Ертең Өзбекстан аймағының үлкен бөлиминде жаўын-шашынсыз ҳаўа-райы болыўы күтилмекте.
Тек ғана Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларында ҳәм Ферғана ойпаты ўәлаятларында күнниң екинши ярымында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин.
23-апрель - сәршемби күни тек ғана Ферғана ойпатлығы ўәлаятлары бойынша қысқа мүддетли гүлдирмама жаўынлар жаўыўы мүмкин.
24-25-апрель күнлери республиканың барлық аймақлары бойынша жаўын-шашын күтилмейди.
Дем алыс күнлери бақланған салқын ҳаўадан соң, усы ҳәпте даўамында ҳаўа температурасы әсте-ақырын көтерилиўи күтилмекте. Бүгин күндиз республика бойынша температура +20...+25 дәреже, жумыс ҳәптесиниң ақырына келип +25...+30 дәреже, арқада, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде +31...+33 дәрежеге шекем болады.
Самалдың тезлиги аздан орташаға шекем еседи, 24-25-апрельде айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.
21-22-апрель күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў тасқын ҳәдийселери жүз бериўи мүмкин.
Ташкентте бүгин кешке таман ҳәм ертең күнниң екинши ярымында бираз қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы +21...+24 дәреже болады.
23-25-апрель күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Ҳаўаның температурасы +25...+28 дәрежеге шекем көтериледи.
Температура тийкарынан түнде +12...+15 дәреже болады.
Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.