Қытайда сапар менен болып турған Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Тяньжин қаласында ШБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.
Усы жылдың 15-июль күни Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Қытай Халық Республикасы Баслығы Уллы Мәртебели Си Сзинпин менен ушырасты.
Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Грузия билимлендириў, илим ҳәм жаслар министри Гиви Миканадзе менен ушырасты.
Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Тбилиси қаласында Грузия Президенти Михаил Кавелашвили менен ушырасты.
Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Стамбул қаласында болып өткен Ислам бирге ислесиў шөлкеми (ИБШ) Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 51-сессиясында қатнасты.
Өзбекстан сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Аълоев бүгин Израиль елшиси Гидеон Лустиг пенен ушырасыў өткерди.
Кейинги күнлерде Жақын Шығыс регионында, атап айтқанда, Израиль ҳәм Иран арасындағы кескинлик және де күшейип, қураллы соқлығысыўларға айланды. Бул болса тек ғана регионда емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилигинде үлкен қәўетер оятпақта.
Сондай-ақ, адамлар көп топланатуғын орынлардан узақта болыў керек екенлиги айтылды.
Усы жылдың 16-июнь күни Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Әзербайжан сыртқы ислер министри Жейҳун Байрамов пенен телефон арқалы сөйлести.
Өзбекстан СИМ Израилдың Иранға қарсы әскерий әмелияты бойынша баянат берип, тәреплерди жеделлик пенен оқ атыўды тоқтатыўға шақырды.