Усы жылдың 14-январь күни Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшылары Абу-Даби қаласында өткерилген Шайх Зоид Ол Наҳаён атындағы абырайлы сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында жеңимпаз деп табылған еди.
«Шаңарақлық балалар үйи» тәрбияланыўшыларына Президент саўғалары тапсырылды.
Ҳәр жылы Жаңа жыл байрамы алдынан ертеңги келешегимиз ийеси болған балаларға байрам кейпияты инам етилип, «Президент саўғалары»н тапсырыў дәстүрге айланған.
Бүгин Кегейли районындағы Жаслар орайында жаңа жыл байрамына арналған «Президент шыршасы» байрам илажы болып өтти.
Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар ҳәм басқа да социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын «Президент саўғасы» Қарақалпақстанға жетип келген еди.
Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар ҳәм социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди.
Республикалық Руўхый ағартыўшылық орайы тәрепинен шөлкемлестирилген «Ең үлгили министрлик ҳәм уйым» сондай-ақ, «Ең үлгили район ҳәм қала» таңлаўының жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланып, онда Қарақалпақстан Республикасы Беруний районы «Ең үлгили район ҳәм қала» номинациясында жеңимпазлықты қолға киргизип, Президент саўғасы «Дамас» автомашинасы менен сыйлықланған еди.