Бул үлке әййемги тарийхы ҳәм мәденияты менен туризм тартымлылығына ийе. Ҳәзирги экономикалық раўажланыў себепли исбилерменлик сапарлары да көбеймекте. Бирақ Үргенш халықаралық аэропорты халық ҳәм мийманлардың талабына толық жуўап бермей атыр. Ол саатына тек ғана 400 жолаўшыға хызмет көрсете алады. Бул қатнаўларды көбейтиў имканиятын бермей атыр. Соның ушын бул аэропортты модернизациялаў ҳәм басқарыўға бериў нәзерде тутылған.

Сапар ўақтында мәмлекетимиз басшысына усы жойбардың барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул бағдарда 2024-жыл 1-августта жәрияланған ашық тендер еки басқышта өткерилип, онда Франция, Корея, Түркия, Қатар сыяқлы мәмлекетлерден сегиз компания қатнасты. Жуўмағында уйымлараралық тендер комиссиясының қарары менен Корея Республикасының Incheon International Airport Corporation компаниясы жеңимпаз деп табылды.

Президентимиз усы компания ҳәм жойбар басшылары менен сәўбетлести.

Компания президенти Инчон халықаралық аэропорты сыйымлылығы бойынша дүньяда үшинши орында туратуғынын, сервис бойынша жетекшилерден бири екенин айтты. Үргенш компанияның екинши аэропорты болатуғынын атап өтип, оны жаңалаў ҳәм басқарыў режелерин мәлим етти.

Мәмлекетимиз басшысы бундай алдынғы компания менен шерикликтен қуўанышлы екенин атап өтип, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикирлерин билдирди.

- Хорезмде көплеген заманагөй мийманханалар, дем алыў ҳәм саўда орайларын қурып атырмыз. Келешекте туристлер ағымын 5 миллионға жеткериўди мақсет еткенбиз. Оны аэропорт пенен үнлес қылсақ, өз-ара пайдалы болады, дәрамат көбейеди, - деди Шавкат Мирзиёев.

Сырт ел авиакомпаниялары менен биргеликте самолётлар алып келип, тасыўларды көбейтиў бойынша пикир алысылды. Бул шерикликтен пайдаланып, сервис бойынша Корея тәжирийбесин үйрениў, қәнигелеримизди оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жойбардың улыўма баҳасы 223 миллион АҚШ доллары болып, оның шеңберинде жаңа ушыў-қоныў жолы, жолаўшы ҳәм жүк терминалларын қурыў, “ICAO” талапларына жуўап беретуғын жақтыландырыў-сигнал қурылмаларын орнатыў, арнаўлы техникалар сатып алыў нәзерде тутылған.

Қурылыс-реконструкция жумыслары 2025-2027-жыллар даўамында әмелге асырылады. Булардың нәтийжесинде аэропорт Boeing 747 ҳәм Airbus 350 сыяқлы ири ҳаўа кемелерин қабыл етиў имканиятына ийе болады. Аэровокзалдың улыўма майданы 39 мың квадрат метрге жетип, саатына 1 мың 300 жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығы жаратылады.

Улыўма, бундай заманагөй инфраструктура арқалы Хорезм аэропорты ең қолайлы жөнелислерден бирине айланады. Хорезмниң сырт елли туристлер ушын тартымлылығын арттырыўға ҳәм елимиздиң авиация тараўын раўажландырыўға үлес қосады.

Болажақ жаңа терминал жойбары да таныстырылды. Президентимиз оның ишки ҳәм сыртқы келбетинде миллий руўхты сәўлелендириў бойынша усыныслар берди.

Бул жерде мәмлекетимиз басшысы журналистлер менен де сөйлести. Хорезмге сапар етиўден мақсет жаңа шеклерди белгилеп, экономикалық көрсеткишлерди және де арттырыў, ўәлаятта жасап атырған 2 миллионнан аслам халықтың шараятын жақсылаў, жумыс орынларын ашып, адамлардың дәраматын көбейтиў екени атап өтилди.