"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, бүгин Республика аймағының үлкен бөлиминде жаз сыяқлы 35-38 дәрежеге шекем ыссы болады.

Шийшемби ҳәм сәршемби күнлери ҳаўа температурасы төменлейди, сәршемби күнине келип температура 25-30 дәрежени қурайды. Ҳәптениң екинши ярымынан температура және көтериле баслайды ҳәм жумыс ҳәптесиниң ақырына келип ҳаўа 30-33 дәрежеге шекем ысыйды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында ертең 15-20 дәреже әтирапында ең салқын күн болады, соң температура әсте-ақырын 28-30 дәрежеге шекем көтериледи.

Республика аймағының үлкен бөлегинде ҳәпте даўамында қурғақ ҳаўа-райы сақланып турады. Тек ғана 29-30-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында айырым жерлерде, 1-2-май күнлери Ферғана ойпатында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама бақланыўы мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, 28-30-апрельде айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин.

Ташкентте 28-30-апрель ҳәм 1-2-май күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Бүгин күндиз температура 36-38 градус, сийшемби күни 31-33 градус, сәршемби күни 26-28 градус болады. Жумыс ҳәптесиниң екинши ярымында температура 29-31 дәрежеге шекем көтериледи.