Өзбекстанда рений металлын санаат көлеминде ислеп шығарыў жолға қойылды. Бул ҳаққында Алмалық кән-металлургия комбинаты Мәлимлеме хызмети хабар берди.
Атап өтилиўинше, комбинат илимпаз ҳәм қәнигелериниң көп жыллық илимий-изертлеў жумысларының нәтийжесинде, 2021-жылы 99,9% тазалықтағы рений металын алыўға ерисилген еди. Бул жоқары нәтийже аммоний перранатын водород тиклениў усылы арқалы қайта ислеў арқалы әмелге асырылды.
2025-жыл ушын тастыйықланған бизнес реже тийкарында, бул сийрек ушырасатуғын металды санаат көлеминде ислеп шығарыў басланды. Бүгинги күнде Өзбекстан технологиялық металлар комбинатында рений ислеп шығарыў бойынша арнаўлы участка шөлкемлестирилген болып, ол Германияның заманагөй технологиялық үскенелери менен тәмийинленген.
Рений шийки заты Мыс еритиў заводы ҳәм жергиликли санаат кәрханаларынан жеткерип бериледи. Комбинат тәрепинен жыллық өндирис көлеми 3 тоннаны қурайды.
Рений - Менделеевтиң периодлық кестесинде 75-орында жайласқан, ең тығыз ҳәм қатты металлардан бири болып есапланады. Ол нефтти қайта ислеўде катализатор, авиақурылыс ҳәм электротехника тараўларында жоқары анықлықтағы деталлар, ядро санаатында термопаралар, медицинада илимий-изертлеў үскенелери ҳәм зергерликте қапламалар таярлаўда кеңнен қолланылады.
Жәҳән базарында ренийге болған талап жоқары болып, оның 1 килограмы орташа 2000 АҚШ доллары әтирапында баҳаланады.
Илимий потенциал ҳәм заманагөй өндирис технологияларының үйлесимлилигинде әмелге асырылып атырған бул жойбар мәмлекетимизде жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў потенциалын буннан былай да арттырыўға хызмет етеди.