Сонлықтан, ата-бабаларымыз әзелден ана тәбиятты қәстерлеп сақлаў, жер асты ҳәм жер үсти байлықларынан үнемлеп пайдаланыў, инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлесликти тәмийинлеўди тийкарғы ўазыйпа деп билген.

Бирақ өткен әсирлерде санааттың жедел раўажланыўы процесинде бул принциплерге әмел етилмеди. Тәбияттан рационал емес пайдаланыў ақыбетинде экологиялық тең салмақлылық бузылды. Бүгин болса тәбият инсанияттың бул қолайсыз ис-ҳәрекетлерине жуўап бермекте. Шөллениў, климат өзгериўи, шаң-тозаң ҳәдийсеси ҳәм басқа тәбийғый апатшылықлар буның дәлийли болып есапланады. Келешек әўладларды ойлаған адамзат енди бул машқалаларға ақылға уғрас шешим табыў жолында изленбекте. Усы мақсетте бир қатар ҳүжжетлер ислеп шығылып, биргеликте тийисли илажлар көрилмекте.

Пүткил инсаниятты тәшўишке салып атырған экологиялық машқалалар бизге де бийтаныс емес. Олардың унамсыз тәсири мәмлекетимизде де айқын сезилмекте. Ҳаўа-райының ысыўы, тәбийғый ресурслар резервиниң азайыўы, суў, ҳаўа, топырақ патасланыўы, сийрек ушырасатуғын түрлердиң жоқ болып кетиўи сыяқлы жағдайлар ҳаққында тез-тез жар салынбақта. Бирақ бүгин тек ғана машқала ҳаққында айтыў менен жумыс ислеп болмайды, бул бағдарда әмелий жумыслар ислеў турмыстың әҳмийетли талабына айланбақта.

Мәмлекетимиздеги реформалар процесинде әйне усы тәреплерге итибар қаратылмақта. Себеби, бүгинги ҳәм келешек әўладлардың тәғдири экологиялық машқалаларға нәтийжели шешим табылыўына байланыслы. Сонлықтан, соңғы жыллары бул бағдарда миллий, регионаллық ҳәм халықаралық көлемде кең көлемли жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, халықаралық майданда мәмлекетимиз басшысы алға қойған басламалар тән алынып, БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди. Олардың арасында экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат машқалаларына бағышланғанлары да салмақлы екени итибарға ылайық.

Соның менен бирге, елимизде барлық тараўдағы реформалар процесинде экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Мәселен, суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ирригация системалары бетонластырылмақта. Суўды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығарыў бойынша санаат базасы жаратылды, суўғарылатуғын жерлердиң дерлик ярымында мине усындай технологиялар енгизилди. Бундай илажлар нәтийжесинде өткен жылы 8 миллиард куб метр суў үнемленди.

Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў тараўында да мисли көрилмеген жумыслар орынланды. Нәтийжеде электр ислеп шығарыў қуўатлылығы 2016-жылы 59 миллиард киловатт саатты қураған болса, бүгинги күнге келип 85 миллиард киловатт саатқа жетти. Келеси жылы бул 97 миллиард киловатт сааттан асады. Тек ғана усы жылдың өзинде 6,5 миллиард киловатт саат "жасыл" энергия ислеп шығарылып, жәми генерация қуўатлылығында "жасыл" энергияның үлеси 30 процентке жеткен. 2030-жылға шекем бул көрсеткишти 54 процентке алып шығыў белгиленген.

Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде инсанияттың итибарын және бир мәрте экология мәселесине қаратып, бул бағдарда бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды. Атап айтқанда, мәмлекетимизде Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумды өткериў, бул әнжуман жуўмақлары бойынша суў кризисин турақлы раўажланыў ушын үлкен қәўип сыпатында белгилеў, бул бағдарда глобал дәрежеде инновациялық технологияларды енгизиў ушын өз алдына "жол картасы"н қабыл етиў нәзерде тутылғаны билдирилди.

Климат миграциясының инсаниятқа унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетинде халықаралық шериклик ҳәм муўапықластырылған сиясат жүргизиў бойынша Глобал пактти қабыл етиў басламасы алға қойылды. Сондай-ақ, санаатта "жасыл" технологиялар регионаллық хабын шөлкемлестириў, регионымызда суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм "жасыл" мәкан жаратыў бағдарламаларын қабыл етиў ҳаққында сөз болды.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде бул бағдарда бир қатар әмелий жумыслар орынланбақта. Атап айтқанда, "Жасыл мәкан" бағдарламасы шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егилмекте. Өткен 3 жылда 698 бағ ҳәм 316 жәмийетлик парк шөлкемлестирилди. Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектарлық путазарлық жаратылды. Буны даўам еттирген ҳалда, нәлшиликке қәнигелескен тоғай хожалықлары шөлкемлестирилип, оларда "илим - жойбар - әмелият" принципи тийкарында генетикалық селекция жумыслары күшейтилип, туқымгершилик лабораториялары, интенсив тәжирийбе участкалары ҳәм "ана" плантациялары жолға қойылмақта.

Усы жыл 26-сентябрь күни Президентимиздиң басшылығында болып өткен кеңейтилген мәжилисте "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңбериндеги жумыслар да талланды. Бул бағдарламаның орынланыўы додаланып, быйыл бәҳәрде егилген 137 миллион түп нәлдиң 27,5 миллионы қурып қалғаны сынға алынды. Себеби - бәҳәр ҳәм жаз ортасында ыссы күнлер тез келиўи ақыбетинде егилген нәллер өнип үлгермей атыр. Оларға әдеттегиден 2-3 есе көп суў жумсаўға туўра келмекте. Усы мүнәсибет пенен тереклерди гүзде егиўди көбейтиў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Быйылғы гүз мәўсиминде 125 миллион түп терек ҳәм пута, бәҳәрде және 75 миллион түп егиў режелестирилген. Онда суўғарыў системасы ҳәм имканияты жоқ жерлерге нәл екпеў талап сыпатында қойылды.

Урбанизация процесиниң тезлесип баратырғаны қалалар ҳәм ўәлаят орайларында жасыллық дәрежесин арттырыўды талап етпекте. Қалаларды "жасыл" стандартларға муўапық илимий тийкарда раўажландырыў мақсетинде илимпазлар, урбанистлер ҳәм экологлардың қатнасыўында Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, барлық ўәлаят орайларының "жасыл" мастер режелери ислеп шығылатуғыны белгиленди. Ҳәзирги ўақытта бул бағдарда жумыслар даўам етпекте.

- "Жасыл қала" дегенде көз алдымызда көбинесе тек ғана тәбияттың сулыў келбети сәўлеленеди, - дейди "Жасыл жойбар" жойбарлаў институты директорының орынбасары Фарҳод Деҳқонов. - Негизинде, бул әдеўир қурамалы процесс. Бунда көплеген факторлар нәзерде тутылады. Бәринен бурын, қаладағы инфраструктура объектлери де бир қатар критерияларға муўапық болыўы керек. Соның ишинде, транспорт, логистика, ысытыў, ақаба, ишимлик суў системаларында да ресурс үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланыў талап етиледи. Бүгин бир қатар раўажланған қалаларда бул бағдарда алдыңғы тәжирийбелер қәлиплесип атыр. Мәселен, Сингапур, Япония ҳәм Европа материгиндеги бир қатар ири мегаполислер буған мысал.

Бул бағдарда пайтахтымызда да белгили жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, кесилиспелерге орнатылған заманагөй камералар ҳәрекетти тәртипке салыў менен бирге тығылыстың алдын алыўға хызмет етпекте. Қалаберди, экологиялық таза транспорт қуралларын раўажландырыў илажлары көрилмекте.

Ысытыў системаларын модернизациялаў да итибарда. Ўәлаят орайлары ҳәм районларда бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, орынларда жәмийетлик парклер ҳәм жасыл бағлар қурыў менен бирге, қурылыс, дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў процесинде заманагөй қала қурылысы нормаларына әмел етиў тийкарғы норма етип белгиленген.

Орынларда кең жәмийетшилик пикири тийкарында әмелге асырылып атырған "Мениң бағым" жойбары мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаўға үлес қоспақта. Усы жылы усындай еки жүзден аслам жойбар шеңберинде аймақларда жасыл жәмийетлик парклер, дем алыў бағлары ҳәм басқа да жасыл орынлар қурылмақта.

"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын избе-из даўам еттириў, регионымызда жасыл аймақларды кеңейтиўде тоғай хожалықлары системасындағы жумыслардың да нәтийжеси үлкен. Сонлықтан, быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада бул бағдарда әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген. Атап айтқанда, тоғай менен қапланған майданларды 4,1 миллион гектарға жеткериў, қорғалатуғын тәбийғый аймақларды 14,5 процентке шекем кеңейтиў және олардың экотуризм, нәлшилик ҳәм дәри-дәрмақ бағдарларындағы пайдаланылмай атырған резервлерин анықлап, имканиятлардан толық пайдаланыў ҳәм халықтың дәраматын арттырыў нәзерде тутылған.

Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен бул бағдарда усы жылдың басынан ислеп шығылған жол карталары тийкарында әмелий жумыслардың көлеми кеңеймекте. Усы мақсетте республика тоғай фондына киретуғын шөл, таў ҳәм таў алды аймақларында жер эрозиясының алдын алыў мақсетинде қорғаў тоғайларын пайда етиў ушын 44 жойбар ислеп шығылып, 3302 гектар жер майданы таңлап алынды.

Мағлыўматларға бола, усы жылдың өткен дәўиринде "Жасыл жойбар" жойбарлаў институты қәнигелери ислеп шыққан жойбарлар тийкарында 776 гектарда қорғаў тоғайы жаратылды. Әсиресе, Әндижан, Хорезм, Шортан, Наўайы, Нәўбәҳәр, Аҳангаран ҳәм Қызырық мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен бул илажлар өз ўақтында сапалы әмелге асырылды.

Аралдың қурыған ултаны ҳәм шөл аймақларында сексеўил, черкез ҳәм қандым сыяқлы пута нәллери егилди ҳәм туқымлары қадалады. Таў ҳәм таў алды аймақларында тийкарынан писте ҳәм бадам, салыстырмалы суўлы жерлерде ғоза, шиповник, ерик, суўғарылатуғын жерлерге терек, қайрағаш, павловния ҳәм шумтол сыяқлы тез өсиўши терек нәллери отырғызылды. Тийкарғысы, қорғаў тоғайларын жаратыў жумыслары аймақлардың топырақ ҳәм ықлым шараятын есапқа алған ҳалда орынланбақта.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, терек ҳәм путалардың көгерип шығыў дәрежеси жер таярлаў жумысларының сапасына байланыслы. Онда жерлерге анық белгиленген мәўсимлер аралығында ислеў берилиўи, нәллер өз ўақтында агротехникалық нормалар тийкарында егилиўи ҳәм тәрбияланыўы әҳмийетли. Усы күнлерде аймақлық мәмлекетлик тоғай хожалықлары тәрепинен қорғаў тоғайларын жаратыў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Баҳор ХИДИРОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы