Японияның Токио қаласында Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм ITOCHU корпорациясы ўәкиллериниң ушырасыўы болып өтти.
21-декабрьден баслап жолаўшылар "Ташкент - Қазан - Ташкент" жаңа темир жол жөнелисинен пайдаланыўы мүмкин болады. 315/316-санлы поезд ҳәптесине бир мәрте қатнап, Өзбекстан пайтахты ҳәм Қазан қаласы арасында қолайлы ҳәм қәўипсиз қатнаўды тәмийинлейди.
16-декабрь күни "Ташкент - Самарқанд" айрықша жоқары тезликте ҳәрекетлениўши жолаўшы тасыўшы темир жолын қурыў жойбарының техникалық-экономикалық тийкарлары бойынша есабаттың презентациясы өткерилди.
Автомобиль жолларын қурыў ҳәм эксплуатациялаўды шөлкемлестириў бойынша алдынғы сырт ел көзқарасларын үйрениў мақсетинде Транспорт министри Илҳом Маҳкамов басшылығындағы Өзбекстан делегациясы әмелий сапар менен Түркия Республикасында болып тур.
Жәмийетлик транспорт хызметин модернизациялаў, жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде Термиз қаласында электрон төлемлер системасы басқышпа-басқыш енгизилмекте.
«Узтемирйулйуловчи» АЖ Өзбекстандағы жоқары оқыў орынлары студентлери ушын қысқы дем алыс дәўиринде темир жол билетлерине 50 процент шегирме берилиўин мәлим етти.
Қубла Кореяның Чангвон қаласындағы Масан портында Hyundai Rotem компаниясы тәрепинен Өзбекстан ушын ислеп шығарылған тезжүрер поездлардың биринши партиясын рәсмий жибериў мәресими болып өтти.
7-декабрь күни Қазақстан темир жолларының Сарыағаш станциясында Өзбекстан Республикасы транспорт министри Илҳом Маҳкамовтың Қазақстан ҳәм Өзбекстан темир жол басқармаларының басшылары менен әмелий ушырасыўы болып өтти.
Жолаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде 27-ноябрьден баслап "Ургут-Самарқанд-Ургут" жөнелиси бойынша ҳәр күни 6202/6201 ҳәм 6204/6203-санлы қалалараралық поездлардың қатнаўы басланады.
Ташкентте 12-ноябрь күни Орайлық Азия мәмлекетлери транспорт министрлериниң үшинши мәжилиси болып өтти.