Сөйлесиўлерде еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерине, биргеликтеги жойбарлардың ҳәзирги жағдайын таллаў ҳәм оларды кеңейтиў режелерине айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер аграр тараўдағы бирге ислесиўдиң өз-ара пайдалы бағдарларын белгилеп алды. Гөш ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарыў, қусшылық, бағшылық, қайта ислеў санаатын раўажландырыў ҳәм логистика системасын жетилистириў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады. Сондай-ақ, өз-ара импорт ҳәм экспорт көлемин арттырыў, өнимлердиң сапасын арттырыў ҳәм стандартластырыў бойынша бирге ислесиў механизмлерин беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда еки мәмлекеттиң илимий-изертлеў мәкемелери арасында илимий-технологиялық алмасыўды кеңейтиў, шарўашылықта инновациялық технологияларды енгизиў, кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў тараўында шерикликти раўажландырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Тәреплер Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, регионаллық азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында биргеликте жумыс алып барыў әҳмийетли екенин атап өтти.