Ўатанымыз тарийхында оғада қыйын ҳәм сынақлы дәўир болған XX әсир басында жүзеге келген Маҳмудхожа Беҳбудий Түркстан жадидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы есапланады. Ол миллий азатлық ҳәрекетиниң уллы ғайраткери сыпатында илим, тәлим-тәрбия, әдебият ҳәм көркем өнер, баспасөз тараўларын раўажландырыў, дүньядағы алдынғы раўажланыў жетискенликлерин өзлестириў арқалы халқымыздың санасын арттырыў ҳәм азатлыққа ерисиў жолында өз өмирин бағышлаған пидайы инсан болып есапланады.
Махмудхожа Беҳбудий патша ҳүкимети ҳәм жергиликли мутаассиб күшлердиң мисли көрилмеген қарсылығына қарамастан, елимизде бириншилер қатарында дәслепки заманагөй мектеплер шөлкемлестириў, олар ушын зәрүр сабақлықлар жаратыў, баспа ҳәм театрлар қурыў жумысларына басшылық етти. Шебер публицист сыпатында өз дәўириниң әҳмийетли машқалаларына бағышланған бир қатар салмақлы шығармалар ҳәм еки жүзден аслам мақалалар жаратты. Соның менен бирге, "Самарқанд" газетасы ҳәм "Ойина" журналына тийкар салды. 1914-жылы "Турон" театрында сахналастырылған "Падаркуш" пьесасы арқалы үлкемизде театр көркем өнериниң тырнақ тасын қаладыы. Тилекке қарсы, белгили жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер болған бул ойшыл инсан 44 жасында жаўыз күшлер қурбаны болды.
Ғәрезсизлик дәўиринде Маҳмудхожа Беҳбудий естелигин мәңгилестириў, өмири ҳәм жумысын терең изертлеў, илимий ҳәм көркем шығармаларын кеңнен ғалаба ен жайдырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Әсиресе, кейинги жыллары Ташкент қаласындағы Жазыўшылар қыябанында оның уллы естелигиниң орнатылғаны, Самарқанд қаласында үй-музейиниң шөлкемлестирилгени мәмлекетимиз турмысында үлкен ўақыя сыпатында тән алынды. Талантлы драматурглер ушын Маҳмудхожа Беҳбудий атындағы сыйлықтың шөлкемлестирилгени бул жолдағы жаңа әмелий қәдем болды.
Маҳмудхожа Беҳбудий шығармаларының жас әўладымыздың интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалын арттырыў, сол тийкарда оларды Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилери, ҳақыйқый ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаў бағдарындағы орны ҳәм әҳмийетин есапқа алып және оның бийбаҳа мийрасын және де кеңирек үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде:
Мәденият министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Илимлер академиясы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлиги және жәмийетшилик ўәкиллериниң 2025-жылы Түркстан жадидшилик ҳәрекетиниң тийкарын салыўшысы, белгили жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, баспа ҳәм педагог Маҳмудхожа Беҳбудий туўылғанының 150 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
2. Маҳмудхожа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириўшилик комитет (кейинги орынларда - Шөлкемлестириўшилик комитет) қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Шөлкемлестириў комитети (А. Арипов) еки ҳәпте мүддетте Маҳмудхожа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасын тастыйықласын.
Бул бағдарламада төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
ойшыл жазыўшының "Таңланған шығармалар" топламы, оның өмири ҳәм жумысына бағышланған илимий-жәмийетшилик китапларды баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;
Маҳмудхожа Беҳбудий ҳаққында спектакллерди сахналастырыў және бүгинги күнге шекем жаратылған "Маҳмудхожа Беҳбудий" кино сериалының ҳәм "Халық жүреги" көркем-публицистикалық фильмлериниң ғалабалық презентацияларын шөлкемлестириў;
Көркем өнер академиясының Орайлық көргизбелер залында Маҳмудхожа Беҳбудий өмири ҳәм дөретиўшилигине, сондай-ақ, Түркстан жадидшилик ҳәрекети ўәкиллериниң жумысына байланыслы сүўретлеў өнери шығармаларының көргизбесин шөлкемлестириў;
улыўма орта билим бериў мәкемелери, дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшылары, "Темурбеклер мектеплери" курсантлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери арасында "Маҳмудхожа Беҳбудий сабақлары" темасында шығармалар таңлаўын өткериў ҳәм жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў;
барлық буўындағы билимлендириў мәкемелери, китапханалар, мийнет жәмәәтлери, мәҳәллелер ҳәм әскерий бөлимлерде белгили илимпазлар ҳәм жазыўшылардың қатнасыўында Маҳмудхожа Беҳбудийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған дөретиўшилик ушырасыўлар, әдебият ҳәм китапқумарлық кешелерин шөлкемлестириў;
заманагөй санлы ҳәм үгит-нәсиятлаў технологиялары тийкарында Маҳмудхожа Беҳбудий шығармаларын жаслар арасында кеңнен ғалаба ен жайдырыў;
2025-жыл октябрь айында Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университетинде "Маҳмудхожа Беҳбудий мийрасы ҳәм жадидшилик ҳәрекетин үйрениўдиң әҳмийетли мәселелери" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция шөлкемлестириў;
2025-жылы ноябрь айында Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Маҳмудхожа Беҳбудий туўылғанының 150 жыллығына бағышланған салтанатлы әдебий-ағартыўшылық естелик кешесин өткериў;
Самарқанд қаласындағы Маҳмудхожа Беҳбудий үй-музейи аймағын абаданластырыў ҳәм музей экспозициясын байытыў;
Қаршы қаласындағы көшелердиң бирине Маҳмудхожа Беҳбудий атын бериў ҳәм оған бағышланған естелик тахтасын орнатыў;
Интернет ҳәм социаллық тармақлар ушын мөлшерленген аудиовизуал шығармалар жаратыў, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында түрли материалларды жәриялаў.
Шөлкемлестириў комитетине Маҳмудхожа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеў шеңберинде өткерилетуғын илажларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, усы қарарға тийкарланып белгиленген илажлардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўын муўапықластырып барыў ўазыйпалары жүкленсин.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Журналистлер аўқамы, Өзбекстан Миллий медиа бирлеспеси ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Маҳмудхожа Беҳбудий туўылған күниниң 150 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер шөлкемлестириўшилерге Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде, олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш. Мирзиёев