инсан тереклерден таралып атырған нәзик ийистен рәҳәтленип, кейпияты көтериледи.

Қәнигелер саяманлы терек егилген бағда сейил етиў бир неше түрдеги дәри-дәрмақлардың орнын басыўы мүмкин екенлигин атап өтеди. Соның ушын, ата-бабаларымыз теректиң саясы жанға, мийўеси тәнге дәрман, деп қәдирлеген. Биреўин кессең онын ек, деп тәбиятты сақлаўды, дөретиўшиликти кеңнен үгит-нәсиятлаған.

Ҳәзирги ўақытта елимизде тоғайларды сақлаў ҳәм көбейтиў, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў бағдарындағы ийгиликли жумыслар ата-бабаларымыздың бул үгитлерине үнлес болып есапланады.

- Быйыл 438 гектар жаңа тоғай жаратыўды гөзлеп атырмыз, - дейди Бурчмулла тоғай хожалығының бас бажбаны Бахтиёр Шораҳмедов. - Оның ушын ықлым шараятымызға сай сортлар таңлап алынбақта. 55 гектарда нәлханамыз бар. Бул жерде ийне жапырақлы, жапырақлы саяманлы ҳәм мийўели нәллер жетистирилмекте. Бул жумысларды шөлкемлестириўде тоғай хожалығына тутас аймақта жайласқан мәҳәллелер менен бирге ислесиў де әҳмийетли болмақта.

Усы мақсетте 24 мәкан пуқаралар жыйынына бирге ислесиў бойынша усыныс хаты жиберилген. Бул мәҳәллелер менен "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыўда биргеликте ислесиў режелестирилген. Буның ушын социаллық дәптерлерде турған жумыссыз халыққа жер ажыратып бериў арқалы бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдемлесиў де режеде бар.

Таў тоғайларын раўажландырыў бағдарындағы бул жумыслар экологиялық турақлылықты жақсылаў менен бирге туризмниң раўажланыўы ушын да үлкен имканиятлар жаратпақта. Бурчмулла тоғай хожалығында экологиялық қадағалаў пунктлери жолға қойылып, туристлерге хызмет көрсетилмекте.

Ықлым ҳәм раўажланыў

Ықлым өзгериўи бүгин раўажланыўға тосқынлық етип атырған глобал машқалалардан бири. Бул тек ғана планетамыз емес, ал инсан ҳуқықлары ушын да кризис болып есапланады. Экологиялық апатшылықлар денсаўлықты сақлаў, азық-аўқат, суў ҳәм санитария, ҳәттеки жасаў ҳуқықына да тиккелей тәсир етпекте.

Өзбекстан жери жайласқан Орайлық Азия регионы ықлым өзгериўиниң аўыр ақыбетлерин терең сезбекте. Бул жоқарыда айтқанымыздай, экономиканың раўажланыўына да тосқынлық етпекте. Бул машқаланы шешиўдиң ақылға уғрас жолы - жасыл раўажланыўға ерисиў.

Елимизде бул бағдарда "жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў, ықлымның өзгериўине бейимлесиўге қаратылған жойбарларды турақлы қаржыландырыў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда заманагөй энергия үнемлеўши технологияларды кеңнен қолланыў арқалы экономикада "углерод изи"н азайтыў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада да бул бағдарда кең көлемли илажлар нәзерде тутылған.

Атап айтқанда, Париж келисими талапларынан келип шығып, Өзбекстанның углерод нейтраллығына ерисиўдиң узақ мүддетли стратегиясының ислеп шығылыўы режелестирилген. Бул бағдардағы мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыўда халықаралық бирге ислесиўдиң әҳмийети үлкен. Бир қатар халықаралық шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырылып атырған "Өзбекстанда турақлы тоғай ландшафтларын тиклеў" жойбарын буған мысал сыпатында келтириў мүмкин.

Бул жойбар шеңберинде Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында салмақлы жумыслар орынланбақта. Бул аймақлардағы тоғай хожалықлары менен биргеликте агро тоғайшылық, экотуризмди раўажландырыў ҳәм тараўға мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў мақсет етилген. Сондай-ақ, қорғалатуғын аймақларда бир қатар экологиялық жойбарларды әмелге асырыўға жәрдемлеседи.

Буннан тысқары, тоғай хожалықлары ҳәм миллий тәбийий парклер аймағындағы тоғай фонды жерин хатлаўдан өткериў, ондағы терек түрлери, олардың жасы ҳәм азайып баратырған түрлерин анықлаў нәзерде тутылған. Тоғай хожалықлары ҳәм миллий тәбият парклери аймағында дәрилик өсимликлер плантациялары шөлкемлестирилетуғын жер майданларын таңлаў, тоғай ҳәм аңшылық хожалықлары және миллий тәбият парклериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў да нәзерде тутылған.

- Бүгин экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселеси барлық мәмлекет ушын әҳмийетли ўазыйпа болып тур, - дейди усы жойбардың экологы Дилдора Аралова. - Регионымызда бул мәселелерге ақылға уғрас шешим табыўда жасыл раўажланыў тийкарғы имканият болады. Бул болса бүгинги ҳәм келешек әўладлардың саламат орталыққа болған ҳуқықларынан толық пайдаланыўға қарай дурыс бағдар алыў, дегени. Соған муўапық, тоғайларды қайта тиклеў ҳәм олардың углерод сақлаў имканиятын жақсылаў бағдарындағы илажлар глобал ықлым өзгерислерине қарсы гүресиўде әҳмийетли орын ийелейди.

Бул жойбар шеңберинде көплеген илажлар режелестирилген. Соның ишинде, таўлы аймақларда терасса усылында бағ жаратыў белгиленген. Бул усылда терек егиў суў жетиспейтуғын аймақларда суўды үнемлеў ҳәм жасыллықты көбейтиў имканиятын береди. Және бир бағдар жайлаўларды тиклеў менен байланыслы. Бул жумыслар басланғаннан соң, усы майданларда жергиликли халықтың шарўасын бағыў шекленеди. Күтилген нәтийжеге ерисиў ушын болса, бул экологиялық жойбарлар халыққа қыйыншылық туўдырмаўы керек. Яғный, көп жыллар даўамында шарўашылық арқасында дәрамат табыўда бундай майданлардан пайдаланған халықтың турмыс тәризине зыян жеткермеў керек. Буның ушын тәбиятқа зыянсыз ҳәм соның менен бирге жасыллықты сақлаў ҳәм көбейтиўге имканият беретуғын жумыс түрлерин енгизиў арқалы халыққа жәрдем бериледи. Усы мақсетте экологияға зыянсыз жумысты жолға қойыў ушын киши грантлар да ажыратылады.

Бул процессте социаллық дәптерлерге кирген халық категориясы менен өз алдына ислесиў нәзерде тутылған. Оларға дәрамат табыўдың жаңа усылларын үйретиў менен шекленбейди. Исбилерменлик жумысын жолға қойыў ушын қаржы да ажыратылады. Мәселен, мийўе кептириўши цех қурыў ушын 11 миллион сумлық грант бериледи. Алма ҳәм қәрели бағларын жаратыў ушын да бизнес жойбарлар ислеп шығылмақта.

Жойбарды толық әмелге асырыў ушын тоғайшылық тараўы қәнигелериниң билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў әҳмийетли. Усы мақсетте шөлкемлестирилип атырған семинар-тренинглерде тараў қәнигелери тәжирийбе арттырмақта, тоғайларды раўажландырыў менен бир қатарда тараўда қосымша дәрамат алыў бойынша тәжирийбе алмаспақта.

Өзбекстанның тәбийий экологиялық шараятында, жоқарыда айтып өткенимиздей, экотуризмди раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар. Бул бағдарда тараў шөлкемлерине жәрдем бериў де нәзерде тутылған. Мәселен, туристлер ушын келиў орайлары, кемпинг ҳәм басқа да қураллар қурыўға жәрдем бериледи.

Бундай экологиялық жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде раўажланыў стратегиясында белгиленген үлкен мақсетлерден бири - углерод нейтраллығына ерисиледи ҳәм жасыл қаржыландырыў системасы жетилистириледи. Яғный, ҳаўаны патасландырыўшы ҳәм инсан саламатлығына зыян келтиретуғын газлер шығарылыўының алды алынады. Бул, бәринен бурын, регионымыз халқы, қалаберди, пүткил инсаният ушын таза ҳаўа, таза тәбият, узақ ҳәм саламат өмир бағышлаў дегени. Қалаберди, бул мәмлекетимиздиң халықаралық углерод саўдасы базарындағы қатнасыўын жеделлестириў ушын да үлкен имканият.

Баҳор ХИДИРОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы