баннер
27 Apr 2025
08:53

    Хоженд саммити: Сиясий турақлылық жолындағы тарийхый ушырасыў

    Орайлық Азия регионы географиялық жақтан әҳмийетли стратегиялық аймақта жайласқан болып, жәҳәнниң ири мәмлекетлери сыртқы сиясатында геосиясий ҳәм геоэкономикалық әҳмийетке ийе.

    Аймақта терең ойланған сыртқы сиясат жүргизиў регионда қәўипсизликти ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўде және стратегиялық геосиясий турақлылықты сақлаўда оғада әҳмийетли. Бундай сиясат, әлбетте, оғада үлкен жуўапкершиликти, дипломатиялық шеберликти ҳәм күшли сиясий ерк-ықрарды талап етеди.

    Президентимиз жүргизип атырған жедел жақсы қоңсышылық сиясаты себепли кейинги жыллары Орайлық Азияда саламат сиясий орталық ҳәм дослық орталығы жүзеге келди, бул регионда көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме кеңейтиўге хызмет етпекте.

    Әсиресе, соңғы жыллары дүнья эксперт-таллаў жәмийетшилиги ўәкиллери тәрепинен регионымызға қызығыўшылық сезилерли дәрежеде артты. Олар бүгинги Орайлық Азия, атап айтқанда, Өзбекстанның сиясий, экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўының өзине тән өзгешеликлерин тереңирек үйрениўге умтылмақта. Регион мәмлекетлери арасындағы илимий байланыслар жеделлесип атырғанын атап өтиў керек. Оның тийкарында регионаллық экономика ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда мәмлекетлераралық қатнасықлардың перспективаларын биргеликте үйрениў, әҳмийетли усыныслар ислеп шығыў зәрүрлиги жатыр.

    Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы лаўазымына кирискеннен соң Орайлық Азия мәмлекетлери менен жақын қоңсышылық ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды жолға қойыў мәселеси мәмлекет сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарына айланды. Президентимиз региондағы көплеген аймақлық келиспеўшиликлер, суў ҳәм энергетикаға байланыслы машқалалар, транспорт-логистика мәселелерин табыслы ҳәм өз-ара пайдалы шешиўге умтылыслардың бас илҳамландырыўшысы болды. Оның бул бағдардағы басламасы Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланған қатнасықларды тенденция дәрежесине көтерди. Нәтийжеде регионда бир қатар стратегиялық бағдарларда жедел өз-ара бирге ислесиў раўажланды. Регион мәмлекетлери өз ара саўда айланысын ҳәм экономикалық интеграцияны кеңейтиўге умтыла баслады. Усы мақсетте бажыхана тосқынлықларын азайтыў, еркин саўда аймақларын раўажландырыў, қоспа кәрханалар ҳәм экономикалық кластерлер шөлкемлестириў сыяқлы илажлары көрилди.

    Сондай-ақ, транспорт коридорларын раўажландырыў, суў-энергетика ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, билимлендириў ҳәм илим тараўындағы байланысларды жеделлестириў, экологиялық машқалаларды шешиў, регионаллық қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў бағдарында да биргеликте жумыс алып барыў басланды. Бул бағдарлардағы бирге ислесиў регионның турақлылығы ҳәм экономикалық раўажланыўы ушын айрықша әҳмийетке ийе болды.

    Усы көзқарастан қарағанда, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан Президентлериниң Хожендтеги үш тәреплеме ушырасыўын, усы мәмлекетлердиң шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылыўын өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў бағдарындағы ҳәрекетлердиң логикалық даўамы сыпатында баҳалаў керек.

    Шәртнамаға қол қойылыўының стратегиялық әҳмиети шексиз.

    Бириншиден, Орайлық Азияда шегара мәселелериниң тыныш ҳәм сөйлесиўлер жолы менен шешилиўи мәмлекетлер арасындағы өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиўди және де беккемлейди. Бул келисим регионның сиясий турақлылығына унамлы тәсир көрсетип, келешекте шегара келиспеўшиликлериниң алдын алыўға хызмет етеди. Шегара машқалаларының шешилиўи регион мәмлекетлери арасындағы дипломатиялық қатнасықларды күшейтиў менен бирге, сыртқы сиясатта да және де нәтийжели бирге ислесиў ушын тийкар жаратады.

    Екиншиден, бул ҳүжжет транспорт ҳәм саўда жолларын және де еркинлестириўге кең имканиятлар жаратып береди. Мәмлекетлер арасындағы логистикалық тосқынлықлардың сапластырылыўы өнимлер ҳәм хызметлердиң еркин ҳәрекетлениўин хошаметлейди. Бул болса экономиканың түрли тараўларының раўажланыўын тәмийинлейди. Атап айтқанда, мәмлекетлердиң экономикалық потенциалы артады, региондағы экспорт ҳәм импорт процесслери жеделлеседи, оларда жумыс алып барып атырған исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар есиги ашылады.

    Үшиншиден, шәртнама регионның социаллық-экономикалық раўажланыўына және де күшлирек түртки беретуғыны сөзсиз. Шегара аймақларында жасап атырған халық ушын жаңа экономикалық имканиятлар пайда болады, регион бойлап саўда-сатық ҳәм туризмниң раўажланыўына шараят жаратылады. Сондай-ақ, трансшегаралық бирге ислесиў арқалы суў, энергетика ҳәм экология мәселелерин шешиў аңсатласады. Бул болса регионаллық турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли қәдемлерден бири болыўы мүмкин.

    Шәртнаманың стратегиялық әҳмийетлеринен және бири сонда, ол Орайлық Азия мәмлекетлериниң интеграция процесслерине унамлы тәсир көрсетеди. Бул ҳүжжет жақын келешекте регион мәмлекетлерин өз-ара аўызбиршиликке шақырып туратуғын, экономикалық, мәдений ҳәм қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар ўазыйпасын атқаратуғын тарийхый ҳүжжет болып қалады. Халықаралық майданда Орайлық Азия мәмлекетлериниң биргеликте ҳәрекет етиўи глобал экономикалық процесслерде белсене қатнасыў имканиятын да кеңейтеди.

    Хожендте үш мәмлекет басшысының қатнасыўында Дослық стеласы да ашылды. Стеланың әйне тарийхый ҳүжжетке қол қойылып атырған ўақытта ашылыўы оған өзине тән белги бағышлады. Ол регион мәмлекетлери арасындағы стратегиялық бирге ислесиўдиң айқын тымсалына айланатуғыны сөзсиз. Бул рәмзий ҳәрекет пуқаралар арасында өз-ара түсинисиў ҳәм туўысқанлық қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

    Улыўма алғанда, бул шәртнама тек ғана шегара мәселелерин шешиў емес, ал Орайлық Азияда турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли бирге ислесиў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды. Оның әмелге асырылыўы регион мәмлекетлери ушын узақ мүддетли экономикалық өсиў ҳәм сиясий турақлылық жолында беккем тийкар ўазыйпасын атқарады.

    Дилмурод НАБИЕВ,

    экономика илимлериниң докторы, профессор

    Телеграм каналымыз
    Text to speech