"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, тек ғана республиканың арқа-батыс аймақлары - Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаяты ҳәм Наўайы ўәлаятының арқасында жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўа температурасы бүгин 18-21 дәрежеге шекем, ертең 14-17 дәрежеге шекем төменлеўди даўам етеди.
20-апрель - екшемби күни тек ғана таў алды ҳәм таўлы аймақларда қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин. Өзбекстанның қалған аймақларында қурғақ ҳаўа-райы бақланады.
20-апрельде түнде ҳәм күндиз ҳаўа салқын болады, температура түнде 5-10 дәрежеге шекем төменлейди, күндиз болса қуяш нурлары ҳаўаны 20-23 дәрежеге шекем қыздырады. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейеди.
Республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.
Ташкентте бүгин кешке таман қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 18-20 градус жыллы болады. Шемби күни түнде ҳәм азанда бираз жаўын жаўыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде 8-10 градус, күндиз 15-17 градус жыллы болады. Екшемби күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди. Ҳаўаның температурасы түнде 7-9 градус, күндиз 18-20 градус жыллы болады. Самал шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи.