Естелик тасы "Россотрудничество" ҳәм Россияның Өзбекстандағы елшиханасы жәрдеминде Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған илажлар шеңберинде орнатылды.
Бул ўақыя тарийхый әдилликти тиклеў ҳәм Ўатан қорғаўшыларының мәртлиги Өзбекстан мәмлекетлик сиясатының әҳмийетли бөлеги болып қалып атырғанының және бир дәлили болды. Мәмлекетимизде урыс қатнасыўшыларының мәртлигин мәңгилестириў, жасларды тарийхқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қаратылған жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
"Жеңис парки" естелик комплексиниң шөлкемлестирилиўи Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў мәселелерине айрықша итибар қаратып атырған басламасының нәтийжеси болып есапланады.
- Парк Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Уллы Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген. Мәмлекетимиз басшысының өзи комплексти шөлкемлестириў басламасы менен шығып, оны раўажландырыў концепциясын тастыйықлады, - деди "Жеңис парки" естелик комплекси баслығы Шуҳрат Юсупов.
Оның атап өтиўинше, 2020-жылы ашылған бул естелик региондағы ең ири тарийхый естелик орайларынан бирине айланған. Комплекс дерлик 20 гектар майданды ийелеп, урыстың ҳәр қыйлы бетлерине бағышланған тематикалық зоналар, музей экспозициялары, естелик қыябанлары, халқымыздың қаҳарманлығы ҳәм пидайылығын сәўлелендиретуғын естеликлерди өзинде жәмлеген.
Қаҳарманның қайтарылған аты
Архив изертлеўлери ҳәм излеў жумыслары арқалы қаҳарманлардың дизимин анықлаў жумыслары даўам еттирилмекте. Бурын Өзбекстан менен байланыслы урыс қаҳарманларының саны 280 адам деп есапланатуғын еди. Архив материаллары қосымша үйренилип, олардың саны 301 ге жеткерилди.
Бирақ, тарийхшылардың излеў жумыслары даўам етти. Узақ жыллар рәсмий дизимлерден шетте қалып кеткен және бир атаманы тарийхқа қайтарып берген де сол. Бул жерде гәп фронтовик, танкист, өз тәғдири ҳәм жаўынгерлик жолы урыстың қаҳарманлық жылнамасының бир бөлегине айланған қоқандлы Грант Аракелович Аганьянс ҳаққында бармақта.
- Оның Қоқандта туўылғанын тастыйықлайтуғын архив ҳүжжетлерин таптық. Белгиленген нормалар тийкарында ол қаҳарманларымыздың дизимине киргизилди ҳәм 302-қаҳарман болды, - деди Ш.Юсупов.
Грант Аганьянс 1918-жылы туўылған, әскерий таярлықтан өткен, аяўсыз саўашларда қатнасқан. Ол танк бөлимине командирлик етип, Европа аймақларын азат етиўде мәртлик көрсетеди ҳәм жаўынгерлик ўазыйпаны орынлаў ўақтында қайтыс болады.
Жасларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў орайы
Бүгин "Жеңис парки" естелик комплекси тек ғана еслеў емес, ал ағартыўшылық ўазыйпасын да атқармақта. Бул жерде жасларда тарийхқа ҳүрмет руўхын қәлиплестириўге қаратылған саяхатлар, тематикалық бағдарламалар, әскерий-ўатансүйиўшилик илажлары өткериледи.
- Бул бағ ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, қаҳарманлықты жас әўладқа жеткериў мақсетинде шөлкемлестирилген. Жеңистиң қандай қыйыншылық пенен қолға киргизилгенин умытпаўымыз керек, - деп атап өтти Ш.Юсупов.
Ҳәр жылы естелик комплексине жүз мыңлаған адамлар келеди, олардың үлкен бөлегин мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер қурайды. Комплекстиң тийкарғы жойбарларынан бири урыс қатнасыўшылары - өзбекстанлылардың электрон базасын жаратыў болып есапланады. Оған архив материаллары, фотосүўретлер, фронтовиклердиң қаҳарманлық ислери ҳаққындағы мағлыўматлар киргизиледи.
Естелик хызметкерлериниң мағлыўматларына қарағанда, урыс жылларында республикамыздың миллионлаған халқы фронтқа шақырылған, олардың ярым миллионнан асламы үйине қайтпаған.
Халықаралық гуманитарлық басламалар
2025-жылы Жеңистиң 80 жыллығына бағышланған илажлар шеңберинде "Россотрудничество"ның жәрдеминде Өзбекстанда бир қатар ағартыўшылық ҳәм мәдений жойбарлар әмелге асырылды. Көргизбелер, еслеў ушын ушырасыўлар, китап презентациялары, Жеңис парки музейиниң мәлимлеме тахталары ҳәм экспозициялық материалларының үлкен бөлегин рус тилине аўдарыў усылардың қатарына киреди.
"Россотрудничество"ның Өзбекстандағы басшысы Ирина Старосельская бундай басламалардың әҳмийетин ҳәм тарийхый естеликти сақлаўға үлес қосатуғынын атап өтти.
- Музейге келиўшилер, соның ишинде, мийманлар ҳәм туристлер урыс тарийхы, фронтовиклердиң қаҳарманлықлары менен өзлери түсинетуғын тилде танысыўы биз ушын оғада әҳмийетли. Көплеген сырт елли мийманлар сол жыллардағы ўақыялар, қаҳарманлар тәғдири, әҳмийетли саўашлар ҳаққында тереңирек мағлыўмат алыўға умтылады. Экспозиция материалларының аўдармасы урыс ҳаққындағы естеликти сақлаўға жәрдем береди ҳәм тарийхый мийрасты кеңирек аудитория ушын ашық етеди. Бундай жойбарлар халықлардың мәртлигине ҳүрметти сақлаў ҳәм тарийхый ҳақыйқатты келешек әўладларға жеткериўге хызмет етеди, деп есаплаймыз, -деди И.Старосельская.
"Россотрудничество" жәмийетлик кеңесиниң баслығы Андрей Сипер де келешек әўладлар ушын тарийхый естеликти сақлаў әҳмийетли екенин атап өтти.
- Бундай илажлардың әҳмийетин жоқары дәрежеде баҳалаў қыйын. Урыс апатшылығын басынан өткерген ҳәр қандай мәмлекеттиң ўазыйпасы - оның естелигин сақлап қалыў ҳәм бундай ўақыялардың қайталанбаўы ушын жас әўладқа оның көлеми ҳаққында айтып бериў, - деди А.Цыпер. - Жеңис парки өзиниң көлеми ҳәм тарийхый мазмунының тереңлиги менен үлкен тәсир қалдырады. Бундай жойбарлар мәмлекетлер арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў, халықлар арасында өз-ара ҳүрметти раўажландырыўға хызмет етеди.
Бүгин Ташкент қаласындағы Жеңис парки дүньяны фашизмнен қорғаған әўладқа миннетдаршылық белгиси болды. Естелик комплекси Жеңистиң баҳасын, Ўатан қорғаўшыларының қаҳарманлығы халқымыздың тарийхый естелигинде мәңги сақланып қалатуғынын еслетип туратуғын руўхый бирлесиў орны болып қалады.
Сол күни Ташкентте "Еслеў жоллары" атамасында үлкен концерт болып өтти, онда дипломатлар, студентлер, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери қатнасты. Илаж Россия ҳәм Өзбекстанның Екинши жер жүзилик урыстың естелигин қәстерлеп сақлаў тараўындағы биргеликтеги жумысларының жуўмақларына бағышланған "Россотрудничество" жанындағы Жәмийетлик кеңес делегациясының сапарының жуўмағы болды.