2025-жыл 3-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының мәжилисинде депутатлар "2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты. Онда Бас министрдиң орынбасары - экономика ҳәм қаржы министри Ж.Қўчқоров баянат жасады.
25-ноябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилиси болып өтти.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилисинде бир қатар социаллық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, Өзбекстанда ислам банк жумысын енгизиў, жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахсларды қадағалаў механизмлерин жетилистириў, Өзбекстан Республикасы ҳәм Венгрия арасында услап бериў ҳаққындағы шәртнаманы ратификациялаў ҳаққындағы нызам жойбарлары, сондай-ақ, парламентлик қадағалаў жумысы менен байланыслы бир қатар мәселелер көрип шығылды.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилиси болып өтти. Онда мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысына байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылды. Атап айтқанда, суд экспертлери жумысының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, үш мәмлекеттиң мәмлекетлик шегараларының тутасыў ноқаты ҳаққындағы келисимлерди ратификациялаў, жоқары мағлыўмат маманлығын тән алыў, сондай-ақ, парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўға байланыслы.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги жалпы мәжилисинде аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, сырт елде жасап атырған ўатанласларымыздың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң толық қорғалыўын тәмийинлеў, рецепт пенен берилетуғын дәри-дәрмақлардың нызамсыз айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге байланыслы нызам жойбарлары көрип шығылды. Парламентлик қадағалаў жумысына байланыслы мәселелер де додаланды.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасында "Халықты зыянлы шаўқым тәсиринен қорғаў ҳаққында"ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.