"Заманагөй жәмийет морт. Глобалласыў дәўиринде миллий мәдениятлар имканиятын жоғалтпақта. Бул мәңгүрликке алып келиўи мүмкин. Барлық мәдениятлар бир массалық мәденият қысымы астында қалмақта", деген еди уллы жазыўшы Шыңғыс Айтматов.

Жазыўшы бул сөзлерди айтқан ўақытта дүнья еле санлы революция дузағына толық кирип үлгермеген, адамлардың қолында смартфонлар болмаған, интернет турмыстың ажыралмас бөлегине айланбаған еди. Бирақ ол келешек қәўиплерин терең сезинетуғын, олардың қандай ақыбетлерге алып келетуғынын алдын ала аңлай алатуғын жетик пикирлеў ийеси еди. Бүгин ол ескерткен көринис көз алдымызда жүз бермекте. Тилекке қарсы, ғалаба мәденият ҳәм оның шексиз үгит-нәсиятлаўшысы есапланған социаллық тармақлардың қурбаны көбирек жаслар болып атырғаны ҳәр кимде қәўетер оятпақта.

Балалық дегенде көпшиликтиң көз алдында пәк, ҳақ кеўилли көринис пайда болады. Кимдур ядында топырақ көшелерде жалаң аяқ жуўырып жүрген балаларды, басқалар болса ата-апалардың ертеклери менен өткен тыныш түнлерди еске алады. Және кимдур бақша ямаса мектептеги дәслепки тәсирлерин еслейди. Яғный баланың дүньяға көзқарасы халық ойынлары, мәдений орталық ҳәм турмыслық қарым-қатнаслар арқалы қәлиплесетуғын еди. Пәтпелек ушырыў, арқан тартыў, жасырынбақ сыяқлы ойынлар балаға турмысты аңлаўды үйретти, жәмийетте өз орнын табыўға жәрдем берди.

Бирақ бүгинги көринис пүткиллей басқаша. Технология әсириниң баласы реал турмыс емес, әйне виртуал әлемде өспекте. Ол өз дүньясын ҳәм қәдириятларын тәбият яки жәмийеттен емес, көп жағдайларда экран арқалы қәлиплестирмекте. Ҳәрекетлер жасалма, мүнәсибетлер суўық, қуўаныш болса көбинесе фильтрленген ҳәрекетке уқсайды.

Айтматов көрсеткен мәңгүртлик бүгин өзиниң тарийхы, тамырлары ҳәм мәдениятына тек ғана бийпәрўа емес, ал оларды билиўди де қәлемейтуғын, экранда көрип атырғанын бирден-бир ҳақыйқат сыпатында қабыл ететуғын инсан тымсалында көринбекте. Бундай инсан идеялық "көрсетпелерди" телефон арқалы алады, оларға ереди, ҳәтте өмирин солар тийкарында қурмақшы болады. Социаллық тармақларда ҳәр күни пайда болып атырған "трендлер", "идеал турмыс", "қалай жасаў керек" сыяқлы жеңил, үстиртин идеялар көплеген жаслардың бирден-бир турмыслық өлшемине айланбақта.

Нәтийжеде жаслар өмирге жеңил баҳа бериўге әдетленбекте, руўхый азапларын ишине жутып жасамақта, айырым жағдайларда жат ҳәм бузық идеяларға ермекте. Ең ашынарлысы - өз жанына қастыянлық етиў сыяқлы қайғылы жолды таңлаў жағдайлары да артып бармақта. Бундай ўақыялар социаллық тармақларда тез-тез көринбекте ҳәм олар енди тосыннан емес, ал улыўма жәмийетлик дәрежедеги қәўипли машқалаға айланып үлгерди.

Хош, не ушын балалар көз алдымызда виртуал әлем дузағына батып бармақта? Не ушын олар турмыс, тарийх, шаңарақ ҳәм миллий қәдириятларға бийпәрўа? Бул сораўлар ҳәммемизди ойландырыўы, бийпәрўа қалдырмаўы керек. Себеби бул тек ғана балалар емес, ал пүткил жәмийеттиң келешеги менен байланыслы мәселе.

Жалғызлық - экран артындағы ең қәўипли жолдас

Бүгинги күнде интернет арқалы көпшилик жаслар тил, заманагөй кәсиплер ҳәм инсан камалаты ушын зәрүр болған басқа да бир қатар жумысларды үйренбекте. Бирақ теңгениң екинши тәрепи бар. Бул қолайлықлар артында көзге көринбес қәўиплер жүзеге келмекте. Мәселен, кибер зорлық - виртуал зорлық кемситиў ҳәм басымның заманагөй көриниси болып есапланады. Ол көбинесе ата-аналар ҳәм оқытыўшылардың көзинен жасырын болады, бирақ бала психологиясында терең из қалдырады.

Мәселен, бир баланың сүўретин күлкили ямаса уятлы жағдайда социаллық тармаққа жайластырыў, ол ҳаққында жалған мағлыўмат тарқатыў, қәўетерли хабарлар жазыў, топар болып оны масқаралаў сыяқлылар тез-тез ушырасып турады. Әлбетте, бундай жағдайларды ислегенлерге нызамлы шаралар көрилмекте, бирақ көбинесе олар баланың өзи тәрепинен сыр сақланады.

Киберзомбылық баланы ҳеш жерде жалғыз қалдырмайды: ол үйде, түнде, ҳәтте сабақ ўақтында телефон арқалы балаға басым өткериўде даўам етеди. Бала өзин ҳәр жерде бақлаў астында, масқара орайында ҳәм жалғыз сезеди. Интернетте қандай да бир мағлыўмат тарқалғаннан соң, оны қадағалаў ямаса тоқтатыў дерлик имкансыз, бул болса балада өзин тек ғана қорғаўсыз емес, ал пүткиллей әззи сезиниўин оятады. Әсиресе, егер оның дослары, классласлары ямаса таныслары масқараға қосылса, бул руўхый соққының тәсири бир неше есеге артады. Бундай жағдайда бала кимге исениўди, кимнен жәрдем сораўды билмей қалады.

"Итибар берме", "ақмақ гәп-дә" сыяқлы әпиўайы мәсләҳәтлер бундай қурамалы жағдайда нәтийжесиз болады. Себеби кибер зорлық баланың тек ғана көзқарасын емес, ал өзине исенимин ҳәм жәмийет пенен байланысын да изден шығарыўы мүмкин. Айырым жас өспиримлер болса бундай машқаладан шығыў жолы ушын мектептен узақласыў, жәмийеттен ажыралыў, ең ашынарлысы, өмирден кешиўге шекем барады.

Кибер зорлықтың ең аянышлы тәрепи сонда, оны үлкенлер көбинесе кеш байқайды. Балалардың санлы мәкандағы қәўипсизлиги ҳәм руўхый саламатлығы бүгинги күнниң әҳмийетли машқалаларынан бири болып есапланады. Тек ғана технологиядан пайдаланыўды емес, ал оннан саламат пайдаланыўды үйретиў, социаллық тармақлардан пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириў зәрүр.

Ҳәр бир бала телефонды қолына алғанында, ол тек ғана мағлыўмат емес, ал исеним ҳәм қәўипсизлик сезимин де сезиўи керек. Себеби экран артындағы ҳәр бир қәўип, абырайға болған ҳәр бир мүнәсибет тек ата-аналар емес, ал пүткил жәмийет жуўапкершилиги болып есапланады.

Интернетти емес, бийпарўалықты шеклеў керек

Бүгинги заман ата-аналар ушын да талап ҳәм жуўапкершиликлерге толы дәўир. Жумыс, дем алыс, ҳәр қыйлы социаллық ҳәм экономикалық ўазыйпалар олардың ўақты ҳәм итибарын көп талап етеди. Сол себепли, көпшилик шаңарақларда ата-аналардың балаларға итибары азайып бармақта. Бул болса жас әўладтың руўхый ҳәм мәнаўий тәрбиясында үлкен бослықларға алып келеди.

Жақында социаллық тармақларда раўажланған мәмлекетлердиң бириндеги ўақыяға көзим түсти. Ол жерде балалар ушын барлық шараятлар жаратылған, заманагөй билимлендириў системасы енгизилген. Бундай имканиятларға қарамастан, көплеген балалар еркинлик нықабы астында көше турмысын таңламақта. Олар ушын шаңарақ ҳәм ата-аналарға ҳүрмет қәдириятлары қәдирсизленип, шаңарақтың жәмийеттиң тийкарғы тиреги сыпатындағы орны жоғалтылмақта. Жаслардың көпшилиги жетерли руўхый тәрбия ҳәм қоллап-қуўатлаўсыз, жеңил турмыс тәризин абзал көрмекте.

Көше турмысы, жәмийеттен ажыралыў ҳәм руўхый бослық олардың келешегин тартып алып атырғаны гүмансыз. Көплеген балалар интернет ҳәм социаллық тармақлар арқалы тарқатылып атырған зыянлы идеяларға аңсат қосылып, өзин надурыс жолда таппақта. Бул болса тек ғана технологияның тәсири емес, ал ата-аналар ҳәм жәмийеттиң итибарсызлығынан келип шығады.

Соның ушын биз интернетти емес, бийпәрўалықты шеклеўимиз керек. Балаларға, бәринен бурын, ҳүрмет, меҳир-мүриўбет ҳәм итибар зәрүр. Себеби, шаңарақ жаслардың биринши ҳәм ең әҳмийетли мектеби. Ата-аналар өз ўақты ҳәм күшин балалар менен беккем байланыс орнатыўға бағышлаўы керек. Сол арқалы олардың турмысқа көзқараслары, миллий ҳәм руўхый қәдириятларға мүнәсибети қәлиплеседи.

Ҳақыйқый еркинлик тек ғана технологиялардан еркин пайдаланыў емес, ал өзлигине садық қалыў, шаңарақ ҳәм жәмийет пенен байланыслылықты аңлаў болып табылады. Соның ушын интернеттен емес, бийпәрўалықтан сақланайық ҳәм жас әўладты ҳақыйқый мәнисте бахытлы келешекке таярлайық.

Балалар бахытты "лайк" ҳәм "көриў саны"нан излемеўи керек

Балалардың өмир ҳаққындағы дәслепки түсиниклери реал ўақыядан емес, ал социаллық тармақлар тәсиринде қәлиплеспекте. Олар ушын "ҳақыйқат" көбинесе Инстаграм ленталарындағы монтажланған сүўретлер, ТикТоктағы трендлер ямаса YouTubeдеги белгилилик ҳәм байлық ҳаққында сөйлейтуғын видеолар менен тығыз байланыслы. Бул жасалма виртуал әлем тек бахытлы, табыслы, сулыў ҳәм жетик инсанлар менен толы сыяқлы. Балалар мине усы идеал образлар менен өзин салыстырыўға мәжбүр болып қалмақта.

Көпшилик жағдайларда балалар реал турмысын бул жетиклик тымсаллары менен салыстырып, өзин төмен баҳалай баслайды. "Неге менде бул жоқ?", "Неге мен ол сыяқлы бахытлы емеспен?" сыяқлы пикирлер олардың руўхый дүньясын жемирип барады. Ҳәр күни жетик турмысты көрип атырған бала өзиниң әпиўайы турмысын сәтсизлик деп қабыл ете баслайды.

Социаллық тармақлардағы "идеал турмыс" тийкарынан бир неше секундлық видеолар, фильтрленген сүўретлер ямаса сахналастырылған көринислерден ибарат. Бирақ бала буны ҳақыйқат деп қабыл етеди. Нәтийжеде өз қәдирин тек "лайк", "көриниў саны" ямаса "түсиндирме"лер арқалы баҳалай баслайды. Бул цифрлар кемейгенде болса, ол өзин керексиз, арзымас деп сезеди.

Ең ашынарлысы, айырым социаллық тармақларда өз жанына қастыянлық етиў темасы да романтизацияланып көрсетилмекте. "Бул мениң таңлаўым", "Өмирде мәни жоқ" сыяқлы драмалық хошласыўлар, ҳәттеки өз жанына қастыянлық етиў процеси видеолары айырым балаларда бул жағдайды муқаддеслестириўге себеп болмақта. Руўхый жақтан әззи балалар бундай контенттен күш емес, жоғалтыў "илҳамы"н алыўы мүмкин.

Социаллық тармақларда тек ғана байлық ҳәм гөззаллық "идеал" сыпатында үгит-нәсиятланып қоймастан, ал зыянлы идеялар да балалардың санасына сиңдириледи. Гейде еркинлик нықабы астында социаллық жуўапкершиликсизлик, шаңарақлық қәдириятларға итибарсызлық, сезимлик мүтәжликлер нормаль жағдай сыпатында көрсетиледи. Ақыбетинде бала өз өмириниң тийкарғы мақсетин аңлаўдан барған сайын узақласады.

Соның менен бирге, балалар социаллық тармақларда қандай көринис алыўы, қандай контент жайластырыўы, қандай "атақлылық"қа ерисиўи ҳаққында бас қатырыўға әдетленеди. Бул болса олардың ишки дүньясы, руўхый турақлылығы, турмыслық қәдириятларын сөндирип барады. Виртуал дүньяда көриўлер көп, бирақ түсиниў жоқ. Дослар дизими узын, бирақ шын кеўилден сәўбетлес жоқ.

Тилекке қарсы, ата-аналар бул процессти көбинесе кеш байқайды. Бала қулағында қулақшын, көзинде экран, санасында болса жалғыз болады. Ол эмоционаллық машқалаларын социаллық тармақ қағыйдалары тийкарында шешиўге ҳәрекет етеди, реал турмыстағы қатнасықлардан барған сайын узақласады.

Оларды бул жалған дүньядан сақлаў ушын жасалма ҳәм ҳақыйқат арасындағы айырмашылықты түсиндириў, оларды меҳир, ҳақ кеўиллик, мийнет ҳәм сабыр-тақат сыяқлы қәдириятлар менен таныстырыў әҳмийетли. Инсан өмирин виртуал салыстырыўлар менен емес, өз мийнети менен қурыўы керек.

Ҳәр бир бала - индивидуал, ҳәр бир мүтәжлик - әҳмийетли

Мектеп баланың билим алыўы, социалласыўы ҳәм дүньяқарасын қәлиплестиретуғын ең әҳмийетли орынлардан бири болып есапланады. Бирақ мектеп тек ғана сабақлық ядлаў ямаса тест тапсырыў орайы болып қалмаўы керек. Ол баланың руўхый саламатлығы, сезими раўажланыўы ҳәм турмыслық көнликпелерин қәлиплестириўге хызмет етиўи керек.

Балалардың класста ямаса тәнепис ўақтында ушырасып атырған машқалалары көбинесе итибардан шетте қалады. Оқытыўшылар болса ҳәдден тыс артықша жүклеме астында болып, ҳәр бир оқыўшының индивидуал талапларына ўақыт ажырата алмайды. Сабақ өтиў ҳәм баҳа қойыў тийкарғы ўазыйпаға айланған.

Мектепте руўхый саламатлыққа байланыслы бағдарламалар, эмоционаллық интеллектти раўажландырыў, сөйлесиў мәденияты, стрессти басқарыў, жеке шегараларды ҳүрмет етиў сыяқлы темалар жетерли орын алмай атыр. Бул болса балаларда жәмийетте өзин қандай тутыў, басқалар менен қандай саламат байланыс орнатыў ҳаққында бослық пайда етпекте.

Сондай-ақ, кибер зорлық-зомбылық ҳәм социаллық тармақлардың зыянлы тәсирине қарсы мектепте анық стратегиялар жоқ. Көплеген оқытыўшылар бундай жағдайларды анықлаў ямаса оған дурыс мүнәсибет билдириў бойынша жетерли билимге ийе емес. Нәтийжеде бундай жағдайлар ўақтында анықланбайды, бул болса баланың руўхый саламатлығын қәўипке қояды.

Соның ушын, билимлендириў дәргайы тек билим бериў менен шекленип қалмаўы керек. Бәлким руўхый жақтан қәўипсиз, шын кеўилден, исенимли екинши үйге айланыўы керек. Болмаса ол тек ғана бир баланың тәғдирин емес, ал жәмийеттиң келешегин қәўипке қояды.

Заманагөй жәмийет, шаңарақ ҳәм билимлендириў системасы балаларды интернеттен тек ғана билим алыў ушын емес, ал саламат ҳәм қәўипсиз пайдаланыўға үйретиўге үлкен итибар қаратыўы зәрүр. Жасларға миллий мәденият, қәдириятлар, ҳақыйқатлық ҳәм жасалма арасындағы айырмашылықты түсиндириў, меҳир-муҳаббат, шын кеўиллик ҳәм жәмийеттеги орнын аңлатыў әҳмийетли.

Усы тәризде жаслар виртуал дүньяның зыянлы тәсирлеринен қорғалады, өзин-өзи қорғаў қәбилетин арттырады ҳәм реал турмыста табыслы, саламат пуқаралар болып өседи. Ата-аналар, оқытыўшылар ҳәм жәмийеттиң бирге ислесиўи, жуўапкершиликли ҳәм итибарлы қатнасы бул процессте шешиўши әҳмийетке ийе.

Виртуал дүньядан имканият сыпатында пайдаланылыўы ҳәм жас әўладтың бәркамал шахс сыпатында раўажланыўы ушын барлық тараўларда беккем система ҳәм тәрбия болыўы шәрт. Бул жәмийеттиң келешегин сақлаў ҳәм раўажланыўдың турақлылығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып есапланады.

Технологиялардан пайдаланыўда жуўапкершиликти арттырыў, интернетти саламат ҳәм қәўипсиз орталыққа айландырыў ушын ата-ана, мектеп, жәмийет биргеликте ҳәрекет етиўи зәрүр. Балаға заманагөй билим ҳәм көнликпелер бериў менен бирге, оның руўхый саламатлығын қорғаў ҳәм миллий қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў биз ушын ең үлкен ўазыйпа болыўы керек.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы