Әлбетте, ҳәр заманның өз өлшеў тасы бар. XXI әсир адамзат тарийхында экономикалық раўажланыў, илим ҳәм технологияда ерисилген үлкен жетискенликлери менен ғана емес, түрли экономикалық кризислер, жәмийетлик-сиясий кризислери менен де есте қалады. Соның менен бирге, ҳәзирги ўақытта айырым мәмлекетлердиң өз-ара келиспеўшилиги, урыс ҳәм ўайраншылықлар, сиясий кескинлик, социаллық теңсизликтиң ҳәўиж алғаны, адамлардың тынышлығынан түрли топарлардың мәплери үстин қойылып атырғаны, үлкен қалаларда жақсы әмеллерден гөре әдепсиз ислердиң көбейиўи жақсылық үстине қурылған цивилизацияның жемирилиўине хызмет етпекте.
Дүньядағы мине усындай қыйын жағдайда елимизде үлкен реформалар, әййемги заманларда болғанындай тәкирарланбас дөретиўшиликлер әмелге асырылып атырғаны адамды еки есе қуўандырады. Әлбетте, бул жумыслар өз нәтийжесин берип атыр. Ўатанласларымыздың абаданлығына хызмет етпекте. Мысал ушын, үйсизлердиң ўатан ишинде киши ўатанлы болып атырғаны, жоқары билимлендириў дәргайларының көбейиўи, университет есигинен қайта берип шашы ағарғанлардың енди шеклеўсиз оқып атырғаны, көшени шаңғытып, топ теўип жүрген жас өспиримлердиң заманагөй спорт залында шуғылланып, жәҳән чемпионы болып атырғаны усындай ҳәрекетлердиң әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Өткен жылы пайтахтымызда басланған үлкен дөретиўшилик жойбары - Шыршық ҳәм Қарасуў дәрьялары аралығында, 20 мың гектар майданда қурылып атырған Жаңа Ташкент қала қурылысының үлгиси болыўы күтилмекте. Бул бийкарға емес. Мәмлекетимиз басшысы "Бүгин тырнағы қойылып атырған орынлар көп жыллар халқымыздың мәнаўиятын байытыў, жасларымызды ҳәр тәреплеме жетик ҳәм бәркамал инсанлар етип тәрбиялаўға хызмет етеди. Жаңа Ташкент қаласының тек ғана елимиз емес, ал регионымызда да ҳақыйқый илим-ағартыўшылық ҳәм мәденият орайына айланыўына үлкен үлес қосатуғынына исенемен", деп атап өтер екен, бул жойбар келешек әўладқа үлкен мийрас, илим-ағартыўшылық майданы сыпатында қалыўын нәзерде тутқан еди.
Буған тийкар да бар. Жойбар шеңберинде төрт қабатлы, өз қушағына бир ўақыттың өзинде 1500 ге шамалас китапқумарларды сыйдырыўы мөлшерленген Өзбекстан Миллий китапханасы қурылыўы күтилмекте.
Ең әҳмийетлиси, бул қала экологиялық таза, миллий ҳәм дүньялық архитектура үлгилерин өзинде жәмлегени менен де әҳмийетли. Бул қурылыстың және бир тәрепи бар, оны айтпастан үндемей турыў мүмкин емес. Бул жерде көплеген ўатанласларымыз қатарында жыллар даўамында басқа елде, шаңарағы қушағынан алыста жумыс ислеп жүрген ўатанласларымыздың ислеп атырғаны кеўилди қуўандырады.
***
Азанда жумыстан берилген тапсырма себепли таксиде "Қайдасаң, Жаңа Ташкент", деп жолға шықтым. Мақсет бул жерде ислеп атырғанлардың кейпияты, оларға жаратылған шараятлар менен танысыў еди.
Халқымызда "Жолға шыққан - жолдан табар" деген нақыл бар. Жол-жөнекей шофёр сораў менен жүзленди:
- Ол жерде бир танысыңыз ислей ме?
Күтилмегенде берилген бул сораўға қысқаша етип:
- Як, - деп жуўап бердим.
- Мен де сол жаққа баратырман. Жолдас болғаныңыз жақсы ис болды.
- Не, бир жумысыңыз бар ма?
- Яқ. Улымды көриўге баратырман. Ол қурылысшы. Жақында сол жерге жумысқа кирди...
Бир майдан үнсизликтен кейин ол тамамланбаған гүрриңди даўам етти:
- Кудай бизге бир ул берди. Үш жылдан артық мүддет сырт елде жумыс иследи. Оған "өз үйиң - өлен төсегиң, усы жерде ислей бер", деп қайта-қайта айтыўыма қарамастан, адамлардың гәп-сөзине қызығып шет елге кетип қалды. Тапқан пулына жаңа жай салды, үйленди. Жақында жумыстан дем алыс алып келген еди. Жүдә сағынған екенмен өзи. Баламның және жат журтқа кетиўин қәлемедим. Жаңа Ташкентте жумыс ислеў бойынша дағазаға көзи түсип қалған еди. Адам адамға ғәниймет, бүгин бармыз - ертең жоқ, деп жумысқа кириў ушын сәўбетке барыўға көндирдим. Несийбеси қосылған екен, жумыслы болды. Күнде болмаса да ҳәптеде бир мәрте бизди, баласын көрип кетеди. Инсан ушын ең үлкен байлық - төрт көз толықлық, қәтержамлық...
Шофердың гүрриңи менен узақ жолымыз бир адым болды. Шеригим машинадан түсип қурылыс майданына кирмей, баласын күтиў орнында қалды. Әтирапта усталардың бақырыс-шақырысы, жүк машиналары көтерип атырған шаң, қурылыс процесине айбат бағышлап турған, аўыр жүклерди көтерип, бир орыннан екинши орынға алып өтип атырған кранлар жумыстың жеделлигин көрсетеди.
Қурылыс процесин бақлап атырып, қурылысшылардан биреўин сәўбетке тартаман:
- Бул жерге жумысқа келиўден алдын көп жыл Россияда иследим. Соң Жаңа Ташкентке жумысқа қабыл етилип атырғанын социаллық тармақларда оқып қалдым. Хабардағы номерлерге қоңыраў етип, сәўбетлесиўден өтиўге келдим, - дейди қурылысшы Сирожиддин Сайфиддинов. - Мениңше, ҳәр бир инсан елинде, шаңарағының қушағында жумыс ислеўди қәлейди. Бул жерде шәртнама тийкарында ислеп атырмыз. Сырт елдегиден кем болмаған мийнет ҳақы берилип атыр. Жасаў, ислеўимиз ушын барлық шараят бар.
Жуўапкерлердиң айтыўынша, ҳәзир Жаңа Ташкент қурылысына 1500 ге шамалас жумысшы қабыл етилген. 11 мыңға шамалас жумысшы күшиниң резерви таярланған. Жойбардың кейинги басқышлары иске түсиўи менен және жумысшылар қабыл етиледи.
Қурылыс процесин бақлап, бул жерге жумыс сорап мүрәжат етип атырғанлардың еле көп екенлигиниң гүўасы болдым. Әлбетте, бес қол тең емес, жумыс сорап киятырғанлар арасында тәжирийбеси жоқлары да табылады. Жуўапкерлер қурылыс көлеми кеңлиги себепли буның да шешимин таўыпты. Енди Қибрай кәсиплик көнликпелер орайы негизинде Қурылыс ҳәм үскене қурылысы кәсип таңлаў орайы шөлкемлестириледи.
- Бул орайда ўатанласларымыз қурылыстың түрли тараўлары ҳәм үскене қурылысы бойынша оқытылады, - дейди Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги мәлимлеме хызметиниң басшысы Гулноза Алимова. - Орай жаз мәўсиминиң ақырында иске қосылады. Бир жылда 1,5-2 мың адамды оқытыў нәзерде тутылған. Бул процесске сырт ел қурылыс компанияларының жумыс бериўшилери, қурылыс бойынша қәнигелери мирәт етиледи. Олар қурылыс тараўындағы заманагөй билим ҳәм көнликпелерди үйретеди. Ең әҳмийетлиси, бул орайда оқып атырғанлар Жаңа Ташкент жойбарында әмелият өтеп, билимлерин әмелиятта беккемлейди. Оқыўды тамамлағаннан соң жойбардың кейинги басқышларында жумысқа бағдарланады.
Бул жердеги имканият, шараят пенен танысып атырып, достым Обид қыялыма келди. Ол бир ўақытлары ушыўшы болыўды әрман еткен еди, бирақ...
"Қус уясында көргенин ислейди" деген сөзди көп еситкенбиз. Келиң, буны миграция мәселесине байланыстырайық. Бир ўақытлары сырт елге шығып жумыс ислеў көпшилик адамлар ушын экономикалық машқалалардың бирден-бир илажы еди. Мектеп оқыўшыларынан әрманы ҳаққында соралса, көпшилиги сырт елге шығып ислеўди қәлейтуғынын айтар еди. Себеби әкеси, ағасы, басқа да таныслары басқа еллерде мийнет етеди.
Көпке келген той аўылласларымды да шетлеп өтпеди. Дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен қанаатланбай, анығырағы, жаз бойы исленген мийнетти арзымаған баҳаға сатқан, руўзыгершиликтен аўысып ҳеш нәрсе ислей алмаған аўылласлар сырт елге жумыс излеп кетти. Класласым Обидтиң әкеси де көпшилик қатары усы жолды таңлады.
Оқытыўшыларымыз Обидтиң жақсы қәниге болып шығыўына исенди. Себеби ол математикадан көплеген жарыслардың жеңимпазы еди. Өзи болса бир күн келип летчик болатуғынын айтар еди. Класласларымыз да оған "Ушыўшы" деп ат қойып алған еди.
Әкеси шет елге кеткеннен кейин Обид сабақларға аз қатнаса баслады. Тийкарынан аўылдағы шериклери менен биреўдиң ошақ-айўанын қурып берсе, тағы биреўдиң қыйтақ жер жумыслары менен шуғылланар еди. Солай етип үш перзенттиң жуўапкершилигин мойнына алған анасына жәрдемлесетуғын еди. Бара-бара Обид мектепке келмей қойды.
Арадан бир неше жыл өтип, әкеси шет елден қайтты. Ынтық күтилгендей көп ақша емес, өзи менен аўыр дәртти алып келди. Онысыз да аўыр жағдайдағы шаңарақтың басына жаңа бир сынақ түсти. Әкеси қайтып келгеннен кейин Обид бир жылға шамалас қоңсы районларда, қалаларда қурылыс тараўында иследи. Тиришиликтиң ол кирмеген саңлағы қалмады. Тапқан пулының бир бөлеги әкесин емлеўге, және бир бөлеги басқа кемшиликлерге сарыпланды. Бул арада оның да жумыс ислеў ушын сырт елге кеткени ҳаққында еситтим. Әкеси болса аяққа турып, аўылдағы фермерге жәрдемши болып жумысқа орналасқан.
Арадан он жылдай ўақыт өткен болса да, ол еле сырт елде. Аўылдағы еки перзенти, ҳаялы ҳәм ата-анасының ҳалынан бир жылда хабар алады. Турақ жайы жақсы, балалары райондағы жеке меншик бақшада тәрбияланады. Тек олар әке меҳрин көрмей өсип атыр.
Қуяш горизонтқа қарай батып баратырғанда, сапарым жуўмақланды. Сырт елден келип, мийнет етип атырған ўатанласларымыздың балалары бир күн келип артымызда қурылып атырған мектеплерде, университетлерде оқыса, әкелери басып өткен эмигрантлық жол олардың өмиринде тәкирарланбайды, бул ул-қызлар елдиң раўажланыўы ушын жүргизилетуғын, заманагөй дүньяның жаңа кәсиплерин толық билетуғын инсанлар болып камалға келеди, деген арзыўлар көп еди ойымда.
Усы қыял менен машинада қайтып киятырсам, Обидттен хабар келди: "Ертең үйге қайтаман" Оны оқып, итимал, достым да Жаңа Ташкент қурылысы ҳәкимшилиги менен телефон арқалы сөйлескен, бәлким усы жерде ислеп, ўатанда тамыр жаяр, деген пикир келеди. Кеўилим бирден рәўшан тарты.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы