Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳад Эрманов өзине бириктирилген қызыл категориядағы жумыссыз жаслар менен ушырасты. Ушырасыўда жаслар сиясатында әмелге асырылып атырған реформалар, имканиятлар, сондай-ақ , Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жылдың 14-февраль күни жаслар мәселеси бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисиндеги жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы режелестирилген илажларға тоқтап өтти.
Көпшиликке белгили болғанындай соңғы жыллары мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында жаслардың оқып билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген еди.
Шоманай районындағы “EKOTEKS” кәрханасында районлық Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими тәрепинен Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими менен биргеликте жумыссыз пуқаралар ушын бос жумыс орынлары ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февралдағы ПҚ-61-санлы «Жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң жумысқа орналасыўына көмеклесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Келешекке қәдем орайы» өз жумысын баслады.
Экономика, инфраструктураны модернизациялаў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм заманагөй өндирис қуўатлықларын жаратыўда инвестиция үлкен әҳмийетке ийе. Себеби инвестиция өндирис нәтийжелилигин арттырыўға, инновациялық тармақларды раўажландырыўға ҳәм экономиканы диверсификациялаўға жәрдем береди. Бул болса бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлейди.
Президент қол қойған үшинши ҳүжжетке бола, Алоқабанк жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын таяныш "жаслар банки"не айландырылып, оған 200 миллион доллар ажыратылды.
Президент Шавкат Мирзиёев халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа қатнаслар тийкарында кәмбағаллықты қысқартыўға байланыслы илажлардың презентациясы менен танысты.
Президент Шавкат Мирзиёев 23-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасында қосымша имканиятларды иске қосыў, инвестицияны көбейтиў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў бойынша 2025-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.