Norma.uz порталы 2025-жыл 1-майдан күшке киретуғын миллий нызамшылықтағы тийкарғы өзгерислер шолыўын усынады.
Муўапықлықты дизимге алыў аңсатласады
Муўапықлық декларациясын сертификатластырыў уйымларында дизимнен өткериў тәртиби бийкар етиледи. Көрсетилген сәнеден баслап декларацияны қәлиплестириў ҳәм есапқа алыў Техникалық жақтан тәртипке салыў мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.
Бажысыз алып кириўдиң жаңаланған нормалары
Физикалық шахслар тәрепинен жеке мүтәжликлери ушын коммерциялық емес мақсетлерде республикаға алып кирилетуғын товарларды бажысыз алып кириўдиң төмендеги нормалары белгиленеди:
- ҳаўа транспортында - 1 000 АҚШ доллары;
- темир жол ҳәм дәрья транспортында - 500 АҚШ доллары;
- автомобиль (пияда) өткериў пунктлери арқалы - 300 АҚШ доллары;
- халықаралық курьерлик жөнелтпелери арқалы - 200 АҚШ доллары;
- халықаралық почта жөнелтпелери арқалы - 100 АҚШ доллары.
Банклерге қосымша ҳуқықлар
Устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған банклер ҳәм олардың жанындағы инвестициялық компаниялар аукционда сатылмастан қарыздарлықларды қаплаў есесине банк балансына алынған мүлклерди өзлери сатыў ҳуқықына ийе. Олар сондай-ақ, бундай мүлкти кредит, бөлип-бөлип төлеў ямаса лизинг шәртнамалары арқалы сатыўы мүмкин.
Исбилерменлер үстинен шәртнама тийкарындағы мәмлекетлик қадағалаў
Исбилермен ҳәм қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў бойынша аймақлық инспекциялар арасында шәртнама дүзилген болса, исбилерменлик субъектлериниң қурылыс объектлеринде қысқа мүддетли мәмлекетлик қурылыс қадағалаўы илажлары шәртнама шәртлери шеңберинде әмелге асырылады ҳәм "Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў" мәлимлеме системасында дизимнен өткерилмейди.
Мәмлекетлик органлар кадрлар бөлимлери баслықларын аттестациядан өткериў.
2025-жыл 1-майдан баслап:
- республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын басқарыў бойынша жумысын мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым баҳалап барады;
- республикалық ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм басқарыў бөлимлериниң басшылары усы қарар талаплары тийкарында мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымда аттестациядан өтеди.
Фонограммадан пайдаланыўды шеклеў шаралары
2025-жыл 1-майдан баслап:
- Мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын барлық концерт-тамаша илажларында фонограммадан пайдаланыў басқышпа-басқыш шекленеди;
- концерт-тамаша илажлары рекламасында тийислисинше "Жанлы атқарыў", "Фонограммадан пайдаланған ҳалда жанлы ҳаўаз" ямаса "Фонограммалы концерт бағдарламасы" белгилери көрсетилиўи керек;
- дөретиўшилерди мәмлекетлик сыйлықларға усыныс етиўде, биринши гезекте, олардың жанлы атқарыўдағы шеберлиги инабатқа алынады.
Энергия тутыныўы ушын компенсация илажлары
2027-жыл 1-апрельге шекем "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм жәрдемин алыўшы және Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға, сондай-ақ, реестрлерге киргизилмеген (дәраматы ҳәр бир шаңарақ ағзасына ең кем тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпайтуғын) кем тәмийинленген шаңарақлар нормаларына түсиўши шаңарақларға:
баҳалар арасындағы парық айына электр энергиясы тутыныўы бойынша базалық нормадан 150 кВт/саат жоқары болғанда;
тәбийғый газден пайдаланыў бойынша ысытыў мәўсиминде айына базалық нормадан 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде айына базалық нормадан 150 куб метрге шекем артық пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм базалық нормадан асқан баҳалар арасындағы айырмашылық компенсация етип бериледи.
Креатив парк резидентлери ушын салық жеңилликлери
2031-жыл 1-январьға шекем креатив парк резидентлерине төмендеги салық жеңилликлери белгиленеди:
- социаллық салықты ҳәм физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын 50 процент азайтылған ставкада төлеў;
- резидентлерди товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан алған дәраматы муғдарына қарамастан айланыстан алынатуғын салық төлеўшилер категориясына киргизиў. Онда резидентлер өз қәлеўине бола улыўма белгиленген салық салыў тәртибине өтиўи мүмкин.
Исбилерменлик субъектлериниң ирилениўин хошаметлеў
Өзин-өзи бәнт еткен шахслар жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде, мәмлекетлик бажы өндирилмейди.
Сондай-ақ, өз жумысын тийислисинше жеке тәртиптеги исбилермен, микрофирма ямаса киши кәрхана категориясына шекем кеңейттирген өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм исбилерменлик субъектлерине Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде - 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи.
Өз жумысын тийислисинше орта ямаса ири бизнес категориясына шекем ирилестирген исбилерменлик субъектлерине - бир жыл даўамында қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) жети күн мүддетте әмелге асырылады.
«Hamroh» бағдарламасы шеңберинде грант ҳәм кредитлер
«Hamroh» исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде:
- ҳаял-қызларға "жасыл жойбарлар" ҳәм IТ тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўға, сондай-ақ, кеминде 5 ҳаял-қыздың исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдем берген 1 мың "устаз" исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем грант ажыратыў шөлкемлестириледи;
- унамлы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызларға 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады;
- ҳаял-қызлар тәрепинен кредит есабынан сатып алынып атырған әсбап-үскенелер жеткерип берилгенге шекем "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" АЖ кепиллик усынады.
Исбилерменлерде салық тексериўин өткериўдиң жаңа тәртиби
"Салық қәўипин анықлаў, таллаў ҳәм баҳалаў" автоматластырылған бағдарламасы нәтийжелерине тийкарланып салық базасын жасырыў (азайтып көрсетиў) жағдайлары бойынша өткерилетуғын салық тексериўлерине тексериўлердиң басланыўы ҳаққында кеминде 10 жумыс күни алдын исбилерменлик субъектин хабардар етиў талабы қолланылмайды.
"Таза қоллар" бағдарламасы иске түсириледи
Барлық денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў мәкемелеринде қол жуўыў орынларын санитариялық-гигиеналық қураллар менен тәмийинлеў ҳәм санитариялық ханалардың техникалық жағдайын жақсылаўды нәзерде тутатуғын "Таза қоллар" бағдарламасы иске түсириледи.
Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, сондай-ақ, ўәлаят орайларында төмендеги бағдарлар бойынша жаңа жойбарларды әмелге асырыў қадаған етиледи:
- асбест ҳәм цемент, шлам ҳәм шлакларды ислеп шығарыў;
- тери ийлеў, қусшылық фабрикалары;
- жоқары нәтийжели шаң тутыўшы ҳәм газди тазалаўшы қурылмалар менен үскенеленбеген ҳәр қандай түрдеги көмирди жағыў;
- қара ҳәм реңли металлургия, қурамында зәҳәрли араласпалар, зәҳәрли химиялық затлар болған шийше заводлары;
- қәўиплилик дәрежеси бойынша I ҳәм II категорияға тийисли шығындыларды қайта ислеў ҳәм жағыў кәрханалары.
«Ҳалол» белгиси менен маркировкалаўдың жаңа тәртиби
Ислам мәмлекетлери стандартлары ҳәм метрология институты талапларына муўапық сертификатланған өнимлер ҳәм хызметлерди «Ҳалол» белгиси менен маркировкалаўды баслаў режелестирилмекте.
Салық уйымы ҳуқықбузарлардың банк операцияларын тоқтатып турыўы мүмкин болады.
Исбилерменлик субъекти салық қағыйдабузарлықларын тән алғанда, салық уйымы тәрепинен оның банк есап бетлери бойынша операцияларды тоқтатып турыў тәртиби енгизиледи.
Суў транспортынан пайдаланыўдың жаңа тәртиби
Тезликти автоматикалық пәсейтиў үскенеси менен үскенеленген, GPS үскенеси орнатылған ҳәм де миллий GPS мониторинг ҳәм навигация системасына жалғанған суў транспорты қуралларынан (ишки жаныў двигательлери менен) пайдаланыўға рухсат етиледи.