Президентимиз усы жыл 14-январьда БАӘде болып өткен Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде "Жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети - экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурсларды үнемлеўге тийкарланған "жасыл" раўажланыў моделине өтиў болып есапланады", деп айрықша атап өткен еди. Буның өзине тән себеплери бар, әлбетте. Себеби, бүгинги күнде инсаният алдында климат өзгериўи, тәбийғый ресурслардың азайыўы, қоршаған орталықтың патасланыўы сыяқлы глобал экологиялық машқалалар тур. Олар, бир тәрептен, экологиялық жағдайды барған сайын төменлетип барса, екинши тәрептен, экономикалық раўажланыўды шеклеп, инсан саламатлығына қәўип туўдырмақта. Бундай жағдайда "жасыл экономика"ға өтиў заман талабы сыпатында көрилмекте ҳәм бул ең дурыс ҳәм ақылға уғрас шешим болып есапланады. "Жасыл экономика" тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, қоршаған орталықты қорғаў, шығындылардың муғдарын азайтыў ҳәм углерод шығарыўды азайтыўды мақсет еткен экономикалық система болып есапланады. Ол турақлы раўажланыў принциплерине тийкарланып, социаллық теңлик ҳәм экономикалық өсиўди экологиялық турақлылық пенен үйлестириўге қаратылған.
Соннан келип шығып, "жасыл экономика" инсанның өмири, денсаўлығы ушын зәрүр ресурсларды, қоршаған орталық ҳәм экологияны сақлаған ҳалда өндирис ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары менен байланыслы экономиканы буннан былай да раўажландырыўға тийкарланған экономикалық жумыстың жаңа бағдары, десек асыра айтқан болмаймыз.
"Жасыл экономика"ға өтиў зәрүрлиги болса бир неше факторларда көринеди. Олардан ен тийкарғысы экологиялық кризис. Соның ушын, климаттың өзгериўи, шөллениў, жер ҳәм суў ресурсларының азайыўы сыяқлы машқалалар пүткил дүнья ушын қәўип туўдырмақта. Олардың алдын алыўға тек ғана турақлы, экологиялық таза экономикалық жумыс арқалы ерисиледи.
Кейингиси тәбийғый ресурслар жетиспеўшилиги. Дәстүрий энергия дереклери (нефть, газ, көмир) резервлери шекленген. Олардың резерви таўсылыўы экономикалық кризиске алып келиўи мүмкин. Сонлықтан, альтернатив энергия, атап айтқанда, қайта тикленетуғын энергия дәреклерине өтиў оғада турмыслық зәрүрликке айланбақта.
Глобал базардағы бәсеки де гезектеги себеплерден бири болып есапланады. Яғный ҳәзир раўажланған мәмлекетлер "жасыл" технологияларға үлкен инвестиция қаратпақта. Солай екен, глобал базарда бәсекиге шыдамлы болыў ушын ҳәрекетлерди жеделлестириў, экологиялық таза өнимлер ислеп шығарыўды раўажландырыў ҳәм хошаметлеў зәрүр.
Гезектеги фактор узақ мүддетке мөлшерленген экономикалық турақлылыққа барып тақалады. Себеби, дәстүрий экономика модели, тийкарынан, қысқа мүддетли пайдаға тийкарланади. "Жасыл экономика" болса узақ мүддетли, турақлы раўажланыўды тәмийинлейди.
Ақырында, бўл бойынша халық аралық миннетлемелер де бар. Яғный мәмлекетлер халықаралық экологиялық конвенциялардың қатнасыўшысы сыпатында өзине белгили миннетлемелерди алған. Оларды орынлаў ушын "жасыл экономика"ны раўажландырыў шәрт.
Улыўма алғанда, бул бағдарда глобал жәмийетшилик, атап айтқанда, БМШ тәрепинен мәселеге тиккелей ямаса тиккелей емес байланыслы бир қатар резолюциялар қабыл етилген болып, олардың 9 ында Өзбекстан басламашы болғаны дыққатқа ылайық.
Өзбекстан "жасыл" раўажланыў арқалы экономикалық өсиўге ерисиў, тармақ ҳәм тараўлардың "жасыл" трансформациясын әмелге асырыў, олардың бәсекиге шыдамлылығын ҳәм ресурс үнемлеўин тәмийинлеў, улыўма, глобал жәмийетшилик алдындағы миннетлемелерин орынлаў бойынша қандай жумысларды әмелге асырмақта?
Бәринен бурын, бизде БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес түрде "Өзбекстан - 2030" стратегиясы қабыл етилгенин айтыў керек. Стратегияда қайта тиклениўши энергияның үлесин көбейтиў, ыссыхана газлерин қысқартыў, санаатта энергия нәтийжелилигин арттырыў, экономикада "углерод изи"н азайтыў ҳәм "жасыл" инвестицияларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Буннан тысқары, Президентимиздиң 2019-жыл 4-октябрьдеги қарары менен 2019-2030-жыллар дәўиринде Өзбекстан Республикасының "жасыл экономика"ға өтиў стратегиясы тастыйықланған.
Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 2-декабрьдеги қарары менен болса 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында "жасыл экономика"ға өтиў ҳәм "жасыл" өсиўди тәмийинлеў бағдарламасы қабыл етилди.
Бул бағдарламада ыссыхана газлериниң жалпы ишки өним бирлигине салыстырғандағы салыстырмалы ажыратпаларын 2010-жылдағы дәрежеден 35 процентке қысқартыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин ислеп шығарыў қуўатлылығын 15 ГВт ға арттырыў ҳәм олардың үлесин электр энергиясын ислеп шығарыўдың улыўма көлеминиң 30 процентинен көбирегине жеткериў, санаат тараўында энергия нәтийжелилигин кеминде 20 процент арттырыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген.
Жалпы ишки өним бирлигине туўра келетуғын энергия жумсалыў көлемин, соның ишинде, қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў есабынан 30 процентке азайтыў, экономиканың барлық тармақларында суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў, 1 миллион гектарға шекемги майданда суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў, республикалық тоғай фонды резервлериниң көрсеткишин 90 миллион куб метрден асламға жеткериў ҳәм аймақларда жаңа 600 шығынды жыйнаў шақапшаларын шөлкемлестириў илажлары да орын алған.
Соның менен бирге, Санаат тармақларында "жасыл экономика"ға өтиў ҳәм энергияны үнемлеўди тәмийинлеў бойынша концепция, 2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында "жасыл экономика"ға өтиў ҳәм "жасыл" өсиўди тәмийинлеў бойынша ҳәрекетлер режеси, 25 кәрхана ҳәм шөлкемде ислеп шығарылған өнимниң энергия сыйымлылығы көрсеткишин 2026-жылға келип 2022-жылдағыдан 20 процентке азайтыўға қаратылған 2022-2026-жылларда экономика тармақларында жанылғы-энергетика ресурсларын үнемлеўдиң мақсетли параметрлери тастыйықланған. Булар соңғы жыллары дерлик 4 ГВтлық альтернатив қуўатлықлардың иске қосылыўына, электр энергиясын ислеп шығарыўда "жасыл" энергияның үлеси 16 процентке жетиўине тийкар жаратты. Санаатта "жасыл энергия" сертификаты системасы енгизилди. Қуяш панельлери орнатылған хожалықлардың саны 60 мыңнан асты. Бул болса "жасыл экономика"ға өтиў бағдарындағы ҳәрекетлер жедел болып атырғанынан дәрек береди.
Бул бағдардағы реформалар "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде избе-из даўам еттирилмекте.
2025-жылы "жасыл экономика" принциплерин кеңнен енгизиў мақсетинде Париж келисими талапларынан келип шығып, Өзбекстанның углерод нейтраллығына ерисиўдиң узақ мүддетли стратегиясын ислеп шығыў, улыўма қуўатлылығы 4,5 ГВт болған ири қуяш ҳәм самал электр станциясын иске қосыў, қуўатлылығы 785 мегаватт болған қуяш панельлерин орнатыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, қуўатлылығы 225 мегаваттлы гидроелектр станцияларын қурыў арқалы жәми қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин электр энергиясын ислеп шығарыўда 26 процентке ҳәм жәми генерация қуўатлықларының қурамындағы үлесин 40 процентке жеткериў, жаңадан қурылатуғын объектлер, турақ жайлардың энергия нәтийжелилигинен келип шығып, "Жасыл имарат" сертификатын енгизиў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп қойылған.
Бағдарламаға муўапық, 2025-жылы Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкинен басқышпа-басқыш 200 миллион евроға шекем, Жәҳән банкинен энергетика секторында метан эмиссиясын азайтыў ушын 10 миллион доллар, Глобал жасыл өсиў институты арқалы Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң техникалық жәрдеми шеңберинде Өзбекстан - Қубла Корея арасында "жасыл бирге ислесиў"ди күшейтиў ушын 6,5 миллион доллар тартылады.
Сондай-ақ, Жәҳән банкиниң iCRAFT жойбары шеңберинде қысқартылған 500 мың тонна ыссыхана газин сатыў есабынан 7,5 миллион доллар, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетинен санаатты жасылластырыў ҳәм азот кислотасын ислеп шығарыўшы кәрханалардың атмосфераға шығарып атырған зыянлы газлерин қысқартыў ушын 20 миллион евро муғдарындағы "жасыл" ҳәм аз углеродлы раўажланыў жойбарларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған жеңиллетилген кредит ҳәм грант қаржылары тартылады.
Кәрханалардың жумысы (2025-жылы "Өзбекнефтгаз" АЖ, "Наўайы кән-металлургия комбинаты" АЖ, "Алмалық кән-металлургия комбинаты" АЖ, "Uzbekistan Airports" АЖ, "Uzbekistan Airways" АЖ) "экологиялық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыў" (ESG) принциплери тийкарында жолға қойылып, тийисли сертификат алыныўына ерисиледи.
Тәжирийбе-сынақ түринде Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятларында экологиялық таза өнимлер ислеп шығарыўға қәнигелескен санаат зоналары шөлкемлестириледи. Қоршаған орталыққа тәсир көрсетиў бойынша I ҳәм II категорияларға тийисли кәрханалардың экологиялық өндириске өтиўдеги ҳәрекетлери хошаметленеди.
Улыўма алғанда, быйылғы жылғы бағдарлама узақ мүддетке гөзленген стратегиялық мақсетлерди қамтып алады ҳәм 2030-жылға мөлшерленген бағдарламаның шеклерин және де жоқары басқышқа көтереди. Оның орынланыўы себепли 2030-жылға шекем 25 ГВт қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылады. Оның есабынан жылына 64 миллиард киловатт саат "жасыл" энергия алыў ҳәм жәми генерацияда оның үлесин 50 проценттен арттырыўға ерисиў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, қәлиплестирилетуғын инвестициялық бағдарламалар, тармақ, тараўлар ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша жаңа жойбарлар қурамында "жасыл" компонентлердиң үлеси арттырып барылады. Атап айтқанда, 2025-жылдан баслап 15 процентке, 2027-жылы 30 процентке ҳәм 2030-жылы 55 процентке жеткериледи.
Булар мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў, экологиялық таза өнимлерди ислеп шығарыў, метан эмиссиясын қысқартыўға алып келеди, мәмлекетте "жасыл экономика"ны раўажландырыў, экологиялық турақлылықты ҳәм халықтың саламатлығын тәмийинлеўге хызмет етеди.
"Жасыл экономика"ға өтиў - заман талабы. Ол тек ғана тәбиятты сақлаў емес, ал турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм келешек әўлад ушын саламат орталық жаратыў имканиятын береди. Бул бағдарда болып атырған кең көлемли, пуқта ойланған стратегиялық реформалар, ҳәр бир ҳәрекет жаңа Өзбекстанның келешеги ушын қойылып атырған исенимли қәдем болып есапланады.
Одилжон МАМАДАЛИЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты









