Ташкентте өткерилген "Жасалма интеллект дәўиринде жетекшилик: стратегия ҳәм инновациялар" темасындағы панель сессиясында әҳмийетли жаңалық жәрияланды: Google Gemini платформасы енди рәсмий түрде өзбек тилин қоллап-қуўатлайды.
Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов АҚШқа әмелий сапары шеңберинде Viasat компаниясының глобал тәртипке салыў ҳәм технологиялық сиясат бойынша вице-президенти Донна Бетиа Мерфи менен ушырасты.
АҚШқа сапары шеңберинде Өзбекстан санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов дүньядағы биринши коммерциялық космослық станцияны жаратыў менен шуғылланып атырған АҚШтың «Vast» жеке меншик аэрокосмослық компаниясының вице-президенти Рич Лешнер менен ушырасыў өткерди.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Америка Қурама Штатларына рәсмий сапары шеңберинде Amazon компаниясының Project Kuiper жойбарының халықаралық тутыныў бизнеси бойынша директоры Лиза Скалпоне менен ушырасты.
Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги делегациясы IT Park Uzbekistan менен биргеликте АҚШта халықаралық венчур бирге ислесиўин раўажландырыў ҳәм өзбек стартапларын глобал базарға алып шығыўға қаратылған бир қатар стратегиялық ушырасыўларды өткерди.
Өзбекстан Республикасы делегациясының Америка Қурама Штатларына сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Молдова-Америка логистика ҳәм транспорт ассоциациясы (AMALT) арасында жоқары дәрежедеги ушырасыў болып өтти.
2025-жыл 5-ноябрь күни АҚШқа сапары шеңберинде инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов «Palo Alto Networks» компаниясының мәмлекетлик сиясат ҳәм ҳүкимет структуралары менен бирге ислесиў бойынша вице-президенти Дэниел Крузе менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Душанбе қаласына әмелий сапары даўамында Тәжикстан пайтахтында жайласқан «IT-Park Dushanbe» жумысы менен танысты.
Санлы технологиялар министрлиги делегациясының Душанбеге сапары шеңберинде Өзбекстан Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов ҳәм Тәжикстан Республикасы Ҳүкимети жанындағы Байланыс хызмети баслығы Исфандиёри Саъдулло арасында рәсмий ушырасыў болып өтти.
«American Chambers» илажы шеңберинде Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов «Amazon Kuiper» компаниясы ўәкиллери менен сөйлесиў өткерди. Тәреплер санлы инфраструктураны раўажландырыў ҳәм кең полосалы интернеттен пайдаланыўды кеңейтиў мәселелерин додалады.