Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги, Транспорт қадағалаў инспекциясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Автомобил жоллары бас басқармасы менен биргеликте усы жылдың өткен 4 айы даўамында исленген жумысларға бағышланған баспасөз әнжуманы ҳәм пресс-тур болып өтти.
Алдын хабар бергенимиздей, Қанлыкөл районында “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде илажлар басланып, халықаралық дәрежедеги А-380 “Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының ҳәр еки тәрепине терек нәллерин отырғызыў жумысларын әмелге асырыў ҳәрекетлери басланып кетти.
Төлемли жол есабынан Ташкенттен Әндижанға барыў ўақты 5 сааттан 3 саатқа шекем қысқарады. Жол транспорты ҳәдийселери болса 40 процентке шекем азайыўы күтилмекте.
Жойбардың 1-басқышы улыўма узынлығы 171 км ди қурайды ҳәм Ташкенттен Ангренге шекемги автомобиль жолы ҳәм Қамшық өткелин жойбарлаў, қурыў, қаржыландырыў, басқарыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиўди өз ишине алады.
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде елимиз бойлап әмелге асырылып атырған жумыслар өзиниң унамлы нәтийжесин берип, елатлы пунктлерде, әсиресе, жол бойларында жасыл зоналардың көбейиўине тийкар жаратпақта.
Бәлент пиядалар өтиў жолы деп аталған жаңа жол белгиси пиядалар ағымы жоқары болған аймақлар, мектеплер, балалар бақшасы, балалар ойын майданшалары бар, шекленген тезлик 30 км/с болған аймақларда орнатылады.